uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 812 підписників, посідаючи 4 306 місце в категорії Релігія і духовність та 442 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 812 підписників.

За останніми даними від 06 липня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -294, а за останні 24 години на -3, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 27.71%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 19.47% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 213 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 663 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 44.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 07 липня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 812
Підписники
-324 години
-607 днів
-29430 день
Архів дописів
"ПИСИГИНЕ ЖҮРИЎ"
Anonymous voting

"СӘТЕМ"
Anonymous voting

#Қарақалпақ_нақыллары 📜 Май айныса дуз салады, Дуз айныса не салады? 📖 Ашшы болсаң уўдай бол, Тийген жериң күйдирсин. Душшы болсаң суўдай бол, Душпаның келип сүйдирсин. 📖 Ер жигиттиң тусынан жети дүркин қыз өтеди. Жигит көзи менен қыз алма. 📖 Жаяў көзи менен ат алма. 📖 Айдағаның еки ешки, Ысқырғаның жер жарады. 📖 Ерте жатып ерте тур, Бир пискекти артық ур. 📖 Жақсы истиң басында, Жалқаў үйдиң қасында. 📖 Ериншек етегине сүринеди. 📖 Билемен дедиң тутылдың, Билмеймен дедиң қутылдың. 📖 Күшли болсаң жердей бол, Бәрин шыдап көтерген. Таза болсаң суўдай бол, Бәрин шайып кетирген. 📖 https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық 📜 Сен бул дүняға басқалардың үмитлерин ақлаў ушын келген жоқсаң. Ернест Хемингуей. 📖 Егер бир де бир душпаның болмаса, демек, өмирде арзыйтуғын ҳеш нәрсе ислемегенсең. - Антуан де Сад. 📖 Жүдә көп адамлар өзине жақпаған адамларға жағыў ушын, өзлери ислеп таппаған пулларға, өзлерине керек болмаған буйымларды сатып алады. - Уилл Роджерс. 📖 Тазалық ушын гүресиў шәрт емес, сыпырыўды басласаңыз болды. Демакрит. 📖 Инсан өз күшинен пайдаланбағанша, неге уқыплы екенин биле алмайды. - Гёте. 📖 Қорқақтың қолындағы қанжарынан пайда жоқ. Миямото Мусаши. 📖 https://t.me/ibratli_sozler 👉 https://t.me/ibratli_sozler

Сулайман Бақырғаний. (XII). Сулайман Бақырғаний Хожа Ахмет Яссаўийдиң шәкирти болған. Түрки әдебиятта пайғамбарға салаўат, устазға мақтаў-жыр айтыў дәстүрин қәлиплестирген. Субҳан Ийем өсирди, Айтты Расул кесимли, Арыслан Баба жетирди. Шайқым Ахмет Яссаўий. Басса, таўлар шегинген, Қараса, Кааба көринген, "Ҳал" илими берилген. Шайқым Ахмет Яссаўий. Ҳақ Мустафа әрманын, Билдик қурма алғанын, Қурды ҳалқасын кабаның, Шайқым Ахмет Яссаўий. Ҳасыл еди нәсили, Билмес бенде пасығы, Ҳақтың ғана ашығы, Шайқым Ахмет Яссаўий. Ысқақ Баба урығы, Шайқы Ибрайым қулыны, Машайықлар улығы Шайқым Ахмет Яссаўий. Яссы суўы арасы - Жатыр гәўҳар парасы, Машайықлар сарасы Шайқым Ахмет Яссаўий. Қаршығаны саплаған, Лашын, суңқар услаған, Сансыз шәкирт баслаған, Шайқым Ахмет Яссаўий. Шәриятта сыны жоқ, Тарийқатта түби жоқ, Ҳақыйқатта мини жоқ Шайқым Ахмет Яссаўий. Шәриятты жуқтырған, Тарийқатты жуп қылған, Ҳақыйқатты уқтырған, Шайқым Ахмет Яссаўий. Батыс, шығыс жақларда, Оннан өткен ат бар ма?! Қуллық еткен Саттарға Шайқым Ахмет Яссаўий. Он сегиз мың әләмда, Аты мәлим кәламда, Орны дәрис-саламда Шайқым Ахмет Яссаўий. Баптың бабы - Хорасан, Сансыз түмен - Ҳиндстан, Бабалар басы - Арыслан, Шайқым Ахмет Яссаўий. Астында Ҳақ пырағы, Хош ийисли турағы, Еки дүнья шырағы - Шайқым Ахмет Яссаўий. Қызыр менен сырласқан, Иляс пенен сыйласқан, Ҳақ қасында Нур ашқан. Шайқым Ахмет Яссаўий. Түркстанға барайық, Хызметинде болайық, Үлес берсе, алайық, Шайқым Ахмет Яссаўий. Баба Машын сүлейден, Баслап бәри бир оймен, Келди Ҳәким Сулеймен, Шайқым Ахмет Яссаўий. "Яссаўий феномени" китабынан алынды https://t.me/ibratli_sozler

