uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 812 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 306-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 442-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 812 obunachiga ega bo‘ldi.

06 Iyul, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -294 ga, so‘nggi 24 soatda esa -3 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 27.71% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 19.47% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 5 213 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 663 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 44 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 07 Iyul, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 812
Obunachilar
-324 soatlar
-607 kunlar
-29430 kunlar
Postlar arxiv
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...: 📜 Сыртынан шырайсыз көринген нәрсени жаман көрип қалмаң, бәлким оның ишки дүньясы гөззал шығар. Ал, шырайлы болғанның бәрине жуўыра бермең, бәлким оның сырты жылтырақ, иши қалтырақ шығар. Жылтырағанның бәри алтын емес. ✍ Бурҳамитдин 🌅 Бир  данышпан: «Байғус адам баласы гедейликтен қорыққанындай дозақтан да қорықса, екеўинен бирдей қутылар еди.  Байлықтың артынан жуўырғандай бейиштиң де артынан түссе екеўине бирдей жетер еди. Жүрис-турысында адамлардан уялғандай Алладан да қорықса бул дүньяда да, ақыретте де бахытлы болар еди» депти. 🌅 Қандай жаста болсаң да, қандай жағдай да жүрсең де ҳәрдайым оқы, үйрен, билим ал. Үйрениўге ҳешқашан кеш емес. Үйрениў ушын қолайлы ўақытты, ыңғайлы жағдайды күтпе! "Кемел адам" 🌅 📖https://t.me/ibratli_sozler

photo content

-Енди не болды сонда? Ойынға тиккен еки миллион пулда, утсақ бир миллиард сегиз жүз миллион болады деген утыста жоқпа? -Қатырасаң-аў, иним. Қаяқтағы миллиард? Еки жүз мың пул тигип он сегиз миллион пул утсаң, еки миллион пул тигип миллиард сўм пул утаман деген қай ойың? -Кеше өзиң айттыңғо енди! -Мен айтсам ойнап айттым. Соғанда басың жетпейме? Миллиард емес, бир жүз сексен миллион утатуғын едик! -Енди не қыламыз? -Енди кейинги мағлыўматты күтемиз. -Еки миллион күйдиме сонда? -Басқа биреў айтсада, "Күйдиме?" деген сөзди сен айтпай-ақ қойш. -Неге? -Сәл кем он тоғыз миллион пул утып, оның еки миллионын уттырып минусқа кирдим десең. Онда бизлер бул ойынды улыўма ойнамай-ақ, қояйық. -Ертең келиншегимди туўыў үйинен сейил менен шығарып аламанба деп едимғо. -Оған қаншадай кетеди? -Шама менен үш-төрт миллион кетеди-аў! -Соғанда бас қатырып отырсаңба? Халық банктен онлайн кредит алып жибер. -Оған кепил керек шығар? -Өзим-ақ, кепил болып берейин! -Солайма? -Солайы солай. Бирақ бир шәрти бар! -Қандай шәрт? -Маған бир миллионын бересең! -Неге? -1XBET ке еплемесем, менде де бир сўм пул қалмады! Онда өзимеде қалғандай, бир-еки сўм зиятлаў шығартып алайын я? -Сөйтсең сөйт иним. Бирақ ендиги жағында есерсоқлана бермей аз аздан тиге берейик. Кредитти қайтарып төлеўиде бар! -Оны өзим төлеп таслайманғо. Сиз ана брокерлериңизден анық утатуғын анализ мағлыўматларын алың! -Мейли. Мен онда бүгин айлық ис хақым бойынша мағлыўматнама аламан. Сен онлайн кредитке арза тапсыра бер. Оған шекем менде мағлыўматнаманы алып, банкке изиңнен бара беремен! Азаматтың банктен атына онлайн кредит шығартып алыўы, усылайша басланды. Келиншеги менен баласын туўыў үйинен шығарып алғанынан кейин, кем-кемнен бул ойынның ишине кирип кетти. Исенимли деп билген брокерлерден алған мағлыўматына таянып бир-еки мәрте он, он бес миллиондай утысқа қол жетирди. Қолға кириткен утыс пулы менен банктеги кредитин жаўып таслаўдың орнына, "Айдың ақырына шекем еле ўақыт барғо. Кредитти кейинги утысларымнан Даўамы бар... https://t.me/ibratli_sozler

СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ ЯКИ 1ХВЕТ (Проза) -Он есеси еки миллион боладығо! -Онда иним еки миллионды таярлай бер! -Не дейди, распа? Рас айтып турсызба? -Рас айтып атырман. Исенбесең тексерип көр! -Оны қалай шығарып ала аламыз? Бүгин шығарып алыўдың иләжи барма? -Бар аўа. Кешқурын көп емес, еки кило балыққа йошсаң болды. Балық жеп отырып өзим шығарып беремен! -Болдығо аға, онда кешқурын көрисемиз!-деди Азамат. Қудайдың қәлеўи менен сол күни түске жақын үйине қайтып уйықлап дем алып атырған Азаматты иниси Саламат оятты. -Әжаға турың. Сүйинши бериң, сүйинши!-деди. -Не сүйинши, аманлықпа? -Аманлық аўа. Кишем ул туўып, тағы бир мәрте инишекли болып атырман!-деди. Еситкен жаңалығынан кейин жатқан жеринен ушып турған Азамат, қол телефонын алып қараўыл ағасына тындырмай қоңыраў ете баслады. Тынымсыз қылынған қоңыраўлардан кейин қараўыл ағасы телефон қоңыраўын алды. Азамат жағдайды толығы менен түсиндирип қараўыл ағасының үйине барып, утыс пулының он еки миллионын пластик картасына салдырып алды. Келиншеги менен баласының ҳалынан хабар алыўға барып: -Келиншегим менен балама жақсылап қараң. Қудай қәлесе ҳәммеңизди разы қыламан!-деп, баласын аман-есен туўдырып алған врачтың бир қалтасына, "Өзиңизге" деп бир миллион, екинши қалтасына, "Қасыңыздағыларға" деп өз алдына тағы бир миллион сўм пул салып қойды. Үш күнниң ишинде тәўекелшиликке тийкарланған ойыннан утып шығарып алған пулларын жумсап болды. Соннан кейин тағы қараўыл ағасына хабарласып үш миллион сўм пул шығарып алды. Ол пулды да ақ көкирекшилиги услап, палатада келиншегиниң ҳалынан хабар алып турған мийирбийкелерге тарқатып шықты. Сөйтип жүргенде қараўыл ағасы менен ойласып қалған үш миллион сўм пулының еки миллионын, " Бир миллиард сегиз жүз миллион қылып шығарып аламан!" деген ойда, тағыда ойынға тикти. Қалған бир миллион сўм пулдың сегиз жүз мың сўмын пластигине шығарып алып, қараўыл ағасы менен бирге кафеге барып кеўиллерин хошлап қайтты. 3-БӨЛИМ -Жумабай аға, нәтийжеде дым жоқғо. -Әй, яға. Ҳәзир көрейин қәне. Көрип болып бир хабарын айтаман. Азамат қараўыл ағасын көп күтиўге тақат ете алмады. Ары-бери сабырлы болғысы келип еди, оның менен шыдамай тағы қоңыраў етти. -Ало... Не қылдың аға, көрдиңбе? -Көрдим аўа. Телеграмм тармағында усы ойын бойынша жол-жоба көрсетип баратуғын арна менен топар бар. Кешеги мағлыўматларды сол топар менен арнадан алдым расы. Топар ийеси, "Бизлерде анализ  мағлыўматларын Россиялық брокерлерден алып отыр едик" деп, олда күйип-писип атыр. -Брокер дегени не? Оның бул ойынға не байланысы бар? -Қалай түсиндирсем екен әй? Қулласы "Брокер" дегени әпиўайы банк дегендей бир гәп. "Брокерлер" дегени, сол банкте жумыс ислейтуғын банк хызметкерлери. Түсиндире алдымба? -Расын айтсам улыўма түсинбедим ал! -Қулласы иним банктен есап бетин ашып пластик карта алмайсаңба? Булда сондай бир нәрсе әйтеўир. -Улыўма түсинбедим расы. -Мийыңда мий екен да. Қулласы мәмлекет тәрептен ислеп тапқан пулларды мәмлекетлик банклер арқалы айлық тийкарында нақ пул алсақ алғанлығың бойынша қол қойып аласаң. Егер пластик карта аштырып қойған болсаң, ол гезде пластик картаңа түсип бара береди. Бирақ айлығың пластик картаңа келип түсиўи ушын соның тийын-тийынына шекем дизимин алып банкке апарып есабат тапсырады емеспе? -Аўа. -Брокерлерде сондай. Былайынша айтқанда тармақлардағы ойынлардан ислеп тапқан ақшаңды, усы брокерлер жәрдеминде пластик картаңа өткерип аласаң. Биз 1XBET ти ашып атырғанымызда, ең биринши тармақ арқалы телефонымызға жүклеп алған қурылмамызға, әйне усы брокерлик есап бетин ашып, соннан кейин сол есап бетимизге пластик картамыздан пул өткерген едик. Кейнен ойын арқалы утыстан тапқан пулымызды да, әйне брокерлик есап бетимизден, бир пайызлық үлес услап қалыў жолы менен пластик картамызға өткерип алдық. Енди сол пулларды пластиктен тармақтағы есап бетимизге, тармақтағы пулларды пластик картамызға өткерип алыўда дәлдәлшилик етип атырғанлар, әне солар мен саған түсиндирип жеткере алмай атырған брокерлер.

