es
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Ir al canal en Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Mostrar más

📈 Análisis del canal de Telegram ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

El canal ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) en el segmento lingüístico de Kazajo es un actor destacado. Actualmente la comunidad reúne a 18 845 suscriptores, ocupando la posición 4 316 en la categoría Religión y espiritualidad y el puesto 449 en la región Kazajistán.

📊 Métricas de audiencia y dinámica

Desde su creación el невідомо, el proyecto ha mostrado un crecimiento acelerado, reuniendo a 18 845 suscriptores.

Según los últimos datos del 01 julio, 2026, el canal mantiene una actividad estable. En los últimos 30 días la variación de miembros fue de -272, y en las últimas 24 horas de 2, conservando un alto alcance.

  • Estado de verificación: No verificado
  • Tasa de interacción (ER): El promedio de interacción de la audiencia es 26.37%. Durante las primeras 24 horas tras publicar, el contenido suele obtener 19.45% de reacciones respecto al total de suscriptores.
  • Alcance de las publicaciones: Cada publicación recibe en promedio 4 972 visualizaciones. En el primer día suele acumular 3 668 visualizaciones.
  • Reacciones e interacción: La audiencia responde de forma activa: el promedio de reacciones por publicación es 43.

📝 Descripción y política de contenido

El autor describe el recurso como un espacio para expresar opiniones subjetivas:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Gracias a la alta frecuencia de actualizaciones (últimos datos recibidos el 02 julio, 2026), el canal mantiene la vigencia y un amplio alcance. La analítica demuestra que la audiencia interactúa activamente con el contenido, lo que lo convierte en un punto de referencia dentro de la categoría Religión y espiritualidad.

18 845
Suscriptores
+224 horas
-787 días
-27230 días
Archivo de publicaciones
GULDA'STE + SIN'SIW.mp39.52 MB

ЕҢ ҚАРАҢҒЫ ЎАҚЫТЛАРЫ АЛЛА СЕНИҢ ӨМИРИҢЕ ЖАҚСЫ АДАМЛАРДЫ АЛЫП КЕЛЕДИ. Дерек: (@danaliq) https://t.me/ibratli_sozler
ЕҢ ҚАРАҢҒЫ ЎАҚЫТЛАРЫ АЛЛА СЕНИҢ ӨМИРИҢЕ ЖАҚСЫ АДАМЛАРДЫ АЛЫП КЕЛЕДИ. Дерек: (@danaliq) https://t.me/ibratli_sozler

