ru
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Открыть в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Больше

📈 Аналитический обзор Telegram-канала ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) языкового сегмента Казахский является активным участником. Сейчас сообщество объединяет 18 778 подписчиков, занимая 4 321 место в категории Религия и духовность и 448 место в регионе Казахстан.

📊 Показатели аудитории и динамика

С момента создания невідомо проект демонстрирует стремительный рост, собрав аудиторию из 18 778 подписчиков.

Согласно последним данным от 13 июля, 2026, канал показывает стабильную активность. За последние 30 дней изменение числа участников составило -229, а за последние 24 часа — -1, при этом общий охват остаётся высоким.

  • Статус верификации: Не верифицирован
  • Уровень вовлечённости (ER): Средний показатель вовлечённости аудитории составляет 28.34%. В первые 24 часа после публикации контент обычно набирает 20.06% реакций от общего числа подписчиков.
  • Охват публикаций: В среднем каждый пост получает 5 323 просмотров. В течение первых суток публикация набирает 3 769 просмотров.
  • Реакции и взаимодействия: Аудитория активно поддерживает контент: среднее количество реакций на один пост — 45.

📝 Описание и контентная политика

Автор описывает ресурс как площадку для выражения субъективного мнения:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Благодаря высокой частоте обновлений (последние данные получены 14 июля, 2026) канал поддерживает актуальность и высокий уровень охвата публикаций. Аналитика показывает, что аудитория активно взаимодействует с контентом, что делает его важной точкой влияния в категории Религия и духовность.

18 778
Подписчики
-124 часа
-287 дней
-22930 день
Архив постов
КИТАП. Жәмийет ағзалары раўажланбаса, жәмийет те раўажланбайды. Жәмийет ағзалары раўажланыўы ушын олардың ақылы раўажланыўы л
КИТАП. Жәмийет ағзалары раўажланбаса, жәмийет те раўажланбайды. Жәмийет ағзалары раўажланыўы ушын олардың ақылы раўажланыўы лазым. Ақыл болса, тек китап оқыў менен ғана раўажланады.
Китап саўға етемен десеңиз яқ демеймен ал...😊🫶🙊
https://t.me/Sezim_siri

КИТАП. Жәмийет ағзалары раўажланбаса, жәмийет те раўажланбайды. Жәмийет ағзалары раўажланыўы ушын олардың ақылы раўажланыўы л
КИТАП. Жәмийет ағзалары раўажланбаса, жәмийет те раўажланбайды. Жәмийет ағзалары раўажланыўы ушын олардың ақылы раўажланыўы лазым. Ақыл болса, тек китап оқыў менен ғана раўажланады.
Китап оқыўды үрдис етейик, ким қандай китап оқып атыр...?
https://t.me/ibratli_sozler

#Ибрат. Ата-анасынан мийрас қалған жерде аға-ини . Гүзги қырманда аға-ини зүрәәтти тең бөлисип алатуғын еди. Күнлердиң биринде иниси: – Жыйналған зүрәәтти тең бөлисип алыўымыз дурыс емес. Мен бойдақпан ҳәм сарыплайтуғын қәрежетим онша көп емес. Ағамның болса, шаңарағы үлкен, оның қәрежетлери де соған жараса, – деп ойлады. Сол күннен баслап бойдақ иниси ҳәр күни ярым түнде үйинен шығып, өзиниң телегинен бир қап бийдайды желкесине салып, ҳеш кимге сездирместен ағасының дәнханасына қойып кететуғын болды. Сол күнлерде ағасы да өзине өзи: – Зүрәәтимизди тең бөлисип алып атырғанымыз әдалаттан емес. Мен шаңарақлыман, ҳаялым ҳәм перзентлерим бар. Қартайған ўақтымда олар маған ғамхоршылық қылады. Үкем қартайғанда оған ким қарайды! Демек, келешекте оның мүтәжлиги көбирек болады, – деди. Соннан соң ағасы да ҳәр күни ярым түнде үйден шығып өзиниң дәнханасынан бир қап бийдайды желкесине қойып ҳеш кимге сездирместен үкесиниң телегине қойып келиўин әдет қылды. Аға-ини ортасында бул ис көп ўақытқа шекем даўам етти. Бирақ ҳеш ким бул исти сезбеди. Себеби, екеўиниң де дәнханасындағы бийдайдың муғдары өзгермес – кемейип яки көбейип қалмас еди. Соң бир күни түнде аға-ини бир-бириниң дәнханасына бийдай алып баратырғанда ушырасып қалды ҳәм сонда болып өткен исти аңлап жетти. Желкелериндеги қапты жерге қойып, бир-бирин қатты қушақлап баўырына басты. Демек, аға-инилер бир-бирине мийрим-шәпәәтли болса, турмыста ҳеш қашан мүтәжлик сезбейди... https://t.me/ibratli_sozler

