ХОЖА АХМЕТ ЯССАЎИЙ БАБАМЫЗДЫҢ ТӨРТ ШӘРТИ
Хожа Ахмет Яссаўий бабамыздың айтыўынша, Алланың ҳақ дини қанат жайып, Пайғамбер сүннети салтанат қурып, ўатанымыз руўҳый ел болып көркейиўи ушын төмендеги төрт шәрттиң толық орынланыўы шәрт екенин ескертеди. Олар:
Мәкән (кеңислик)
Заман (ўақыт, жағдай)
Иҳуан (туўысқанлық)
Рабти Султан (мәмлекет басшысына ҳадал хызмет етиў) [Ж.А.91б-94а]
Енди усы төрт шәртке жеке-жеке тоқталсақ, мағанасы төмендегидей болады.
Биринши шәрт – Мәкән.
Дин оқып, ҳақыйқатқа жетиўди мақсет еткен адамлардың ойы бөлинбеўи, қулшылығын тыныш орынлаўы ушын ең алды менен қолайлы мәкан, яғный тыныш ҳәм берекетли ўатан болыўы керек.
Екинши шәрт – Заман.
Яғный елде тынышлық пенен берекет орнаған, халық парахатшылықта өмир сүрип отырған заман болыўы шәрт. Шәкиртлер арасында да, мәмлекет көлеминде де сиясий турақсызлық, халық-аралық тартыслар, кеўилсиз ўақыялар болмаўы керек.
Үшинши шәрт – Иҳуан.
Ихуан дегенимиз – туўысқанлық, баўырманлық. Барлық жәмәәттиң жүреги жақсылыққа умтылып, бир бағытта бириккен дослары, әдеп-икрамлы, ақылгөй насиятшылары болыўы зәрүр.
Төртинши шәрт – Рабти Султан.
Бул – ең маңызлы, елдиң тәғдирин белгилейтуғын шәрт. Мағынасы: динге исенип, «Алла» деп азан айтатуғын, Қублаға бет бурған бәрше мусылманлар мәмлекет басшысына ҳадал нийет пенен көмеклесип, ел басқарыў исине қоллаў көрсетиўи керек.
Халық басшысының сиясаты нәтийжели болып, ислеген ислери жемисли болыўы ушын шын-жүректен тилек тилеп, адамларды ҳәрдайым ҳақ жүрекликке шақырыў – мусылман жәмәәтиниң ўазыйпасы. Сондай-ақ ҳәрбир қулшылық пенен намаздан соң қол жайып: «Я, Алла! Елимиздиң басшысын аман-есен сақла, сиясатына жәрдем бер. Халқына мийримли, өзи ийманлы болсын. Ишки дүниясын нурға толтырып, жолында гезлесетуғын бәле-жаланы усы намазларымыздың шарапаты менен жойғайсаң» – деп тилек тилеўи керек. Негизинде жүрегинде ийман нуры бар мусылман адам өз елиниң басшысы туўралы орынсыз, қәсийетсиз сөзлердиң таралыўына жол қоймайды.
Мине, Яссаўий бабамыз бизге қалдырған усы терең ойлар арқалы дин мен саясат арасындағы байланысты жүдә шебер түрде түсиндирип берген.
Данышпан шайыр Ахмет Яссаўий бабамыз айтып кеткен бул төрт шәрт – бүгинги күнде де өз маңызын жоймаған терең руўҳый қағыйдалар деп билемиз. Себеби бул шәртлер тек динге ғана емес, тутас елдиң тынышлығы менен раўажланыўына тиккелей байланыслы. Биринши мәкән шәрти адам баласының руўҳый жетилиўи ушын сыртқы жағдайдың маңызын көрсетеди. Тыныш, берекетли ўатан болмастан, адам толық ибадатқа да, илимге де бериле алмайды. Бүгинги заманда да елдиң қәўипсизлиги менен турақлылығы – руўҳый раўажланыўдың тийкары. Екинши заман шәрти ел ишиндеги сиясий ҳәм жәмийетлик турақлықты алға қояды. Егер жәмийетте тартыс, алаўызлық көп болса, адамлардың жүрегинде исеним азаяды. Сол ушын Яссаўий бабамыз заманның тыныш болыўын үлкен шарт деп есаплаған. Үшинши иҳуан – туўысқанлық мәселеси. Мениңше, бул ең керек қағыйдалардың бири. Себеби жәмийетте бирлик болмаса, динде де, тиришиликте де берекет болмайды. Бир-бирин қоллап, нәсият айтып отыратуғын орталық – адамды туўра жолда сақлап қалады. Ал төртинши – Рабти Султан шәрти бүгинде көп ойланыўды талап етеди. Яссаўий бабамыз дин менен мәмлекетти бир-бирине қарсы қоймай, керисинше, оларды үйлесимли суўретлейди. Мусылман халқы ел басшысына дуўа қылып, жақсылық тилеп, жәмийетте тәртип пенен тынышлыққа үлес қосыўы керек деп үйретеди. Мине, Яссаўий бабамыз бизге қалдырған усы қунлы қағыйдалар арқалы дин менен сиясат арасындағы байланысты жүдә шебер түрде түсиндирип берген. Яссаўий бабамыздың бул төрт шәрти – рууҳый тазалық, жәмийет тынышлығы ҳәм мәмлекеттиң берекетли келешеги ушын керек болған даналық жол деп түсинемиз. Егер бүгинги жәмийет усы қағыйдаларға әмел қылса, елдиң руўҳы да, бирлиги де күшейип үлгили ҳәм раўажланған ел болар еди.
Ахмет Ҳазинийдиң «Жавоҳирул аброр» шығармасынан пайдаланылды.
Әбдиғаппар Ҳәмзеев
https://t.me/ibratli_sozler