uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 884 підписників, посідаючи 4 300 місце в категорії Релігія і духовність та 452 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 884 підписників.

За останніми даними від 27 червня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -249, а за останні 24 години на -15, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 26.66%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 19.18% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 038 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 625 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 47.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 28 червня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 884
Підписники
-1524 години
-767 днів
-24930 день
Архів дописів
Өмир дәптериңиздиң тағы бир бети артта қалды...💫 Аллаҳым....жақынларым, кеўил жетерлерим өзиңе аманат🤲 Қайырлы түн Қәдирдан
Өмир дәптериңиздиң тағы бир бети артта қалды...💫 Аллаҳым....жақынларым, кеўил жетерлерим өзиңе аманат🤲 Қайырлы түн Қәдирданлар! Түниңиз ҳәм уйқыңыз тыныш болсын! •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• https://t.me/ibratli_sozler

Бир сақый инсан достынан сорады: - Бир адамға 10 000$ инам етпекши едим, қалай қарайсаң ? - Ойбуу достым, бул көпғой. Сонша п
Бир сақый инсан достынан сорады: - Бир адамға 10 000$ инам етпекши едим, қалай қарайсаң ? - Ойбуу достым, бул көпғой. Сонша пулды да инам етеме биреўге? - Мейли, онда 1000$ берсем не? - Олда көп достым.. - 100$ берсем не? - Қояғой, 100-200 мың сом берсең жетеди. - Эҳ, достым сол пулды саған инам етпекши едим,көре алмаўшылығың себеп мени инам етиўден, өзиңди инам алыўдан шекледиң! https://t.me/ibratli_sozler

ИСЕНИМЛИ МАҒЛЫЎМАТ. Қоңсымыз Қарлыбай менен бир подьездде турамыз.Есигимиз бир-бирине қарасқан.Гәпимиз үйлесе бермейди.Себеби Қарлыбайдың атқан адымы ақша.Жүз мың дегенлер аўзының бир шекесинен шығып кетеди.Ҳаялының үстинде дүньяның ҳасыл таўарлары, қолларында ҳинжиў-маржанлар.Биз олардың қасында гилең бир майда-шүйде ыбырсықлар менен айланысып жүргендеймиз.Қулласы,тәрезиде тасың менен екеўин еки дүньяның адамларындай болып кетеди екенсең. Бир күни түсте олардың үйине биреўи орта бойлы,биреўи тапалтастан келген еки жигит кирип келди.Екеўи алма-гезек қоңыраўын басты.Иштен саза болмады.Себеби,олар үйинде жоқ еди. -Мына үйдиң адамлары жоқ па екен?-деди,соң бизиң үйдиң есигин ашып. -Жоқ. -Қаяққа кеткенин айта алмайсыз ба? -Азанда Ташкентке кетти. -Кешке шекем айланып келер ме екен? -Яқ келе алмайды. -Бир-еки күн боламыз деди ме? -Бизлерге ҳеш нәрсе айтқан жоқ,бирақ биреўлерге аржағына Бишкекке ушамыз деп турғанын еситип едим. -Мүмкин,рейси иркилип ушпай қалыўы да... -Яқ ушты.Азанда мен де баламды шығарып салдым.Бирге кетти. -Рахмет. Еки жигит тез-тез жүрип төменге түсип кетти. Сол күни телевизорда да дурыслы көрсетиў болмай, ерте жатып қалдық.Азанда шай-пай ишип жумысқа шықсам,қапының тутқасына бир қағаз илдириўли тур.Ала сала оқыдым! Берген исенимли мағлыўматыңыз ушын рахмет.Түсте көрген жигитлериңиз. -Қарасам,қоңсымыздың есиги айқара ашық,иши ҳүўлеп тур. ✍М. Нызанов. https://t.me/ibratli_sozler