photo content

жаўып таслайман" деген ойда, жора-жолдаслары менен ана кафеден мына кафеге қаңғырып жүрип жоқ қылды. Соннан кейин кәсиплес жорасы Даниярдың атына, қоярда-қоймай өзи кепил болып он миллион сўм онлайн кредит шығартып алды. Усы тәртипте биринде бул ойынға пул тигип утысқа ериссе, биринде утылып ҳәр жорасына бир жалынып, биринен кейин бириниң атына онлайн кредит алдырып бара берди. Кейнинде басқада танысларынан бес жүз мыңлап, бир миллион, еки-үш миллионлап қарыз сорап алып, алған пулларын ойынға тигиўде даўам етти. Сөйтип жүргенде арадан үш ай ўақыт өтип саў басына саўданы сатып алған Азамат, аты қарыз болатуғын болса, сол қарызға белшесинен батты. Даўамы бар... ✍Сансызбай Қанназаров https://t.me/ibratli_sozler

СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ ЯКИ 1ХВЕТ (Проза) 3-БӨЛИМ -Жумабай аға, нәтийжеде дым жоқғо. -Әй, яға. Ҳәзир көрейин қәне. Көрип болып бир хабарын айтаман. Азамат қараўыл ағасын көп күтиўге тақат ете алмады. Ары-бери сабырлы болғысы келип еди, оның менен шыдамай тағы қоңыраў етти. -Ало... Не қылдың аға, көрдиңбе? -Көрдим аўа. Телеграмм тармағында усы ойын бойынша жол-жоба көрсетип баратуғын арна менен топар бар. Кешеги мағлыўматларды сол топар менен арнадан алдым расы. Топар ийеси, "Бизлерде анализ  мағлыўматларын Россиялық брокерлерден алып отыр едик" деп, олда күйип-писип атыр. -Брокер дегени не? Оның бул ойынға не байланысы бар? -Қалай түсиндирсем екен әй? Қулласы "Брокер" дегени әпиўайы банк дегендей бир гәп. "Брокерлер" дегени, сол банкте жумыс ислейтуғын банк хызметкерлери. Түсиндире алдымба? -Расын айтсам улыўма түсинбедим ал! -Қулласы иним банктен есап бетин ашып пластик карта алмайсаңба? Булда сондай бир нәрсе әйтеўир. -Улыўма түсинбедим расы. -Мийыңда мий екен да. Қулласы мәмлекет тәрептен ислеп тапқан пулларды мәмлекетлик банклер арқалы айлық тийкарында нақ пул алсақ алғанлығың бойынша қол қойып аласаң. Егер пластик карта аштырып қойған болсаң, ол гезде пластик картаңа түсип бара береди. Бирақ айлығың пластик картаңа келип түсиўи ушын соның тийын-тийынына шекем дизимин алып банкке апарып есабат тапсырады емеспе? -Аўа. -Брокерлерде сондай. Былайынша айтқанда тармақлардағы ойынлардан ислеп тапқан ақшаңды, усы брокерлер жәрдеминде пластик картаңа өткерип аласаң. Биз 1XBET ти ашып атырғанымызда, ең биринши тармақ арқалы телефонымызға жүклеп алған қурылмамызға, әйне усы брокерлик есап бетин ашып, соннан кейин сол есап бетимизге пластик картамыздан пул өткерген едик. Кейнен ойын арқалы утыстан тапқан пулымызды да, әйне брокерлик есап бетимизден, бир пайызлық үлес услап қалыў жолы менен пластик картамызға өткерип алдық. Енди сол пулларды пластиктен тармақтағы есап бетимизге, тармақтағы пулларды пластик картамызға өткерип алыўда дәлдәлшилик етип атырғанлар, әне солар мен саған түсиндирип жеткере алмай атырған брокерлер. -Енди не болды сонда? Ойынға тиккен еки миллион пулда, утсақ бир миллиард сегиз жүз миллион болады деген утыста жоқпа? -Қатырасаң-аў, иним. Қаяқтағы миллиард? Еки жүз мың пул тигип он сегиз миллион пул утсаң, еки миллион пул тигип миллиард сўм