uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 808 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 313-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 444-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 808 obunachiga ega bo‘ldi.

07 Iyul, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -287 ga, so‘nggi 24 soatda esa -3 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 27.91% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 19.45% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 5 249 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 658 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 44 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 08 Iyul, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 808
Obunachilar
-324 soatlar
-457 kunlar
-28730 kunlar
Postlar arxiv
U_lger (1).mp34.58 MB

ХАЛЫҚ ДАНАЛЫҒЫ Халқым дана десем болар, Нақыл еткен биле - биле. Сөйлей - сөйлей шешен болар, Көсем болар көре - көре. Нақыл
ХАЛЫҚ  ДАНАЛЫҒЫ Халқым дана десем болар, Нақыл еткен биле - биле. Сөйлей - сөйлей шешен болар, Көсем болар көре - көре. Нақыл көптиң мүлки болар, Адам сумы түлки болар. Ийт жулдызға күлки болар, Айға қарап үре - үре. Халқым қалпы айтсын қалай, Заманларды көрген талай, Биреў өтер жылай - жылай, Биреў дәўран сүре - сүре. Адамның бир парасы бар, Оқымай - ақ санасы бар. От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре - түре. Астарлап айтар маманлар, Буның мәнисин ким аңлар, Атадан алтаў туўғанлар, Жетеў болар өле - өле. Кирпиктен кеўилге жара, Түссе, оған бар не шара? Бийтәртип өскен қыз бала, Бәле табар күле - күле. Қалаўын тапсаң қар жанар, Жүйсиз урсаң балта сынар. Жигит жаслай дилўар болар, Мәлислерге кире - кире. Дүнья қуўған байыр өтер, Ел қыдырған сайыл өтер. Из қалдырып шайыр өтер, Сөз маржанын тере - тере. Ибрайым Юсупов ✍✍✍✍✍✍✍✍✍ https://t.me/ibratli_sozler

"Тең теңи менен, Тезек қабы менен"...... Бай ҳәм жарлы деп айыратуғын заман келдиме дедим.....Пикир айтыў сизден заманлас... Бизден узақласпаң әзизлер.... 👇👇👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler 👉https://t.me/ibratli_sozler

ANA - MONOLOG.mp35.78 MB

ANA - MONOLOG.mp35.78 MB

🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲 10-март 2026-жыл. Оразаның 20 - күни мубарек болсын. АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәд
🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲 10-март 2026-жыл. Оразаның 20 - күни мубарек болсын.       АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ       Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.       Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы. 🤲 НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН! 🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲 https://t.me/ibratli_sozler

Алтынгул_Ажиниязова_Тууылган_жер_дегенде_сл_Т_Кабулов_муз_Н_Мухаметдинов.mp32.08 MB

Ассалаўма әлейкум. Шүкиршилик пенен және бир жаңа таңға басқан қәдемлериңиз нурлы, әметли болсын.Саў-саламат оятқан Раббимизг
Ассалаўма әлейкум. Шүкиршилик пенен  және бир жаңа таңға басқан  қәдемлериңиз нурлы, әметли  болсын.Саў-саламат оятқан Раббимизге ҳамдлар болсын! Қәдирданлар оразаның 20-күни сизлерге қутлы болсын. 🤲 Аллахым, таңыңызды нурафшан, 🤲 Кеўлиңизди тынышлықта, 🤲 Жүзиңизди нурлы қылсын. 🤲 Бахыт, әўмет, табыс, меҳир-муҳаббат ҳəмийше жолдасыңыз болсын!!! 🤲 Рамазан айында тутқан оразаларыңыз қабыл болсын. 🤲 Сәҳәрликке турған ҳәр бир инсанның иштейлери ашылсын. Бүгин Намал (март) айының 10 - сәнеси......🙏🙏🙏🙏🙏🙏 Каналымыздан узақласпаң әзизлер. 🤲💐🤲💐🤲💐🤲💐🤲 https://t.me/ibratli_sozler

