uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 780 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 323-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 448-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 780 obunachiga ega bo‘ldi.

12 Iyul, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -259 ga, so‘nggi 24 soatda esa 1 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 28.31% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 19.91% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 5 319 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 741 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 45 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 13 Iyul, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 780
Obunachilar
+124 soatlar
-307 kunlar
-25930 kunlar
Postlar arxiv
Кетип баратырман жыламайын ба?! Мийрим булағынан қанғанша қушпай, Шағала мысалы шарқ урып ушпай, Жылына бир қайтар қарлығаш қустай, Кетип баратырман жыламайын ба?! Хош анам ,бөлеген алтын бесикке, Тал шыбығың тербетилип өсип пе?!, Кетип баратырман өзге есикке, Самай шашларыңды сыламайын ба?! Ақ патийҳа берип қолын жайысқан, Әкем асқар таўым ҳасла қайыспаң, Сәл босасып жигериңди таўыссаң, Көксиңе бой таслап қуламайын ба?!. Қыз тарықса төркин журтын сағалар, Сырын суўға айтып дарья жағалар, Хош қал, апа, сиңли, ини, ағалар, Ҳалыңды қуслардан сорамайын ба?!. Өтти қыз дәўраным деген усы ма?!, Тилеклес бол түлеп ушқан қусыңа, Суўдай сиңип тускен қәйин журтыма, Төркин журтқа сийрек оралайын ба?! Хош бол халқым меҳир менен қараған, Көзлерден бойыма шуғла тараған Өзге журтқа узатылып бараман, Изиме қайрылып қарамайын ба?! Ҳалыңды қуслардан сорамайын ба?!. Гулистан Даўлетова. Сүўретте: 1980 жыл Мойнаққа узатылып баратырман жолда Нөкисте түскен суўрет. Есбосын күйеў жигит, қыз Гүлистан, иним Мақсет. {Г.Д} https://t.me/ibratli_sozler