#Күн_темасына БИР ӘЖАЙЫП ГӨЗЗАЛ БОСТАНДЫ КӨРДИМ Дүнья гезип болдым бираз жерлерде, Жәннетке тақаббил таңсық еллерде. Шалқыған көк теңиз, қумлақ шөллерде, Көп әжайып гөззал бостанды көрдим. Көзимди тартса да гүллер мәсканы, Қуслар еркин ушқан  ашық аспаны. Теңи-тайсыз гөззаллықлар бостаны, Ара бир әжайып бостанды көрдим. Ол бостанда  шөллер баўрап таңыңды, Дузлы самаллары жаўлар жаныңды. Сол жерден тапқанман бахтым,барымды, Көз ашып сол гөззал бостанды көрдим. Сол бостанға киндигимнен байланып, Бары-жоғы жүрегиме жайланып, Жамалының шайдасына айланып, Жақсылық бағының жемисин тердим! Өтти онда балалығым,жаслығым, Ата-анам,туўысқаным- ҳасылым. Әдираспаннан моншақ тағып тасынып, Кеўлим шарықлаған аспанды көрдим. Салы атызлары жасыл ғалыдай, Жулдызлары тамға жайған тарыдай. Естен кетпес апам пискен сарымай, Тәрийпке тил әззи бостанды көрдим. "Таздың аўылы"деп атайды атын, Киндик қаным тамған гөззал елатым. Ҳеш жерден көрмедим оның саўлатын, Жамалы жаздай зор бостанды көрдим. Көзди ашып туңғыш шыққан шыңларым, Талай жалаң аяқ жүрген қумларым. Ашылмаған тарийхтың көп сырларын, "Мыржықтың қумы"ндай бостанда көрдим. Көрсем оттай басылады көзиме, Оннан артық ел жоқ мениң өзиме. Мейли не десеңиз о дең  сөзиме, Сол әжайып  гөззал бостанды көрдим. Жамалы Ләйлидей ақылым алды, Сексеўил гүллесе,жантақ сөк салды. Қумлары бир өмир ядымда қалды, Бир әжайып гөззал бостанды көрдим. Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 10 июнь,2026 жыл. https://t.me/gulnara_nurlepesova

#Пикирлеў Инсанлар ҳәмме нәрсениң керисин қылыўға әдетленген…! Неге сондай?! – Үлкейиўге асығады, кейин балалығын сағынып жасайды… – Байлық, мал-дүнья топлаў жолында өз ден саўлығынан да кешеди, кейин сол ден саўлықты тиклеў ушын миллионларын сарыплайды… — Дүньяның бес күнлик екенин биледи, сезеди, еситеди, тәкирар еситеди, және еситеди, бирақ мың жыл жасайтуғындай тәкаббарлана береди… – Өзи биреўди кешире алмайды, бирақ гүналарын Аллаҳ таала кешириўге үмит етип, гүна қыла береди… – Жақын адамының киши айыбын үлкен етип көреди, шыбыннан пил жасайды, кишкене кемшилиги ушын жақын болған адамынан да ойламай ўаз кешеди… Бул иллетлер сол дәрежеде терең тамыр урып кетти, жақын яр-дослар ол жақта турсын ағайин-туўғанлар арасын да суўытып жиберди. Биз ондай болмайық, Қәдирданым… Аллаҳтың разылығы ушын бүгин көптен бери хабар алмаған достыңыз, жақынларыңыздан хабар алың, аўҳалын сораң (ҳеш болмағанда телефоннан)! Әпиўайы шийрин сөз бенен саўапларға ерисиң! Ҳәр бир күнимиз ғәниймет… #Nasiyat_uz https://t.me/ibratli_sozler