😍Асхана келешеги MIRRAF MEBEL ✅ +998905759126 +998904220374 Instagram.com/mirraf.mebel T.me/mirraf_mebel

Қарақалапақстанда бурын болмаған 😍 Асхана мебельи MIRRAF MEBEL де. Биз бенен бирге үйиңизге жаңа атмосфера алып кириң.🤝 +998905759126 +998904220374 Мебель бахасы толығы менен 4000$ Бул бахаға арзыйдыма комментарияға жазып кетиң instagram.com/mirraf.mebel t.me/mirraf_mebel

Қарақалапақстанда бурын болмаған 😍 Асхана мебельи MIRRAF MEBEL де. Биз бенен бирге үйиңизге жаңа атмосфера алып кириң.🤝 +998905759126 +998904220374 Мебель бахасы 4000 $ Бул бахаға арзыйдыма комментарияға жазып кетиң instagram.com/mirraf.mebel t.me/mirraf_mebel

#ўақыя    САҒАН ҚАНДАЙ МӘМИЛЕДЕ БОЛЫЎЫН ҚӘЛЕСЕҢ, СЕН ДЕ БАСҚАЛАРҒА СОНДАЙ МҮНӘСИБЕТТЕ БОЛ!      Жигиттиң телефонына смс келди. Келиншеги жалт етип қарап:       - Кимнен?- деди.       - Айлық деген сулыў қыздан,- деп жуўап берди жигит.      - Айлығың түссе мен бир жаақсы көйлек алайын,- деди келиншеги.       - Көйлегиң көп ғой. Оданда  көптен бери ағайинлеримиз бенен бир дастурхан басында отырып шай ишпедик.  Сен бир жақсылап дастурхан жай, мен ағайынлерге қоңыраў етип айтып қояйын,- деди жигит.       Келиншегине  бул гәп жағынқырамай:     - Яқшы,  келе берсин, бир гәп болар! - деди.        Күйеўи:      - Онда оларды ертең түске шақыраман. Анаў-мынаў таярлап қой, - деди.      Таң атты. Әдеттегидей күйеўи жумысқа кетти, саат 13:00 де үйине жетип келди.    Ҳаялынан:      - Дастурхан таяр ма? Қонақлар ҳәзир келип қалады? - деп сорады.    Ҳаялы:     - Яқ, таярламадым. Жат адамлар емес ғой, олар туўысқанларың, үйдеги бар нәрселерди қояман, - деди.    Күйеўи ашыўланып:      - Дастурхан таярлаў нийетиң болмағанда кеше айтсаң болады ғой.  Көшеден таяр аўқатлар алып келер едим.  Ҳәзир келсе не қыламыз?! - деди.    Ҳаялы:      - Оларға телефон етип айтың, кеширим сораң, болғаны. Жат адамлар емес ғой, туўысқанларыңыз, туўры түсинеди! -деди.    Күйеўи ашыўланып үйден шығып кетти. Бир неше минут өткеннен кейин есик қоңыраўы қағылды. Ҳаял барып есикти ашып, ҳайранлықтан қатып қалды!...      Себеби үйге келген өзиниң ата-анасы, әжағалары, әжапалары екен.    Әкеси қызынан: - Күйеў бала қәне? - деп сорады.    Қызы:      - Бираз алдын шығып кетип еди... - деди, зорға.    