Мен устаз сыпатында қәўетердемен. "Баланы бастан"- дейди дана халқымыз. Усы күнлери уят абыройды, обал саўапты билмейтуғын , қадир қымбатты аңламайтуғын ,жасы улкен, жас кишини сыйламайтуғын , меҳир мүриўбеттен алыслап баратырған жасларды көрип ертеңги  жақсы кунимизден гүманлана басладым. Булай деўиме себеп мен өзим қала орталығындағы мектепте бир нешше жылдан берли директор болып ислеп атырман. Бурынлары да усы билимлендириў, Жоқары билим бериў орынларында талим тарбия жумыслары менен айланысқанман. Бес бармағың бирдей емес , деген менен ата -аналардың ишинде көргенлиси, дыянатлысы, төрели сөзге туратуғынлары ,бурынлары көбирек еди. Ал ҳәзирги күнде ше? Балалар балалық ислепти, енди қайталанбас, аўзы писти ""ашыў араз,ақыл дос" бул ендиги жағында бир бирине сабақ болсын. Бурынлары ата бабаларымыз да; " Бас жарылса бөрик ишинде, қол сынса жең ишинде"" деп еки елди жаўластырмайық деп өз ара  айыбын өтеўге келисип төрели сөзге туратуғын еди. Ал ҳәзирги жаслардың ата - аналары да балаларына қосылып  сәл нәрсеге балларының  ата-аналарын ""секиртемиз""деп тек тиресип атырғаны. Қой, елден , халықтан мына талим тарбия берип атырған устазларынан уят болар, жәбир болар, обал болар  ертең балалар  ойнап кетер деген ойлардан алыслап баратыр. Бир мысал . Бир жас келиншек баслауыш класстың завучын алдына салып көгереңлеп кирип келди. -Сизбе директор? --Ауа, -Отыр  не болды?!- дедим. -Кеше бир қызын кутип отырған папаша мениң 3 класс қызыма; -ана аяқ  астындағы топпыны былай алып қой депти. -Мениң кызым оның айтқанын тусинбей калыпты. Және бир ҳаял; - ана топпыны жерден алып былай қой аяк астында жатпасын деп атыр депти. Маған немедленно сол еки ата ананы алдырып бер, деп зирилдеп отыр. -Ҳе айнанайын аманлық екен ғо. Мен не нәрсе болып қалды десем; Сиз директор болып мениң қызыма мектепте  усындай басым өткерилип атырса, ким болса сол мениң қызымды жумсап атырса, не ислеп отырсыз дейди. ""Май айныса дуз саласаң, дуз айныса не саласаң""дегендей Қалай қалай болып баратырмыз. Түкке турмас нарсе ушын ата аналардың өзлери, баллардан да бетер болып  баратырса кем кем бул жәмийет қандай ҳалатта қалады деп ойлана беремен , ойлана беремен. Ата аналар балаларға өзлеримиз улги болыўымыз керек емеспе.? Жасларды да, олардың ата -аналарын да усы  телефон деген қарыў жарақсыз- ақ жаўратып,   ойларын уўлап адамгершилик, кеңпейиллик, жаманларды қудайға салыў деген уллы сезимлерден узақластырып баратырған жоқпа екен? Балалардың қолына бирге шықпай атырып  тыныш отырсын деп телефон берип қоямыз. Есейе келе шет елдиң урда соқ мультфильмлерин көреди. Тили де орысша , кытайша, инглизше шығып атыр деп қуўанып қоямыз. Қыйналмай , пәрўайы пәнсери өзлеримиз әдебий китап оқымаймыз сол ушын ба балларымыз да ҳеш бир китап оқыўға қызықпайды деп қояды базы ата -аналарымыз. Олар көркем әдебий китаплар газета ,журналлар  оқымаса жақсыға еликлемесе, жаманнан жийренбесе ой өриси қалай раўажланады.?! деген ойлар жатсам , турсам тынышлық бермей жур. Тарбиядан кешиўиллеп қалып баратырған жоқпыз ба? Ойлансам ақыбети дым қорқынышлы. Меҳир- мүриўбет, кең пейиллик, адамгершилик, қадир -қымбат, сыйласық, жас кишилерге, жетим жесирлерге ғамхорлық, жасы улкенниң төрели сөзине тоқтаў , жасы улкенди сыйлаў усаған  уллы жолдан адасып , узақласып  туңғыйыққа белшемизден  кирип кетпейик деп атырман. Сизлер не дейсизлер халайық. Жаслардың тәрбиясына итибар бермесек кейни өкинишке әкелип соғары  анық, ҳар бир саналы инсанның ўазыйпасы жасларға туўры бағдар бериўден ибарат болса екен деймен. Гулистан Даўлетова. Қарақалпақстан халық шайыры. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

Көп жасаған ғаррыдан сорапты: -Ата,сиз жүз жас жасап өмирден қандай мәнис аңладыңыз? -Ҳәй балларым-әй! Несин айтасыз,ана есик
Көп жасаған ғаррыдан сорапты: -Ата,сиз жүз жас жасап өмирден қандай мәнис аңладыңыз? -Ҳәй балларым-әй! Несин айтасыз,ана есиктен кирип,мына есиктен шыққандай болдым.Ет кетти,сүйек қалды.Тис кетти,ийек қалды Алысқа көз жетпейди,қаттыға тис өтпейди.Жылтырақ мәси кийдим,төрге шыққаным жоқ.Сулыўдың бетин сүйдим,ерниме жуққаны жоқ,жақсы ат миндим,тақымыма жуққан жоқ.Ҳасылдан кийим кийдим,ыйығыма жуққан жоқ. Мына жалған дүньяда сыйласық пенен татыўлықтан артық ҳеш нәрсе жоқ! деген екен. ӨМИРДИҢ МӘНИСИ-АЎЫЗБИРШИЛИК ПЕНЕН СЫЙЛАСЫҚ ЕКЕН. Ҳикметлер булағы. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