МАШИНА АЛҒАЙМЫЗ Күнде арақ ишип келетуғын әкесине қарап бул егизек қызлар қапа болады. Наргизаның ағасы дым жақсы. Машинасы бар. Күнде жумысқа барады. Балаларына алма, шиколадлар әкеледи. Булардың үйинде тек анасы жумыс ислейди. Ол да биреўдиң дүканында сатыўшы. Әжағасы еле мектепти питкермеди. –Айша, мына машын жып-жылтыр я? –Аўа, сениң де көзиң “қызды”ма? Наргиздиң ағасы бай. –Бизлердиң де машинамыз болғанда ғой. –Оған пул жоқ, бизлердиң ағамыз күнде ишеди-дә. –Мм, бизлерге шиколад та әкелип бермейди, я Патпа. Қоңсының машинасын екеўи де сыйпалап отыр. Оларға қарап, баласын ойнатып отырған Наргиздиң анасы қызлардың гәплеринен тәсирленип, көзлери жасланды. –Қызларым-аў, сизлер де еле машиналы боларсыз. Қудайымның беретуғыны көп–деп ойлап қойды. Үйине кирип егизеклерге нан, алма, шиколад алып шығып берди. –Рахмет апа, бай болғайсыз. –Жанларым дейди, сизлер де еле бай боласыз. “Айлықларымыз бенен күн көрип атырған бизлерди бай деп ойлайды екен-аў. Машина да кредит. Анық байларды көрмеген екенсиз, қызларым” деп қойды Наргиздиң анасы. Ҳәр күни еки қыз қоңсысының үйине келип машинаның артында отырып, сыйпалайды. Буны көрген Наргиздиң ағасы да үндемейди. Нәрестелер қолы жетпес әрманға қалай жетсе болатуғынына ақыллары жетпейди. Машина түўе күнделикли қара қазанының қайнаўы аңсат болмай тур. Бир анасының табысы не болсын? Ише берип, жумыстан айрылған әкеге ҳәмме нәрсе бир сум! Үйдиң, газ, светтиң налоги, ишим-жем, садақа-тойға қалай ақша жеткериўди билмей қыйналған ана машинаны қыялына да келтирмейди. Еле де мәканынан жәрдем пул бериледи. Оған да шүкир етеди. Жумыстан шаршап келген Нургүлди қызлары алдынан жуўырып күтип алады. –Апа, үйди тазаладық. Картошканы қыршып, пиязды туўрадық. Бүгин де макорон қуўырамыз ғой, я. –Жанларым дейди, апасының. Кишкене болсаңыз да ақыллысыз. Аўа, макарон қуўырамыз. Базар күни гөш алып, гүртик писирип беремен. –Яқ, бизлерге бола береди. –Аўа, апа аш емеспиз, Наргиздиң анасы тамағымызды тойдырды. –Берекет тапсын, “жақсы қоңсыны сатып ал” деген. –Апа, бизлер де машина аламыз. Ҳәр күни усы сөзди есите берип үйренип кеткен Нургүл: –Аўа, қызларым, аламыз–дейди. –Бизлер үлкейсек, саған жәрдемлесемиз. –Бай боламыз, апа. –Нәрестелерим-әй тилегиңиз қабыл болғай. Алламның дәргайы кең ғой. Нургүлдиң көзи жасланады. Усылайынша зымыраған күнлер өтип атыр. Бир күни улы үйине қуўанып келди. –Апа, бир дүканда байрамға арнап лотория ойнатып атыр екен. Соған жыйнап жүрген пулларыма азырақ кийим алдым. Енди соны ойнатады. Атымды, ағамның, сизиң телефон номерлериңизди жазып, барабанға салдым. Машын утып алсақ жақсы болар еди. –Ҳәй балам-ай, машинаны сен де ҳәўес етесең бе? Мына Айша, Патпа да күнде усы гәпти айтады. Нийетлериңизге жетиң-аў. Лотория ойынына берилип, исенип кетпе, балам. Жақсы оқы. Жумыс ислеп машын аласаң. Мине, мен оқымадым. Сизлер оқың, заман сизлердики. Ақылбек оқыўдан бос ўақытлары қол ушы талап ислейди. Тапқанларын анасына береди. Солардан аўыстырып, пул жыйнаған екен. Өмирде ойламаған ислер болады. –Не деп атырсаң? Түсинбедим–деп телефонды жаўып таслаған әкеси және мәс еди.Дүканнан енди Нургүлге қоңырау келди. Ақылбектиң үп-үлкен болса да еле телефон жоқ. Керек ўақтында әкесиниң, анасының телефонынан пайдаланады. Ол еле 9-класта оқып атыр. –Сиз машина уттыңыз–деп қоңыраў еткенде Нургүл ҳеш нәрсе түсинбей, телефонды услап лал болып қалды. Шынында да олар машина утып алған екен. Жақсы хабар тез тарқап кетти. –Қызларыңның нийетине берилген машина-бул–деп Наргиздиң анасы да еситип жуўырып келди. Ел, ағайин-туўысқан жыйналып шашыў берип, машинаны күтип алды. Ағайинлердиң барына шүкир, шашыў үлкен тойдай болды. Ансамбилдиң жаңғырған намалары астында тап-таза машина үйдиң қасына келип тоқтады. Әсиресе, Ақылбек, еки егизек қызлар қуўанды. –Аға, енди ишпе. Машина менен бизлерди қыдыртасыз. Тилекти дурыс тилеўдиң арқасында егизеклер машиналы болды. ✍Арыўхан Түрекеева https://t.me/ibratli_sozler

.....Қулласы, мен еле қудағайыма қандай да бир билмеслик пенен аршадан пышақ шыққанын түсиндире алар емеспен. Сизиң пикириңизди күтип қалыўшы---........!
✍Шахзода Алламуратова каналынан
https://t.me/ibratli_sozler

#Сизиң_пикириңиз <<<<КЕЎЛИМДЕГИ ГӘПЛЕР>>>> *========Жасаўы жақсы қыздың тили узын болады===========* АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, <<ҚАРАҚАЛПАҚ ҚЫЗЛАРЫ>>! Топарыңыздағы күнделикли турмысымыздағы машқалалар жөниндеги пикирлесиўлерди көрип мен де өз кеўлимдеги, өзимди қыйнап жүрген мәселелерди ортаға салып, пикирлеским келеди. Мениң Аллаға шүкир, 3 ул, 3 қызым бар, ул балаларым кишкене, қызларым үлкени болған соң, қызларымды қутлы орнына қондырып, енди улларымды үйлендириўге жетип турман. Үш қызымды да узатып, тийисли еншилерин берип, "көрпе-төсек"лерин де бердим. Қайсы нәрсе қалай берилиўи керек, билмегенимди абысын, қоңсы-қоба менен ойласып орынлы иследим. Барлық гәп киши қызымды узатып, көрпе-төсегин апарғанда шықты. Сөзди көбейтпей, негизгисин айтайын: қыздың аршасы ашылып, гейбир үйге әкелип үлгере алмаған ағайинлер, сол жерде кими коробкалы, кими басқалай әкелген затларын қосты. Соңынан, сол жердеги аўыл ҳаяллары ҳәм қуда-қудағайлардың көзинше затларымызды бирме-бир көрсетип: --мынаў кесе-чайнеги, мынаў қасық-табағы",-- деп биримлеп көрсетип атырғанымызда, не көз бенен көрейин затлардың арасынан үлкен тап-таза пышақ шықты. --Мынаў қайдан жүр!?--деп бирден шоршынып пышақты алдым да, өзим менен бирге келгенлердиң биреўине услаттым "алып қой" деген мәни де, бирақ, оны көрип турған қудағай тәрептегилердиң түрлери суўып кеткенлигин бирден сездим де жүрегим бир түрли болып кетти. Мен өзимди тап айып ислегендей сезинип қалдым. Себеби, қыздың жасаўына қосылатуғын ҳәр бир буйымның өзине ылайық мәнис-мағынасын жақсы билер едим, буйымларды таңлағанда, ямаса таярлағанда усы тәреплерине айрықша дыққат аўдарғанман. Мына пышақ қайдан келип ол аршаға түсип жүр!? Сол жерде қалған отырыстың қалай өткенин билмеймен. Қыздың жасаўына пышақ салыў--пышақтың жүзи өткир, қәўипли зат болғанлықтан, жаңа қудалардың арасына суўық қарыўдай суўықлық түспесин, жас келинниң тили пышақтай өткир болмасын деген ырымы болатуғынын да жақсы билемен. Мениң қәтем бе, я қудағайлар да соны билмеди ме, пышақ шыққанда "сатып алыў" ырымын ислеп, сатыў керек екен. Мүмкин, олар да бул ырымды билмеген екен, ямаса "сатып алғысы" келмеди ме, я мен сатаман демеген соң индемеди ме!? --Бирақ, сол пышақ қалай түсип қалды, ким салды,--деп ҳешкимди жаманлыққа да қыя алмайман, мүмкин, бул мениң өзимниң ҳешкимге жаманлық ой ойлап, гүнасын арқалағым келмегенлигинен болар! .....Күнлер өте қызымның үйинде "пышақ әңгимеси" әўели ызыңлап шығып, соңын ала қәдимгидей ҳәўиж алып, қызымның бетине басылып:--"сениң шешеңниң нийети жаман, бизлерге душпанлық ойлап пышақ әкелди, көринип қалған соң адамлардан уялып алып қойды, көрмесек кете береди ғой",--деп енеси, оған абысынлары қосылып, қыйт етсе, соны әңгиме қылып, қызымды жылатқан күнлери де болған. Күйеў балам да анасының сөзин мақуллап, қызым сол себептен үйге қайтып келгенин де қайтадан апарып берип, ол жерде қандай да биреўлер билмеслик пенен затына қосып алып, билмеслик пенен салып жиберген болыўы итималлығын түсиндирген болдым. Бирақ, арадан ўақыт өте бул гәплер жаңғырып шыға береди. Қызыма:--"шыда, сабыр ет, ўақыт өте умытылар",--деймен, үш жыл өтсе де пышақ умытылмайды. Ең қапылғанда, қызым асханада жүрип, пышақ излесе де енеси:--"шешеңниң пышағы бар емес пе?",--дегендей шымшыма сөз бенен түйреп отырар екен.😒 Сырласларым! Қуда тәреп "сыншыл" болатуғыны ҳәммеге белгили. "Бахыт дүнья менен өлшенбейди",--десек те, болар-болмас нәрседен қызымның хожалығына сызат түскени жүрегимди аўыртады. Тек қызыма:-"шыда, сабыр ет",--деймен, қолымнан келери сол. Усы жерде енди қудағай болатуғын жас сиңли, келинлериме өз билгенимди айта кетейин. Қыздың жасаўына еки затты салыўдан сақ болың: 1. Қазан салынбайды--қазанда үйдиң ырысы, берекети қайнайды. ---Үйимниң ырысы, берекети, шаңарағымның несийбеси өзге шаңараққа кетпесин,--деп қызға қазан бермейди. Гейпара ўақытларда жасаўына қазан қосып әкелинген келинлерди--"Келмей атырып қазаныма бийлик еткиси келген екен",---деп жақтырмайды. 2. Пышақ салынбайды--суўық қурал, қудалар арасына суўықлық түседи, ямаса "келинниң тили пышақтай өткир болады",--деген ырымы бар.

