#Өмирден_алынған
💻
1917 жылдың октябрь айы.
Нью-Йоркке жол алған, иммигрантларды (италиялыларды) тасып киятырған жолаўшы кеме Атлант мухытында үлкен даўылға тап болады. Кемеде 28 жастағы ағаш устасы Антонио Руссо менен оның бес жасар қызы Мария да бар еди. Антонионың ҳаялы еки жыл бурын босаныў ўақтында қайтыс болған еди. Америка — оның соңғы үмити еди: гедейликтен қутылып, қызына Италия бере алмаған жарқын келешекти сыйлаў еди.
Түнги саат екиде тәртипсиз толқынлар палубаны қатты соға баслады. Үшинши класстағы жолаўшылар уйықлап жатқан төменги бөлимлерди суў басып қалды. Кеме бир қапталға қыйсая баслады, дәлизлер айқай-шуў, үрей менен толды; адамлар текшелерде бир-бирин ийтерип, жығылып сүрнигип атыр.
Антонио Марияны төсектен көтерип алып жуўырды. Қызын көтерилип киятырған суўдан жоқары услап, алға умтылды. Лекин халық дым тығыз, суў ағымы дым тез, кемениң қабырғасы дым тик еди.
Сол ўақытта Антонио қорқынышлы ҳақыйқатты аңлады: қутқарыў қайықларына жетип үлгермейди. Санаўлы минутлар ғана қалған еди.
Даўыл шайқап, ашылып кетип сынған иллюминаторға көзи түсти. Оған тек бала ғана сыяды. Аржағында — қараңғы, муздай Атлант мухиты. Алыстан суўды шолып жүрген прожекторлардың жарығы көринди — қутқарыў қайықлары жақынлап киятырған еди.
Мария қорқып жылап, анасын шақырып, әкесине жабысты. Қызына қараған әке сол мәўритте тәғдирин шешетуғын иске қол урды.
Антонио қызын иллюминатордан сыртқа ийтерип жиберди.
Мария мухитқа қулап баратырып қатты бақырды. Антонио даўылдың дүрсилин жарып, артынан бақырды:
— Жүз, Мария! Жарыққа қарай жүз! Кемелер киятыр! Жүз!
Ол қызының аман қалыўға мүмкиншилиги бар екенин билди. Ал өзиниң мүмкиншилиги жоқ екенин де билди.
Жети минуттан соң кеме толық суўға батты. Антонио Руссо үшинши класстағы 117 жолаўшы менен бирге палубаның астында қаза тапты. Оның денесин табылған жоқ.
Марияны қутқарыўшылар қырық бес минуттан кейин суўдан алып шықты: суўыққа тоңған, туншығып әбден шаршаған, лекин тири еди. Оны көрпеге орап, емлеўхана кемесине жеткизди. Ол гезде Мария бар жоғы бес жаста еди — жетим, жарақат алған, бийтаныс елде, шет тилин билмейтуғын нәўше қыз.
Оның есинде әкесиниң соңғы сөзлери ғана қалған еди:
— Жарыққа қарай жүз.
Мария Нью-Йорктеги жетимлер үйине орналастырылды. Көп жыллар бойы ол әкеси тири болыўы мүмкин деп исенди. Антонио Руссоның өлиме, тириме екенин ҳешким анық айта алмады. Ўақыт өте үмит ўайымға, кейин өкпеге айналды. Ол әкесине өкпеледи:
«Мени таслап кетти. Мухитқа ылақтырған соң, енди маған кереги жоқ», — деп ойлады.
Ол бул исеним менен 25 жыл өмир сүрди.
Шынлық Мария отызға келгенде ғана ашылды. 1917 жылы суўға батқан кемениң жолаўшылар дизимин тексерген тергеўши қаза тапқанлар арасында Антонио Руссоның атын тапты. Сонда ғана Мария әкесиниң не ислегенин — өз өмирин қурбан етип, қызын тири қалдырғанын түсинди.
Мария Руссо 2004 жылға дейин өмир сүрди, тоқсан еки жасында дүнияден өтти.
1995 - жылы, сексен үш жасында, сол кеме апаты туўралы сәўбетинде былай деди:
— Әкем мени өлтирмекши деп ойладым. Оның мени қутқарып атырғанын түсинбедим. Көп жыллар бойы ол мени таслап кетти деп ойладым. Ал шынлықта — ол мени өмир бойы алға умтылдырып отырған екен.
Мария турмысқа шықты. Оның төрт баласы, тоғыз ақлығы, алты шаўлығы болды — қараңғы Атлантикада аман қалыў мүмкин емес сияқлы көринген сол мәўритте тири қалғанының арқасында дүнияға келген отыз бир урпақ.
— Өмиримдеги ҳәр туўылған күним, ҳәр қуўанышлы ўақтым, әкемниң өзин емес, мени таңлағанының арқасында болды. Ҳәр түн сайын мен оның иллюминатор жанындағы жүзин көремин. Оның «Жарыққа қарай жүз» деп бақырғанын еслеймен. Мен жетпис сегиз жыл бойы жарыққа қарай жүзип келемен. Ол мениң менен мақтанған шығар деп үмит етемен.
Антонио Руссо туўралы оның соңғы сөзлери қарапайым еди:
— Рахмет саған, әкежан. Маған өмир сыйлағаның ушын рахмет. Мен сени жақсы көремен.
Гейбир мухаббат түрлери қысқа өмирден де узаққа — мәңгиликке созылады…
Қарақалпақшалаған
Б. Қалиева