ЖИГИТТИҢ ҲИЙЛЕСИ Бир жигит ҳаялы менен жәнжеллесип қалады. Ҳаялы күйеўине ренжип, сөйлеспей қояды. Арадан бираз ўақыт өтип, ө
ЖИГИТТИҢ ҲИЙЛЕСИ      Бир жигит ҳаялы менен жәнжеллесип қалады. Ҳаялы күйеўине ренжип, сөйлеспей қояды.       Арадан бираз ўақыт өтип, өз жумысларына араласып кеткен жигит ҳаялы менен келисе алмай қалғанын умытып кетеди. Жумыстан келеди де күндегисинше ҳаялына анаў-мынаў айтып отырады. Бирақ күйеўине қатты өкпелеп,  гийнеси тарқамаған ҳаял оған ҳеш нәрсе деп жуўап бермейди.       Күйеўи қанша урынса да, ҳаялын сирә сөйлете алмайды.  Соннан кейин жигит ҳийлеге көшеди.       Ол бир нәрсе излеп атырған адам қусап, шкафларды ақтарады. Кейин шифонердеги кийимлерди тинткилейди.  Одан кейин барып, серванттағы сервислерге тийисе баслайды. Ыдысларға жаны ашып, шыдамаған келиншек:       - Ҳәй, соншама не излеп атырсаң? Ҳәмме жерди  тинтип тасладың ғо? - деп сөйлеп қояды.      Сонда күйеўи:     - Уҳ, Қудайға шүкир, таптым-аў! Мен  бағанадан бери сениң усы даўсыңды излеп атыр едим! Болды, таптым! - дейди.       Ҳаял да артына қарап турып, күлип жибереди.           ✍ Анар Елкеева https://t.me/ibratli_sozler

☕️ Үш ҳикмет Бир қыз әкесиниң алдына келип сорады: — Әке, мен шаршадым, мениң өмирим жүдә аўыр, жолымда қыйыншылықлар ҳәм азаплар көп. Билесиз бе, мен толқынға қарсы жүзиўден шаршадым, әке... Айтың, не қылайын? Жуўап бериў орнына әкеси үш қазанды отқа қойды. Қазанлардың бирине гешир, екиншисине Майек ҳәм соңғысына кофе дәнлерин салып, оларды қайнатты. — Не өзгерди? — деп, қызынан сорады. — Гешир менен мәйек қайнады, ал кофе дәнлери езилди, — деп жуўап берди қыз. — Яқ, қызым, бул тек затлардың сыртқы өзгериси. Жақсылап қара: Қатты гешир суўда қайнап, жумсақ ҳәм езилгиш болды. Суйық ҳәм сынғыш мәйек болса, қатайып писип шықты. Сыртынан қарағанда олар өзгермегендей көринеди. Бирақ қайнаған суўдың тәсиринен олар ишинен өзгерди. Адамлар да дәл сондай: Сыртынан күшли болып көрингенлер базы ўақыялар себепли сынып қалыўы мүмкин. Ал ҳәлсиз болып көрингенлер, керисинше, қыйыншылықлар арқасында батыр, қайсар болып шығыўы да әжеп емес... — Ал кофе не? — деп сорады қызы. — Мине, ең баслысы да сол! Кофе дәнлери болса, езилип, хош ийисли ишимликке айланды. Ҳеш кимге уқсамайтуғын адамлар болады: олар қыйыншылықлар себепли өзлери өзгермейди, керисинше, сол ўақыяларды өзгертип, өзлерине де, басқаларға да пайда келтириў ушын ҳәрекет қылады! ✨ https://t.me/ibratli_sozler

Бир сүўретте мың мәнис... Артықша пикирге орын жоқ шамасы, сиз не дейсиз Қәдирлим...? https://t.me/ibratli_sozler
+2
Бир сүўретте мың мәнис... Артықша пикирге орын жоқ шамасы, сиз не дейсиз Қәдирлим...? https://t.me/ibratli_sozler

