#Сизиң_пикириңиз
<<<<КЕЎЛИМДЕГИ ГӘПЛЕР>>>>
*========Жасаўы жақсы қыздың тили узын болады===========*
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, <<ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗЛАРЫ>>!
Топарыңыздағы күнделикли турмысымыздағы машқалалар жөниндеги пикирлесиўлерди көрип мен де өз кеўлимдеги, өзимди қыйнап жүрген мәселелерди ортаға салып, пикирлеским келеди.
Мениң Аллаға шүкир, 3 ул, 3 қызым бар, ул балаларым кишкене, қызларым үлкени болған соң, қызларымды қутлы орнына қондырып, енди улларымды үйлендириўге жетип турман.
Үш қызымды да узатып, тийисли еншилерин берип, "көрпе-төсек"лерин де бердим. Қайсы нәрсе қалай берилиўи керек, билмегенимди абысын, қоңсы-қоба менен ойласып орынлы иследим.
Барлық гәп киши қызымды узатып, көрпе-төсегин апарғанда шықты. Сөзди көбейтпей, негизгисин айтайын: қыздың аршасы ашылып, гейбир үйге әкелип үлгере алмаған ағайинлер, сол жерде кими коробкалы, кими басқалай әкелген затларын қосты. Соңынан, сол жердеги аўыл ҳаяллары ҳәм қуда-қудағайлардың көзинше затларымызды бирме-бир көрсетип: --мынаў кесе-чайнеги, мынаў қасық-табағы",-- деп биримлеп көрсетип атырғанымызда, не көз бенен көрейин затлардың арасынан үлкен тап-таза пышақ шықты.
--Мынаў қайдан жүр!?--деп бирден шоршынып пышақты алдым да, өзим менен бирге келгенлердиң биреўине услаттым "алып қой" деген мәни де, бирақ, оны көрип турған қудағай тәрептегилердиң түрлери суўып кеткенлигин бирден сездим де жүрегим бир түрли болып кетти. Мен өзимди тап айып ислегендей сезинип қалдым.
Себеби, қыздың жасаўына қосылатуғын ҳәр бир буйымның өзине ылайық мәнис-мағынасын жақсы билер едим, буйымларды таңлағанда, ямаса таярлағанда усы тәреплерине айрықша дыққат аўдарғанман. Мына пышақ қайдан келип ол аршаға түсип жүр!? Сол жерде қалған отырыстың қалай өткенин билмеймен.
Қыздың жасаўына пышақ салыў--пышақтың жүзи өткир, қәўипли зат болғанлықтан, жаңа қудалардың арасына суўық қарыўдай суўықлық түспесин, жас келинниң тили пышақтай өткир болмасын деген ырымы болатуғынын да жақсы билемен.
Мениң қәтем бе, я қудағайлар да соны билмеди ме, пышақ шыққанда "сатып алыў" ырымын ислеп, сатыў керек екен. Мүмкин, олар да бул ырымды билмеген екен, ямаса "сатып алғысы" келмеди ме, я мен сатаман демеген соң индемеди ме!?
--Бирақ, сол пышақ қалай түсип қалды, ким салды,--деп ҳешкимди жаманлыққа да қыя алмайман, мүмкин, бул мениң өзимниң ҳешкимге жаманлық ой ойлап, гүнасын арқалағым келмегенлигинен болар!
.....Күнлер өте қызымның үйинде "пышақ әңгимеси" әўели ызыңлап шығып, соңын ала қәдимгидей ҳәўиж алып, қызымның бетине басылып:--"сениң шешеңниң нийети жаман, бизлерге душпанлық ойлап пышақ әкелди, көринип қалған соң адамлардан уялып алып қойды, көрмесек кете береди ғой",--деп енеси, оған абысынлары қосылып, қыйт етсе, соны әңгиме қылып, қызымды жылатқан күнлери де болған.
Күйеў балам да анасының сөзин мақуллап, қызым сол себептен үйге қайтып келгенин де қайтадан апарып берип, ол жерде қандай да биреўлер билмеслик пенен затына қосып алып, билмеслик пенен салып жиберген болыўы итималлығын түсиндирген болдым. Бирақ, арадан ўақыт өте бул гәплер жаңғырып шыға береди.
Қызыма:--"шыда, сабыр ет, ўақыт өте умытылар",--деймен, үш жыл өтсе де пышақ умытылмайды. Ең қапылғанда, қызым асханада жүрип, пышақ излесе де енеси:--"шешеңниң пышағы бар емес пе?",--дегендей шымшыма сөз бенен түйреп отырар екен.😒
Сырласларым! Қуда тәреп "сыншыл" болатуғыны ҳәммеге белгили. "Бахыт дүнья менен өлшенбейди",--десек те, болар-болмас нәрседен қызымның хожалығына сызат түскени жүрегимди аўыртады. Тек қызыма:-"шыда, сабыр ет",--деймен, қолымнан келери сол.
Усы жерде енди қудағай болатуғын жас сиңли, келинлериме өз билгенимди айта кетейин.
Қыздың жасаўына еки затты салыўдан сақ болың:
1. Қазан салынбайды--қазанда үйдиң ырысы, берекети қайнайды.
---Үйимниң ырысы, берекети, шаңарағымның несийбеси өзге шаңараққа кетпесин,--деп қызға қазан бермейди. Гейпара ўақытларда жасаўына қазан қосып әкелинген келинлерди--"Келмей атырып қазаныма бийлик еткиси келген екен",---деп жақтырмайды.
2. Пышақ салынбайды--суўық қурал, қудалар арасына суўықлық түседи, ямаса "келинниң тили пышақтай өткир болады",--деген ырымы бар.