ar
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

الذهاب إلى القناة على Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

إظهار المزيد

📈 نظرة تحليلية على قناة تيليجرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

تُعد قناة ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) في القطاع اللغوي Kazakh لاعباً نشطاً. يضم المجتمع حالياً 18 779 مشتركاً، محتلاً المرتبة 4 321 في فئة الدين والقيم الروحية والمرتبة 448 في منطقة كازاخستان.

📊 مؤشرات الجمهور والحراك

منذ تأسيسه في невідомо، حقق المشروع نمواً سريعاً وجمع 18 779 مشتركاً.

بحسب آخر البيانات بتاريخ 13 يوليو, 2026، تحافظ القناة على نشاط مستقر. خلال آخر 30 يوماً تغيّر عدد الأعضاء بمقدار -229، وفي آخر 24 ساعة بمقدار -1، مع بقاء الوصول العام مرتفعاً.

  • حالة التحقق: غير موثّقة
  • معدل التفاعل (ER): يبلغ متوسط تفاعل الجمهور 28.34‎%. وخلال أول 24 ساعة من النشر يحصد المحتوى عادةً 20.06‎% من ردود الفعل نسبةً إلى إجمالي المشتركين.
  • وصول المنشورات: يحصل كل منشور على متوسط 5 323 مشاهدة. وخلال اليوم الأول يجمع عادةً 3 769 مشاهدة.
  • التفاعلات والاستجابة: يتفاعل الجمهور بانتظام؛ متوسط التفاعلات لكل منشور يبلغ 45.

📝 الوصف وسياسة المحتوى

يصف المؤلف القناة بأنها مساحة للتعبير عن الآراء الذاتية:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

بفضل وتيرة التحديث المرتفعة (أحدث البيانات بتاريخ 14 يوليو, 2026) تحافظ القناة على حداثتها ومستوى وصول مرتفع. وتُظهر التحليلات تفاعلاً نشطاً من الجمهور، ما يجعلها نقطة تأثير مهمة ضمن فئة الدين والقيم الروحية.

18 779
المشتركون
-124 ساعات
-287 أيام
-22930 أيام
أرشيف المشاركات
#Даналық_сөзлер 📒Бирди биреў береди, Көпти мийнет береди. Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары https://t.me/ibratli_sozler
#Даналық_сөзлер 📒Бирди биреў береди, Көпти мийнет береди. Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары https://t.me/ibratli_sozler

🎙 Бийбираба апа Өтепбергенова https://t.me/ibratli_sozler

🎙Бийбираба апа Өтепбергенова. Мотор қайық. https://t.me/ibratli_sozler

❄️ ❄️ ❄️ ❄️ ❄️ ❄️ Ассалаўма әлейкум, ара алыс болсада кеўил жақын Қәдирданларым! Атқан таң қайырлы болып, жақсылықларға толы
❄️ ❄️ ❄️ ❄️ ❄️ ❄️ Ассалаўма әлейкум, ара алыс болсада кеўил жақын Қәдирданларым! Атқан таң қайырлы болып, жақсылықларға толы күн болсын! Басланып атырған екшемби күни өмириңизде умытылмас, қуўанышлы мәўритлерди инам етсин. Тағы бир аппақ таңда, сизлер менен саў-саламатлықта аманласып турғанымыздан қуўанышлымыз! ❄️ ❄️ ❄️ ❄️ ❄️ ❄️ Дәлиу айының 18-сәнеси. Хәптениң екшемби күни. https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Ден-саулық зор , əумет келсе избе-из Сағынтқанлар келип турса жүзбе-жүз Буннан артық бахыт барма дүньяда Ата-ан
ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Ден-саулық зор , əумет келсе избе-из Сағынтқанлар келип турса жүзбе-жүз Буннан артық бахыт барма дүньяда Ата-анаңды хəр күни көрип сүйсеңиз.. Қайырлы түн əзийзлер ! Жақынларыңыз алдында сиз , сизиң алдыңызда бəрше жақынларыңыз сау-саламат болсын ! Түниңиз тыныш, уйқыңыз пүтин болсын ! https://t.me/ibratli_sozler