Әкеси:      - Кеше телефон етип бизлерди  түсликке шақырып еди. Өзи кетип қалды ма? - деди ҳайран болған кейипте.       Келиншекти  шақмақ урғандай болды. Терлеп кеткен қолларын бир-бирине ысқалап, ойлай баслады: «Үйдеги нәрселер менен жақынларымды күте алмайман, оларға туўры келмейди! Күйеўимниң туўысқанларына бола беретуғын еди...  Қалай туўысқанларыма әпиўайы, көримсиз дастурхан жаяман?»    Ҳаялы күйеўине телефон етти:      - Неге мениң ағайинлеримди шақырдың? - деп сорады.    Күйеўи:      - Мениң ағайинлерим бе, сениң ағайинлериң бе не парқы бар? Бир шаңарақ болғанымыздан кейин екеўимизге де теңдей ағайин бола бермей ме? - деди.    Ҳаялы:       - Оларды күтиўге үйде ҳеш нәрсе жоқ! Аўқат писирмедим. Көшеден таяр бир аўқат әкеле ғой... - деди.    Күйеўи:       - Олар жат адамлар емес ғой, олар – сениң туўысқанларың! Оларға да мениң туўысқанларыма бережақ болған нәрселериңди бер, туўры түсинеди!        Бул қылған исиң саған сабақ болсын. Мениң ағайинлеримди де ҳүрмет етиўди үйрен! - деди жигит.        Саған қандай мәмиле етиўин қәлесең, басқаларға да сондай мүнәсибетте бол! Интернеттен. https://t.me/ibratli_sozler

Каналымыздың әзиз ықласбентлери. Сизлерди елимизге кирип келген жаңаланыў, жасарыў ҳәм ояныў паслы, шығыстың Жаңа күни, Улыст
Каналымыздың әзиз ықласбентлери. Сизлерди елимизге кирип келген жаңаланыў, жасарыў ҳәм ояныў паслы, шығыстың Жаңа күни, Улыстың уллы байрамы- Наўрыз әййямы менен шын жүрегимизден қутлықлаймыз! Мийрим - шәпәәттиң, жақсылықтың урқаны атқан бул таң ҳәрбир кеўиллерге қуўаныш, меҳир-мүриўбет, шадлық ҳәм жақсылықтың нурын таратсын!  Елимизге тынышлық, пәраўанлық, ашық аспан, нәўпир дәрьямызға мол суў,  дийқанларымыз қырманына тасқынлық, дәстурханларға молшылық, ҳәрбир шаңараққа қут- берекет, аманлық, халқымызға саламатлық, аўызбиршилик алып келсин! Ҳешқашан кеўиллер қағыспай,  татыўлық, меҳир- мүриўбет ҳәм бәҳәрий кейпият ҳәмийше жолдасыңыз болсын! Ҳәр күниңиз Наўрыз болып,  Наўрыздан Наўрызға баўырларыңыз пүтин жетисип жүре бергейсиз! Мийримниң нурын қуйып жанларға, Жүрек шәўкилдесип, қуўантып елди, Жарық сәўле берип атар таңларға, Жарқылық Наўрыздың байрамы келди! https://t.me/ibratli_so'zler

СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ ЯКИ 1ХВЕТ (Проза) ...-Сонда да абайлы бола берш. Кейинги ўақытлары өзи бурынгыға қарағанда әдеўир өзгерип кеттиң. Өзиңе сезилеме? -Қаяқтағыны айтпаш. Жумыстың баса-басы менен азы кем шаршап жүргеним болмаса, мен сол бурынғы Азаматпанғо! Анаў-мынаў гәпти қой. Жумысқа кететуғын ўақтым болып қалыпты. Ертелеў жумысқа барайын. Болмаса тағы гәп еситип жүрермен! -Мейли. Ертелеў келиўге ҳәрекет қыл. Бүгин кеште балларды алып төркинге барып қайтамыз. Умытып кетпе тағы!-деп, Азаматты шығарып салған болды. Сыртқа шыққан Азамат машинасын от алдырып, бес-он минут қыздырған болды. Сол аралықта да телефоны бир тынбады. Биринен кейин бири, "Қарызға алған ақшаларыңды тезлетип қайтар" деп, дүньяның сөгислерин изли-изинен жаўдырып атыр. Арасында, "Бүгиннен қалмай алған қарызыңды қайтармасаң, таң атса милицияға барып үстиңнен арза беремен" дегенлерде болды. -Енди кимнен қарыз сорасам екен?,- деди ишинен. Кем-кемнен сонша еситкен гәп-сөзлеринен кейин, басы қысып аўырып кетти. Машинаның ишинде өзи отырған орынлықты азымаз шалқайтып, арқасын сүйегенинше ойға талды. Келиншеги Айсулыў екинши баласына толғағы тутып, тез жәрдем менен қалалық туўыў үйине алып кетилди. Қалалық туўыў үйиндеги нәўбетши врачлар, "Еле ерте. Баланың туўылыўына бир-еки күндей ўақыт бар. Бирақ сонда да, усы жерде докторлардың гүзетиўи астында болғаны жақсы" деп, Айсулыўды туўыў үйиндеги "Патология" бөлимине жайғастырды. Сол күни Азамат кәсиплеси Данияр, Нурсултан және Алишерлер менен бирге түнги нәўбетшиликте жумыста жүр еди. Айсулыў ҳаққындағы хабарды еситкенинен кейин Даниярға өтиниш етип келиншегиниң изинен хабар алыўға барды. -Сен қурдастан хабар алып бизлердиң сәлемимизди жеткере тур. Бизлер оған шекем Алишердиң үйжағына барып келемиз!-деп, Даниярлар Алишердиң үйине қарай кетти. Айсулыўдың ҳалынан хабар алған Азамат, Даниярлар келемен дегенше туўыў үйине киреберистеги қараўыллар отыратуғын қараўылханаға кирди. Кирсе, ишиндеги қараўыл қол телефонынан берилип футбол көрип отырған екен. -Мәлел бермедимбе, яшуллы?-деди Азамат. -Кел иним, келебер. Келинниң изинен келдиңбе? -Аўа... Келиниңизден хабар алып кетейин деп келип едим. -Қудай қәлесе босандыма? -Яқ еле. Бир-еки күн ўақты бар қусайды. -Болады иним. Неде болса, еки жаны бирдей аман болғай. -Рахмет аға! -Елиў мыңдай клик табылмайма иним? -Табылады! -Табылса бизиң пластикке өткерип бере аласаңба? Мен саған нақ берейин! -Нақ пуллар көбейсе кишем алып қояма?-деп ҳәзиллести Азамат. -Яғаў иним. Көрип турсаңғо мине, Барселона менен Реал Мадрид ойнап атыр. Соған 1XBET ке бир-еки сўм пул тиге қояйын деп едим. Ҳәзир егер Барселонаға пул тигип сол утса 4,3 коэффициент, Реал Мадридке пул тигип Реал утатуғын болса 4,7 коэффициент муғдарында пулларымды көбейтип аламан!-деди. -Ол қалай сонда? Оған ақшаны қалай тигемиз? -Оның дымда қыйын жери жоқ иним. Сен мына пластик картаға пулды өткере бер. Пул өтип болғаннан кейин өзим үйретемен! -Сонда буннан биз таңлап пул тиккен командамыз утып шықса, утыс пулын қалай аламыз? -Оның да дым қыямет жери жоқ иним. Пулды қурылмаға қалай салсаң, сол тәртипте пластик картаңа шығарып ала бересең! Азамат сол күни кәсиплеси Данияр Алишердиң үйине барып келемен дегенше, қараўылдың айтыўы бойынша онлаған командаға телефонына 1XBET қурылмасын жүклеп алып, жәми еки жүз мың сўм пул тикти. Сол күни қараўылдың қызықтырыўы менен 1XBET ке еки жүз мың сўм пул тиккен Азамат ушын таң атағоймады. Таң атып азанғы сегиз болса болды, ойынлардың нәтийжеси анық болады. Мың түрли қыялға шүмип жүрген адам ушын, қәпелимде демде өтип кететуғындай болып сезилген ўақыт өтеғоймайды. Таңға жақын Азаматтың көзи илинип кеткен екен. Соннан телефонына келген қоңыраў даўысынан оянып кетти. -Ало!.. -Ало, Азамат! Нәтийжени көрдиңбе? -Яқ еле, енди көремен. Сиз көрдиңизбе? -Көрдим аўа! -Нәтийже қандай? - Кеше саған егер утсаң утыс пулың қандай болады деп едим? -Егер утсаң он сегиз миллионды қолға киритесең деп едиңиз! -Егер соннан утып кетсем қаншасын маған беремен деп едиң? -Ойынға тиккен пулдың он есесин! -Он есеси қанша болады сонда? Даўамы бар... https://t.me/ibratli_sozler

