ҚАЗАН ЖИБЕРИЎ, ҚАЗАН ТАСЛАЎ
Халықлық тәжирийбелерде суўға кеткен адамды қазан таслаў арқалы табыў ырымы ерте дәўирлерден бери бар. Суўға кеткен адамды табыў ушын жиберилетуғын қазан~сол адамның өз үйиниң қазаны болыўы керек. Суўға қазанды жибергенде, сол адам батып кеткен жерге таслайды, қазан адам суўға кеткен жерди айланып жүзеди, егер ол жерде болмай, ағыстың пәти менен ығып кеткен болса, қазан және алға қарай жүзип, сол адам шөгип жатқан жердe, суў үстинде шыр айланып, тоқтап қалады.
Қазан айланып, турып қалған жерди адамлар суўға түсип излеп, ямаса жылым салыў, сырық пенен барластырыў арқалы таўып алады.
Бундай ўақыялардың бир-екеўин бала ўақтымызда өз көзимиз бенен көрмеген менен (балаларды жолатпайды ғой), көрген адамлардың айтыўы бойынша еситкен едик.
Мәселен, 1967-жылдың қыс айларының соңында, Қуўаныш жарма каналының музы шамалы ерип, шети жылымық болып ағып турған мәҳәлинде, қоңсымыздың Қазынашай деген 1-класс қызы қасындағы достысы менен сырғанақ теўип, ойнап жүрип жылымыққа түсип кетеди. Дәрьяның жағасы менен сыйыр жетеклеп баратырған бир киси дәрҳал сыйырдың арқанын шешип алып, қызларға таслайды, қызлардың биреўи арқанға асылып суўдан аман-есен шығады. Ал, екинши қыз~Қазынашай ағыстың пәти менен арқанға жете алмай, муздың астына кетеди.. Аўыл адамлары, үй-ишине тезлик пенен хабар жиберилип, қызды таўып алыўға ҳәрекет жасалады. Ол ўақытлары дәрьяға суўға ығып кеткен адамды излейтуғын ўақытта дәрҳал дәрьяның Қаратерең көлине қуяр аяғына жылым тасланады ҳәм үйиниң қазаны алдырылып, сол адам суўға кеткен жерден баслап қазан жибериледи. Бул ретте сол илажлар исленди, суўға қазан тасланғанда, қазан сол жерде аз-маз айланып жүзип, соң алға қарай жүзеди. 10-15 метр аралықтағы қурыўлы турған шығырдың қасына барып, айланып тоқтап қалған. Адамлар дәрҳал шығырдың дөгерегин излестиргенде, қыз шығырдың суўдың астыңғы бөлегинде , шығырды тастай қылып услаўы менен қатып турған екен.
2-ўақыя: Жаз айында үлкенлеў бир жигит суўға кетти. Онда да дәрҳал суўдың аяғына жылым тасланды, сол жигит суўға кеткен жерден баслап қазан тасланды. Қазан суўдың ағысы менен ығып кете берген ҳәм жылым тасланған жерге барғанда, айланып турып қалған. Адамлар жылымды тексерип қарағанда, суўға кеткен жигиттиң жылымға түсип турғанын көреди.
.....Хо о-ош, күнделикли өзимиз көрип жүрген, аўқат писиретуғын әпиўайы қара қазанның суўға кеткен адамды усындай етип таба алыўында қандай қудирет, тилсимли сыр бар?!
Халық "қара қазан",--деп, оны кийели, қудиретли, қәсийетли мүлик сыпатында қәстерлейди. <<Қара>>---деген сөздиң өзи~қәсийетли, кийели, берекетли деген мәниске ийе екен. Сол ушын да, ерте дәўирлерден баслап, ата-бабамыз күнделикли ырысқы-несийбемиз қайнап турған қара қазанның кийели де, қәсийетли мүлик екенлиги туўралы уғым, түсиниклерди әўладтан әўладқа өткерип, соған байланыслы аңыз-әңгимелерди айтып, күнделикли турмысымызда ырым-тыйымларды да орынлы қолланыў арқалы санасына сиңирип отырады.
Тарийхтан ҳәммемизге де белгили: Қумар анамыз~душпанлар --"бул әўладтан еркек киндик қалдырмаймыз",---деп шетинен қырғын тийгизгенде, 7 жасар улы Ерназарды қазанды төңкерип, астына жасырып аман алып қалған. Қазанды жаў көтерип қараўы да мүмкин ғой, бирақ, қәсийетли қара қазанды көтериўге де жаўдың қолы бармаған болыўы керек. Мине, усы даналық себепли аман қалған Ерназардай Уллы бабамыз соңынан халық ийгилиги, еркинлиги, азатлығы жолында халықты баслаўшы көсем болды.
Қазанға байланыслы ырым-тыйымлардың өзи де қазанның кийелилигин арттыра түседи. Халық уғымында:~<<ырысқы-несийбе қазан менен келеди>>---деп түсинилип, ырымлап ҳәр түрли тыйымларды әмелде қатаң нызам сыпатында устанып отырады. Қара қазанымызға байланыслы ырым--тыйымлардың айырымларын келтирип өтейик:
~Қазанда қайнап жатқан сүт тасып, отқа төгилсе, сыйырдың емшеги күйеди;