ХОЖА АХМЕТ ЯССАЎИЙ БАБАМЫЗДЫҢ ТӨРТ ШӘРТИ Хожа Ахмет Яссаўий бабамыздың айтыўынша, Алланың ҳақ дини қанат жайып, Пайғамбер сүннети салтанат қурып, ўатанымыз руўҳый ел болып көркейиўи ушын төмендеги төрт шәрттиң толық орынланыўы шәрт екенин ескертеди.  Олар: Мәкән (кеңислик) Заман (ўақыт, жағдай) Иҳуан (туўысқанлық) Рабти Султан (мәмлекет басшысына ҳадал хызмет етиў) [Ж.А.91б-94а] Енди усы төрт шәртке жеке-жеке тоқталсақ, мағанасы төмендегидей болады. Биринши шәрт – Мәкән. Дин оқып, ҳақыйқатқа жетиўди мақсет еткен адамлардың ойы бөлинбеўи, қулшылығын тыныш орынлаўы ушын ең алды менен қолайлы мәкан, яғный тыныш ҳәм берекетли ўатан болыўы керек. Екинши шәрт – Заман. Яғный елде тынышлық пенен берекет орнаған, халық парахатшылықта өмир сүрип отырған заман болыўы шәрт. Шәкиртлер арасында да, мәмлекет көлеминде де сиясий турақсызлық, халық-аралық тартыслар, кеўилсиз ўақыялар болмаўы керек. Үшинши шәрт – Иҳуан. Ихуан дегенимиз – туўысқанлық, баўырманлық. Барлық жәмәәттиң жүреги жақсылыққа умтылып, бир бағытта бириккен дослары, әдеп-икрамлы, ақылгөй насиятшылары болыўы зәрүр. Төртинши шәрт – Рабти Султан. Бул – ең маңызлы, елдиң тәғдирин белгилейтуғын шәрт. Мағынасы: динге исенип, «Алла» деп азан айтатуғын, Қублаға бет бурған бәрше мусылманлар мәмлекет басшысына ҳадал нийет пенен көмеклесип, ел басқарыў исине қоллаў көрсетиўи керек. Халық басшысының сиясаты нәтийжели болып, ислеген ислери жемисли болыўы ушын шын-жүректен тилек тилеп, адамларды ҳәрдайым ҳақ жүрекликке шақырыў – мусылман жәмәәтиниң ўазыйпасы.  Сондай-ақ ҳәрбир қулшылық пенен намаздан соң қол жайып:  «Я, Алла! Елимиздиң басшысын аман-есен сақла, сиясатына жәрдем бер. Халқына мийримли, өзи ийманлы болсын. Ишки дүниясын нурға толтырып, жолында гезлесетуғын бәле-жаланы усы намазларымыздың шарапаты менен жойғайсаң» – деп тилек тилеўи керек.  Негизинде жүрегинде ийман нуры бар мусылман адам өз елиниң басшысы туўралы орынсыз, қәсийетсиз сөзлердиң таралыўына жол қоймайды. Мине, Яссаўий бабамыз бизге қалдырған усы терең ойлар арқалы дин мен саясат арасындағы байланысты жүдә шебер түрде түсиндирип берген. Данышпан шайыр Ахмет Яссаўий бабамыз айтып кеткен бул төрт шәрт – бүгинги күнде де өз маңызын жоймаған терең руўҳый қағыйдалар деп билемиз. Себеби бул шәртлер тек динге ғана емес, тутас елдиң тынышлығы менен раўажланыўына тиккелей байланыслы. Биринши мәкән шәрти адам баласының руўҳый жетилиўи ушын сыртқы жағдайдың маңызын көрсетеди. Тыныш, берекетли ўатан болмастан, адам толық ибадатқа да, илимге де бериле алмайды. Бүгинги заманда да елдиң қәўипсизлиги менен турақлылығы – руўҳый раўажланыўдың тийкары. Екинши заман шәрти ел ишиндеги сиясий ҳәм жәмийетлик турақлықты алға қояды. Егер жәмийетте тартыс, алаўызлық көп болса, адамлардың жүрегинде исеним азаяды. Сол ушын Яссаўий бабамыз заманның тыныш болыўын үлкен шарт деп есаплаған. Үшинши иҳуан –  туўысқанлық мәселеси. Мениңше, бул ең керек қағыйдалардың бири. Себеби жәмийетте бирлик болмаса, динде де, тиришиликте де берекет болмайды. Бир-бирин қоллап, нәсият айтып отыратуғын орталық – адамды туўра жолда сақлап қалады.  Ал төртинши – Рабти Султан шәрти бүгинде көп ойланыўды талап етеди. Яссаўий бабамыз дин менен мәмлекетти бир-бирине қарсы қоймай, керисинше, оларды үйлесимли суўретлейди. Мусылман халқы ел басшысына дуўа қылып, жақсылық тилеп, жәмийетте тәртип пенен тынышлыққа үлес қосыўы керек деп үйретеди.                                                                                                              Мине, Яссаўий бабамыз бизге қалдырған усы қунлы қағыйдалар арқалы дин менен сиясат арасындағы байланысты жүдә шебер түрде түсиндирип берген. Яссаўий бабамыздың бул төрт шәрти – рууҳый тазалық, жәмийет тынышлығы ҳәм мәмлекеттиң берекетли келешеги ушын керек болған даналық жол деп түсинемиз. Егер бүгинги жәмийет усы қағыйдаларға әмел қылса, елдиң руўҳы да, бирлиги де күшейип үлгили ҳәм раўажланған ел болар еди. Ахмет Ҳазинийдиң «Жавоҳирул аброр» шығармасынан пайдаланылды. Әбдиғаппар Ҳәмзеев https://t.me/ibratli_sozler

