uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 792 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 322-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 444-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 792 obunachiga ega bo‘ldi.

09 Iyul, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -265 ga, so‘nggi 24 soatda esa -7 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 28.13% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 19.97% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 5 288 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 755 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 44 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 10 Iyul, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 792
Obunachilar
-724 soatlar
-447 kunlar
-26530 kunlar
Postlar arxiv
Терең ақыл керек сөзди дизбеге Тынық қыял керек бəрин сезбеге Суу ишинде ууайымсыз жүзбеге Бир қайық жүзлеген салдан жақсырақ Бердақ . https://t.me/ibratli_sozler

БИР АЎЫЗ СӨЗ Гүлайым рамазан айында төркинлеп аўылына барды.Әжағасы аўыз ашар берип атыр екен көп ўақыттан берли көрмеген көпшилик аўылласларын көрип қуўанып қалды. Аўыз ашар тарқағаннан соң әкеси ҳәм анасы жайына барып, дийўалда илиўли турған сүўретине қарап - " Мениң периштелерим! Енди досларыңыз арасында жоқсыз! Жатқан жерлериңиз жайлы болғай!" - деп көзиниң жасын жеңсизи қалтасынан алған бет орамалына сыпырып турғанында.. -Ҳаў, Гүлайым неге жылап атырсаң?!-деп әжағасы қапыны қағып бөлмеге кирди. - Қаттыға сағындым әжаға! - Әлбетте бул уллы инсанлардың орнын ҳеш ким баса алмайды, сағынған болсаң ертең зыяратлап қайтамыз - деди оны жубатып әжағасы. Ертеси күни азанда кишеси менен Гүлайым ийис шығарды. Ал, әжағасы болса ата-анасына қуран оқыды. Ата-анасының басын зыяратлап қайтып киятырғанында класласы Улболғанның қәбирин көрип қалды. - Әжаға! Класласым Улболғанға да қуран оқып кетейик тийеберсин айтып дым жас кеттаў пақыр - деди көзиниң жасын сүртип. Улболғанның басына қойған қулпы тасындағы сүўрети тап тиридей етип ойылып салынған екен.. Улболған жүдә шырайлы қыз еди пақыр, бир жаманлардың өсек сөзи деп дүньядан өтип кетти сөзимиз аўыр болмасын! - деди әжағам басын шайқап! Гүлайым Улболғанның қәбири басында отырар екен достының билимли, әдеп-икрамлы әжайып қыз болғанын есине түсирди. Қайтарсын әжағасы машинасы айнасынан аўылы тәбияты қушағына нәзер бағып отырып, Улболған үстинен айтылған сум өсекти есине түсирди. Класласлар питиргенине 10 жыл болғанлығын белгилеп атыр еди.. Қызлардың барлығы Хатишаның үйине жыйналды. Қазахстанда күйеўинен ажырасып жүрген Жәмила тынышына отырмай класы балаларын баяғыда саған Орынбай ашық еди, Өмирбай саған ашық еди, Қуўаныш саған ашық еди, Улбосын Полат пенен ғәрип-ашық еди -деп ойнап отырғанында қапыдан Улбосынның күйеўи Есболсын кирип келди. Қайтпаймыз ба Улбосын?! Полаты ким?! Сен маған тек сениң менен сөйлесип, саған турмысқа шықтым деген жоқ па едиң?! - деди қурдасымыз бир аўыз Жәмиланың сөзин аўлап алып. Яғаў, ойын сөзғо ағасы - деди Улбосын төмен қарап! Сол бир аўыз ойланбай айтылған сөздиң изи достымыздан айырылыўға себепши болыўын ҳеш ким сол ўақытта сезген жоқ еди.. Себеби сол күннен баслап өмирлик жолдасы сен Полат пенен ҳәзирде жүретуғын шығарсаң, неге сени ғәрип-ашық еди деп айтты Жәмила деп ийт азабын берип, ағайын туўғанлары, қоңсы-қобалары алдында айтып абыройын төгип еки баласы менен үйине қуўып жиберген. Ал, Жәмила болса ойнап айтылған сөз деп оның изи усындай болып үлкейип кетеди деп ойламай Қазахстанға жумысына кетип қалды. Бул ўақыядан кейин Улбосынның әкеси ҳәм әжағалары бизлердиң жүзимизди төмен қараттың деп үйинен балалары менен қосып қуўып жибереди. Балалары менен ижарада турып зордан күнин көрип отырғанында күйеўи барып балаларды қор қылдың деп қайтарып алады. Жалғыз басы қалған ол бир күни ижараға турған үйинде енди ҳеш кимге керек емеспен деп жанына қастаяншылық қылады. Бул мүсийбет бир аўыз ойланбай ойнап айтылған сөздиң кесири еди.. Жулдызай - Манзура Бауенова.✍ https://t.me/ibratli_sozler