ИЙИЛГЕН ДАРАҚТА МИЙЎЕ КӨП БОЛАР Жүрмеген екенмен журттай шалқайып, Менменсинип сыртқы көзге марқайып. Гейбиреўлер тап үлестен қалардай, Жуўырса да мен жүргенмен арқайын. Жанды жағып таласпадым ҳәмелге, Қызықпадым сум жайлаған әлемге. Солай да буйырған несийбең болса, Ойламаған ислер асар әмелге. Ҳешкимнен ҳәмелди сорап алмадым, Ол да бир инамы шығар Алланың. Ҳәмелдиң жорғасын сүрген ўағымда, Бул дүньяның санмың сырын аңладым. Барлығымды берип халықлық хызметке, Көп иследим лаўазымлы хызметте. Жаны жаздай дос-яранлар арттырдым, Халық алдында ийе болдым ҳүрметке. Сонда да ҳеш ҳәмелдарман демедим, Қуўандым биреўге тийсе көмегим. Шешем қыз туўғандай шадланып жүрдим, Адамлардың таўып берсем керегин. Насақ сөз айтқанға қулақ түрмедим, Менменликтиң көшесинен жүрмедим. Сен журтты сыйласаң сыйланып өзиң, Сый-ҳүрмет болады екен көргениң. Бул дүнья ялғаншы ҳәммеден қалар, Ҳәмел де самалдай ўақтынша болар. Сондайда паңсынған менен не пайда, Мийўе питкен дарақ төменшик болар. Гүли көп дарақлар көп мийўе салар, Шийрин жемисинен татқан нәр алар. "Кемликке камал бар,менменге заўал", Ийилген дарақта мийўе көп болар. Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 23-сентябрь,2025 жыл. Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

"Бийҳуш боларман" 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

##ТАҢҒЫ~МОТИВАЦИЯ 🌟 Мен тек жақсы нәрселер ҳаққында ойлайман.... 🌟 Мен ҳәммени жақсы көремен.... 🌟 Мен өмиримнен ҳеш қашан
##ТАҢҒЫ~МОТИВАЦИЯ 🌟 Мен тек жақсы нәрселер ҳаққында ойлайман.... 🌟 Мен ҳәммени жақсы көремен.... 🌟 Мен өмиримнен ҳеш қашан налымайман.... 🌟 Мениң өмирим бахытқа, қуўанышқа толып тур.... 🌟 Мен ҳеш кимнен  кем емеспен.... 🌟 Еле буннанда бахытлы болып жасаймыз... 🌟 Мен өз нийетлериме әлбетте жетемен.... 🌟 Мени жаратқан тәңирим қоллап тур..... 🌟 Мен ҳәрекеттен тынбайман ҳәм тек алға қәдем таслайман (қуда қәлесе🤲🤲🤲🤲🤲) Дүньяда ҳеш ким сизден артық емес. Аллахым ҳәммени теңдей жаратқан. Сен, тек ҳәрекет етиўиң керек !!! 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

DALIBAY MAMBETMURATOV AQ QUW MIX 2022.mp38.96 MB

❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ҚӘДИРДАНЛАР ! Аман жатып турдыңызба? Бүгинги атқан таңымыз  бәршеңиздиң  кеўлиңизге жақсылық,  жүзиңизге  шадлық,  жүрегиңизге  толы  меҳир ҳәм муҳаббат инәм етсин    🌺Сизге бахыт тилеймен. Себеби, бахыт ҳеш қашан инсанға артықшылық қылмайды.      🌺Сизге саламатлық тилеймен. Себеби, ол ҳәмийше инсанларға жетиспейди.      🌺Сизге әўмет тилеймен. Себеби, ол ҳәр бир қадемиңизде керек болады..!      🌺Сизге тәлим-тәрбия тилеймен. Себеби сизден инсанлар  ибрат алады....! БҮГИНГИ  КҮНИҢИЗ  САЎАПЛЫ  ИСЛЕРГЕ  ТОЛЫ БОЛСЫН !!! Каналымыздан узақласпаң. Ибрат излесеңиз, күниңизди биз бенен бирге  өткериң....! https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

https://t.me/ibratli_sozler 💫 💫 💫 💫 💫 Түн қанша қараңғы узын болмасын изинде бәрибир Алланың нурлы таңы атады. Сол таңға
https://t.me/ibratli_sozler 💫 💫 💫 💫 💫 Түн қанша қараңғы узын болмасын изинде бәрибир Алланың нурлы таңы атады. Сол таңға аман-есен саў-саламат жетиў бәршемизге несип етсин әзизлер! ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ҚӘДИРДАНЛАР! 💫 💫 💫 💫 💫 https://t.me/ibratli_sozler

