uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 873 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 298-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 452-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 873 obunachiga ega bo‘ldi.

28 Iyun, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -262 ga, so‘nggi 24 soatda esa -14 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 26.62% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 19.61% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 5 027 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 704 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 46 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 29 Iyun, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 873
Obunachilar
-1424 soatlar
-867 kunlar
-26230 kunlar
Postlar arxiv
#Миллий_ер_адамлар_бас_кийими Қарақалпақ халқының ер адамларының кийими ҳаққында айтқанымызда ең дәслеп бас кийимлерге түсини
+6
#Миллий_ер_адамлар_бас_кийими Қарақалпақ халқының ер адамларының кийими ҳаққында айтқанымызда ең дәслеп бас кийимлерге түсиник беремиз. Миллетимиздиң аты менен аталыўшы қалпақтан басланатуғын бас кийимлердиң де бир неше түри бар. Шөгирме, қураш, дегелей, бөрик, соппас, қулақшын, жатақ малақай, тақыя, топпы, малақай усаған бас кийимлер бизиң миллий бас кийимлеримиз болып есапланады. Улама, молла, ийшан, қазылар басларына узын гезлемелерден сәлле орайтуғын болған. Бас кийим ушын жүн, қой териси, түлки, қасқыр, қарсақ, қоян ҳәм тышқан терилеринен пайдаланған. (Бир жылға тышқан териси де шыдайды деген сөз буған мысал). Ийленген мал терилери айрым бас кийимлердиң тиси ушын қолланылған. Бул бас кийимлер басқа халықлардың бас кийимлеринен әдеўир өзгешеликлерге ийе. Дерек: И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мүзейи https://t.me/ibratli_sozler

АҢЛАМАС Сөзи:Мақтумқулы Бәдҳасылға беглик жетсе бир күнде, Алар аўын,салар қусын аңламас. Қолға ҳәмел тийсе,көргенсиз беглер, Пухараның көзде жасын аңламас. Жақсыға ис түссе,дәрҳал "қуп болар", Жаманға ис түссе,жанды жеп болар, Нәмәрттиң кеңеси дүзде көп болар, Душпан көрсе,ислер исин аңламас. Ҳақ жолдан жүргенлер ҳарымас-талмас, Қайыр-сақаўаттың заўалы болмас. Нәмәртлер жаў көрсе зәрреси қалмас, Ғош жигитлер төртин-бесин тыңламас. Мақтумқулы,бег жанында сөз баслар, Ақыл-ғайраты бар адам ел баслар, Мәрттен болған жыйын көрсе,жол баслар, Нәмәрт жигит теңи-досын аңламас. https://t.me/ibratli_sozler

#ҳикмет Әкелер ҳаққында 1. Әке үйге киргенде орыннан турып, орын бериў керек. 2. Әке менен кетип баратырғанда оның руқсатысыз
#ҳикмет Әкелер ҳаққында 1. Әке үйге киргенде орыннан турып, орын бериў керек. 2. Әке менен кетип баратырғанда оның руқсатысыз оннан алдын жүрмеў тийис. 3. Әке перзент ушын бир нәрсе мийрас қалдырмаса да, оннан уялмаў зәрүр. 4. Әке бар үйде ойланыўға ҳәм кеңес салыўға мүтәж болынбайды. 5. Әке қасында яки ол кирип келгенде жамбаслап жатыўға болмайды. 6. Әке үйде жоқ болып қалған орында пайдаланған нәрселерден өз алдына оның ушын алып қойылыўы пазыйлет. 7. Мәртебели адам болсаң да әкең шақырғанда көлигиңнен түсип, алдында тақ турыўға асық! Сен жумыс үстинде дәрежелисең, Әкең үстинде емес! 8. Әкеңниң қасындағы жақсы адамларға әлпайым бол, егер әкең қайтыс болса, солар менен мәмиле-мүнәсибетлериңди үзбе! Каналымызға ағза болың!!! 👇 https://t.me/ibratli_sozler