photo content

"ТАҚСЫМ" Сөзиниң мәниси қандай?
Anonymous voting

"БУЙЫНТЫҚ" Сөзиниң мәниси қандай?
Anonymous voting

"ӘЛЕЎМЕТ" Сөзиниң мәниси қандай?
Anonymous voting

"ҚУСТАНАТ" Сөзиниң мәниси қандай?
Anonymous voting

"ЖАРЛЫҚ" Сөзиниң мәниси қандай?
Anonymous voting

#Өмирден_алынған 💻 1917 жылдың октябрь айы. Нью-Йоркке жол алған, иммигрантларды (италиялыларды) тасып киятырған жолаўшы кеме Атлант мухытында үлкен даўылға тап болады. Кемеде 28 жастағы ағаш устасы Антонио Руссо менен оның бес жасар қызы Мария да бар еди. Антонионың ҳаялы еки жыл бурын босаныў ўақтында  қайтыс болған еди. Америка — оның соңғы үмити еди: гедейликтен қутылып, қызына Италия бере алмаған жарқын келешекти сыйлаў еди. Түнги саат екиде тәртипсиз толқынлар палубаны қатты соға баслады. Үшинши класстағы жолаўшылар уйықлап жатқан төменги бөлимлерди суў басып қалды. Кеме бир қапталға қыйсая баслады, дәлизлер айқай-шуў, үрей менен толды; адамлар текшелерде бир-бирин ийтерип, жығылып сүрнигип атыр. Антонио Марияны төсектен көтерип алып жуўырды. Қызын көтерилип киятырған суўдан жоқары услап, алға умтылды. Лекин халық дым тығыз, суў ағымы дым тез, кемениң қабырғасы дым тик еди. Сол ўақытта Антонио қорқынышлы ҳақыйқатты аңлады: қутқарыў қайықларына жетип үлгермейди. Санаўлы минутлар ғана қалған еди. Даўыл шайқап, ашылып кетип сынған иллюминаторға көзи түсти. Оған тек бала ғана сыяды.  Аржағында — қараңғы, муздай Атлант мухиты. Алыстан суўды шолып жүрген прожекторлардың жарығы көринди — қутқарыў қайықлары жақынлап киятырған еди. Мария қорқып жылап, анасын шақырып, әкесине жабысты. Қызына қараған әке сол мәўритте тәғдирин шешетуғын иске қол урды. Антонио қызын иллюминатордан сыртқа ийтерип жиберди. Мария мухитқа қулап баратырып қатты бақырды. Антонио даўылдың дүрсилин жарып, артынан бақырды: — Жүз, Мария! Жарыққа қарай жүз! Кемелер киятыр! Жүз! Ол қызының аман қалыўға мүмкиншилиги бар екенин билди. Ал өзиниң мүмкиншилиги жоқ екенин де билди. Жети минуттан соң кеме толық суўға батты. Антонио Руссо үшинши класстағы 117 жолаўшы менен бирге палубаның астында қаза тапты. Оның денесин табылған жоқ. Марияны қутқарыўшылар қырық бес минуттан кейин суўдан алып шықты: суўыққа тоңған, туншығып әбден шаршаған, лекин тири еди. Оны көрпеге орап, емлеўхана кемесине жеткизди. Ол гезде Мария бар жоғы бес жаста еди — жетим, жарақат алған, бийтаныс елде, шет тилин билмейтуғын нәўше қыз. Оның есинде әкесиниң соңғы сөзлери ғана қалған еди: — Жарыққа қарай жүз. Мария Нью-Йорктеги жетимлер үйине орналастырылды. Көп жыллар бойы ол әкеси тири болыўы мүмкин деп исенди. Антонио Руссоның өлиме, тириме  екенин ҳешким анық айта алмады. Ўақыт өте үмит ўайымға, кейин өкпеге айналды. Ол әкесине өкпеледи: «Мени таслап кетти. Мухитқа ылақтырған соң, енди маған кереги жоқ», — деп ойлады. Ол бул исеним менен 25 жыл өмир сүрди. Шынлық Мария отызға келгенде ғана ашылды. 1917 жылы суўға батқан кемениң жолаўшылар дизимин тексерген тергеўши қаза тапқанлар арасында Антонио Руссоның атын тапты. Сонда ғана Мария әкесиниң не ислегенин — өз өмирин қурбан етип, қызын тири қалдырғанын түсинди. Мария Руссо 2004 жылға дейин өмир сүрди, тоқсан еки жасында дүнияден өтти. 1995 - жылы, сексен үш жасында, сол кеме апаты туўралы сәўбетинде былай деди: —  Әкем мени өлтирмекши деп ойладым. Оның мени қутқарып атырғанын түсинбедим. Көп жыллар бойы ол мени таслап кетти деп ойладым. Ал шынлықта — ол мени өмир бойы алға умтылдырып отырған екен. Мария турмысқа шықты. Оның төрт баласы, тоғыз ақлығы, алты шаўлығы болды — қараңғы Атлантикада аман қалыў мүмкин емес сияқлы көринген сол мәўритте тири қалғанының арқасында дүнияға келген отыз бир урпақ. — Өмиримдеги ҳәр туўылған күним, ҳәр қуўанышлы ўақтым, әкемниң өзин емес, мени таңлағанының арқасында болды. Ҳәр түн сайын мен оның иллюминатор жанындағы жүзин көремин. Оның «Жарыққа қарай жүз» деп бақырғанын еслеймен. Мен жетпис сегиз жыл бойы жарыққа қарай жүзип келемен. Ол мениң менен мақтанған шығар деп үмит етемен. Антонио Руссо туўралы оның соңғы сөзлери қарапайым еди: — Рахмет саған, әкежан.  Маған өмир сыйлағаның ушын рахмет. Мен сени жақсы көремен. Гейбир мухаббат түрлери қысқа өмирден де узаққа — мәңгиликке созылады… Қарақалпақшалаған Б. Қалиева