#Балалар_әдебияты 📖 ЕРКЕ ЫЛАҚ Кишкене ылақ бар менде. Үйренди маған ол демде. Басы дым батады, дүксе, Қандай болар шақ өссе?! Әдетин көр ал, мына: Ойнамастан мен егер, Суў апарсам алдына, Маған қарай дәпинер. Көзи қара моншақтай, Сондай сулыў бул ылақ. Қашса, кетер услатпай Мен жүремен қуўалап.      Ферузабану Қурбанова. Шоманай районы 31 мектептиң 4 -класс оқыўшысы. https://t.me/ibratli/sozler

Шығыс әдебиятының жети 🌟 жулдызының бири, парсы-тәжик поэзиясының көрнекли ўәкили Омар Ҳайям 1048-жылы 18-майда Иранның Ниша
Шығыс әдебиятының жети 🌟 жулдызының бири, парсы-тәжик поэзиясының көрнекли ўәкили Омар Ҳайям 1048-жылы 18-майда Иранның Нишапур қаласында дүньяға келген. Оның тамаша рубайылары (төртликлери) дүнья әдебиятында мәңги мийрас болып елеге шекем Батыс ҳәм Шығыс халықларын таң қалдырып, оқыған жанға ой салып келеди! 🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸 Рубайылар: Парсы тилинен қарақалпақшаға аўдармалаған шайыр Тилеўберген Жумамуратов👇👇👇👇 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 Дүньяның мақсетли - гәўҳар тасымыз, Ақылдың көзиниң - ақ-қарасымыз. Жәҳәнди дөңгелек сақыйна* десек, Әне, соның жалт-жулт еткен қасы - биз. 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 Бул пәлектиң иси бәрҳа уўайым, Биринен қутылсаң басқасы тайын. Келмегенлер сирә буннан хабарсыз, Еситкенде келмес еди ҳәрдайым. 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 https:/t.me/ibratli_sozler

Ҳәр ўақыт ҳәрекет етиўимиз керек. Себеби тоқтасақ отырғымыз келеди. Отырсақ жатқымыз келеди. Жатсақ уйқымыз келеди. ✍Ал-Хорез
Ҳәр ўақыт ҳәрекет етиўимиз керек. Себеби тоқтасақ отырғымыз келеди. Отырсақ жатқымыз келеди. Жатсақ уйқымыз келеди. ✍Ал-Хорезмий 👉https://t.me/ibratli_sozler

#Қарақалпақ нақылы Онға шыққан улыңды киси үйинен тойдырма, Он екидеги қызыңды киси үйинде қондырма. https://t.me/ibratli_soz
#Қарақалпақ нақылы Онға шыққан улыңды киси үйинен тойдырма, Он екидеги қызыңды киси үйинде қондырма. https://t.me/ibratli_sozler

Ата-бабаларымыз перзентлерин үш аўыз сөз бенен тәрбиялаған... Оның дәслепкиси: уят болады. Екиншиси: жаман болады. Үшиншиси:
Ата-бабаларымыз перзентлерин үш аўыз сөз бенен тәрбиялаған... Оның дәслепкиси: уят болады. Екиншиси: жаман болады. Үшиншиси: обал болады Уят болады дегени - өлимнен уят күшли, уятлы исти ислеме дегени; Жаным арымның садағасы дегени еди; Жаман болады дегени - жақсы сөз жарым ырыс, жаманлықтан аулақ жүр дегени, жақсының шарапаты, жаманның кесапаты тийеди дегени еди; Обал болады дегени - ҳәр нәрсениң сораўы бар, саған қызық емес болған бир нәрсе басқа биреўге жүдә қымбат болыўы мүмкин дегени, ҳеш кимге көлеңкең түспесин дегени еди. Жаман боладыға жақынламай, уят боладыға урынбай, обал болады дегенге ойлана қарайтуғын халықпыз ғой! https://t.me/ibratli_sozler