Садақа бериң ! Садақа бəле -апаттан сақлап турыушы күш ! Билесизбе ,өкинишлиси ... бизден садақа сорағанларға қалтамыздан ең
Садақа бериң ! Садақа бəле -апаттан сақлап турыушы күш ! Билесизбе ,өкинишлиси ... бизден садақа сорағанларға қалтамыздан ең майда пулды яки жыртылайын деп турғанын беремиз ... Садақаның үлкен-кишиси жоқ , сонда да ең жақсысын бериң , берген пулыңа хеш болмаса нан алатуғын болсын . Бергениңизде де, буны АЛЛАМ меннен разы болсын деп қууанып бериң. Пул жоқ болса наныңыздан бериң , ол да жоқ болса жыллы сөзлериңиз бенен жағдайыңызды түсиндириң. Себеби , биреуге айтқан жыллы сөзиң де, қəсте адамнан хал-аухал сорауың да, мүсийбетке жолыққан адамға берген тəселлең де хəттеки жыллы шырай менен күлип қарағаның да садақа .!!! Ю.М. https://t.me/ibratli_sozler

#ақыл Хəмме уақыт рас сөйлең, сонда көп нəрсени еслеп жүриуиңизге қəжет қалмайды. Өмирде математика шеше алмайтуғын нəрселер
#ақыл Хəмме уақыт рас сөйлең, сонда көп нəрсени еслеп жүриуиңизге қəжет қалмайды. Өмирде математика шеше алмайтуғын нəрселер бар. Мəселен, хадал бир сум харам бес сумнан көп болады. Кешириу бул- əуелгидей қəдирдан болыу емес, бəлки өзиңдеги ашыудан қутылыу дегени. Адамның келешегин билиу ушын , ол пул хəм уақтын нелерге сарплап атырғанын билиудиң өзи жеткиликли. Жарлы аухалда жасау хəрдайым кəмбағаллық белгиси емес, гейде жалқаулықтың да белгиси.. https://t.me/ibratli_sozler

#Рамазан Сәҳәрлик тилеги نَوَيْتُ أَنْ أَصُومَ صَوْمَ شَهْرَ رَمَضَانَ مِنَ الْفَجْرِ إِلَى الْمَغْرِبِ، خَالِصًا لِلهِ تَعَالَى أَللهُ أَكْبَرُ Аўыз жабыў дуўасы: Наўайту ән асуўма соўма шаҳри рамазона минал фажри илал мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллаҳу акбар. Мәниси: Алла ушын Рамазан айының оразасын таң атқаннан баслап күн батқанға шекем тутыўды нийет еттим, Алла уллы, Алладан басқа тәңир жоқ.. https://t.me/ibratli_sozler