photo content

БИР ШЫМШЫМ КҮЛКИ😊 .....Кеше базарға бардым, айланып жүрип, бир қызды унатып қалдым. Қалтамнан 50 000 лық ақшаны шығарып, үстине телефон номеримди жазып:----Бул ақша сизден түсип қалды,----деп пулды қызға бердим. Қыз пулды алып кетти. Артынан гүзетип бардым. Қыз жолда бир лаваш сатыўшыдан мен берген пулға лаваш алды. Мәйли, пулымнан айырылдым, бул "проблема" емес!  "Проблема" сонда:  -лаваш сатыўшы таң атқанша:---"лаваш сизге унады ма,  лаваш сизге мақул болды ма?---деп смс жаза берип, жанымнан тойғызды.....😂 😊😊😊😊😊😊😊😊😊😊😊😊😊😊😊😊 Ньютон шәкиртлерине илимий мақала жаздырып атыр: ----Еркек кисиге жасы өткен сайын толықлаў ҳаяллар унай баслайды.... -Ньютон мырза, бундай етип жазалмаймыз, бул илимий жумыс қой! -Әй, рәсмиятшылығыңыз бар босын!.....Мәйли жазың:---"Денениң аўырлығы қанша көп болса, тартылыс күши ҳәм соншелли көп болады!..... 🔆🔆🔆🔆🔆🔆🔆🔆🔆🔆🔆🔆🔆🔆🔆 *Психологқа барсам, зор мәсләҳәт берди: ----Үйге барғаныңызда  машқалаларыңызды дәрўазаңыз сыртында қалдырың,---деди. Үйге келе сала ҳаялымды сыртқа шығарып, есикти жаўып қойдым. Мазза аа! Растан да зор усыл екен! P.S:  Бирақ, бул усылды қоллаў бизге туўра келмейди. Себеби, машқалаңыз еки есе болып көбейиўи мүмкин. Қәйин енеңиз де келеди... https://t.me/ibratli_sozler