Балалықты сағынып... Изде калған бийғам ғана балалық, Ҳәр исинде болатуғын шалалық, Енди бәри тек өтмишке айланған, Әрман мен
Балалықты сағынып... Изде калған бийғам ғана балалық, Ҳәр исинде болатуғын шалалық, Енди бәри тек өтмишке айланған, Әрман менен кулип еске аларлық. Достым менен қуўыршаққа таласып, Тарқар едик,базда уйге жыласып, Сол достымды излеп барсам аўылға, Келин болған,бир енеге мүнәсип. "Уй-уй" ойын кызығына тускенде, Кетер едик зорға уйге геўгимде, Сол кунлерди бугин және еслесем, Сағынышым сыймас,сирә кеўлиме. "Қонақ-қонақ" ойнайтуғын досларым, Тапқан енди өмирден өз қостарын, Ҳәр қайсысы бир шаңарақ бийкеси, Тартар енди турмыстан өз арбасын. Ўақыт деген жуйрик тулпар,тура ма?! Жылларды ол кетер салып араға, Шоқ балалық,бийғамлыктың кулкисин, Бугинлиги корермен өз баламда... ✍Сарбиназ Даўекеева https://t.me/ibratli_sozler

ИЗЛЕНИЎ Өмир излениўден турса итимал. Изленемен, күндиз қолымда шырақ. «Излесең табарсаң» деген де сөз бар, Дурыс-надурысын с
ИЗЛЕНИЎ Өмир излениўден турса итимал. Изленемен, күндиз қолымда шырақ. «Излесең табарсаң» деген де сөз бар, Дурыс-надурысын сынап көрмедим бирақ. Излеймен жол журип, китап ақтарып, Журттың сөзлерине қулақ саламан, Самалдан сорайман шөллерге барып, Жулдызларға қарап ойға таламан. Излеймен күн бойы бир көмик қазып, Терим жаўырныма шыққанға дейин. Излеймен түн бойы қосықлар жазып, Таңғы уйқы келип жыққанға дейин. Аңшы дүзге шықса излейди таўшан, Тырна жалғыз қалса тырнасын излер, Қызлар таң сəҳəрде булақ басынан, Ақшам түсип қалған сырғасын излер. Ҳасла тахатым жоқ, ҳасла төзбеймен. Жоқ жойыткан жоқшыдай саламан сорақ. Өмирим бойы бир нəрсени излеймен, Не нəрсе екенин билмеймен бирақ... ✍И.Юсупов 📚✍📚✍📚✍📚✍📚✍ https://t.me/ibratli_sozler