#МиллийТағамларымыз <<ИЙЖАН>> ИЙЖАН--қарақалпақ миллий тағамларының бир түри. Ийжан таярлаўдың да өзине ылайық усыллары бар. Солайда, буны бир үйренип алған адамға ҳеш қыйыншылық туўдырмайды. Дийханшылық тараўында ҳәзирги күнде де көплеген дәнли егинлер қатарында гүнжи егиў ҳәм оның зүрәәтинен өнимли пайдаланыў халқымыз турмысында кең орын алған. Бул егин түрин жеке хожалықлар көп егеди. Әсиресе, Республикамыздың арқа ҳәм орайлық районларындағы дийханшылық өнимлери арасында көбирек ушыратамыз. Ийжанды ислеў ушын жүдә көп азықлық затлар талап етилмейди: суўырып тазаланған гүнжи дәни, қатқан нан унтағы (келиге түйилип унталады), печенье қалдықлары (жүдә шәрт емес), қум шекер. 1. Ийжан таярлаў ўақтында гүнжи жуўылып, қазанға салып бир қайнатып алып, соң жайып кептириледи, кепкен гүнжи қазанда үзликсиз былғап қуўырылады, қуўырған ўақытта күйип қарайып кетпеўи керек. 2. Қуўырылған гүнжи келиге салып майы шыққанша, езилип түйиледи. 3. Нан өз алдына келиге салып түйилип таярланады. Гейде нан жумсақлаў болса, гөш майдалағыштан (мясорубка) өткерип, кептириледи. 4. Түйилген гүнжи ҳәм нан унтағын салып, мөлшерлеп қумшекер салынып, бәри араластырылып келиде түйиледи. Түси қоңырланып ийжан қәлпине келген ўақытта ийжан таяр деўге болады. Ийжанды дәстүрханды байытыў ҳәм ден-саўлыққа пайдалы тәреплери көп болып витаминлерге бай болғаны ушын, тағам түринде көбирек пайдаланған жақсы. Рамазан айында ораза тутқанлар таңғы сәҳәрлик ўақтында ийжан тақанын жесе, кешке дейин тоқлық береди. Дерек: Қарақалпақ этнографиясы каналы https://t.me/ibratli_sozler

Адамзат дүньяға келгели бери, Жақсылық-жаманлық ойынын ойнап, Кимлигин түсине алмай өзлери, Қанша китап жазар басларын қыйнап
Адамзат дүньяға келгели бери, Жақсылық-жаманлық ойынын ойнап, Кимлигин түсине алмай өзлери, Қанша китап жазар басларын қыйнап. Адамзаттың минезлемесин маған Дәл,толық сүўретлеп бер десе жазып, Айтар едим халықтың нақылын оған: "Адам тастан қатты, гүлден де нәзик". ✍Ибрайым Юсупов https://t.me/ibratli_sozler

📜🖋«Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги»нен БАЛЫҚТЫҢ ТҮРЛЕРИ 🐟🦈 📘 САЗАН ат. Балықтың түри. 📕 СУМЫРАЙ ат. Балықтың аты,
📜🖋«Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги»нен БАЛЫҚТЫҢ ТҮРЛЕРИ 🐟🦈 📘 САЗАН ат. Балықтың түри. 📕 СУМЫРАЙ ат. Балықтың аты, бекире туқымлас кишкене балық, лопатанос. Сумырай келсе суў қурыйды («ҚК.Х. Н.»). 📓 CYЎЕН ат. Балықтың ҳасыл семиз түри. Гилең сүўен балық кемелер толы, күндегиден бәлент қызлардың қолы (Ә. Шамуратов). 📗 ШАБАҚ ат. Балықтың майда түри. Салып жегениң торта шабақ. (Өтеш). Қосық айтар балықшы қыз қайықта, Жылымында гүмис шабақ ойнатқан (Т.Сейтжанов). 📙 ШОРТАН ат. Денеси узынша келген, басы сүйри, өзинен киши шабақларды жейтуғын балық. Болып қыс напақа шортан шабағың, Бираз адам аўқат еткен Көк шийел (С.Нурымбетов). 📓 ЫЛАҚА ат. Гөши майлы, тикенексиз, түси қара, аўызы үлкен, жайыннан кишилеў балық. Сол ўақытта үлкен бир ылақа тапсырылады, еки адам көтере алмай турғанда, Палеке барлық күши менен ийинине қағып салады. (Ә.Шамуратов). 📘 ЫЛАПЫШ ат. Ылақа балығының кишкене түри. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#Архив_дереклеринен 📒 1984-жыл. Қарақалпақстанда жумыс алып барған "Қырққыз" дуўтаршы қызлар ансамбли ағзалары 📒Ансамблдиң
#Архив_дереклеринен 📒 1984-жыл. Қарақалпақстанда жумыс алып барған "Қырққыз" дуўтаршы қызлар ансамбли ағзалары 📒Ансамблдиң ағзасы (сүўретте биринши турған) Раиса Алламуратова шынқобызда қызлар менен нама шертип турған ўақты. ✍Қарақалпақстан Республикасы Орайлық мәмлекетлик архиви газета ҳәм журналлар фонды. https://t.me/ibratli_sozler

Әжинияз Қосыбай Улы (Зийўар) Дәўран болмады. Сəнемлер қолында тилла саз едим, Ҳəўижге келтирер жəнан болмады. Туғырымда талпынған алғыр баз едим, Қəлпе-сəйядларым маман болмады. Өмир берсе иши-тысы əрманлы, Не дəркар сүрмесең беш күн дəўранды, Шөллерде йүгүргəн аҳыў-жəйранды , Саяд алған шенли дəўран болмады. Əлип қəддим далдек болып бүгилди, Көзлеримнен қанлы яшым төгилди, Жол бойына үйген ҳасыл йүгимди, Базарға елткендей кəрўан болмады. Дəрек йоқ ушырған қуба қушымнан, Базарым тарқады ерте пешиннен, Кəрўан еткен ўақта мениң тушымнан, Көңил мүлким жолға əнжам болмады. Сырым паш етмедим ҳəргиз ҳеш кимге, Ситəмкəр əйледим жанға беш күнде, Гүзар дəрбентине қурған көшкимде, Дəртимди дəртлесер ҳəмдəм болмады. Дүнья бир көрсетип Лəйли жамалын, Алды кетти пикри-зикри қыялым, Қырман таяр ўақта бермей шамалын, Шамал берсе, атар қырман болмады. Бүлбилди зар етип шəйда гүллəрə, Мəжнүндек айдабəн шөлден шөллəрə, Несийбим көп шашып ғайры еллəрə, Шөплеп болдым десем, тамам болмады. Менде ўатан болды елатсыз қалған, Бағларынан бүлбил ушып, зағ қонған. Зийўар дер дүньяға келгеним ялған, Менде бир бийқайғы заман болмады. https://t.me/ibratli_sozler

#Күн хикмети Егер әрманларыңды иске асырыўға хәрекет етпесең, хеш қашан оларға жетисе алмайсаң. Егер сорамасаң, хеш қашан жуў
#Күн хикмети Егер әрманларыңды иске асырыўға хәрекет етпесең, хеш қашан оларға жетисе алмайсаң. Егер сорамасаң, хеш қашан жуўап ала алмайсаң. Егер биринши қәдемди тасламасаң, хәзир турған жериңде қалып кетесең. ✍Нора Робертс https://t.me/ibratli_sozler

#Еслетпе Ертеңги күниңди бүгингиден де жақсы қылыў ушын, кеше хәм бүгин қай жерде қәте қылғаныңды аңлаў хәм соны дүзетиўиң ке
#Еслетпе Ертеңги күниңди бүгингиден де жақсы қылыў ушын, кеше хәм бүгин қай жерде қәте қылғаныңды аңлаў хәм соны дүзетиўиң керек!! https://t.me/ibratli_sozler

🎙 Бахадыр Қайыпов Лəйлим https://t.mibratli_sozler

☀️ АССАЛАЎМА АЛЕЙКУМ Қайырлы таң, қәдирдан жақсыларым! Атқан жаңа таң қутлы мүбәрек болсын! 🌸Бүгинги басланып атырған жаңа к
☀️ АССАЛАЎМА АЛЕЙКУМ Қайырлы таң, қәдирдан жақсыларым! Атқан жаңа таң қутлы мүбәрек болсын! 🌸Бүгинги басланып атырған жаңа күниңиз пайызлы, берекетли, мазмунлы болсын! 🌸Сизди ҳәм жақынларыңызды жақсы кейпият тәрк етпесин!      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👉 https://t.me/ibratli_sozler

Қайырлы түн әзизлерим! Жақсы дем алың. Таңда аманлықта көрискенше саў саламат болғайсыз! Бүгин каналда пикир, талқылауларға,
Қайырлы түн әзизлерим! Жақсы дем алың. Таңда аманлықта көрискенше саў саламат болғайсыз! Бүгин каналда пикир, талқылауларға, викториналарға белсене қатнасқан топар ағзаларына миннетдаршылық билдиремиз. https://t.me/ibratli_sozler

Көзиң менен көрмегенди тилиң менен өсек қылма! ✍Халық даналығынан https://t.me/ibratli_sozler
Көзиң менен көрмегенди тилиң менен өсек қылма!Халық даналығынан https://t.me/ibratli_sozler

"СҮТХОР"
Anonymous voting

Ымырт-?
Anonymous voting

Дегишпе-?
Anonymous voting