пул утаман деген қай ойың? -Кеше өзиң айттыңғо енди! -Мен айтсам ойнап айттым. Соғанда басың жетпейме? Миллиард емес, бир жүз сексен миллион утатуғын едик! -Енди не қыламыз? -Енди кейинги мағлыўматты күтемиз. -Еки миллион күйдиме сонда? -Басқа биреў айтсада, "Күйдиме?" деген сөзди сен айтпай-ақ қойш. -Неге? -Сәл кем он тоғыз миллион пул утып, оның еки миллионын уттырып минусқа кирдим десең. Онда бизлер бул ойынды улыўма ойнамай-ақ, қояйық. -Ертең келиншегимди туўыў үйинен сейил менен шығарып аламанба деп едимғо. -Оған қаншадай кетеди? -Шама менен үш-төрт миллион кетеди-аў! -Соғанда бас қатырып отырсаңба? Халық банктен онлайн кредит алып жибер. -Оған кепил керек шығар? -Өзим-ақ, кепил болып берейин! -Солайма? -Солайы солай. Бирақ бир шәрти бар! -Қандай шәрт? -Маған бир миллионын бересең! -Неге? -1XBET ке еплемесем, менде де бир сўм пул қалмады! Онда өзимеде қалғандай, бир-еки сўм зиятлаў шығартып алайын я? -Сөйтсең сөйт иним. Бирақ ендиги жағында есерсоқлана бермей аз аздан тиге берейик. Кредитти қайтарып төлеўиде бар! -Оны өзим төлеп таслайманғо. Сиз ана брокерлериңизден анық утатуғын анализ мағлыўматларын алың! -Мейли. Мен онда бүгин айлық ис хақым бойынша мағлыўматнама аламан. Сен онлайн кредитке арза тапсыра бер. Оған шекем менде мағлыўматнаманы алып, банкке изиңнен бара беремен! Азаматтың банктен атына онлайн кредит шығартып алыўы, усылайша басланды. Келиншеги менен баласын туўыў үйинен шығарып алғанынан кейин, кем-кемнен бул ойынның ишине кирип кетти. Исенимли деп билген брокерлерден алған мағлыўматына таянып бир-еки мәрте он, он бес миллиондай утысқа қол жетирди. Қолға кириткен утыс пулы менен банктеги кредитин жаўып таслаўдың орнына, "Айдың ақырына шекем еле ўақыт барғо. Кредитти кейинги утысларымнан

БАЙРАМЛАРДЫҢ ХАНШАЙЫМЫ-НАЎРЫЗАЙ. Тарийхың бар үш мың жыллықтан зыят, Сениң тарийхыңды билмеген уят. Турғынлық ҳәсери жүзиңди бояп, Ғәремет астында қалған, Наўрызай. Жаңа турмыс-өмир заңлығы деди, Наўрыз-ескиликтиң қалдығы деди. Бул сол замананың тарлығы еди, Жетпис жыл қурсаўда қалдың, Наўрызай. Негизинде сениң болмысың ҳадал, Жоқ ете алмаған заңлықлар қатал. Ғәрезсизлик жетип келиўи мәттал, Халқым сени таўып алды Наўрызай. Қайта тиклеп елдиң салтын-дәстүрин, Аласладың әдетлерди жексурын. Кең пейлиндей сақаўатлы жақсының, Өзлигимди сақлап қалған Наўрызай. Майданда ат шабыс,палўан тутыслар, Қошқар дүгистирип алған утыслар. Тоқтатылып тартыс,жәнжел-урыслар, Мүриўбет сыйладың елге Наўрызай. Қайнатқанда сүмелектей асымды, Бирликке шақырдың ғарры-жасымды. Жақсылыққа тәжим етип басыңды, Дослық бәзимине келдиң Наўрызай. Күннен күнге артып инсап,ийманым, Байрамда көбейип атыр мийманым. Сақый халқым тойға шашып жыйғанын, Төбеси көклерге тийген Наўрызай. Сен келгенде Күн менен Түн теңлесип, Жаңа күн,Жаңа жыл келер жәмлесип. Толы дастурханнан татып дуз-несип, Халқымды жәмлеген ҳүрсең, Наўрызай. Бүгин жарасады Наўрызай десем, Өзиңе тең келер қайсы Ай десем?! Сағынаман сени бир жыл көрмесем, Байрамлардың Ханшайымы Наўрызай! Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА        https://t.me/gulnara_nurlepesova