Сениң урыўың  Найман болғанлығы себепли солай деп атыр, кемпир болса сени ѳзиниң урыўынан болғанлығы себепли сени сүйип еркелеп баўырым дейди.  Ал, устақайнаға дегеним оның атын ата алмайман  уят болады,- деди. Ҳәзир жоққо енди айта бериң  арқайын десем анам күлимсиреп болмайды сыйласық уят болады әкеңнен.-деди. Мен сол  пайыттағы  адамлардың  меҳрине, адамгеншилигине,  ѳз –ара  ҳүрмет  иззетине, сыйласықларына  елеге шекем ырза боламан.   Унды қалтаға салып болып,  анам - ене сыпраңыз қәне азмас ун берип кетейин устақайнағаға бир жайман писирип берерсиз деди. Кемпир «келин,  не қыласаң  ана бала бизлерди бир машыны менен әўлие басына  апарып келсе болды. Унды балларыңа алып барып нан жаўып береғой қарағым»-  деп мениң қолыма зағара берип үйиңе барып жеп аларсаң,- деди. Ене не кылайын деп едиңиз ҳәзир нан жаўып беременғо деп атыр анам, ҳәзир барып ийлеп ол ашыйман дегенше бала аш болады жеп алса ойнайды,- деди – кемпир.    Үйге келип қамыр ийлене баслады , мен  және анамның маңлайындағы терин сыпырып  тез- тез дем алып қамырды мушлап атырғанына қарап отырман. Ажапама ашытқыны алып бер- дегени мени бирден сескендирди. Кѳплеў салмасақ күн батып баратыр деди де айнаның алдында турған ыдыстың  ишиндеги  ийси ашшы , аўзынан шығып кетейин деп туратуған, мен оны ҳәр кѳргенимде бармақларымды тығып тесетин затты алып берди. Табақтың  усти бастырылды,  енди ашыса нан жаўамыз,- деди мениң  ҳайран қалыўыма жуўап бергендей ажапаларым.  Күтиў керек екенин кемпир билген екен деп ол берген  зағараны ҳеш кимге бермей жей басладым,  қарындасларым қарап турғанын кѳрип оларға зағарамнан берип,  болған ўақыяларды айтып берип мақтанып атырман. Тандырға от жағылып  баслады,    күн батып баратырған болса да ыссы нанды биринши рет жейтиндей, негизинде зағараға қарным тойған болса да, сол таңда әкем алып келген бийдайдың қалайынша  нан болғанлығын,  анажанымның соншама мийнетлериниң жемисин кѳрмекшидей,  тандыр жанында ойнаўға кетпей ынтықлық пенен күтип отырман.   Анам маған гүлше наныңды биринши болып  жаўып беремен сабыр ет  балам арқайын ойнай бер десе де мен орнымнан жылжымадым. Тап  сол жерге бекитилген қараўыл сақшылардай турдым да қойдым. Үкелериңе де  ѳз- алдына жаўаман сеникин ѳзим алып қояман деп атыр, ажапаларым мени  тандыр басынан қуўса да кетпедим. Себеби   тап усы нан  бүгинги күнеге шекемги жеген нанларымның ишиндеги ең мазалысы болатуғындай еди.  Үлкен ажапам тикешти қатта-қатты урып атыр  маған  ашыўланып. Еркек адам тандыр басында жүрсе нан ағып туседи дейди- сен соны  түсинбейсең бе? Кет деп жане бақырғанында анам  мине,  сениң гүлшең тайын мә ал балам қолың күйип қалмасын,- деп суў турған ыдысқа басып қолыма берди.     Наның бир шети азмас күйген екен сол жерин қара болғанлығы ушын анама қарап, неге мениң гүлшем қап-қара деп жыладым. Сонда анама тап усы ең мазалы жери деп иштей менен жей баслады буны кѳрип менде жедим ажапам да жеди. Расында да азанлы берли күткен наным аўзыма жағымлы дәм бере баслады.    Бүгин сол ўақыяны еслеп нанның күйген  жерин жеп отырып анамның сол күнги мийнети нәтийжесиндеги нанда, сол ўақыттағы аналардың   күйген нанды жеп перзентлерине күймеген жерин жегизгенликлерин, олардың шексиз сабырын , шүкирлилигин еслесем, ҳәзирги күндеги  айрым адамлардың дүканлардан унды сайлап алып атырғанын, басқаларының нан сатып алып атырып күймеген нан бер- деп сатыўшыға айтқанларын еситип қаламан.  Бул не тоқлыққа, шоқлық па?  Не болса да мен сол ўақыядан баслап бүгинги күнге шекем наның күйген жерин жеймен.                                  Себеби анамның  маңлайындағы  терлеринен пайда болған сол  күйген гүлше нанды жегендей  боламан . Салаўат Қыдыров. 2025-жыл 3-март

Күйген нан.     Азанғы шай ўақтында дәтүрхан басында шаңарақ ағзаларым менен    аўқатланып отырғанымызда, қызым бирден наның күйген жерин жейсиз бе?  -  аға деди. Мен күлип  жеймен мазалы болады деп жей басладым.                                                          Сол нанды шайнаў барысында күйген нанның ашқылтым дәми ҳәм балалығымдағы бир ўақыя көз алдымнан өте баслады.     Ғәрезсизлик жылларың баслары болса керек елимизде ун, дән жетиспеўшилиги жүзеге келип көплеген шаңарақларда бийдай болмағанлығы себепли мәкке, шигин, усақ, жүўери сыяқлы дәнлерди ун қылып нан  жейтуғын еди. Мине сондай күнлердиң биринде әкем таң азан менен  үйге ярым қалтаға шамалас бир зат алып келип,  анама бир нәрселерди айтып жане  жумысына  шығып кетти . Анам жумысқа киристи  сол дәнди келиге түйди, кепшикте үйирип суўырды, жуўып кептирди.         Әлбетте буған ажапаларым да  жәрдем берди. Мен ол дәнди бийдай екенин сол  күни билдим. Себеби ҳәмме ўақыт үйимизде  тайын уннан нан жаўғанлығы, қала берсе сары қағаз  қалташада «қуўырмаш»  деп алып келетин  затқа  уқсағанлығы ушын оны  ҳәммеге қуўырмаш жеймиз деп жүрмен. Ажапаларым қуўырмаш емес бул бийдай деген дән  оны ун қылып нан  жаўатуғынлығын  айтқанында  мен қатты қызығып, ,  бийдайды жегизип ун етип нан жаўыў басқышларын кѳриў маған қатты қызықлы ўақыя болып  кѳринди. Сол күни үйдеги ҳәммениң  ислеген мийнетлерине қызықсынып  жәрдемге мен де киристим.    Аўылда ун қараз биреў, ол да ҳәр күни баса- бас болатуғын еди. Сол ушын анам : " дигирманда тартамыз"- дегенде  мен қатты қуўанып  кеттим. Себеби бул да маған үлкен жаңалық еди.  Ол қандай зат,  дигирман дегенди  азмаз еситкеним болмаса өзин ҳасла көргеним жоқ еди. Анам  бийдайды  суў тасыйтуғын темирден соғылған  арбаға (ташкиге)  артып атырғанында,   мен де бараман -деп шатақ шығардым. Анам ажапаларыма тандырды таярлап  қойыўын ҳәм  келип нан жаўатуғынлығын  айтты.    Анам екеўимиз көше бойлап  жол алдық.  Көше басындағы терекликтиң ортасындағы биринши үйге кирдик. Ол үйди ҳәр бақшаға бартырғанымда жанынан өтетин едим, бирақ итибар бермеген екенмен. Сыртқы есигин ашып ишке кирип анам сәлем берип бир кемпир – ғарры  менен сөйлесип атыр. Мен кириўден жаңағы кемпир мени сүйип баўырына басып,  аўзыма торақ салып, аймалап «баўырым»- деп еркелетип  атыр. Ал ғарры болса келдиң бе? "Найман" десе болама,  мен ҳайран болып, атымды айтсам да ол жане сол гәпин тәкираллады. Неге ондай дегенин кейнен анамнан сорап аларман деген ой менен  олардың үйи болғанлықтан ба, яки олардың маған деген маҳрибанлығынан  ба, мен оларға қарсылық билдирмей көниўди мақул көрдим.  Анам жаңағы ғаррыға қарап,  өзиңиз ашып бересиз бе? дигирман жайды «Устақайнаға» деди. Мен ондай да ат болар екен-аў деп таң қалдым. Ғарры әсте барып бир кишкене өжирени ашып, келин, кейин есигин жақсылап жаўып кетпесең таўықлар кирип кетеди,- деди.   Анам бийдайды ишке алып келип үлкен еки тастың ортасындағы кишкене тесигине азғана салып, жоқарыдан баслап түскен узын таяқты тастың үстиндегисиниң бир жерине илдирип айландырыўды баслады. Маңлайдан терлер, таслар арасынан аппақ ун шыға баслады. Мен усы жағдайды кѳрип анама  нан қашан жеймиз кѳп ўақыт болып кеттиғо қайтайық деп балаларша қыйқаңлығымды кѳрсете басладым.  Ҳәзир балам- азғана қалды кейин үйге барып ыссы гүлше нан жаўып беремен,- деди. Буның орнына әкем магазиннен ун алып келип, ыссы гүлше нанды жаўағанда жақсы болар еди деп ишимнен ойладым.  Бирақ мен билмес едим сол магазиншиниң ѳзи де ун қаразда  жүўери жегизип атырғанлығын.   Мен шѳлледим дегенимде анам бир тоқтап дем алып  ѳзи де суў ишер деп ойласам, маған ғәзепленгендей  ана жерде пилакте суў бар барып ишип келе бер мени кѳрип турсаңғо балам- деп дигирманды айлындырыўды даўам етти.  Суў ишип болып анамды  сәўбетке тартқым келип сораў бере басладым.  Жаңағы ғарры мени неге найман дейди, ал сен неге оны устақайнаға дейсең, кемпир болса мени сүйип еркелетип атыр баўырым дегени не  бизлерге ағайын бе сонда?-  дедим.  Дигирманның зуўылдаған даўысы менен бирге анам  ҳалласлап сораўларыма жуўап бере баслады.