Алтынгүл Утениязова    Карақалпақ қызыман Жаным мениң Бийпатпаға ханалас, Арым мениң жулдызларға аралас, Жалған сөйлеп жалтақлаған унамас, Туўры сөзли мәрт халықтың қызыман. Нәўшесимен Алпамыстай дақылдың, Мийрасыман Аллаярдай ақылдың, Әрманларын Ерназардай батырдың, Кең көксинде сақлар елдиң қызыман. Мәрт Тумарис массагет түп дерегим, Гулайымдай  палўан болды және ким!? Қумар ана мақтанышым тирегим, Ата халық- қарақалпақ қызыман. Нәдира  ғәззели йош берер бизге, Зульфиялар исми сүрмедур көзге, Гулпаршындай опа әйлейин елге, Қызын сыйлар қарақалпақ қызыман. Өз ағам өзбегим -жанажаным бар, Қазақ, қырғыз,түркмен қәдирданым бар, Ғәрезсиз бостаным алтын таңым бар, Бахты күлген еркин елдиң қызыман. https://t.me/ibratli_sozler

Өмир дәптериңиздиң тағы бир бети артта қалды...💫 Аллаҳым....жақынларым, кеўил жетерлерим өзиңе аманат🤲 Қайырлы түн Қәдирдан
Өмир дәптериңиздиң тағы бир бети артта қалды...💫 Аллаҳым....жақынларым, кеўил жетерлерим өзиңе аманат🤲 Қайырлы түн Қәдирданлар! Түниңиз ҳәм уйқыңыз тыныш болсын! •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• https://t.me/ibratli_sozler

7. #Сиз оларды таныйсыз. Қарақалпақлардың атақлы бийлеринен болған. Бул инсан ким-? https://t.me/ibratli_sozler
7. #Сиз оларды таныйсыз. Қарақалпақлардың атақлы бийлеринен болған. Бул инсан ким-? https://t.me/ibratli_sozler

6. #Сиз оларды таныйсыз. Белгили драматург, журналист ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери. Бул инсан к
6. #Сиз оларды таныйсыз. Белгили драматург, журналист ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери. Бул инсан ким-? https://t.me/ibratli_sozler

5. #Сиз оларды таныйсыз. Қарақалпақ прозасының көрнекли ўәкиллериниң бири. Бул инсан ким? https://t.me/ibratli_sozler
5. #Сиз оларды таныйсыз. Қарақалпақ прозасының көрнекли ўәкиллериниң бири. Бул инсан ким? https://t.me/ibratli_sozler

4. #Сиз оларды таныйсыз! Жазыўшы, шайыр, драматург. Бул инсан ким-? https://t.me/ibratli_sozler
4. #Сиз оларды таныйсыз! Жазыўшы, шайыр, драматург. Бул инсан ким-? https://t.me/ibratli_sozler

3. #Сиз оларды таныйсыз! Қарақалпақ драматургиясы жанрына тийкар салған. Бул инсан ким-? https://t.me/ibratli_sozlet
3. #Сиз оларды таныйсыз! Қарақалпақ драматургиясы жанрына тийкар салған. Бул инсан ким-? https://t.me/ibratli_sozlet

2. #Сиз оларды таныйсыз! Қарақалпақ шайыры, драматург ҳәм журналист. Бул инсан ким-? https://t.me/ibratli_sozler
2. #Сиз оларды таныйсыз! Қарақалпақ шайыры, драматург ҳәм журналист. Бул инсан ким-? https://t.me/ibratli_sozler

1. #Сиз оларды таныйсыз! Профессор, жазыўшы ҳәм драмматург. Бул инсан ким-? https://t.me/ibratli_sozler
1. #Сиз оларды таныйсыз! Профессор, жазыўшы ҳәм драмматург. Бул инсан ким-? https://t.me/ibratli_sozler

Қайырлы кеш ҳүрметли топар ағзалары! Кешки дем алыс мәўритлеринде #Сиз оларды таныйсыз рубрикасы арқалы қарақалпақ жазыўшы ша
Қайырлы кеш ҳүрметли топар ағзалары! Кешки дем алыс мәўритлеринде #Сиз оларды таныйсыз рубрикасы арқалы қарақалпақ жазыўшы шайырлары менен фото сүўретлер арқалы танысып өтсек деген нийетте сүўретли викторина шөлкемлестирдик. Викторинада белсендиликке шақырамыз бәршеңизди. https://t.me/ibratli_sozler

#Китаптан үзинди Ҳаслында жулдызларда сөнеди, душпанларда туңғыйыққа кетеди. ✍Шыңғыс Айтматов 📖Таўлар қулаған мәҳәл https://
#Китаптан үзинди Ҳаслында жулдызларда сөнеди, душпанларда туңғыйыққа кетеди. ✍Шыңғыс Айтматов 📖Таўлар қулаған мәҳәл https://t.me/ibratli_sozler