#тилек АССАЛАМУ ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР ! Рамазан айының 9-күнине сау-саламатлықта жеткизген АЛЛАҒА мың шүкирлер болсын ! Аллаҳ с
#тилек АССАЛАМУ ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР ! Рамазан айының 9-күнине сау-саламатлықта жеткизген АЛЛАҒА мың шүкирлер болсын ! Аллаҳ сизге бергенине разы болыў менен өмир зийнетли болады! Мыйық тартып жүриў менен машқалалар жеңиллеседи! Дуўа менен мүшкиллер аңсат болады! Және бир таң, және бир үмит, және бир имкәният берген Раббимизге ҳәмдлар болсын! Күниңиз қайырлы, берекетли, ең әҳмийетлиси дүнья ҳәм ақыретиңиз ушын пайдалы өтсин! Жума күниниң берекетин сизге берсин ! Күниңиз қайырлы ҳәм берекетли өтсин қəдирлим ! Рамазан айының 9-күни. Хут айының 27-сəнеси, хəптениң Жума күни. https://t.me/ibratli_sozler

Сабыр – өзи ашшы, лекин нәтийжеси шырайлы дәри киби. Алла, бизге сабыр- тақат несип етсин! Алланың нурлы таңына аман-есен саў
Сабыр – өзи ашшы, лекин нәтийжеси шырайлы дәри киби. Алла, бизге сабыр- тақат несип етсин! Алланың нурлы таңына  аман-есен саў-саламат жетиў бәршемизге несип етсин әзизлер! ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ҚӘДИРДАНЛАР! https://t.me/ibratli_sozler

"ШӘПӘӘТ"
Anonymous voting

"ТҮЙДЕК"
Anonymous voting

"ИЗ КЕСИЎ"
Anonymous voting

"ЖЫЛАН ЖАЛАҒАНДАЙ"
Anonymous voting

Посвящается 90-летию Учителю, наставнику Дорогому Юрий Ивановичу Кулакову Как золото добывается промыванием так и хорошие хорошо выраженные мысли Л. Толстой Вы человек добрый и щедрой душой И телом крепок как бронзой литой, Ведь в жизни закалялись в неравной борьбе, И завоевали славу, да и еще живой. Вы из нас выковали мужественных, честных людей, И вели к свету и дорогой жизни Если мы по шалости ошибку допустили, Как отец с лёгким упреком, так и простили. Быть талантливым наставником не каждому дано богом, Это стоит жизни в изнурительном труде, Вы нам «внушали» что не сломаться в душе, Как Иисус Христос с тяжелым крестом на спине. Ещё в ушах звучит ваш командный голос, И призывает спортсменов к вершинам великой победы, Жалок тот, кто очернит достоинство спорта, И не оправдали доверия и наши надежды. Вы человек везучий и счастливой судьбой, И настоящий русский с неисчерпаемой силой, Заслуги ваши бесценные в физкультуре и спорте, И оставили неизгладимый след за собой. Вы взрастили очень много учеников, волейболистов, Среди них блестяще играл Аллаяр ага Казаков, Он выступал во многих соревнованиях мира, И готовит по волейболу наших будущих мастеров. Ни кому на свете вечной жизни нет Человек сам не знает, сколько он проживёт, Наш самый дорогой Батька-отец Юрий Желаем вам дожить и ещё до 100 лет, Вам с низким поклоном ваш ученик Наурызбаев Кудайберген Бекбаулы улы (Батыр) https://t.me/ibratli_sozler

photo content
+2

Қылған ибадатларыңыз АЛЛАХ дəргайында қабыл болсын ! Я Рəббим елимизге тынышлық , шаңарағымызға аманлық , ата-анамызға узақ ө
Қылған ибадатларыңыз АЛЛАХ дəргайында қабыл болсын ! Я Рəббим елимизге тынышлық , шаңарағымызға аманлық , ата-анамызға узақ өмир , тууған-тууысқанларымызға мехир -ақыбет, перзентлеримизге гөззал минез -қулық бергейсең ! Ифтарлығыңыз ибадатыңызға күш -қууат болсын əзийзлерим !! https://t.me/ibratli_sozler

#рамазан_2026 #аўыз_ашыў_дуўасы АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә
#рамазан_2026 #аўыз_ашыў_дуўасы АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ      Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.       Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл. https://t.me/ibratli_sozler

