uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 873 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 298-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 452-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 873 obunachiga ega bo‘ldi.

28 Iyun, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -262 ga, so‘nggi 24 soatda esa -14 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 26.62% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 19.61% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 5 027 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 704 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 46 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 29 Iyun, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 873
Obunachilar
-1424 soatlar
-867 kunlar
-26230 kunlar
Postlar arxiv
Repost from N/a
Ләйлим

#Балалар_әдебияты ЕРКЕ ЫЛАҚ Кишкене ылақ бар менде. Үйренди маған ол демде. Басы дым батады, дүксе, Қандай болар шақ өссе?! Әдетин көр ал, мына: Ойнамастан мен егер, Суў апарсам алдына, Маған қарай дәпинер. Көзи қара моншақтай, Сондай сулыў бул ылақ. Қашса, кетер услатпай Мен жүремен қуўалап. ✍Ферузабану Қурбанова. Шоманай районы 31 мектептиң 4 -класс оқыўшысы. https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық_сөзлер 📜Эй перзент, өзиңнен жасы үлкенлерди сыйлап үйрен. Жорғалап, олардың алдына түсип жүрме. Кесе белден сөзин б
#Даналық_сөзлер 📜Эй перзент, өзиңнен жасы үлкенлерди сыйлап үйрен. Жорғалап, олардың алдына түсип жүрме. Кесе белден сөзин бөлме. Адамларға ашық кеўил менен қара. Ҳәким Улықпанның даналық нәсиятларынан https://t.me/ibratli_sozler

"Жеңгежан" қосығы Бес пердели қолымда саз жаңлайды, Он бармағым пердесинде ойнайды, Жигит қызсыз, қыз жигитсиз болмайды, Ўазыйпаңды билмейсең бе жеңгежан! https://t.me/ibratli_sozler

#рәўият Еркектиң көриниси оның ҳаялы ҳаққындағы мағлыўматты береди! Бир данышпан жолда кетип баратырған еди, шаш-сақаллары ағарған бир адамды арқалап баратырған кисини ушыратып қалды. Арқалап баратырған киси желкесиндегиге: - Жаслығымдағысы азлық еткендей, енди қартайғанымда да басыма дәрт болдың! - деди. Буны еситкен данышпан ҳайран қалып: - Ҳәй достым, сен бул миннетлериң менен әкеңе ислеген жақсылықларыңның саўапларынан айырылып атырсаң. Әкеңе қараў сениң ўазыйпаң ғой! - Ҳәй бирадар! Айтқанларың дурыс, бирақ желкемдеги мениң әкем емес, ол мениң балам. Мен оның әкесимен, - деди. Данышпан оннан беттер ҳайран қалып: - Ҳаў, оның шаш-сақаллары аппақ, саған қарағанда қартайған көринеди ғой! - Аўа, - депти басын шайқап ол адам. - Балам минези жаман бир ҳаялға үйленип усындай болып қалды... Данышпан үйине қайтып шәкиртлерине бул ўақыяны айтып берди ҳәм мына ҳикметли сөзди жазып қойды: Еркектиң көриниси оның ҳаялы ҳаққындағы мағлыўматты береди! https://t.me/ibratli_sozler

#мәнили_қосықлар Қәйин ене ҳәм келин *** Тамылжып таңғы шықтай, Келин турса күн шықпай, Үйиреди уршықтай, Шаңарақтың тирлигин, Қәйин ене ҳәм келин. Ҳүрметин қойса жайына, Қараса ас ҳәм шайына, Бас ийип, турса пайына, "Аналы-қызлы" болады, Қәйин ене ҳәм келин. Шықпайтуғын таўлар жоқ, Алмайтуғын жаўлар жоқ, Шешилмейтин даўлар жоқ, Татыў болса мудамы, Қәйин ене ҳәм келин. Жаманларын жасырса, Жақсыларын асырса, Ләббәй! десе шақырса, Қырғый қабақ болмайды, Қәйин ене ҳәм келин. Хызметине шайлансаң, Жүрегине жайлансаң, Оң қолына айлансаң, Ауыз-бирлик, уйтқысы, Қәйин ене ҳәм келин. Еркемен демей елиңниң, Анасын сыйла ериңниң, "Сәтти"си болда келинниң, Дарытың: үйге берекет, Қәйин ене ҳәм келин.. ✍Ақшолпан Аманияз https://t.me/ibratli_sozler

📜Ҳийле менен сумлық екеўи егиз, Төртти төртке қоссаң шығармас сегиз. Ҳаслына тартқанда билинер негиз, Негизи жоқ сөзди айтқа
📜Ҳийле менен сумлық екеўи егиз, Төртти төртке қоссаң шығармас сегиз. Ҳаслына тартқанда билинер негиз, Негизи жоқ сөзди айтқаның болмас. ✍Ибрайым Юсупов, https://t.me/ibratli_sozler