<<БӨКПЕН>> ___Кишкене ўақытларымыздың басым көпшилик бөлеги атам ҳәм кемпир апамның жанында өтти. Өзи кишкене балалар ушын ата-анасы менен бирге жасағаннан гөре атасы ҳәм кемпир апасы менен жасаған тийимлирек екенин сол ўақытларда-ақ кеўилим жақсы сезинетуғын еди.  Сонлықтан болар, Қараөзек жақтан киятырған жолаўшылар, жолдың үстиндеги бизиң үйге қайырылып, шай-пай ишип және жолға түсер ўақытта бизлер саламыз шатақты: -----Атамның үйине бараман. -----Ҳаў, кеше ғой барып келгениңиз. ----Яқ, және бараман. Бизлердиң шатақ салып атырғанымыздан ол жолаўшы да хабардар болады: ----Ой, жақсы қызлар екен ғой, атасын сағынған, қой, балларға бақырма, әкете берейин! Соннан алдына кишкентайлаў болған соң сиңлимди мингизеди, артына мени мингизеди. Сол ўақытлары  ол жоллар асфальтсыз, жолдың еки шети сығасқан жыңғыллық, шеңгеллик еди. Ҳәзирлери асфальт жүргизилген соң ғой  еки аралықтың 7 километр  қашықлық екенин билип жүргенимиз.... Соннан ояқта қанша күн болатуғынымызды билмеймен, бир күнлери Қараөзекке кетип баратырған жолаўшы болса және үйге қайтқымыз келеди, және ешектиң алдында, артында қыйқыйысып кетип баратырғанымыз. Оның үстине сол ўақытта "Жданов" деп аталатуғын "Қара буға" аўылындағы Жданов мектеби сегиз жыллық болып, анамның инилери Нәжиматдин, Мнажатдинлер Калинин совхозында, Калинин мектебиниң тап түбинде туратуғын бизиң үйде жатып оқыды. Алтыншы күни оқыў тамам болып, үйине қайтар ўақыттағы "турақлы пассажирлери" бизлер едик. Қулласы, еки ортада бизлер ҳәлек, бизлерди ары-бери тасып жолаўшылар ҳәлек! ....Сонда бизлерди кемпир-ғаррының үйине тартып турған не еди?!---деп кейинирек үлкейген соң өзиме сораў қоятуғын едим. Белгили баслы жуўап таппасам да, бизлерге қатты унайтуғыны:---олардың мийримлилик пенен еркелетиўлери, және өзгеше ғамхорлықлары еди. Ең баслысы: өзиңди еркинликте жүргендей сезинесең! Кемпир апам миннетли түрде азанда сыйырды саўып келген соң сүт писирип береди, гейде бөкпен писирип береди. Бөкпенди қайнап турған сүтке ун шайып писирип атырғанын көретуғын едим, оған қант қосады, қант қоспаса да дəми сүтке писирилгенликтен мазалы болар еди. Бизлер бөкпен писирип беретуғын емизиули бала емеспиз ғой, сол ушын бизлерге қойыўлаў етип писиреди. Ол суўыйман дегенше  қасық пенен кесип алып жейтуғындай болып қалады. Ал, үйге емизиўли балалары бар әжапаларым келсе, емизиўли бала ушын суйық етип писирип береди. Бала ушын тойымлы аўқат. .....Азанда ерте турады, мал-ҳалды жайғастырып, кимисин падаға қосып, кимисин өриске айдап болып, атам үстинде жуқа шапаны, басында дегелей, аяғына кирзи етик кийип, ийнине бел я кетпенин салып, үйдиң қасындағы шеңгел менен ҳәремлеп қойған үлкен атызға кетип баратырып: --Кемпииир, сәскеге сықпан писирип қоярсаң,---деп, сәскелик менюди айтып кетеди. Атамның "сәскелик жарма" --деп атайтуғын менюинде тамақ  түрлери көп-ақ: сықпан, үзбен, жүўери жарма, май шажлаған мәшаба, қатық қатқан, айран қатқан мәшаба, жарма, гүриш гөже, нан сорпа, кеспас ҳәм т.б. Бирақ, есимде қалғаны булардың ишинде көп писирилетуғынлары: сықпан, үзбен, ағарған қатқан жүўери жармалар еди. Түстеги шайдың ўақтында дәстүрханда қолдан пискен сары май, қаўын қақ, сөк, сөк тақан, я жийде тақан, гейде зағара қосып түйилген ийжан,  зағара болады. Қаўын писиктиң ўақтында жазы менен сояқта боламыз. Мийнеткеш атам тәрнек, жамбылша, секерпарадан баслап, қаўынның түр-түрин ертеден писирип жегизеди. Мине, бөкпенди айтаман,--деп басқа да балалық дәўирдиң ең жақсы күнлерин еске түсирдим. Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