<<ҚЫЗ БИЙЛИК ЕТКЕН ҮЙГЕ ТҮСКЕН КЕЛИН--СҮТКЕ ТИЙГЕН ПЫШЫҚТАЙ>> Мен бул сөзлер арқалы көпке топырақ шашпақшы емеспен. Тилекке қарсы, турмысымызда сондай жағдайлар ушырасып турады. Бундай қызларды үш тайпа деймиз бе, топар деймиз бе бөлип қараў мүмкин: а) Шаңарақты басқарған қыз әдиллик тәрепдары, сол үйдеги ҳәмме жасаўшының кеўлинде не бар, қандай машқаласының шешими табылмай атыр, бәрине әдалат тәрепдары болып, тәрезиниң тең салмақлылығын сақлап тура алады. б) Үйде өзинен басқа бас көтерер адам болмай, бири аўырыў, бири қартайған, бири мийнетке жарамсыз болған жағдайда қыз илажсыз "басшылық" орынға көтериледи, шамасының келгенинше үйдегилердиң жағдайын жасайды. в) Ал, усы үшинши топардағы қызларды нағыз "гестапо" деп атаў мүмкин. Бундайлар тең салмақлылықты сақлай алмайды, олардың кеўлинде тек "кеше келген қатын бийлеп кетпесин"_,-деген тар мәнистеги түсиниклер менен басқарады, ямаса сол үйдиң азлы-көпли дүньясын қызғанып:-"мынаў төркинине тасып жүре ме",--деген пасық гүманлар ишин тырналап, келген келинди басын көтерип сөйлей алмайтуғын тутымды қолланады. Бундай да АНА пақыр ақыллы, тереңнен ойлап билетуғын болса не жақсы! Бирақ, мынадай қызды тәрбиялаған АНА пақыр аяқ астынан қалай бирден ақыллы бола қойсын, ол да сол шонтық ақыл менен қызының исин қоллап кетсе, Алла бәрекелла! Дадыңды кимге айтасаң, қасыңдағы "сүмелек байыңның" да сықылы анаў, анасынан, туўысқанынан асып түсип атырған ҳештеңеси жоқ, нағыз "абыйға-бабый".Тап усындайлар "өзлери билмегени менен турмай, билгенлердиң ақылын алмайды". Усындай қызғаншақ, гүманшыл, өзимшил, менмен (және қандай сөз бар еди!?) қызлар басқарған шаңарақта күнде урыс, күнде даў! Я шешилип тым-тырс болып қалмайды, я ҳәр қайсысы ҳәр жаққа тарап та кетпейди. Келин төркинине кетиўди биледи:--"қой шыдасайын, бир жақсылығы болар",-деп тисин-тисине қояды. Оны ана "гестапо" қыз "төркинине де сыймайды",--деп және жаңа өнерлер шығарады. Ал, ойлап қараң: келинниң сөзин сөйлейтуғын адам жоқ, ананы да мынандай минези менен дәрриў бай ала қоймайды. Келинниң қызықлы, өз зайыбы менен ойнап-күлип, барға шүкир етип жасайтуғын бахытлы өмири қашан келеди!? Сол күнлерди күтип жүрип ЕНЕ деген шаңарақ АНА сына, ОТАҒАСЫ деген анаў сүмелек байға кеўли суўып та кетеди аў!!! https://t.me/ibratli_sozler

Ана тилеги Қууанамыз балалықта Туўылған кун болса деп Жыйналысып дос яранлар Кеулим жане толса деп. Адам солай жасай берер Жары жасқа келгенше Ақыл тоқтап турмыс ташуиш Ой қыялды бөлгенше. Қалған өмирин бағышлайды Ҳамме бирдей перзентке Бахыт сорап жаратқаннан Дийди жаман көрсетпе. Инсан неге суйенеди Қартайғанда таяққа Сонша перзент келе қылса Солар қарар қаяққа. Перзент берсе қосып берсин Мийриминде аямай Алладан тек тилегим Басқа байлық сорамай. М .Айбосынов https://t.me/ibratli_sozler