БА Л А Л Ы Ғ Ы М... Мен патшаның қызы едим балалығымда,. Айтқан сөзим орынланған малика едим,. Бағ- дәўлетли дәўран сүрип шағлағанымда, Ушқан қуслар ҳәўес еткен көркиме мениң. Шет - шебирсиз қаўын атыз, жап жасыл дала, Оянғанда шақырады "Кел,маликам!"- деп, Өз- өзинен үзиледи,сары жамбылша, "Мени же !"- деп күлип турар мазалы гүрбек. Аппақ болып бағда гүллер ашылар еди, Бала кеўлим губелектиң қанатларында, Қосық айтсам,Қутлыаяғым қосылар еди, Салтанатлы,бийғам өмир ырғақларымда... Баў- бақшаның арасында нелер жоқ дейсиз!? Сыңғырлаған булақлар бар шөллесем егер, Тулпарымды отлақ жерге арқанлап ,ерсиз, Қәлеп қалсам,ертлеп берер, күтер сейиллер... Патша әкем гейде мықлы қоллары менен, Төбесине көтергенде уштым аспанға, Ойын қурып,қосық айтып бүлбүллер менен, "Концертлерден "- шаршағанман қуяш батқанда. "Ўәзир"- анам излеп мени таўған бағлардан, "Нәрсе аўқат жемедиң- аў,кирсең о,үйге!"- Деп даўыслар, Уўайымлар... О , жаным анам! Аш етер ме,мени бағлар,пал қаўын ,жийде... Кең даланың бәри- бәри өзиме дерек, Ғаўыш атыз қолай барлық ойынлар ушын, Алма,шабдал,гүнжи, тут бар, және не керек!? Қозы ылақ ,шөжелер де мениң жанымда. Бул ертектиң қаҳарманы- ол мениң өзим, Бағ-дәўлеттиң салтанаты болған ол қай жер? Қызығарсыз,бәлки күлип оқысаң сөзим... Балалығым- патшалығым өткен туўған жер!!!        Алтынгүл Утениязова https://t.me/ibratli_sozler

✍Ибрайым Юсупов "Қайтып келсе еди балалық шағым" https://t.me/ibratli_sozler

#Байрам мүбәрек Халықаралық балаларды қорғаў күни дүнья балалары ушын ең пәк ҳәм қуўанышлы байрам есапланады. Әлбетте, бала – бул дүнья, бала – бул турмыс мазмунының ажыралмас бөлеги болып табылады. Балалар өзиниң күлиўи арқалы инсанлар кеўилинде турмысқа, жасаўға болған қызығыўшылықты оятады. Көзлеринде жақсылық ҳәм меҳир урып турған балалар ашық аспанда еркин пәрўаз етип атырған қарлығаш мысалы. Келешек тарийх пенен қурылады дегениндей, бул күнниң де өз тарийхы бар. Бул күнди 1-июнь сәнесинде байрамлаў усынысы 1925-жылы Женевада алға қойылған ҳәм 1950-жылдан болса 1-июнь дүньяда Халықаралық балаларды қорғаў күни ретинде байрамланып келинеди. Усы сәнениң тийкарғы мәнислеринен және бири оның байрағында да өз көринисин тапқан. Онда жер шары бәршемиздиң улыўма үйимиз есапланса, әтирапындағы балалар болса бахыт ҳәм ығбал ушын бирлескенинен дәрек береди. Жаздың биринши күни дүньяның дерлик барлық мәмлекетлеринде келешегимиз ийелери ушын түрли концертлер, көргизбелер, сейиллер, спорт жарыслары өткериледи. Мәмлекетимизде де бул байрам ҳәр жылы кеўиллерде қуўаныш пенен байрамланады. Себеби Өзбекстан – әзелден балажан дияр. https://t.me/ibratli_sozler

Балалар өмиримиз даўамшылары. https://t.me/ibratli_sozler
Балалар өмиримиз даўамшылары. https://t.me/ibratli_sozler

☘☘☘☘☘☘ https://t.me/ibratli_sozler

#Қайырлы_таң ☘ ☘ ☘ ☘ ☘ ☘ Ассалаўма алейкум Қәдири бәлент Қәдирданлар! Басланған жаңа күниңиз шаңарағыңызға бахыт, береке, дәў
#Қайырлы_таң ☘ ☘ ☘ ☘ ☘ ☘ Ассалаўма алейкум Қәдири бәлент Қәдирданлар! Басланған жаңа күниңиз шаңарағыңызға бахыт, береке, дәўлет, қәстелериңизге шыпа, қарияларымызға аманлық ден-саўлық, жүреклерге тынышлық, шадлық алып келсин, Әзизлер... •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• https://t.me/ibratli_sozler