Меҳир       Бәҳәр күнлери еди.Жумыстан қайтып киятырсам, жол бойында бир кишкене қыздың турғанын көрдим.Кеш болғанда не қылып жүр екен деп ойладым.Дәрриў жанына бардым.Машиналар жүдә көп өтип атырғанлықтан,жолдан өте алмай турған еди.Мениңде үйим жолдың арғы шетинде ҳәм мен де асыққан ўақтымда жолды кесип өтиўиме туўра келер еди.      Қыздың жанына жақынладым, -жолдан өтпекшимисең дедим. -Ассалаўма әлейкум, аўа,-деди ол маған. -Менде өтемен,кел мен саған жәрдемлесейин деп оның кишкене қолларынан усладым.      Машиналар өтиўи сәл саўалған ўақта, бизлер жолды кесип өттик. -Атың ким ?,-дедим оған. -Дилбар деди ол. -Кеш болғанда неге бир өзиң шықтың, ата-анаң қайда ? -Анам бүгин аўырып қалды, мен нан алып киятырман ,-деди.      Мен бир заман үнсиз қалдым. Бул кишкене меҳрибан,әдепли қызға меҳрим артты. -Мен үйиме жақынладым дедиде, кишкене қолларын қолымнан жаздырды. -Өзиң бара аласаңба десем, -аўа, бара аламан, жолды билемен, үйимиз әне, - деди де үйи таман қарады. -Рахмет сизге, -деди тап үлкен адамдай. -Анаң тәўир болып кетсин, көшеге кеште шықпа,-деп менде хошластым.       Өзим асығып турсамда, үйине киргенше изинен қарап турдым. Кишкене болыўына қарамастан ол жүдә ақыллы, әдепли еди. Тап үлкен адамды киширейтип қойғандай. Тәрбиялаған ата-анаңа рахмет дедим. Кейин анықластырсам, жақында көшип келген, әкеси жол ҳәдийсесинен дуньядан өткен екен.Қатты ашындым.Эҳ, дуньяның ислерине қараң,әке меҳирин көре алмады аў, неде болса, анасы аман болсын.       Бир неше күннен кейин жумыстан қайтарсын бул кишкене қызды анасы менен көрип қалдым.Ол мени байқамады.Дилбар кишкене қоллары менен анасының қолынан услап бир нәрселерди сөйлеп баратыр еди.Үстинде өзине жарасқан шырайлы көйлеги бар еди.Оларды көрип қатты қуўандым.Қуўанышың узағына болсын, үлкен бахытлы қыз болғайсаң Дилбар ,-  дедим ишимнен. Өмирде түрли тәғдирлер, түрли инсанлар бар.Шаңарақтағы дурыс тәрбия перзентлеримиздиң жақсы инсан болыўында жүдә әҳмийетли. Гүлжәҳән  Исмайлова https://t.me/ibratli_sozler

Нөкис ўақты менен : 19:05 АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарт
Нөкис ўақты менен : 19:05 АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ      Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.       Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл. https://t.me/ibratli_sozler

"БИР ҚЫСЫМ БОЛЫЎ"
Anonymous voting

"АРҚАСЫ ҚОЗЫЎ"
Anonymous voting

Ат киснесе үйирин сағынады, ------------------ " 💻 Нақылдың даўамын табыңлар?
Anonymous voting

"УЗЫН СӨЗ ҚЫСҚА БОЛМАС, --------------- " Нақылдың даўамын табың?
Anonymous voting