Алса да жан қалтасынан сууырып Қой демес бир жаны ашып жууырып Бийпəруалар тек өз танабын қууырып Биреу менен биреудиң хеш ис
Алса да жан қалтасынан сууырып Қой демес бир жаны ашып жууырып Бийпəруалар тек өз танабын қууырып Биреу менен биреудиң хеш иси жоқ.... Мүтəжлердиң ырысқысын жеп болды Жоқарыға "бəри бəржай" деп болды Бундай халлар жүргенине көп болды "Қой бул гүнə" дейтуғын бир киси жоқ... Заманның рабайына бағып келдим Кимге рахмет, кимге айып тағып келдим Көз көрди, қол келте, өзимди жағып келдим Жақынның да хаққа өтер тиси жоқ... Қоңсы-қобаң мүсийбеттен болса қəсте Табысыңды пеш қыласаң дəсте-дəсте Ырайдан сəл қайтыңлар,түсип пəске Сен зер болсаң,қоңсың алтын..мысы жоқ Əкең жатар көзлеринде муңы менен Шешең қарар жолларыңа күни менен Исенген ул паңсып тапқан пулы менен Мен хəм қартаярман дейтуғын түси жоқ Келинлерди езип жумсап, қул еттилер Мебель, сарпай..ийбесин бир пул еттилер Байы тири, бала жетим,өзин тул еттилер Жарастырыуға кəйуаны бир киси жоқ... Биреу менен биреудиң хеш иси жоқ.... Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler

Күлип жүрген инсанға қарап , оның дəрти-машқаласы жоқ деп ойламаң . Базылар өз машқаласы менен басқалардың тынышын бузғысы ке
Күлип жүрген инсанға қарап , оның дəрти-машқаласы жоқ деп ойламаң . Базылар өз машқаласы менен басқалардың тынышын бузғысы келмейди... https://t.me/ibratli_sozler

М. Сапаева " Бəхəр келгендей " https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР ! Жəне бир мүбəрек таңға жеткизгенине шүкирлер болсын ! Аспанымыз ашық, жеримиз тынышлық, елими
АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР ! Жəне бир мүбəрек таңға жеткизгенине шүкирлер болсын ! Аспанымыз ашық, жеримиз тынышлық, елимизге берекет, үйиңизге аўызбиршилик, қызларымызға бахыт, балларымызға тахт, дәрьямызға тасқынлық берсин бир Алланың өзи яр болсын! Таң қайырлы болып - жақсылық пенен баслансын. Ҳәр бир күниңиз әўметли, қуўанышқа толы болсын! Хəмал айының 22-сəнеси, хəптениң Екшемби күни. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

🦢    АССАЛАМ, НАЎРЫЗЫМ Ассалам наўрызым, хош келдиң елге! Масатыдай қулпыр сән берип жерге, Күш жигер ендирип дийханым- ерге, Гөззал келиншектей кел, қутлы Наўрыз! " Масаладай жансын " көрген көзинен, " Тилинен палы тамсын " ҳәр сөзинен, Шайырларың жыр жырласын өзинен, Кербаз қыздай созылып кел, Наўрызым ! Сүўреткешиң салған әжайып пейзаж, Келбетиң тәрийплеўге жетпес сөз аз, Қатар тартып көлге келди аққуў, ғаз, Аралым шалқысын қутлы кел, Наўрыз! Сүмелек қайнатар отыз периште, Қыстырып гүл- гүл  шеңберин шекеңе, Наўрыз гөже қайнар, таяр ҳәр исте, Назлы жаўандай болып кел, Наўрызым! Дәрьяның күннен күн толқыўы ассын! Тынышлық ҳүким сүр, жаманлық қашсын! Елимниң ҳәр қашан дәўлети тассын! Ырысқы несийбе алып кел, Наўрыз!              Ра'но  Сагидуллаева https://t.me/ibratli_sozler

        Бунда: ақты заяламай, дыққатлы болып писирип алыўды нәзерде тутқан. ~Қазанды төңкерип қойма~үйинде тири жан қалмаған шаңарақтың қазаны төңкериўли қалады,---деп ырым етиледи; ~Қазанды қыйсайтып қойма,---ырысқы-несийбең төгиледи,---деп, ҳәм тыйым салынып, ҳәм ырым етилген; ~Қазан-ошақты теппе,--аяғың жазылмас кеселге тап болады, қазан-ошақтың кийесине ушырайсаң; ~Қазанды қаңсытып қойма, бир қасық май болса да тамызып қой,---"қазан толы, ырысқы--несийбеден айырылмасын,--деген ырым ҳәм қазан бос турса қаңсып кетеди,--деген уқыплылық; ~Қызға қазан бериўге болмайды,---берекетиң, ырысқы-несийбең басқа шаңараққа кетеди,---деп ырымлайды; ~Жас босанайын деп атырған ҳаялдың толғағы қыйынласқанда, қазанды шөмиш пенен қағып, даңғырлатып ырым етеди; ~Көшкенде қазанды таслап кетиўге болмайды, егер алып жүриў мүмкинлиги болмаса, сатып кетиў ырымын ислеп, ямаса садақа ретинде берип кетиў керек. <<Елиў жылда ел жаңа, қырық жылда қазан жаңа>>---деп халықтың, шаңарақтың раўажланыў бағытын белгилеп отырады.       Жасы үлкенлер астың соңынан пәтия бергенде:---<<қазаның толы болсын, ырысқы несийбең мол болсын>>---деп жақсы тилеклер тилейди.         Қазан жибериўдиң екинши бир түри~урыс ўақытларында, қазыў жумыслары ўақтында аўқат писириўге керекли азық-түликлер менен қосып жиберилиў мәнисинде қолланылған. Тарийхта қазан салығы деген де болып, салықтың бул түринде де "қазан жибериў" сөзи қолланылған.         Қара қазанымыз~шаңарағымыздың пүтинлиги, ырысқы-несийбеси, берекети, аманлығы! Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЗАН ЖИБЕРИЎ, ҚАЗАН ТАСЛАЎ          Халықлық тәжирийбелерде суўға кеткен адамды қазан таслаў арқалы табыў  ырымы ерте дәўирлерден бери бар. Суўға кеткен адамды табыў ушын жиберилетуғын қазан~сол адамның өз үйиниң қазаны болыўы керек. Суўға қазанды жибергенде, сол адам батып кеткен жерге таслайды, қазан адам суўға кеткен жерди айланып жүзеди, егер ол жерде болмай, ағыстың пәти менен ығып кеткен болса, қазан және алға қарай жүзип, сол адам шөгип жатқан жердe, суў үстинде шыр айланып, тоқтап қалады.         Қазан айланып, турып қалған жерди адамлар суўға түсип  излеп, ямаса жылым салыў, сырық пенен барластырыў арқалы таўып алады.        Бундай ўақыялардың бир-екеўин бала ўақтымызда өз көзимиз бенен көрмеген менен  (балаларды  жолатпайды ғой), көрген адамлардың айтыўы бойынша еситкен едик.          Мәселен, 1967-жылдың қыс айларының соңында, Қуўаныш жарма каналының музы шамалы ерип, шети жылымық болып ағып турған мәҳәлинде, қоңсымыздың Қазынашай деген 1-класс қызы қасындағы достысы менен сырғанақ теўип, ойнап жүрип жылымыққа түсип кетеди. Дәрьяның жағасы менен сыйыр жетеклеп баратырған бир киси дәрҳал сыйырдың арқанын шешип алып, қызларға таслайды, қызлардың биреўи арқанға асылып суўдан аман-есен шығады. Ал, екинши қыз~Қазынашай ағыстың пәти менен арқанға жете алмай, муздың астына кетеди.. Аўыл адамлары, үй-ишине тезлик пенен хабар жиберилип, қызды таўып алыўға ҳәрекет жасалады. Ол ўақытлары дәрьяға суўға ығып кеткен адамды излейтуғын ўақытта дәрҳал дәрьяның Қаратерең көлине қуяр аяғына жылым тасланады ҳәм  үйиниң қазаны алдырылып, сол адам суўға кеткен жерден баслап қазан жибериледи. Бул ретте сол илажлар исленди, суўға қазан тасланғанда, қазан сол жерде аз-маз айланып жүзип, соң алға қарай жүзеди. 