#Қайырлы түн əзизлер!! 💥 💥 💥 💥 💥 Сизди ким деп есаплаўы шəрт емес. Ең баслысы өзиңиздиң кимлигиңизди билсеңиз болды... h
#Қайырлы түн əзизлер!! 💥 💥 💥 💥 💥 Сизди ким деп есаплаўы шəрт емес. Ең баслысы өзиңиздиң кимлигиңизди билсеңиз болды... https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#Ҳикмет Отырып алып, адамлардың саған қылған жаманлықларын еслей берсең, ең жақын адамларыңа да меҳриң қалмайды. Жақсысы, көз
#Ҳикмет Отырып алып, адамлардың саған қылған жаманлықларын еслей берсең, ең жақын адамларыңа да меҳриң қалмайды. Жақсысы, көзиңди жум-да, олардың қәтелерине бийпәрўа бол, умытыўға ҳәрекет ет. Сонда әтирапыңдағылар менен бахтыяр жасайсаң. https://t.me/ibratli_sozler

#ҳикмет Дослық Көрсеткиш бармақ, орта бармақ, атсыз бармақ, кишкене бармақ ҳәммеси бир-бирине жақын жайласқан. Бас бармақ бол
#ҳикмет Дослық Көрсеткиш бармақ, орта бармақ, атсыз бармақ, кишкене бармақ ҳәммеси бир-бирине жақын жайласқан. Бас бармақ болса, олардан алыста. Усы бир-бирине жақын болған бармақлар, узақтағы бас бармақсыз ҳеш нәрсе ислей алмаслығын ойлап ҳайран қалдың ба? Бас бармақсыз жазыў жазып көриң яки көйлегиңниң сәдебин илдирип көриң! Демек, әтирапыңда досларыңның көп болғанының әҳмийети жоқ. Өйткени узақта болсада саған пайдасы тийетуғыны ҳәм сени ҳүрмет ететуғыны да сол сениң ҳақыйқый достың. https://t.me/ibratli_sozler

#Тәрбия Тәрбия Анадан: - Балаңызды телефон ойынларынан қандай қутқардыңыз? - Китапқа деген меҳрин қалай ояттыңыз?, - деп сора
#Тәрбия Тәрбия Анадан: - Балаңызды телефон ойынларынан қандай қутқардыңыз? - Китапқа деген меҳрин қалай ояттыңыз?, - деп сорады. Ана: - Перзентлеримиз бизлерди тыңлағаннан көре, көбирек бизлерге еликлейды, - деп жуўап берди. https://t.me/ibratli_sozler

#Миллий_ер_адамлар_бас_кийими Қарақалпақ халқының ер адамларының кийими ҳаққында айтқанымызда ең дәслеп бас кийимлерге түсини
+6
#Миллий_ер_адамлар_бас_кийими Қарақалпақ халқының ер адамларының кийими ҳаққында айтқанымызда ең дәслеп бас кийимлерге түсиник беремиз. Миллетимиздиң аты менен аталыўшы қалпақтан басланатуғын бас кийимлердиң де бир неше түри бар. Шөгирме, қураш, дегелей, бөрик, соппас, қулақшын, жатақ малақай, тақыя, топпы, малақай усаған бас кийимлер бизиң миллий бас кийимлеримиз болып есапланады. Улама, молла, ийшан, қазылар басларына узын гезлемелерден сәлле орайтуғын болған. Бас кийим ушын жүн, қой териси, түлки, қасқыр, қарсақ, қоян ҳәм тышқан терилеринен пайдаланған. (Бир жылға тышқан териси де шыдайды деген сөз буған мысал). Ийленген мал терилери айрым бас кийимлердиң тиси ушын қолланылған. Бул бас кийимлер басқа халықлардың бас кийимлеринен әдеўир өзгешеликлерге ийе. Дерек: И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мүзейи https://t.me/ibratli_sozler

АҢЛАМАС Сөзи:Мақтумқулы Бәдҳасылға беглик жетсе бир күнде, Алар аўын,салар қусын аңламас. Қолға ҳәмел тийсе,көргенсиз беглер, Пухараның көзде жасын аңламас. Жақсыға ис түссе,дәрҳал "қуп болар", Жаманға ис түссе,жанды жеп болар, Нәмәрттиң кеңеси дүзде көп болар, Душпан көрсе,ислер исин аңламас. Ҳақ жолдан жүргенлер ҳарымас-талмас, Қайыр-сақаўаттың заўалы болмас. Нәмәртлер жаў көрсе зәрреси қалмас, Ғош жигитлер төртин-бесин тыңламас. Мақтумқулы,бег жанында сөз баслар, Ақыл-ғайраты бар адам ел баслар, Мәрттен болған жыйын көрсе,жол баслар, Нәмәрт жигит теңи-досын аңламас. https://t.me/ibratli_sozler