ӘКЕ КИМ? Әке... Ҳәр биримиздиң турмысымызда қайталанбас орын тутатуғын теберик инсан. Әсек - асқар таў. Жақсы күнимизде бизлерди барқулла қоллап-қуўатлап қасымызда турса да, жаман күнимизде басымызға ийинин тутып сүйемесе де, әке бәрибир әкелигинше қалады. Мейли бизлер еркек болайық, мейли ҳаял болайық, бүгин әкемизден өкпелеп кеўилимиз қалған тәғдирде, күн келип бийкарға өкпелеп тонларымызды терис кийип алғанымызға өкинемиз. Қудайдың караматы сол дәрежеде, бизлердиң дүньяға келиўимизге себепшилерден бирине "Ана" деген атты берсе, екиншисине, "Әке" деген атты берген. Жақсы болсын, жаман болсын, мине усы еки уллы заттың қарым-қатнасы менен, бир-бирине деген мехир-мухаббаты болмаса яки болмағанында, бизлер де усы дәрежеге жетилип, туўылып, ойнап-өспеген болар едик. Ана ҳаққында тәрийпине қаншама мыңлаған, миллионлаған сөзлерди келтирип мақтаныш сезимлеримизди билдирип өтсек де аз. Бирақ, әке ҳаққында не? Әке ҳаққында тәрийп келтирип өтиң десе, сизлер әкелериңиздиң тәрийпин қалай келтирип өткен болар едиңиз? Өзимнен келип айтатуғын болсам әке бул - барқулла сениң қасыңда болып-болмай, сениң тәрепиңди алып-алмай, сени ҳәр дайым мақтап-мақтамай, ҳәр қандай жағдайда да саған сөйлеп-сөйлемей тәрбия беретуғын инсан. Сонлықтан да, ҳәр биримиз әкелеримиз қасымызда болсын-болмасын, оны өзимизге үлги тутып көкирегимизди керип жүрип мақтаныш етсек арзыйды. Бүгин бәлким ашшы өтмишиңиз ушын әкеңизди айыплы деп билип оны атарға оқ таппай жүрген шығарсыз. Бирақ умытпаң, бизлер ушын қандай ата-ананың перзенти болып туўылыў имканияты берилмеген болса, ата-аналарымыз ушын да, қандай перзентлерди дүньяға келтириў имканияты берилмеген. Бизлердиң аңлаўымыз керек болғаны тек, ҳәр биримиз биринши нәўбетте тәғдирдиң тәрбияланыўшылары екенимиз. Солай екен, ҳәр биримиз өзимиздиң туўған әкемизди өзимизге үлги тутыўдан арсынбайық. ✍ Сансызбай Қанназаров. "Кердерли Ғәрип ашық". Орақ балға турғыны. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Пайдалы сауда. Бағдатлы саудагер бир күни базарда Бахлулды ушыратып қалды. - Бахлул тақсыр, қандай зат алып сатсам көп пайда көремен?-деп сорады ол. -Темир менен пахта сатып ал ,- жууап берди Бахлул. Саудагер оның айтқанын ислеп , көп пайда көрди. Екинши рет Бахлулды ушыратқанында : - Хəй , дийуана Бахлул , көп пайда алыуым ушын қандай зат сатып алайын ?? - Пияз бенен қауын сатып ал , - жууап берди Бахлул. Саудагер жəне Бахлулдың айтқанын ислеп, пияз бенен қауын сатып алды, бирақ сол жылы хауа қатты ыссы болып қауын хəм пияз сасып кетти, оларды дəрьяға ағызып жибериуге туура келди. Нəтийжеде бираз зыян көрди. Саудагер тез Бахлулды излеп таудырып : - Берген мəслəхəтиңнен көп зыян көрдимғой бул не қылғаның , қарызға да кирдим сениң гəпиңе исенип ?-деди күйип-писип. - Биринши мəрте маған тақсыр деп сый-хүрмет пенен мəмиле қылып едиң . Мен де сыйласығыңа бола дана мəслəхəт пенен жууап бердим, лийкин кейинги рет мени дийуана дедиң , мен де қулларша жууап бердим ,- деди Бахлул. Юсупова М .аудармасы. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Ана деген … Ана деген саясы мол терек ғой, Үлкенге де, кишиге де керек ғой. Аналарды ҳүрмет етпеген адам- Ол халық емес, өз елинен ерек ғой. Ана деген бир дәрья ғо мәўжиреген, Ол бар жерде қай исте де даў жүрген. Ана пәтиясы күш-қуўат болып, Сапарың оралар алыс мәнзилден. Ана деген алтын есик өмирге, Ол парлаған қуяшың ғой көгиңде. Ол отырса ақ жаўлығын жамылып, Аппақ бәлент таў турғандай төриңде. Ана деген меҳри тамған булақ ғой, Бул дүньяны гүзеткен көз-қулақ ғой. Көзи жумылса да, мәңгилик етип Жағып кеткен басыңдағы шырақ ғой. Ана деген шар турмыстың шар базары, Жүрегинде дәрти, нырқы, ҳазары. Ол перзенти күлгенде бир толысып, Ол перзенти жылағанда азады. Ана деген меҳрибан бир қушақтай, Қасарысса кесип түсер пышақтай. Кетип қалса, басқан изин сүрме етип, Қәдирлеймиз наннан түскен усақтай. 1999-жыл. Кеңесбай Рахманов Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov https://t.me/ibratli_sozler