МҮҒАЛЛИМ Көзлери гүл жайнаған, елдиң сан мың ул-қызы, Алса туўры тәлимди, келешектиң жулдызы, Мойнында турар аўыр жүк, ҳадал жеген нан-дузы, Жалықпай өмир сабағын, үйретеди муғаллим. Жазылмаған қағаздай, кеўли аппақ баланы, Үйретеди китапқа, аңсағанда даланы, Дәптерине жаздырып, дәслеп ата-ананы, Ҳәриплерден сөз қурап, сөйлетеди муғаллим. Бар билгени тилинде, жарқырап кеўил айнасы, Сүйеди шын кәсибин, елге тийер пайдасы, Үмит артар шәкиртке, жақсылықтың шайдасы, Пидайылық дарағын гүллетеди мүғаллим. Ашып илим есигин, гилтин берип қолларға, Ҳақ жол тилеп, қол былғап, салар айдын жолларға, Ыразы маңлай теринен, иси басқан оңларға, Келешектиң бесигин тербетеди муғаллим. ✍Раўаж Отарбаев https://t.me/ibratli_sozler

МҮҒАЛЛИМ Көзлери гүл жайнаған, елдиң сан мың ул-қызы, Алса туўры тәлимди, келешектиң жулдызы, Мойнында турар аўыр жүк, ҳадал жеген нан-дузы, Жалықпай өмир сабағын, үйретеди муғаллим. Жазылмаған қағаздай, кеўли аппақ баланы, Үйретеди китапқа, аңсағанда даланы, Дәптерине жаздырып, дәслеп ата-ананы, Ҳәриплерден сөз қурап, сөйлетеди муғаллим. Бар билгени тилинде, жарқырап кеўил айнасы, Сүйеди шын кәсибин, елге тийер пайдасы, Үмит артар шәкиртке, жақсылықтың шайдасы, Пидайылық дарағын гүллетеди мүғаллим. Ашып илим есигин, гилтин берип қолларға, Ҳақ жол тилеп, қол былғап, салар айдын жолларға, Ыразы маңлай теринен, иси басқан оңларға, Келешектиң бесигин тербетеди муғаллим.

Бизлердиң жөн жосағымызды еситип:--"Яқ, бул үйде бала жоқ",--деди. Сыртқа шығып, Гүлзийра апа екеўимиз бир-биримизге аз ўақыт қарап турдық та, "түсинбедим" дегендей ийинлеримизди қысып, екинши үйге бурылдық.... Төртинши үй мениң менен Университетте бирге оқыған Гүлзийраның [оның да аты Гүлзийра] үйи еди, ол бизлерге:--"аўқат асып қояман, кетип қалмай түсте үйге келиң",--деди. Көшениң еки бойындағы үйлерге толық кирип шығып, оннан соң ийтлерин шуўлатып көше сыртындағы шашаў отырған үйлерге де кирип-шығып барын бардай, жоғын жоқтай жазып шықтық. Гүлзийра достымның үйине нағыз түслик ўақтында келдик, салыўлы төсек, салқын үйге кирип чай-пай ишип, азмаз "жан шақырғаннан" соң әңгимеге киристик. Соның арасында көшениң басындағы үй есимизге түсип, Гүлзийраға ол үйде көрген-билгенимизди айтып, мәнисин сорадық. Гүлзийра достым:--"Ҳә, ана үйге кирген екенсиз ғой, ол үйде бала жоқ. Пешехананың ишинде жаңа сизлер көрген ер адамның аўырыў ҳаялы жатыр, аўырыў болып жатқанына 25 жылдың шамасы болып қалған, мениң де тек жасы үлкенлерден еситкеним [ол ўақытта достым да, мен де жаңа ғана жигирма жаслардан өткен ўақытларымыз еди]. Күйеўи сол 25 жылдан берли ҳаялын өзи бағып атырған,тамағы, тазалығына өзи қарайды, бир жағы совхозда жумыс ислейди, гейде қоңсы-қоба нан-панын жаўып береди, көбинесе нанды да өзи үйинде писиретуғын қусайды",--деди. Жанымдағы апа: "Ҳеш ким аўырмағай аў, сонда да басқаның аўырғаны ҳеш гәп, хожалықтағы ҳаялдың аўырғанынан сақласын, хожалықтың берекети кетеди",--деп көрген жағдайды талқылап отырды. Ҳәр ўақыт усы ўақыя есиме түскенде: "Не деген опадарлық, садықлық, не деген шексиз меҳир-муҳаббат, не деген ғамхорлық!",--деймен. Буннан да көп жақсы сөзлерди де усындай азаматларға айта бергим келеди. Биз турмыста күйеўи аўырған ҳаяллардың ерин бағып-қаққанын көп көрип жүрмиз, бирақ, ҳаялын баққан ер адамлар қандай сийрек болса, аўырыў күйеўин таслап кеткен ҳаяллар да сондай сийрек. Жасыратуғыны жоқ, аўырыў ҳаялларын таслап, дени саў ҳаял алғысы келетуғын ер адамлар да [азамат демей ақ қояйын] баршылық. Ҳәттеки гейпара ўақытларда: "Ҳаялды аўмастырыў обой аўмастырғаннан да аңсат",--деген сөзлерди де еситип қаламыз. Бундайларға етимиз үйренип кеткендей ме, қалай!? Керисинше, тосаттан аўырып қалған ҳаялларына ғамхор болып, емлеткиси келип зыр жуўырып жүрген азаматларды көргенде:--"Қатынжанлысын ай", "Сол аўырыў ҳаялын тасламай еле емлетип жүрме?",--дейтуғын да өзлеримиз. БУЛ ӨМИРДЕ ҚАЙТАР ДҮНЬЯ ДЕГЕН ДЕ БАР! ✍Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

#Турмыс_мектеби <<АЎЫРЫЎ ҲАЯЛЫН БАҚҚАН АЗАМАТ>> Ара-тура қоңсылар менен бас қосып бирге чай ишип, көрген-билген жаңалықларымызды бөлисип отыратуғын әдетимиз бар. Усындайда Гүлпери болмаса не қылар едик!? Себеби, ол ҳәр отырыста бурын еситилмеген, "тандырдан жаңа шыққан" жаңалықлар менен қарық қылып таслайды. Жаңалықлары жаға услататуғын, көбинесе тосын жағдайларға толы болып келеди. Бул ретте ол алдына қойылған бир кесе чайын түўеспей атырып ақ: --Күйеўимниң классласының ержеткен сулыў қызы бар еди, соны анада карантин ашылған соң, айттырып қойған жерине узатып еди. Той өткеннен соң көп узамай күйеў бала қызды үйине қайта әкелип таслапты. Қыздың бурыннан есинен танып, аўзынан көбиги ағып қыйланатуғыны бар еди. Күйеў бала биринши рет сондайын көргенде қатты шоршып кеткен, және усы ўақытқа шекем бундайын айтпағанына да қатты қапа болыпты. Ҳаялларға да бул жаңалық бирден басқаша тәсир еттиме, бәри ғаўырласып қоя берди: --Байбуу, бийшаралар ай, екеўине де обал болған екен, қыз бундай жуўапкерли қәдем таслағанда болашақ күйеўине жасырмай айтқаны дурыс еди; --Күйеў балада келешегин, болашақ урпағын ойлаған шығар, балалы болмай турып дәрриў ажырасқанды мақул көрген шығар; --Ким болса да, басына түссе усылай ислейтуғын шығар! Шаңарақ болмай атырып, зор жуўапкершиликти арқалап, аўырыў ҳаялын емлетип, анда-мында ким жуўырып жүргиси келеди!?-- деп демде бираз болжаўлар айтып тасланды. Мен бул болжаўларға гәп қоспасамда, буннан көп жыллар бурынғы бир ўақыя есиме түсип кетти. Анығы, бул ўақыя еле ата-ана ғамхорлығында жүрген, турмыс тәжирийбесин көрмеген мениң жүрегимди силкиндирип жиберген еди. Ҳәр ўақыт есиме түсип көп ўақыт ойлап жүретуғын едим. .....Мектепке жумысқа жаңа кирген күнлерим, август айының баслары еди. Бул ўақытта мектеплерде "оқыўға бала жазыў" наўқанының ғырта-ғырт болатуғын ўақты. Менде келе сала усы наўқанға илиндим. Директор мектеп аймағына киретуғын көшелер, аўылларға муғаллимлерди екеў-екеўден бөлип таслады. Мениң шегим жасы үлкен Гүлзийра апа менен бирликте, районның батыс жағындағы, 3-4 км қашықлықта жайласқан "поселка" деп аталатуғын аўылға түсти. "Поселка" дегенде есиме бир ўақыялар түсип кетти, әўели соны қысқа айтып өте қояйын: Бизлер мектепте оқып жүрген ўақытларымызда районның жигитлери менен "поселка"ның жигитлери тез-тез төбелесип туратуғын еди. Нени бөлисе алмай төбелеседи, неге төбелеседи-- ол жағы бизге қараңғы. Тек: --"Кеше поселканың жигитлери тележка менен келип төбелесип кетипти", "Районның жигитлери анада бортовой машын менен поселкаға барып төбелесип қайтыпты",--деген сөзлерден жигитлердиң төбелесиў ушын жаяў барып, жаяў келип жүрмейтуғынын ғана билемиз. Не ушын төбелеседи--ояғы жигитлердиң өз жумысы! ....Соның менен Гүлзийра апа екеўимиз Поселкаға жаяўлап тарттық, 3-4 км не болыпты, әңгимелесип жүрип қалай жеткенимизди де билмей қалыппыз. Поселка дегенимиз: арқадан қублаға қарап созылған узын көшениң еки тәрепине жайласқан үйлер, оның айланасында шашаў отырған онлаған үй және бар. Көшениң басынан баслап, шеттен кире басладық. Биринши кирген, көшениң басындағы үй кирген ўақта Гүлзийра апа екеўмиздиң аң таңымызды шығарды. Үй шеңгел тырнақ басылып, атпа ылайдан салынғанлығы ҳәр жер-ҳәр жерден түскен сыбаўлардан көринип тур. Ишине кирсек полсыз үйде адам жасайтуғынға уқсаған тиришилик белгиси, я төсениш болып ҳеш нәрсе көринбеди. --Адам жасамайтуғын гөне жай қусайды аў; --Яқ, мына бөлмеде суў шелек, отқа қоятуғын қара қуман тур ғой--десип және төрге қарай ишкериледик. Төрги бөлмеде де ҳеш жерде төсениш, я көрпе-төсек усаған белги көринбеди. Бирден көзимизге түскени: бөлмениң ортасына қалың етип төселген сабанның үстине қурылған гөнетозлаў пешехана ҳәм пешеханаға басын суғып, жарты денеси сыртта отырған ер адам болды. Бизлердиң ғаўырласқан сестимизди еситип ер адам басын пешеханадан шығарып бизлер менен хабарласты, үстинде бешпент-шалбары, аяғында кирзовой етик, басында малақайы бар бул адам шама менен 40-45 жаслар әтирапындағы киси екен. Даўамы👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

https://t.me/ibratli_sozler "Алыстағы туўысқанларым" 🎙 Алишер Алламбергенов

АССАЛАЎМА АЛЕЙКУМ ҚӘДИРДАНЛАРЫМ! ☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘ Я Рәббим, сизден берекет күтип отырғанлар бар... Шыпа сорап, күтип жатырғанлар бар, Хабар күтип отырғанлар бар, Несийбе байлық күтип отырғанлар бар... Солардың тилегин орынлап бер жан Алла. Шыпа сорағанға шыпа бер, хабар күткенлерге хош хабар жеткиз, Рысқы сорағанға мол несийбе берсең Я Рәббим. Жан Аллам бәршемиздиң аўыр тәшўишлеримизди аңсат қыл, ойлаған жақсы нийет-тилеклеримизди қабыл етип, орынлап бер, бизди еки дүньяңда да бахытлы еткейсең... Ийманымызды саламат, Сабырымызды беккем, Кеўлимизди кең, ҳүжданымызды пәк әйлегейсең... 📝📝📝 •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈ https://t.me/ibratli_sozler

💫Қайырлы түн! 🌸 Жақсы тилек, арзыў нийетлер менен, 🌺 Тынышлық, аманлық, шын кеўил менен, 🍀 Ай нуры, жулдызлар шырайы мене
💫Қайырлы түн! 🌸 Жақсы тилек, арзыў нийетлер менен, 🌺 Тынышлық, аманлық, шын кеўил менен, 🍀 Ай нуры, жулдызлар шырайы менен, 🌼 Қайырлы түн, жақсы дем тилеймиз сизге! ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👉 https://t.me/ibratli_sozler

<<НЕ ИСЛЕП ШАРШАДЫҢ?>> Ҳәр күни ҳаялына күйеўи: <<Бүгин не питкердиң, сондай ақ, шаршағандай ийт қырқтың ба!?>>--деўди әдетке айландырыпты. Ҳаялы не ислегенлерин айтса, күйеўине ол жумыслар айтыўға арзымайтуғын майда-шүйде ислер болып көринеди екен де қолын бир силтеп қоя салады екен. Ҳаялы соңын ала не ислеп, нени тындырып жүргенин айтпайтуғында болыпты. Бир күни күйеўи жумыстан кешлеў қайтты, бүгинги жумыслары да күндегиден аўырлаў болып қатты шаршаған еди. Үйине тезирек жетип, ҳаялының писирген мазалы тағамларын ишип-жеп, жайлы да, жағымлы уядай шаңарағында дем алыўға асықты. Келип сыртқы дәрўазадан кириўден көзине түскен көринислерден өзин жойтып ала жазлады. Шарбақтың иши ийт аўнағандай: бир жерде төңкерилип шашылған затлар, қағаз ҳәм аўқат қалдықлары, ойыншықлар қалай болса солай жайрап атыр. Жайраған затлардың ортасында түнде уйқыларда кийген кийимлерин де өзгертпеген, бетлери жуўылмай кир-ғожалақ болған еки ул бир қызы. Үсти-басларының адам көрерлик жери жоқ: шаң, тамақ пенен дағал-дағал болған кийимлери көрген адамның жүрегин айнытқандай. Үйдиң есиги де қалай болса солай айқара ашылып, бир жағы жулынған пердеси жерге шубатылып, сүйретилип атыр. Мына көринислерге қарап турып, күйеўдиң жүреги суў ете қалды: --"Ҳаялыма бир нәрсе болып қалған усайды",--деп ишке асығыс кирди. Үйдиң ишиндеги жағдай даладағыдан бетер: Есиктен төрге дейин шашылған ойыншықлар, қағаз, жыртылған китап, сынған затлар, жыйланбаған төсеклерден аяқ алып жүриў мүмкин емес. Телевизордың даўысы барынша қойылып, қулақты питиреди. Еркек асханаға кирип, ондағы көриниске шыдай алмай есигин тез жапты да, өзлериниң жататуғын бөлмесине кирди. Есикти ашып жиберип, таң қалғаны сондай, есикке шегеленип қалғандай турып қалды: Ҳаялы жай-парахат диванда китап оқып жатар еди. Ҳаялын биринши рет көрип турғандай ҳайранлықта еди. Бул аўҳалға түсинсе буйырмасын: --"Бүгин саған не болған?!",--деген өз сөзлери де алыстан қулағына талып жеткендей болып шықты. Ал, ҳаялы сол жатысын бузбаған ҳалында:--"Шабазым, күнде жумыстан келгенде:--"Бүгин соншама не питкердиң? Ийт қырқтың ба?,--дер едиңиз. Мен бүгин ҳеш нәрсе ислемедим",--деди. ✍Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

Сабырлы болың ҳәм исенимиңизди жоғалтпаң, бүгинги күниңиз әлбетте кешегиден жақсы болады. https://t.me/ibratli_sozler
Сабырлы болың ҳәм исенимиңизди жоғалтпаң, бүгинги күниңиз әлбетте кешегиден жақсы болады. https://t.me/ibratli_sozler

Перзентлер бар-ҳәмме билер турмыста, Қараўсыз қалдырған ата-анасын. Ойланбастан жол қоймақта қылмысқа, Өзгертпеген еле ақыл-санасын. Барлық перзент қуўандырсын жер бетин, Әке қуўанышы тойланыў ушын. Турмыс тәрийпледи әке келбетин, Перзентлер жақсылап ойланыў ушын. - Перзентлер! Турмыстан тәсир алдыңба? Әке қәдирине жеттиңбе сондай? Ишки дүньясына нәзер салдыңба? Әкеңниң ҳақыйқый келбети қандай? Әкеңиз бақырса жақсы көргени, Әкеңе бақырсаң оның өлгени. Барлығының себепшиси тек өзиң, Жылағаны - илип алып бөлмени. Дүньяны тәрк етип әкеси кетсе, Хызмет ете алмас - кешиккен перзент, Тириде сәлем бер мүтажын етте, Жақсы сөзлер менен хызметлер көрсет. Қандай ақыл сөзлер турмыс сазасы, Атадан туўылар үш түрли перзент, Өтип, жетип туўса перзент тазасы, Кери кетип туўылса әке қазасы. Ҳешбир перзент кери кетип туўмасын, Әкениң келбети - ҳәргиз солмасын. Ҳеш ўақытта илинбесин Есиги, Әкесин барқулла перзент қолласын. Айтылған сөзлердиң мәнисин түсин, Болмасын ҳәммесине тек қурғақ өсек. Тек үш нәрсе керек әкелер ушын, Жумсақ сөз, жумсақ ас ҳәм жумсақ төсек.           **** Турса да бирге бир жайда, Әкеден хабар алмаса. Күнде емес еки күнде, Сәлем берип турмаса. Аўҳалын сорап әкениң, Мүтәжин оның қылмаса, Әке болғаннан не пайда? Перзент болғаннан не пайда? Көрмесе әке келбетин, Жарқырап турған перзенттиң, Келбетинен не пайда..? 📖 "Саза" журналындағы мақала ҳәм "ҚҚ кино" тәрепинен көрсетилген ролик тийкарында жазылды.  ✍ Сали Кудайбергенов https://t.me/ibratli_sozler 👉 https://t.me/ibratli_sozler

​​🌀 Инсанларды танысқанда емес, тартысқанда таныйсыз. Себеби, ғәзеп жасырын өзликти ортаға шығарады. https://t.me/ibratli_so
​​🌀 Инсанларды танысқанда емес, тартысқанда таныйсыз. Себеби, ғәзеп жасырын өзликти ортаға шығарады. https://t.me/ibratli_sozler

Өткен күн ушын қайғырмаң, өткен ҳәрбир мәўрит бүгинги күндеги даналығыңа себеп болған. Ең шырайлы ўақытларың бийкарға өтпегенинен, қайғылы демлериң болса өмириңниң ҳикметли ҳәм үлгили болғанынан дерек береди. Қандай жағдай болғанда да Бир Аллаға шүкир етиўди умытпаңлар! •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• https://t.me/ibratli_sozler

Бул өмир Айлар, жыллар өтти... Алаңнан астық, Талай ҳижраннан ҳөлленди дастық. Мәмелекке ерип жолдан адастық, Бул өмир қыйқыўлы майдан екен ғой. Балалық шапқылап изиңде қалар, Жаслық ҳәксерлери жүзиңде қалар. Кисилик хүжжет боп дизимде қалар, Бул өмир санаўлы сайран екен ғой. Тегис шырайыңды торласа әжим, Өзиңнен пәслерге етесең тәжим. Кетерсең басыңда болса да тажың, Бул өмир түбинде ўайран екен ғой. Адамнан жоғалса жедел, искерлик, Жүрегине орнығады қыс дерлик Тәғдирине ким ете алса үстемлик, Бул өмир бир келген байрам екен ғой. Кеңесбай Рахманов Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov

Сағыныш! Жасым биразға келсе де, Изиме перзентлер ерсе де, Қыстан соң бәҳәр келсе де, Мен анамды сағындым. ​Шашыма ақ аралап, Елиўден өттим шамалап, Өсирген мени арқалап, Мен анамды сағындым. ​Үйимде жоқ кемисим, Ҳаял, перзент — жемисим, Раўаж болса да ҳәр исим, Мен анамды сағындым. ​Төримде мениң отырса, Ақылға ақыл қосылса, Кеўлим ҳәрўақ қабарса, Мен анамды сағындым. ​Анамдай ҳасыл жоқ еди, Бизлерге кеўли тоқ еди, Кеўлинде гирбиң жоқ еди, Мен анамды сағындым. ​Өзимше болдым ержеткен, Алаңлап бизге селк еткен, Бесигимди тербеткен, Мен анамды сағындым. ​Әдебиятқа жетелеп, Анам еди әкелген. Китап оқып ежелеп, Анам еди жетирген. ​Он туўысқан үлкейдик, Жетилистик, көркейдик, Қара талдай тербелдик, Жан анамды сағындым. ​Шарласаң да әлемди, Билип турсаң дәмемди, Анаң болса, қәненди... Мен-анамды сағындым! ✍ Әбдиғаппар Ҳәмзе https://t.me/ibratli_sozler

Ергенек – сыртқы әлем менен шаңарақтың ишки орталығы арасындағы муқаддес шегара Ергенек – қарақалпақ отаўының дәстүрий есиги
+1
Ергенек – сыртқы әлем менен шаңарақтың ишки орталығы арасындағы муқаддес шегара Ергенек – қарақалпақ отаўының дәстүрий есиги болып, халқымыз мәдениятының ең сийрек ушырасатуғын ҳәм зәрүрли элементлеринен бири болып есапланады. Қарақалпақлар ушын ергенек әпиўайы есик емес, ал шаңараққа тийисли абаданлық ҳәм әўладлар даўамлылығының таңбасы сыпатында қәдирли.
Дерек: Tariyxtan_sabaqlar
https://t.me/ibratli_sozler

photo content

<<ӨМИРГЕ ИСЕНИМ>> ....Бәҳәр келиўден алдын  қунарлы топырақ қойнында еки дән қатар жатыпты. Биринши дән: ~Тезирек бәҳәр келсе екен? Мен өнип-өсип, тереңге тамыр жайып, жер бетине қарай бүршик жарып шыққым келеди. Бәҳәрдеги қуяштың жыллы шуўағына бөленип, таңғы шыққа жас жапырақларым менен гүл қаўызымды шомылдырғанша асығаман!--дейди өзгеше қулшыныс пенен. Екинши дән болса исенимсиз, түңилген қәлпинде әсте ақырын: ~Мен қорқаман...Егер тамырымды тереңге жиберсем, қараңғы жер қойнында неге барып тирелетуғыны белгисиз....Жер бетине шыққан сабағымды бәҳәрдиң ызғырық самалы тоңдырып, солытып тасласа не ислеймен!? Қандай да бир жәнликлер кемирип кетсе ше? Егер қаўызымнан жарып шыққан гүлди жулып, аяқ асты етип женшип тасласа... Жоқ, мен оннан да қәўипсиз ўақытты күтип, усы жерде жата турайын...деди буйығып. ...Биринши дән бәҳәрдиң көзи жылт етиўден әрманын орынлап, тамыр жайып, жап-жасыл болып өсе баслады. ...Ал, екиншиси сол қолайлы ўақытты күтиў менен орнында жата берди. Бирнеше күннен соң азық излеген таўық топырақты шуқыланып жүрип, өнбеген дәнди таўып алды да, жутып жиберди. Әлбетте, бул мысалдың тобықтай түйини--ким де ким тәўекел етпесе, ол алға илгерилей алмайды, сол орнында қала береди. Оны өмир миннетли түрде "жутып" қояды. Бул мысалдан келип шығатуғын екинши унамлы тәрепи: Бәҳәрге, оның жыллы лебине, жаңарыўға, жаңа өмирге, жаңа ис баслаўға талпыныс, тәўекел. Мақсетке, әрманға толы, оның орынланыўын көз алдыңа елеслете отырып, оның иске асатуғынына исениў. Исеним--ҳәр қандай бөгетлерден де күшли! ӨМИРГЕ ИСЕНИМ МЕНЕН ҚАРАЎ~КЕЛЕШЕГИҢЕ ИСЕНИМ!    ✍Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler