uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 792 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 322-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 444-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 792 obunachiga ega bo‘ldi.

09 Iyul, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -265 ga, so‘nggi 24 soatda esa -7 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 28.13% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 19.97% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 5 288 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 755 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 44 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 10 Iyul, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 792
Obunachilar
-724 soatlar
-447 kunlar
-26530 kunlar
Postlar arxiv
#рамазан_2026 #аўыз_ашыў_дуўасы Рамазан айының 10-күни Ифтарлық уақты 18:54 (Нөкис уақты менен) АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ Аллооҳуммә л
#рамазан_2026 #аўыз_ашыў_дуўасы Рамазан айының 10-күни Ифтарлық уақты 18:54 (Нөкис уақты менен) АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ      Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.       Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл. https://t.me/ibratli_sozler

Ауқат писирип билермекен ? Жасым 22 ге келди . Үйдегилер үйлендиремиз деп еди , дəрриу көндим. Жақсы шаңарақтың перзенти деп
Ауқат писирип билермекен ? Жасым 22 ге келди . Үйдегилер үйлендиремиз деп еди , дəрриу көндим. Жақсы шаңарақтың перзенти деп бир қыз бенен ушырасыуға шығарды. Жолда кетип баратырып ойымда " сулыумекен, дауысы қандай екен? " деген сораулар мийимде тынышлық бермес еди. Барғаннан сорауға тутаман: Тамақ писирип билесең бе ? ( Жорам айтты: бир қызлар мəйек те қууырып билмейди екен) Ушырастық,жүрегим хаплығып кетти. Субханааллах ! Мине саған шырай ( ишимнен тамақ писирип билемекен өзи ? ..деп турман) Сəлемлесип болған соң ,ол гəп баслады: - Қураннан қаншасын ядлағансыз ? Көз алдым қараңғыласып, дем жетпей қалды.Өзимди жек көрип кеттим. Маған тек қыз сулыу хəм тамақ асып билсе болды деп жүр едим. Астағфираллах ! Меннен талап етип сораған нəрсесине ақлым лал. Мен ақмақ не сорамақшы едим ?! Бираз үнсизликтен соң тилим тутлығып зорға жууап бердим. - Ярымын ядладым.Қалғанын енди ядлап атырман. Үйиме келгенше алдыңғы арысландай айбатым жоғалып, сууға түскен пышықтай болып қалдым.. Ю.М https://t.me/ibratli_sozler

#Этнография <<АЛАША>> Халқымыз турмысында әййемги дәўирлерден бери қолланылып киятырған төсениш буйымларының бири~Алаша. АЛАША~түксиз, қой жүнинен ийирилген реңли жиплерден тоқылған, гилемнен гөре жуқалаў төсек. "Алаша"~деген атамасының өзи ала шалша (шалша--кишилеў төсек), реңли, қызыл, сары, жасыл, көбинесе ақ ҳәм қара реңли жиплерден тоқылғанлығы ушын солай аталып кеткен. Онда жүдә қурамалы нағыслар болмайды, реңлер жеке, дара узынша жолақ түрде тоқылады. [1-сүўрет]. Алаша "өрмек" деп аталатуғын тоқыў әсбабында ени ярым метр, узынлығы қәлеўине қарай еки-үш метр шамасында тоқылып, соң бул бөлеклер бириктирилип тигиледи. Таяр болған алашаның еки басы алаша реңине қарап таңланған еки-үш см енликтеги таўарды узынша лентадай етип таярлап, әдиплеп тигиледи. Алаша ҳаққында "Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигинде төмендегише анықлама берилген: <<АЛАША. атлық.~Қолдан тоқылған кишкене төсекше, төсек ушын, гейде кийим, шапан ушын да исленетуғын материал, жүннен де, пахта, жипектен де қәдимги таўарлардан қалың етип тоқылады, көбинесе төсекке арналады, түрли бояўларға жипти бояп тоқыйды.>> [Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. "Қарақалпақстан", Нөкис, 1982, 75-бет] ----Астымызға төседиң,     Гилем емес алаша,     Қудашалар сөйлеңиз,     Бир майдан болсын      тамаша.       {Қыз-жигитлер айтысынан]. Алаша бойра, шыпта сыяқлы жекеннен тоқылған төсеклердиң үстине төселип, оның үстине кийиз, текийнемет төселеди, оннан соң көрпе, көрпешеле төселеди. Алаша "өрмек" тоқыў әсбабында ҳаял-қызлар мийнети менен тоқылады, (2-сүўрет), соған сәйкес "Түсиндирме сөзлик"тен өрмек жөнинде берилген анықламаны да келтирип өтемиз: <<ӨРМЕК. атлық. Ийирилген жүн ямаса пахта жипти тоқыў ушын қолайластырылған әпиўайы станок. [Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги, IV том, "Қарақалпақстан", Нөкис, 1992, 64-бет]. Алашалардан (көбинесе ақ, қара реңли жолақ нағыслы)  жүўери ҳәм т.б. ғәлле өнимлерин салып қойыў ушын үлкен қаплар тигиледи. Буны халқымызда "Ала қап"--деп атайды: <<АЛА ҚАП. атлық. Қара жип пенен ақ жиптен ҳәм ҳәр түрли жиптен аралас тоқылған қап, қалта. (Жүннен тоқылған ала қап). [Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. I том, "Қарақалпақстан", Нөкис, 1982, 72-бет]. Мысалы: 1. Жүннен тоқылған ала қапқа өңменин созып қапталында саз ылайдан үшпелек соғып отырған баласына жекиринди. (К. Султанов). 2. Байлық, барлық, жуқналылық. --Қатын кимниң қатыны,    Ала қаптың қатыны,    Ала қабың таўсылса,     Әлле кимниң қатыны.     [ Қарақалпақ нақыл-мақалларынан]. Алашаның ҳәзирги күнлеримизде фабрикада тоқылған түрлери халқымыз турмысында ушырасып турады. Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Мейит жуўыўшы хаялдың хикаясы. ( болған уақыя ) - Мен хаяллар мейитин жуўыўшыман. Бул кəсибим арқалы көп ғана ўақыяларға гүўа болғанман,-деп гəпин баслады ол. Автоавария себепли 18 жасар қыз қайтыс болды. Мейитти жуўыў ушын жуўыўшы шақыртты, бирақ келген жуўыўшылар қызды жуўындырыўдан бас тартқан. Мени шақыртты , мен шақыртылған үшинши жуўыўшы екенмен. Мейитти көрдим де мен де бас тарттым. Қыздың анасы өтиниш қылып қатты жылап тур : - Жан апам сизден өтиниш , жаназасына адамлар жыйналған . Яқ демең .! Көзлерим жасқа толып зорға разылық бердим. Разылық бердим дə , бирақ неден баслаўды билмей қалдым. Қыздың денесинде авариядан қалған жарақатлар бар , бирақ гəп бунда емес еди... Қаслары татуаж етилген, кирпиклери жасалма ектирилген , ерини ботекс исленген , бармақларындағы тырнақлары айтпасам да болады. Бисмиллах деп бетин жуўыўдан басладым, əстелик пенен кирпиклерин жуўдым, илажы болмады . Ақыры оларды əстен жула басладым , оларға қосылып өзиниң кирпиклери де жулына баслады. Гезек қасларға келди , қəне енди бул татуаж дегени кетеғойса , қатты ысқыласам да кетпеди. Ақыры герпиш бөлеги менен ысыўға мəжбүр болдым. Қыздың қасларынан қан аға баслады, бир əмеллеп тоқтаттым. Кейинги нəўбет еринге келди. Ботекстиң геллерин сығып шығармақшы болдым , қанша урынсам да илажы болмады. Сол турысында қалды. Кейинги гезек тырнақтағы жасалма тырнақларға келди. Оларды жыллы суў менен жибитип көрдим, жибимеди. Қайнаған суўға бармақларын салып қойдық. Қəнекей бул қапылғыр жасалма тырнақлар көпшип шығақойса . Ақырғы имканият тырнақларды атаўыз ( плоскогубцы) алыў қалды. Бул тырнақларды алмасақ болмайды , сол турысында қалса ғусыл да, тəхəрет те өтпейди. Тырнақларды атаўыз бенен əсте-ақырынлық пенен қопара басладым . Хəр қопарғанымда мейиттиң ыңырсыған даўысы шығар еди. Қолларым қалтырап баслады, қопараман ыңырсыған дауыс шығады ... Əйтеўир бир əмеллеп мейитти жуўып болдым ... ☝️Əзийз сиңлилерим , əжапаларым АЛЛАНЫҢ берген шырайына нашүкирлик етпеңлер . Сиз тəбийий сулыўлығыңыз бенен шырайлысыз . Бул мейит жуўыўшы хаялдың хикаясы сизлерге сабақ болсын деп жиберип отырман . Юсупова М. аўдармасы https://t.me/ibratli_sozler

Шүкирлик. Бир жесир , кəмбағал хаял алты жасар баласы менен жасайтуғын еди. Олардың жайының басының шифери болмақ түуе , жақс
Шүкирлик. Бир жесир , кəмбағал хаял алты жасар баласы менен жасайтуғын еди. Олардың жайының басының шифери болмақ түуе , жақсылап сыбалмаған да еди. Жауын жауғанда тесип өте берип əбигер аухалға келген еди. Бир күни қатты жауын жауып , үйи иши сууға толды. Кийимлери жауыннан илбиреген ана баласын бауырына басып , жауыннан паналамақшы болды. Бирақ , жауыннан ызғар болған кийимлери баласының етине муздай тийер еди. Хаял жəн-жаққа қарады да , өзинде күш тауып , үйиниң есигин қопарып алып баласын жауыннан қорғай баслады. Алты жасар баланың көзлери жадырап, қууанып кетти. Əстен анасына : " Анажан ...АЛЛАҒА шүкир бизиң үйде есик бар екен. Есиги жоқлар не қылып атыр екен я?!" Бүгин бир кесе чайына шүкир етпеген адам , ертең АЛЛАХ оған машина инəм етсе де шүкир етиуди билмейди. АЛЛАҒА шүкирлик етиу - берилген нəрсениң үлкен-кишилигине қарап емес қəлбиңниң тазалығына қарап бахаланады. Ю.М. https://t.me/ibratli_sozler

Қуслар ҳаўада, балық суўда излерин қалдырмайды, саўап ислеўшилердиң де изи сондай болады. Ақыллы адам ҳәр нәрсени өз пикири м
Қуслар ҳаўада, балық суўда излерин қалдырмайды, саўап ислеўшилердиң де изи сондай болады. Ақыллы адам ҳәр нәрсени өз пикири менен баҳалайды, ал надан адам басқалардың пикири менен баҳалайды. Биз өмирдиң узақ ямаса қысқа болыўын өзгерте алмаймыз, бирақ оның кеўилли ҳәм терең мәнили болыўына тәсир ете аламыз. https://t.me/ibratli_sozler

Толыбай Төрениязов https://t.me/ibratli_sozler

СӘҲӘРЛИК - 06:20 АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъаалә
СӘҲӘРЛИК  -  06:20       АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ       Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.       Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы. НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН! https://t.me/ibratli_sozler

Ассалаўма әлейкум каналымыздың əзийз Ықласбентлери! Сизлерге қәсийетли айдың Шемби күни қутлы болсын! АЛЛАТААЛАМ өмириңизге м
Ассалаўма әлейкум каналымыздың əзийз Ықласбентлери! Сизлерге қәсийетли айдың Шемби күни қутлы болсын! АЛЛАТААЛАМ өмириңизге мазмун, ырысқыңызға берекет, руўхыңызға қуўат, денеңизге саўлық, жүрегиңизге тынышлық, шаңарағыңызға аўызбиршилик,  елимизге аманлық берсин! Ҳәрбир күниңиз АЛЛАНЫҢ муҳаббаты, мийрим-шәпәәти менен болсын! Күниңиз пайызлы өтсин Қәдирданлар! Рамазан айының 10-күни. Хут айының 28-сəнеси, хəптениң Шемби күни. https://t.me/ibratli_sozl

Күни менен тилеген тилеклериңиз хəм ибадатларыңыз қабыл болсын ! Бəршеңизге беккем ийман , күш-қууат хəм ден-саулық берсин !
Күни менен тилеген тилеклериңиз хəм ибадатларыңыз қабыл болсын ! Бəршеңизге беккем ийман , күш-қууат хəм ден-саулық берсин ! Алланың нурлы таңына  аман-есен саў-саламат жетиў бәршемизге несип етсин әзизлер! ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ҚӘДИРДАНЛАР! https://t.me/ibratli_sozler

Туўысқан еки ана бар, Екеўинде он бала. Ҳәр бириниң аты бар, Өз исине мәрдана. Жумбақтың шешими....
Anonymous voting

Ағын бир суўдың ағысы, Ақ орамал нағысы, Қулағымнан кетпей-аў, Беглеримниң даўысы.
Anonymous voting

Нақылды толықтырың: ✅ Туяғы пүтин тулпар жоқ, ......   ..... ...... .............жоқ. 🕘
Anonymous voting

Нақылды толықтырың: Өлини айтса, Тириниң ......  ..... ✅
Anonymous voting

Ауыз ашыу дууасы: Аллоохуммə лəкə сумту уə бикə əəмəңту уə аълəйкə тəуəккəлту уə аълəə ризқикə əфторту фəғфирлий йəə ғоффəəру
Ауыз ашыу дууасы: Аллоохуммə лəкə сумту уə бикə əəмəңту уə аълəйкə тəуəккəлту уə аълəə ризқикə əфторту фəғфирлий йəə ғоффəəру мəə қоддəмту уə мəə əххорту . Қылған ибадатларыңыз АЛЛАХ дəргайында қабыл болсын ! Я Рəббим елимизге тынышлық , шаңарағымызға аманлық , ата-анамызға узақ өмир , тууған-тууысқанларымызға мехир -ақыбет, перзентлеримизге гөззал минез -қулық бергейсең ! Ифтарлығыңыз ибадатыңызға күш -қууат болсын əзийзлерим !!

Кеңесбай Тилеўов: Күн темасына Шүкирлик- уллы пазыйлет Шүкир етип атқан аппақ таңыма, Қуяш жүзин көргениме тағы да, Несийп еткен Жаратқанға мың шүкир, Жасаў ушын жалғаў болған жаныма, Мийнетиңниң жемислерин термекке, Перзентлердиң бах ығбалын көрмекке, Нийетлеймиз ҳәр күн атқан таң менен, Шүкирлик туйғысын сақлап жүректе. Қәнәәтке келер дейди берекет, Аталарым айтқан буны көп ирет, "Бес бармақты" бирден салмай аўызға,, Жеп-ишердиң барлығына шүкир ет! Алған сайын алсам десең және де, 'Суўдыңда сораўы" келмей ҳеш еске, Уўайымсыз уйықлағанға не жетсин, Қәпелимде тап болмастан бәлеге! Ийелеўге талапланып жән-жақты, Еске алмай намыс пенен уятты, Тәғдир соққысына дус болмай турып. Умытпайық ийман менен инсапты        Кеңесбай Тилеўов. https://t.me/ibratli_sozler

Салт_дәстүр Ата нәсияты Ердиң жақсысы ели менен ойласады, ҳаялдың жақсысы ери менен ойласады. Жалғыз ғаздың үни шықпас, жалғыз қыздың муңы шықпас. Таўықты тойдыра алмайсаң, қызды кийиндире алмайсаң. Жақсы келин қурдасыңдай болар, Улың жақсы болса сырласыңдай болар. Ердиң ҳасылы күшинен билинеди, Ҳаялдың ҳасылы исинен билинеди. https://t.me/ibratli_sozler