photo content

МЕН БАЯҒЫ ҚАРЕКЕҢНИҢ УЛЫМАН Қара ошақ түтинликте ержеткен , Кетпен урып дәмин татқан гүрбектен . ,, Қой уят "- деп ата - анам үйреткен , Мен баяғы Қарекеңниң улыман . Шыра жағып китап бетлерин ашқан , Гейде мәдет болған қуяшлы аспан . Ҳәзир биразлардың пейили қашқан , Мен баяғы Қарекеңниң улыман . Исим жоқ басқада кеўилим тоқпан , Заманның исине жүзлерим баққан . Бабалар илҳамы солардан жуққан , Мен баяғы Қарекеңниң улыман . Кунхожа ,Әжинияз Бердақ ийени , Арқасы жаўырлы минген бийени . Хан сарайда алған қотыр түйени , Солардың урпағы елдиң улыман . Бүгин жарысларда әзйиз урпағың , Палўанлығын көрсетип тур турпатын . Бәрҳәма қәстерлер Қарақалпағын , Мен баяғы Қарекеңниң улыман . Бир кем басқалардан кейин жүрсеңде , Талай алдаў лопықларды жесеңде . Жүгинемиз көзи ашық көсемге , Мен баяғы Қарекеңниң улыман . Поэзия Пайғамбары қоллаған , Кейингини жарысларға жоллаған . Деп атқандай елде шайыр қалмаған , Соларды еситкен елдиң улыман . Маған аўыр бул сөзлерди еситиў , Кеўилге келтирмей керек ис тутыў . Қанша бола берсин бираз кемситиў , Мен бәрибир Қарекеңниң улыман . Гимн бар , Гербим ҳәмде байрағым , Республика атым бар алар айдағын . Сен ушын жарыста қызар дойнағым , Мен баяғы Қарекеңниң улыман . Солай минез берди солай кетемен , Ана журтымныңда даңқын күтемен . Кетпенге сүйенип қыял етемен , Мен баяғы Қарекеңниң улыман . Жаңабай Баймуратов Қарақалпақстан . https://t.me/ibratli_sozler

ХАДАЛЛЫҚ. Мухаммед аға көбинше қаладағы үйинде жасайды.Аўылдағы үйинен хəр ўақытта бир хабар алып туратуғын еди. Усы сапары келгенинде атыз тəрепке салынған қораларын бир көзден өткерди. Қоңсысының таўықлары қоймаханаға кирип ,дəн салынған қалтаны шоқып ,бираз дəнин жепти. Ол да аздай тақлаулы турған сабанларды да шашып таслапты. " Берекет тапқыр қоңсы таўықларың да бар болғай " деп жүрип таўықларды үйи тəрепине қарай өткерип жиберди. Дəн салынған қалтаның аўзын жауып атырып жерде жатырған бир мəйекке көзи түседи. Бир ойы қоңсысын шақырып мəйекти бермекши болды-да, бирақ асығып турған соң оны ертеңге қалдырды. Кейин базы жумысларын питкерип, керекли əнжамларын алып машинаға от алдырды. Азғана жол жүрген соң өзине-өзи "Сен ертеңге шекем жасаўдың кепилин алыппедиң?" деди де дəрхал кейинге қайтты. Мəйекти алып қоңсысына барды. -Қоңсы , таўықларыңыз бизиң қораға кирип мəйек туўған екен, мине алың !-деди. - Байбу өзи бир мəйек екен алаберсеңизғо, мен разыман, - деди қоңсысы Мурат аға. -Яқ алмайман.Ана жақтағы сорау-жууапта не деймен ? -, деди Мухаммед аға. Өзинен кеўли толған Мухаммед ағаның желкесинен таў қопарылғандай болды.. Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler