ar
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

الذهاب إلى القناة على Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

إظهار المزيد

📈 نظرة تحليلية على قناة تيليجرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

تُعد قناة ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) في القطاع اللغوي Kazakh لاعباً نشطاً. يضم المجتمع حالياً 18 873 مشتركاً، محتلاً المرتبة 4 298 في فئة الدين والقيم الروحية والمرتبة 452 في منطقة كازاخستان.

📊 مؤشرات الجمهور والحراك

منذ تأسيسه في невідомо، حقق المشروع نمواً سريعاً وجمع 18 873 مشتركاً.

بحسب آخر البيانات بتاريخ 28 يونيو, 2026، تحافظ القناة على نشاط مستقر. خلال آخر 30 يوماً تغيّر عدد الأعضاء بمقدار -262، وفي آخر 24 ساعة بمقدار -14، مع بقاء الوصول العام مرتفعاً.

  • حالة التحقق: غير موثّقة
  • معدل التفاعل (ER): يبلغ متوسط تفاعل الجمهور 26.62‎%. وخلال أول 24 ساعة من النشر يحصد المحتوى عادةً 19.61‎% من ردود الفعل نسبةً إلى إجمالي المشتركين.
  • وصول المنشورات: يحصل كل منشور على متوسط 5 027 مشاهدة. وخلال اليوم الأول يجمع عادةً 3 704 مشاهدة.
  • التفاعلات والاستجابة: يتفاعل الجمهور بانتظام؛ متوسط التفاعلات لكل منشور يبلغ 46.

📝 الوصف وسياسة المحتوى

يصف المؤلف القناة بأنها مساحة للتعبير عن الآراء الذاتية:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

بفضل وتيرة التحديث المرتفعة (أحدث البيانات بتاريخ 29 يونيو, 2026) تحافظ القناة على حداثتها ومستوى وصول مرتفع. وتُظهر التحليلات تفاعلاً نشطاً من الجمهور، ما يجعلها نقطة تأثير مهمة ضمن فئة الدين والقيم الروحية.

18 873
المشتركون
-1424 ساعات
-867 أيام
-26230 أيام
أرشيف المشاركات
photo content

<<ӨМИРГЕ ИСЕНИМ>> ....Бәҳәр келиўден алдын  қунарлы топырақ қойнында еки дән қатар жатыпты. Биринши дән: ~Тезирек бәҳәр келсе екен? Мен өнип-өсип, тереңге тамыр жайып, жер бетине қарай бүршик жарып шыққым келеди. Бәҳәрдеги қуяштың жыллы шуўағына бөленип, таңғы шыққа жас жапырақларым менен гүл қаўызымды шомылдырғанша асығаман!--дейди өзгеше қулшыныс пенен. Екинши дән болса исенимсиз, түңилген қәлпинде әсте ақырын: ~Мен қорқаман...Егер тамырымды тереңге жиберсем, қараңғы жер қойнында неге барып тирелетуғыны белгисиз....Жер бетине шыққан сабағымды бәҳәрдиң ызғырық самалы тоңдырып, солытып тасласа не ислеймен!? Қандай да бир жәнликлер кемирип кетсе ше? Егер қаўызымнан жарып шыққан гүлди жулып, аяқ асты етип женшип тасласа... Жоқ, мен оннан да қәўипсиз ўақытты күтип, усы жерде жата турайын...деди буйығып. ...Биринши дән бәҳәрдиң көзи жылт етиўден әрманын орынлап, тамыр жайып, жап-жасыл болып өсе баслады. ...Ал, екиншиси сол қолайлы ўақытты күтиў менен орнында жата берди. Бирнеше күннен соң азық излеген таўық топырақты шуқыланып жүрип, өнбеген дәнди таўып алды да, жутып жиберди. Әлбетте, бул мысалдың тобықтай түйини--ким де ким тәўекел етпесе, ол алға илгерилей алмайды, сол орнында қала береди. Оны өмир миннетли түрде "жутып" қояды. Бул мысалдан келип шығатуғын екинши унамлы тәрепи: Бәҳәрге, оның жыллы лебине, жаңарыўға, жаңа өмирге, жаңа ис баслаўға талпыныс, тәўекел. Мақсетке, әрманға толы, оның орынланыўын көз алдыңа елеслете отырып, оның иске асатуғынына исениў. Исеним--ҳәр қандай бөгетлерден де күшли! ӨМИРГЕ ИСЕНИМ МЕНЕН ҚАРАЎ~КЕЛЕШЕГИҢЕ ИСЕНИМ!    ✍Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

<<ӨМИРГЕ ИСЕНИМ>> ....Бәҳәр келиўден алдын қунарлы топырақ қойнында еки дән қатар жатыпты. Биринши дән: ~Тезирек бәҳәр келсе екен? Мен өнип-өсип, тереңге тамыр жайып, жер бетине қарай бүршик жарып шыққым келеди. Бәҳәрдеги қуяштың жыллы шуўағына бөленип, таңғы шыққа жас жапырақларым менен гүл қаўызымды шомылдырғанша асығаман!--дейди өзгеше қулшыныс пенен. Екинши дән болса исенимсиз, түңилген қәлпинде әсте ақырын: ~Мен қорқаман...Егер тамырымды тереңге жиберсем, қараңғы жер қойнында неге барып тирелетуғыны белгисиз....Жер бетине шыққан сабағымды бәҳәрдиң ызғырық самалы тоңдырып, солытып тасласа не ислеймен!? Қандай да бир жәнликлер кемирип кетсе ше? Егер қаўызымнан жарып шыққан гүлди жулып, аяқ асты етип женшип тасласа... Жоқ, мен оннан да қәўипсиз ўақытты күтип, усы жерде жата турайын...деди буйығып. ...Биринши дән бәҳәрдиң көзи жылт етиўден әрманын орынлап, тамыр жайып, жап-жасыл болып өсе баслады. ...Ал, екиншиси сол қолайлы ўақытты күтиў менен орнында жата берди. Бирнеше күннен соң азық излеген таўық топырақты шуқыланып жүрип, өнбеген дәнди таўып алды да, жутып жиберди. Әлбетте, бул мысалдың тобықтай түйини--ким де ким тәўекел етпесе, ол алға илгерилей алмайды, сол орнында қала береди. Оны өмир миннетли түрде "жутып" қояды. Бул мысалдан келип шығатуғын екинши унамлы тәрепи: Бәҳәрге, оның жыллы лебине, жаңарыўға, жаңа өмирге, жаңа ис баслаўға талпыныс, тәўекел. Мақсетке, әрманға толы, оның орынланыўын көз алдыңа елеслете отырып, оның иске асатуғынына исениў. Исеним--ҳәр қандай бөгетлерден де күшли! ӨМИРГЕ ИСЕНИМ МЕНЕН ҚАРАЎ~КЕЛЕШЕГИҢЕ ИСЕНИМ! ✍Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

#рәўият 📕 Өсек ҳаққында... Бир ҳаял қоңсысы ҳаққында өсек айтты. Өсек гәп аўыл адамлары арасында тез тарқалып кетти. Өсек қылынған ҳаял буған көп ўақыт ашыўланып жүрди. Өсекши ҳаял арадан бир неше ай ўақыт өтип, қылған исине өкинди. Қылған қәтесин қалай дүзетиўди билмей, бир уламаның алдына барып мәсләҳәт сорады. Улама былай деди: «Мына теректиң бир шақасын сындырып ал, кейин үйиңе барғанша сол шақадағы шапрақларды жулып жолға таслап кете бер». Ҳаял уламаның айтқанына ҳайран қалған болса да, бул исти қылды. Ертеңине улама өсекши ҳаялға: «Кеше таслап келген жапырақларыңның бәрин терип кел», деп буйырды. Ҳаял кешеги жапырақларды жыйнаў ушын жүрген жолларынан қайта жүрди. Қараса, самал жапырақлардың ҳәммесин ушырып кетипти, кешке шекем излеп бир еки жапырақ ғана тапты. Улама оған: «Көрдиң бе, оларды жерге таслаў аңсат, бирақ қайта жыйнап алыўдың илажы жоқ. Өсек айтыў да аңсат, бирақ оны орнына қайтарыў қыйын»... https://t.me/ibratli_sozler

"Қыз қыйалын билмесең" https://t.me/ibratli_sozler

#Ассалаума əлейкум!! Бүгинги атқан таңымыз бәршеңиздиң кеўлиңизге жақсылық, жүзиңизге шадлық, жүрегиңизге толы меҳир ҳәм муҳа
#Ассалаума əлейкум!! Бүгинги атқан таңымыз  бәршеңиздиң  кеўлиңизге жақсылық,  жүзиңизге  шадлық,  жүрегиңизге  толы  меҳир ҳәм муҳаббат инәм етсин! Қадирданлар.......    🌺Сизге бахыт тилеймен. Себеби, бахыт ҳеш қашан инсанға артықшылық қылмайды.      🌺Сизге саламатлық тилеймен. Себеби, ол ҳәмийше инсанларға жетиспейди.      🌺Сизге әўмет тилеймен. Себеби, ол ҳәр бир қадемиңизде керек болады..!      🌺Сизге тәлим-тәрбия тилеймен. Себеби сизден инсанлар  ибрат алады....! https://t.me/ibratli_sozler

#Қайырлы түн әзизлерим! 💫 💫 💫 💫 💫 Сизден жырақ жүрсин тәшўиш ҳәм қайғы, Қәлбиңизде болсын қайырлы туйғы, Егер көзиңизди
#Қайырлы түн әзизлерим! 💫 💫 💫 💫 💫 Сизден жырақ жүрсин тәшўиш ҳәм қайғы, Қәлбиңизде болсын қайырлы туйғы, Егер көзиңизди сыйпаса уйқы, Сизге қайырлы түн, қайырлы уйқы. https://t.me/ibratli_sozler

#ўақыя Муғаллимниң меҳири Мектепти питиргенимизге он бес жыл болғанында класласлар ушырасатуғын болдық. Ушырасыўға дерлик ҳәмме келди. Арамыздағы бир класласымыз муғаллимимизге былай деди: - Мектепте оқып жүргенимде класласымның саатын балалық қылып урлаған едим. Сонда саат таўылмағанша ҳәммемизди тинтип шыққан едиңиз. Мен уялып ҳәм қорқып не қыларымды билмей қалған едим. Ҳәмме енди мени уры деп шақырады, деп ойладым. Бирақ сиз ҳәммени дийўалға қаратып, көзлериңизди жумып турың, дедиңиз ҳәм ҳәммемиздиң қалтамызды бирме-бир тексердиңиз. Маған нәўбет келгенде, саатты алдыңыз... Бирақ сонда да ҳәммени тексерип шықтыңыз. Саатты ийесине қайтарып берип, бул ўақыя ҳаққында ҳеш қашан гәп қозғалмасын, дедиңиз. Усы исти мен қылған болсам да ҳеш қашан маған мәмилеңиз өзгермеди, қалайынша бул исти умыта алдыңыз?! Муғаллим былай деп жуўап берди: - Сол күни ҳәммеңиз тинтип атырғанда мен де көзимди жумып алған едим... Саатты ким урлағанын билсем, сол балаға кеўлимде қаттылық пайда болып қалмасын дедим.. https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық_сөзлер 📜Ең гөззаллық ақыл менен мийнетте, Солар ғана жеткереди зийнетке. Қарақалпақ халық нақыл-мақалы. https://t.m
#Даналық_сөзлер 📜Ең гөззаллық ақыл менен мийнетте, Солар ғана жеткереди зийнетке. Қарақалпақ халық нақыл-мақалы. https://t.me/ibratli_sozler

ТУЎЫЛМАҒАН ГӨДЕКЛЕРГЕ ҲӘЙКЕЛ 🥀 Словакияда жайласқан бул ҳәйкел аборт себепли ерте өмирден кеткен балалар ушын орнатылған. Ҳә
ТУЎЫЛМАҒАН ГӨДЕКЛЕРГЕ ҲӘЙКЕЛ 🥀 Словакияда жайласқан бул ҳәйкел аборт себепли ерте өмирден кеткен балалар ушын орнатылған. Ҳәйкел астына "Анажан жылама, мен сени бәрибир жақсы көремен" деп жазылған.🥲🤱 💥 Жәҳән ден саўлықты сақлаў шөлкеми мағлыўматларына көре, бүгинги күнде ҳәр жылы шама менен 25 миллион ҳәйел тәрепинен аборт әмелге асырылып атыр. Дерек: "Шежире" телеграм каналы https://t.me/ibratli_sozler

photo content

*Мың шүкир алла * Кимгедир дәрт бердиң, сабырын сынап, Кимлерди жалғыз қылдың, жақынын тонап. Киминиң көзи көр, кимлери шолақ, Шүкирмен деним сау, мың шүкир алла . Киминде майып перзент,кимде олда жоқ, Өмирде тусиниксиз, сырлы жоллар көп. Жанлары тастан қатты, инсан баласы, Шүкирмен деним сау, мың шүкир алла. Көзиме жас келер, нәзер тасласам, Қура'ны кәримди, қолға усласам. Соншалар көр болма, ей әзиз инсан, Шүкирмен деним сау, мың шуүкир алла. Дуньяға келип мен, не көрдим деме, Сен көргенди көрмекке, зар көзлер қанша?. Барына шүкир қыл, бермеди деме, Шүкирмен де, шүкирмен, мың шүкир алла. ✍Сансызбай Қанназаров https://t.me/ibratli_sozler

ӨЛИМ ТЕҢДҮР ШАҲУ МЕНЕН ГӘДАҒА Адамы бенделер малсыз болмасын, Малсыз болсаң, жақынларың жат болар. Қашар аға - иниң, болмас қәтерең Дос қысынып, душпанларың шад болар. Кеңдир жип белбеўи түспес белинен, Мерекеде орын бермес төринен. Ғәриплер ат минсе - ешек көринер, Дәўлетлилер ешек минсе, ат болар. Бир тилек тилесең, мүтәжиң питпес, Дослар ықлас пенен ҳеш мират етпес. Алтын сөз айтсаңда бир пулға өтпес, Кеўлиң дизден қайтып, бәрҳә мат болар. Гүрес бир абырай, урыс бир апат, Кисини кемситпек саған кәсапат. Ақыллы адамға жараспас ғыйбат, Ғыйбаткештиң барған жери от болар. Мақтымқулы, шүкир әйлегил қудаға, Өлим барабардүр шаҳу - гәдаға , Бийсабыр қул тез жолығар бәлеге, Сабырлы қул бара - бара шад болар. "Болар". Мақтымқулы. (И.Юсуповтың аўдармасы) Канал👉https://t.me/ibratli_sozler

ТЕКИЙМЕТ.         Қарақалпақ халқының күнделикли турмысы ҳәм мәдениятында текийметти басқа түркий тиллес халықлар сыяқлы төсениш және қорғаыў етип пайдаланыў ең әййемги заманлардан бери бар екенлигин бизге келип жеткен тарийхый мағлыўматлардан билемиз.         ТЕКИЙМЕТ~түрли ойыў, өрнеклер менен нағыс салынып басылған қара үй буйымы, кишкене кийиз. Текийметтиң пайда болыўы ҳәм ислениў технологиясы ерте заманлардан берги халықтың жасаў жағдайы  менен тығыз байланыслы. Текийметтиң  адамлардың күнделикли турмысында тутатуғын орны айрықша. Ол қарақалпақ шаңырағының көрки, бас мүлки болған кийиз бенен теңдей орында турып, жыллылық, қара үйдиң шырайлы мүликлериниң бири болып, үйге сулыўлық, көркемлик сән берип турған. Соның менен бирге ызғарлықтан, аўырыўдан сақлаўшы хызмет те атқарған.        Текийметти ислеў технологиясы кийиз басыў усылы менен теңдей болып, бул ислениўи қыйын болғаны менен, адамлардың күнделикли турмысында пайдаланыўға қолайлы буйым болған.          Текийметтиң қурамы кийиз бенен теңдей болып, қойдың гүзем жүнинен басылады, көлеми кишкене көрпешениң қарамындай~узынлығы 140-150 сантиметр, ени 80 см көлеминде болады.          Текиймет пайдаланыў орнына қарай~НАҒЫСЛЫ ТЕКИЙМЕТ, ӨРЕ ТЕКИЙМЕТ ҲӘМ ЖАЙНАМАЗ ТЕКИЙНЕМЕТ болып бөлинеди.                НАҒЫСЛЫ ТЕКИЙМЕТЛЕР~деп ҳәр түрли реңли бояўлар менен боялған жүнлерди шыйратып, ойыў-өрнек нағыслар салынып исленген текийметлерге айтылады. Көбинесе қошқар мүйиз нағыслар салынады ҳәм ойыў-өрнекти, ҳәр түрли реңди жайластырыўда симметриялы усыл [теппе-теңлик] қатаң сақланады.          Нағыслы текийметлер төсениш, гейде қара үйдиң ишки жағынан сулыўлық ушын керегеге тутып қоятуғын да  болған.          Текийметлер еденге төселген шыпта, ший, бойралардың үстине тасланатуғын бир салар төсек. <<Еденге ший, шыпта, алаша, ал оның үстине өрнекли кийиз текиймет төселип, оған қурақ көрпешелер салынған>> [А.Абдиев].           Қарақалпақтың күнделикли турмысында төселген шыпта, ший, бойралардың үстине кийиз төсеп, оның үстине көрпеше таслап отырыў күтә ертеден бар. Егер үйге қонақ келсе, сол кийиздиң үстине нағыслы текиймет төсеп, оның үстине көрпеше таслап, келген қонаққа сый ҳүрметин көрсеткен. Текийметлер көрпе-көрпешелер менен бирликте аршаның үстине жүк етип жыйналады. Аршаның үстинде қаршын, қаршынның үстине текийметлер жыйналып, оннан соң көрпе-көрпешелер тақланып жыйылады.         ӨРЕ ТЕКИЙМЕТ~нағысланбаған, түксиз, үлкен текийнемет. "Аяғы жерге минәсип емес екен,---деп бир өре текиймет таслады" ["Қоблан" дәстаны].            Нағысланбаған текийнеметлер бир реңли жүнлер сайлап алынып, ақ, қара, қоңыр текийнемет етип басылады. Өре текиймет қәдимги текийметтен өзгешелиги: узынлығы ҳәм ени кеңирек болады, бирақ, кийизден басқашарақ, бул да бир салар төсек.          ЖАЙНАМАЗ УШЫН~ басылатуғын текийнеметлер қалың ямаса жүқалаў, жеңил болып, ол тек ақ жүннен, нағыс салынбай басылады. Көлеми текийметтен киширек  болып, ҳәзирги пайдаланып жүрген жайнамазларға тең, ямаса шамалы үлкенирек, енлирек болады.         Бурынлары баланың тусаўын кесер ўақтында да, аяқ астына текиймет төселген. Буған нийетлеп арнайы тазадан текиймет бастырады, ямаса үйдеги таза текийметлерден төселеди.          ТЕКИЙМЕТ~халқымыз турмысында тек төсениш ғана емес, ол көркем өнер туўындысы ретинде үйге гөззаллық бериўши сәнлик үй буйымы. ✍Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#ҳақыйқат АҚЫЛЛЫ ҲАЯЛ Бир адам жумыс столына отырып, қолына қәлем алды ҳәм өткен бир жылы ҳаққында жаза баслады: “Өткен жылы өт қалтам операция жолы менен алып тасланды. Бир неше ай жатақта жатып қалдым. Алпыс жасқа толдым. Отыз жыл даўамында ислеген баспаханадағы жумысымнан кеттим. Әкем қайтыс болды. Балам машинасында жолдан шығып кетип аварияға ушырады, бир неше ай оқыўға бара алмағанлығы себепли бакалаврлық дәрежесинен айырылды» Бул жазыўлардың ақырына: “Өткен жылы жүдә жаман жыл болды“ деп жазды. Ҳаялы кирип келди. Күйеўиниң кейпиятсыз отырғанын көрип, оған жақынласты. Күйеўиниң жазғанларын оқыды. Ҳеш нәрсе демей бөлмеден әсте шығып кетти. Арадан азырақ ўақыт өтип, қолында бир қағаз бенен кирип келди. Күйеўине ҳеш нәрсе демей, қолындағы қағазды оның алдына қойды. Күйеўи ол қағазды алып оқый баслады: “Өткен жылы көп жыллардан берли азар берип турған өт қалтаңыздан қутылдыңыз. Алпыс жасқа кирген болсаңыз да, Аллаҳға шүкир ден-саўлығыңыз жақсы. Жумысыңызды қойып, напақаға шыққаныңыз, үйде отырып бир неше китапларды аўдарыўыңызға түртки болды. Әкеңиз тоқсан бес жыл жасады. Ҳеш кимге сүйенип мүтәж болмады. Қыйналмастан, жеңил, тез ҳәм аңсат жан берди. Балаңыз машинасында аварияға ушыраған еди, аман-саў қалды. Нәгиран болып қалмастан, машақатсыз тәўир болды“. Бул жазыўлардың ақырында: “Аллаҳ таала өткен жылды бизлер ушын қаншелли қайырлы етти. Ҳәммеси жақсылық пенен жуўмақланды“ деп жазылған еди. Екеўи де бир қыйлы ҳәдийселерди жазды. Жуўмақ: Биз удайына кемшиликти көремиз. Соның ушын Аллаҳ тааланың берген неъматларына шүкир етпеймиз. Бизден алып қойылған нәрселерди ойлап, бар итибарымызды соған қаратамыз. Қолымызда турған инамларды умытамыз, есимизге де келмейди. https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық Биреўди айыплаў ушын өзиң айыпсыз болыўың керек деп айтыўдан аўлақпан. Егер сондай болғанда ҳеш ким бир-биреўди айып
#Даналық Биреўди айыплаў ушын өзиң айыпсыз болыўың керек деп айтыўдан аўлақпан. Егер сондай болғанда ҳеш ким бир-биреўди айыпламаған болар еди.             ✍Мишель де Монтень. Әке баласына жаслайынан әдепли болыўды үйретип, өзи үлги көрсетпесе, балада гүна жоқ, барлық айып әкеде. ✍Юсуп Ҳас Ҳажиб https://t.me/ibratli_sozler