Мен устаз сыпатында қәўетердемен.
"Баланы бастан"- дейди дана халқымыз.
Усы күнлери уят абыройды, обал саўапты билмейтуғын , қадир қымбатты аңламайтуғын ,жасы улкен, жас кишини сыйламайтуғын , меҳир мүриўбеттен алыслап баратырған жасларды көрип ертеңги жақсы кунимизден гүманлана басладым.
Булай деўиме себеп мен өзим қала орталығындағы мектепте бир нешше жылдан берли директор болып ислеп атырман.
Бурынлары да усы билимлендириў, Жоқары билим бериў орынларында талим тарбия жумыслары менен айланысқанман.
Бес бармағың бирдей емес , деген менен ата -аналардың ишинде көргенлиси, дыянатлысы, төрели сөзге туратуғынлары ,бурынлары көбирек еди.
Ал ҳәзирги күнде ше?
Балалар балалық ислепти, енди қайталанбас,
аўзы писти ""ашыў араз,ақыл дос" бул ендиги жағында бир бирине сабақ болсын.
Бурынлары ата бабаларымыз да;
" Бас жарылса бөрик ишинде, қол сынса жең ишинде"" деп еки елди жаўластырмайық деп өз ара айыбын өтеўге келисип төрели сөзге туратуғын еди.
Ал ҳәзирги жаслардың ата - аналары да балаларына қосылып сәл нәрсеге балларының ата-аналарын ""секиртемиз""деп тек тиресип атырғаны.
Қой, елден , халықтан мына талим тарбия берип атырған устазларынан уят болар, жәбир болар, обал болар ертең балалар ойнап кетер деген ойлардан алыслап баратыр.
Бир мысал .
Бир жас келиншек баслауыш класстың завучын алдына салып көгереңлеп кирип келди.
-Сизбе директор?
--Ауа,
-Отыр не болды?!- дедим.
-Кеше бир қызын кутип отырған папаша мениң 3 класс
қызыма;
-ана аяқ астындағы топпыны былай алып қой депти.
-Мениң кызым оның айтқанын тусинбей калыпты.
Және бир ҳаял;
- ана топпыны жерден алып былай қой аяк астында жатпасын деп атыр депти.
Маған немедленно сол еки ата ананы алдырып бер, деп зирилдеп отыр.
-Ҳе айнанайын аманлық екен ғо.
Мен не нәрсе болып қалды десем;
Сиз директор болып мениң қызыма мектепте усындай басым өткерилип атырса, ким болса сол мениң қызымды жумсап атырса,
не ислеп отырсыз дейди.
""Май айныса дуз саласаң, дуз айныса не саласаң""дегендей
Қалай қалай болып баратырмыз.
Түкке турмас нарсе ушын ата аналардың өзлери, баллардан да бетер болып баратырса кем кем бул жәмийет қандай ҳалатта қалады деп ойлана беремен , ойлана беремен.
Ата аналар балаларға өзлеримиз улги болыўымыз керек емеспе.?
Жасларды да, олардың ата -аналарын да усы телефон деген қарыў жарақсыз- ақ жаўратып, ойларын уўлап адамгершилик, кеңпейиллик, жаманларды қудайға салыў деген уллы сезимлерден узақластырып баратырған жоқпа екен?
Балалардың қолына бирге шықпай атырып тыныш отырсын деп телефон берип қоямыз.
Есейе келе шет елдиң урда соқ мультфильмлерин көреди.
Тили де орысша , кытайша, инглизше шығып атыр деп қуўанып қоямыз.
Қыйналмай , пәрўайы пәнсери өзлеримиз әдебий китап оқымаймыз сол ушын ба балларымыз да ҳеш бир китап оқыўға қызықпайды деп қояды базы ата -аналарымыз.
Олар көркем әдебий китаплар газета ,журналлар оқымаса жақсыға еликлемесе, жаманнан жийренбесе ой өриси қалай раўажланады.?!
деген ойлар жатсам , турсам тынышлық бермей жур.
Тарбиядан кешиўиллеп қалып баратырған жоқпыз ба?
Ойлансам ақыбети дым қорқынышлы.
Меҳир- мүриўбет, кең пейиллик, адамгершилик, қадир -қымбат,
сыйласық, жас кишилерге, жетим жесирлерге ғамхорлық, жасы улкенниң төрели сөзине тоқтаў , жасы улкенди сыйлаў усаған уллы жолдан адасып , узақласып туңғыйыққа белшемизден кирип кетпейик деп атырман.
Сизлер не дейсизлер халайық.
Жаслардың тәрбиясына итибар бермесек кейни өкинишке әкелип соғары анық, ҳар бир саналы инсанның ўазыйпасы жасларға туўры бағдар бериўден ибарат болса екен деймен.
Гулистан Даўлетова.
Қарақалпақстан халық шайыры.
🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿
https://t.me/ibratli_sozler