10-15 метр аралықтағы қурыўлы турған шығырдың қасына барып, айланып тоқтап қалған. Адамлар дәрҳал шығырдың дөгерегин излестиргенде, қыз шығырдың суўдың астыңғы бөлегинде , шығырды тастай қылып услаўы менен қатып турған екен.          2-ўақыя: Жаз айында үлкенлеў бир жигит суўға кетти. Онда да дәрҳал суўдың аяғына жылым тасланды, сол жигит суўға кеткен жерден баслап қазан тасланды. Қазан суўдың ағысы менен ығып кете берген ҳәм жылым тасланған жерге барғанда, айланып турып қалған. Адамлар жылымды тексерип қарағанда, суўға кеткен жигиттиң жылымға түсип турғанын көреди.        .....Хо о-ош, күнделикли өзимиз көрип жүрген, аўқат писиретуғын әпиўайы қара қазанның суўға кеткен адамды усындай етип таба алыўында қандай қудирет, тилсимли сыр бар?!           Халық "қара қазан",--деп, оны кийели, қудиретли, қәсийетли мүлик сыпатында қәстерлейди. <<Қара>>---деген сөздиң өзи~қәсийетли, кийели, берекетли деген мәниске ийе екен. Сол ушын да, ерте дәўирлерден баслап, ата-бабамыз күнделикли ырысқы-несийбемиз қайнап турған қара қазанның кийели де, қәсийетли мүлик екенлиги туўралы уғым, түсиниклерди әўладтан әўладқа өткерип, соған байланыслы аңыз-әңгимелерди айтып, күнделикли турмысымызда ырым-тыйымларды да орынлы қолланыў арқалы санасына сиңирип отырады. Тарийхтан ҳәммемизге де белгили: Қумар анамыз~душпанлар --"бул әўладтан еркек киндик қалдырмаймыз",---деп шетинен қырғын тийгизгенде, 7 жасар улы  Ерназарды қазанды төңкерип, астына жасырып аман алып қалған. Қазанды жаў көтерип қараўы да мүмкин ғой, бирақ, қәсийетли қара қазанды көтериўге де жаўдың қолы бармаған болыўы керек. Мине, усы даналық себепли аман қалған Ерназардай Уллы бабамыз соңынан халық ийгилиги, еркинлиги, азатлығы жолында халықты баслаўшы көсем болды.         Қазанға байланыслы ырым-тыйымлардың өзи де қазанның кийелилигин арттыра түседи. Халық уғымында:~<<ырысқы-несийбе қазан менен келеди>>---деп түсинилип, ырымлап ҳәр түрли тыйымларды әмелде қатаң нызам сыпатында устанып отырады. Қара қазанымызға байланыслы ырым--тыйымлардың айырымларын келтирип өтейик: ~Қазанда қайнап жатқан сүт тасып, отқа төгилсе, сыйырдың емшеги күйеди;

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...: 📜 Сыртынан шырайсыз көринген нәрсени жаман көрип қалмаң, бәлким оның ишки дүньясы гөззал шығар. Ал, шырайлы болғанның бәрине жуўыра бермең, бәлким оның сырты жылтырақ, иши қалтырақ шығар. Жылтырағанның бәри алтын емес. ✍ Бурҳамитдин 🌅 Бир  данышпан: «Байғус адам баласы гедейликтен қорыққанындай дозақтан да қорықса, екеўинен бирдей қутылар еди.  Байлықтың артынан жуўырғандай бейиштиң де артынан түссе екеўине бирдей жетер еди. Жүрис-турысында адамлардан уялғандай Алладан да қорықса бул дүньяда да, ақыретте де бахытлы болар еди» депти. 🌅 Қандай жаста болсаң да, қандай жағдай да жүрсең де ҳәрдайым оқы, үйрен, билим ал. Үйрениўге ҳешқашан кеш емес. Үйрениў ушын қолайлы ўақытты, ыңғайлы жағдайды күтпе! "Кемел адам" 🌅 📖https://t.me/ibratli_sozler

photo content