ҚАРЫНДАСЫМА. 83 Бәндирги жоқ,мәнзилим де жоқ, Өмир өтер зуулап, сыпқанап, Баралмадым кеуилимде шоқ, Анамыздан қалған аманат. Барып сауап алғым келеди, Лекин питпес сырқат,жарақат, Бир-еки кун болғым келеди, Анамыздан қалған аманат. Жол бойында бауыр-етим бар, Журиппекен өзи саламат, Өзлигиме жетер дәртим бар, Анамыздан қалған аманат. Отырмекен бәлки қамсығып, Болып турман бугин бийтақат, Қалмагай-да сира кыслығып, Анамыздан қалған аманат. Ханаласым болмасын төмен, Аллахымнан туссин шарапат, Кеуилин хеш қабарта көрмең, Анамыздан қалған аманат. Кулип-ойнап мәс болып жургей, Еки қызы болсын салтанат, Мийнетиниң рәхәтин көргей, Анамыздан қалған аманат. ✍Абат Крамов Каналымыз https://t.me/ibratli_sozler

Аллаҳ сизге бахыт, қуўаныш, меҳир инам етсе оны әтирапыңыздағылар менен бөлисиң. Себеби, ҳәр бир нәрсениң садақасы болыўы кер
Аллаҳ сизге бахыт, қуўаныш, меҳир инам етсе оны әтирапыңыздағылар менен бөлисиң. Себеби, ҳәр бир нәрсениң садақасы болыўы керек! •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• https://t.me/ibratli_sozler

2_5436073616158511173.mp39.31 MB

Қайырлы ақшам қәдирданлар!!! 🌙🌙🌙 Әпиўайы қағыйда бар: Ерте жатыў ҳәм ерте турыў - инсанды ақыллы, саламат ҳәм бай етеди. (
Қайырлы ақшам қәдирданлар!!! 🌙🌙🌙     Әпиўайы қағыйда бар: Ерте жатыў ҳәм ерте турыў - инсанды ақыллы,  саламат ҳәм бай етеди.      (Бенжамин Франклин).    Бир күн келип бүгиниңиз де тарийхқа айланады. "Өтмишим еслеўге ылайықлы  болсын десеңиз - ертеңге күни мақтаныш пенен  еслеўге ылайықлы әмеллер ислең. 🌙🌙🌙      Ерте таңда каналымыз арқалы қайта сәўбетлескенше жақсы дем алыңызлар, әзизлерим! 🌙🌙🌙     ҚАЙЫРЛЫ ТҮН! https://t.me/ibratli_sozler

Ғаррылар. Аўылымның ғаррыларын сүйемен, Хәр сөзине беререм бир түйеден, Хәр биринде Жийреншениң ақылы, Қалтасынан түртип тура
Ғаррылар. Аўылымның ғаррыларын сүйемен, Хәр сөзине беререм бир түйеден, Хәр биринде Жийреншениң ақылы, Қалтасынан түртип турар нақылы. ... Бирақ аңламаған едим хеш бурын, Кеше аўыл жолында кешқурын Көрдим базардан қайтқанын олардың, Айхай, дым сийрексип барар олар дым...       ✍️Ибрайым Юсуп улы. https://t.me/ibratli_sozler