Жарасып  жүзинеи ййманның нуры. Көшеде жыйылса жарасып турды. Дуўада қоллары кийели сөзи. Атаханлар барар Ҳайт байрамына. Доланып жаңа көйлегин. кийип. Ақлықты ертип ,баўырын ийип. Көшеде балларға ҳайтлық берип. Анаханлар  барар  ҳайт байрамына. Зәбердес жигитлер хызметте бәрхә. Қонақ күтер күлип қыйналмас сирә. Ҳәрўақ байрамлар көп ел аман болса. Ел азаматлары,ғайратта  ҳайт байрамында.        Келинлер ойнатып қолында кепгир. Қәйнилери менен ҳәзили өткир Ҳайтлық сорап,жайнап күлип жүр. Шийрин тағам берер келин ҳайт байрамында. Шүлдирлесип  толтырады  көшени. Ойынлар ойнайды небир нәшели. Бала қуўанышым бахтым деседи. Нәрестелер барар ҳайт байрамына      ✍Гүлистан Реймова. Хожели районы Ҳайтларыңыз қутлы болсын әзизлерим https://t.me/ibratli_sozler

ҚАРАҒАЗЫДАН ҚАЛҒАН СӨЗ Қарақалпақ халқы тарийхында өзиниң ҳәзиржуўаплығы, әдиллиги, ҳәм көрегенлиги менен танылған тулғалар көп болған. Солардың бири – Қоңыр улы Қарағазы бий. Халықтың аўызбиршилигин сақлап, ел ишиндеги ҳәрқандай таласлы-тартыслы мәселелерди жәнжелсиз шешкен Қарағазы бий өзиниң адам сынаўдағы алық қәбилети менен де көпшиликтиң кеўилинен шығып отырған. Усындай тәриплеўлер елеге шекем халық аўзында айтылып киятыр. Бийдиң сәўегөйлик қәсийети менен байланыслы сондай сын-болжаўларының бири төмендеги мына ҳәдийсеге байланыслы айтылған екен. Қарағазы бий бир күни нөкерлери менен киятырса, Жалайыр аўылының Баймурат деген адамы алдынан шығыпты. Ол бийдиң келетуғынын еситип алдын ала таярланып отырғанлығын ҳәм жолүсти болған соң өз үйинен дуз-дәмек татып кетиўин өтинеди. Қарағазы бий Баймураттың тилегин қабыл алып, жолындағы аўылға қайырылады. Баймураттың Муҳаммеджан исмли он төрт – он бес жасар баласы бар екен. Сөз арасында ол усы улын сынап бериўин сорайды. Бийдиң өзи де келгели берли баланы нәзерден қашырмай отырған екен. Қарапәреңнен келген бул баланың түси тәжикнамай, бас сүйеги қысыңқы, шекеси жылтыр, сақалы қырқылжым, жаўырыны тар, қол-аяғы жиңишкелеў ҳәм келтелеў көринеди. Ас тайын болғанда, Муҳаммеджан мийманлардың қолынан суў алып шығады. Сол ўақытта Баймурат: «Балам сын көтергендей адам болар ма екен?», - деп бийден сыр тартып көреди. Бирақ, бий жуўап бериўге асықпайды. Қонақларға тартылған тамақ желинип, пәтия исленгеннен кейин Муҳаммеджан екинши мәрте суў алады. Үй ийеси бағанағы сораўды тағы да қояды. Ондағы ойы баласының бийликке бейимлилигин яки бейим емеслигин билиў болады. Сонда бий өзинен утырлы жуўап күтип тынышсызланып отырған Баймуратқа бурылып: Бирленши – таўдан қорқаман, Таўдың бөриси бар, Екиленши – тамнан қорқаман, Тамның периси бар, Үшленши – усы балаңнан қорқаман, Сынының кемиси бар, - деп бир тоқтапты. Соны айтып болып жан-жағына қараған екен, байқаса, ҳәммениң де дыққаты өзинде екенлигин аңлайды. Азы-кем үнсизликтен кейин сөзин тағы да сабақлап: Бий болар десем, еки шекеси қуўшық екен, Палўан болар десем, ийини қысық екен, Шабандоз болар десем, бақайы қысқа екен, Мырза болар десем, маңлайы қасқа екен, Қапылғанда, алыпсатар пайдагер болар, Қаттықол, қапасақал саўдагер болар, - дейди. Үй ийеси бийдиң өз ықласын жықпай келгенине ҳәм боласы исти қыпсаламастан баласын әдил сынап бергенине ырза болып, мийманларды жыллы шырай менен шығарып салады. Әлғәрез, Қарағазы бийдиң сыны мулт кетпей, Муҳаммеджан шынында да саўда-сатық пенен айланысып, несибесин сол кәсиптен айырған ортакеш саўдагер болып шығады. ✍ Сейдин Әмирлан https://t.me/ibratli_sozler

СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ ЯКИ 1XBET (Проза) 1-БӨЛИМ -Азамат және кешигип атырма?-деди мекеме баслығы Нурлан аға. -Жаңа ғана телефоннан сөйлесип едим. Жолда киятырып машинасының балоны жарылған қусайды. Соған сәл кешигиңкиреп бараман деди!- деп баслығының сораўына жуўап қайтарды Данияр. -Негедур кейинги ўақытлары усы баланың аяқ алысы өзгерип кетти. Шаңарағында бирер машқала болып атырғаннан аман бекен? Тезлетип комиссия қурамын дүзиң де, хызмет тексериўин алып барың!-деди Нурлан аға, кадрлар бойынша өзиниң орынбасары Султанға қарап. -Әлбетте, баслық! Шуғыл түрде комиссия қурамын дүзип, сиз айтқан мәселе бойынша сапластырыў жумысларын алып барамыз!-деди Султан, қолындағы блокнотына бир нәрселерди жазып. Расында да, Нурлан аға ҳақлы болып шықты. Сол ўақыттың өзинде үлкен уйымда бир жағадан бас шығарып бирге ислесип жүрген кәсиплеслеринен хызмет бойынша сорастырыў жумыслары алып барылғанында, кейинги үш ай ишинде Азаматтың жүрис-турысында сезилерли дәрежеде өзгерислер байқалған екен. Кәсиплеслери биринен кейин бири Азаматтың жумыс барысында жүрис-турысларындағы, кәсиплеслери менен өз-ара мүнәсибетлериндеги кемшиликлери ҳаққында жаға усларлық дәрежедеги мағлыўматлар қалқып шықты. Үш ай бурын, "Екинши баламды қалалық туўыў үйинен халықтың ырымын ислеп, бир неше машина менен сейил жолы арқалы бир-еки ойыншық аюлар менен барып шығарып алыўым керек" деп, жети миллион сўм онлайн кредит алған екен. Арадан ҳәпте өтип Данияр жорасына, "Шуғыл түрде он миллион сўм онлайн кредит алып, алдынғы алған кредитин жаўып таслап, оннан аўысқан ақшаны екиге бөлип аламыз. Төлеў жағын өзим айма-ай айлық ис ҳақымнан төлеймен" деп өлердеги ўәдесин берип атына онлайн кредит алдырған екен. Кейнен Адилдиң атына еки миллион сўм, Жамбылдың атына төрт миллион, Сериктиң атына үш миллион, Саламаттың атына жети миллион сўм, бәрин қосқанда он үш кәсиплесиниң атына жәми отыз жети миллион сўм онлайн кредит шығартып алған екен. Азамат ҳаққындағы бир дүнья мағлыўматларды жыйнаған Султан, дәрриў баслығының алдына кирди. -Кел Султан! Қандай мәселе бойынша келдиң?-деди Нурлан аға. Султан да, Азамат ҳаққында уйымдағы кәсиплеслеринен қандай мағлыўмат жыйнаған болса, бәрин ағызбай, тамызбай айтып жеткерди. -Ох-хо-о... Сонша ўақыттан бери жоқарғы жақтан келген тапсырмаларды орынлаймыз деп жүрип, қол астымыздағы хызметкеримиздиң аўҳалы усындай дәрежеге келип жеткенин сезбей де қалыппызғо. Бул барыс жақсы барыс емес. Истиң изи бирер бәлеге уласпай турып психологымыз Алишерди қасымызға алып, түске шекем Азаматтың шаңарақлық жағдайын үйренип келейик. Сен Азамат пенен байланысып ҳәзир қаяқта екенин анықла. Кейнен шаңарақлық жағдайын үйрениў ушын үйине барайын деп атырғанымыз бойынша ескертип қой. Кемпир-ғаррысы үйинде болып турсын!-деди Нурлан аға. Баслықтан тапсырманы алған Султан, Азамат пенен қол телефоны арқалы байланысып, баслығының тапсырмасы бойынша үйиндегилерге қулақ-қағыс қылып ескертип қойыўын хабарлады. 2-БӨЛИМ -Ало, Азамат! Сен бала барғо, улыўма уятың жоқ адам екенсеңғо. "Ал ҳә ертең жеткерип беремен!" деп киятырғаныңа неше күн болды? Бир адамдай қарасқанда мендей болар. Сеннен сорасам өзимниң ақшаларымды сорап атырман. "Қой қурысын, уятты" деген сайын, "Сыйлағанды сыйыр билмейди, сыйпағанды ешек" дегенге әкелдиңғо. Маған нақлы ўақытын айт, еркексеңғо. Алған қарызыңды қашан әкелип бересең? -Қудай қәлесе ҳәрекетиндемен. Расын айтсам өзимде жас баладай сылтаў айта берип шаршап кеттим. Усы ҳәптениң ишинде бир жаңалық болады қудай қәлесе. Жаңалық болыўдан сизге хабарласаман!-деди Азамат, азы кем қоллары қалтырап. Телефоннан бир нәрселерди айтып тоңқылдап урысқан қарызын сораўшы, қоңыраўды өширди. -Кимо ол, Азамат? Оншама не, нәшелеп отырып урыстығо?!-деди Азаматтың келиншеги Айсулыў. -Жумыстағыларғо! -Жайшама әйтеўир? -Жайшағо. Есабатта бир-еки қәтеликке жол қойып алған екенмен. Соған, "Қашанғы сениң қәтелериңди туўырлап жүремен?" деп урысып атыр. -Бай буў... Жумысыңа зияны жоқпа әйтеўир? -Яғаў. Ары барса бир ескертиў аларман. Жумыс болған жерде кемшилик боладығо!-деди Азамат. https://t.me/ibratli_sozler

Қарақалапақстанда бурын болмаған 😍 Асхана мебельи MIRRAF MEBEL де. Биз бенен бирге үйиңизге жаңа атмосфера алып кириң.🤝 +998905759126 +998904220374 Мебель бахасы 4000 $ Бул бахаға арзыйдыма комментарияға жазып кетиң instagram.com/mirraf.mebel t.me/mirraf_mebel

Каракалпакстан халык артисти Бийбираба Отепбергенова "Нөкис гүллери" https://t.me/ibratli_sozler