#Күн_нақылы Салының арқасында, Шигин де суў ишеди. https://t.me/ibratli_sozlee
#Күн_нақылы
Салының арқасында, Шигин де суў ишеди.
https://t.me/ibratli_sozlee

#Неге_усылай_аталған МОЙНАҚ А. Бегимовтың «Балықшының қызы» атлы романында Мойнақтың пайда болыўын әдеўир гәп еткен. «Хәзирги Мойнақтың жерлери бир неше ўақыт тениз, бир неше ўақыт қурғақлық, болып өзгерип турған. Ғаррылардың сөзлери не қарағанда буннан бир неше жыл Мойнақтан Ургеге шекем қурғақлық екен, сол ўақыттағы жақын елатлардың Тоқмақ атадан Ургеге шекем дуз тасыйтуғын түйе жолы болған. Ол замандағы Мойнақ тоғайлық болған. Жақын жердеги еллер бул жерден кийик, қоян, түлкиге усаған аң аулаған. Сол күнлерде Мойнақтын артындағы өзимизге белгили мынаў таў (қумшық) тоғайдың үстинде аппақ түйениң мойнындай болып көринеди екен. Соны адамлар «Мойны ақ» деп атаған. Соңын ала «Мойны ақ» деўдиң орнына «Мойнақ» деп атап жиберген. 📖Қәлендер Әбдимуратов "Неге усылай аталған" китабы https://t.me/ibratli_sozler

#Ҳикмет Нәпсиңизди жақсылық ислеўге әдетлентириң, себеби нәпси жақсылық ислеўге әдетленсе, онысыз тура алмайтуғын болып қалад
#Ҳикмет Нәпсиңизди жақсылық ислеўге әдетлентириң, себеби нәпси жақсылық ислеўге әдетленсе, онысыз тура алмайтуғын болып қалады. https://t.me/ibratli_sozler

🦢 Балаларға бериң дүньяны! Лала қызғалдақ яңлы мысал, Шашлары жингалак мәжнун тал, Бағышлар сәт қуўанышлы ҳал, Балаларға бер
🦢 Балаларға бериң дүньяны! Лала қызғалдақ яңлы мысал, Шашлары жингалак мәжнун тал, Бағышлар сәт қуўанышлы ҳал, Балаларға бериң дүньяны! * * * Ана қолы дүнья тербетсин! Ата баўырында ер жетсин! Нәресте күлкисин жыр етсин! Балаларға бериң дүньяны! Ақ кеўилинде жоқ ҳеш гирбиң, Билмес олар дүньяның гиртин, Көрмегей бала қайғы - дәртин, Балаларға бериң дүньяны! Төри үйдиң бөбекке толсын! Ҳүким тынышлық жәҳән қурсын! Күлкиси бала жаңлап турсын! Балаларға бериң дүньяны! 🦢 аққуў үни Рано Сагидуллаева https://t.me/ibratli_sozler

НЕГЕ ИНСАНЛАР БИР-БИРИН СҮЙИП ТУРМЫС ҚУРАДЫ, АЛ КЕЙИН БИР-БИРИН ЖЕК КӨРИП ҚАЛАДЫ? 💔 Сизиңше себеби не? ▪️ Базы биреўлер сүйген адамына емес, өз қыялындағы образға үйленеди. ▪️ Кейин ҳақыйқый мүнез ашылғанда, «сен өзгерип кеттиң» деп ойлайды. ▪️ Сүйиў бар, бирақ сөйлесиў мәденияты жоқ. ▪️ Ренжиулер жыйналып барады, бирақ айтылмайды. ▪️ Бир-бирин тыңлаў тоқтайды. ▪️ Қәдирлеў орнына сынаў көбейеди. ▪️ Ерли-зайыплылар жуп болыўдан бурын қарсыласқа айланып қалады. Ең қызығы... Ажырасыўлардың көби сүйиў жоқ болғаннан емес, сүйиўди сақлай алмағаннан болады. Сизиң пикириңизше, адамлар не себептен бир-биринен суўып кетеди? Сиз қалай ойлайсыз???... 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/Ibratli_sozler