ҚАРАҒАЗЫДАН ҚАЛҒАН СӨЗ
Қарақалпақ халқы тарийхында өзиниң ҳәзиржуўаплығы, әдиллиги, ҳәм көрегенлиги менен танылған тулғалар көп болған. Солардың бири – Қоңыр улы Қарағазы бий. Халықтың аўызбиршилигин сақлап, ел ишиндеги ҳәрқандай таласлы-тартыслы мәселелерди жәнжелсиз шешкен Қарағазы бий өзиниң адам сынаўдағы алық қәбилети менен де көпшиликтиң кеўилинен шығып отырған. Усындай тәриплеўлер елеге шекем халық аўзында айтылып киятыр. Бийдиң сәўегөйлик қәсийети менен байланыслы сондай сын-болжаўларының бири төмендеги мына ҳәдийсеге байланыслы айтылған екен.
Қарағазы бий бир күни нөкерлери менен киятырса, Жалайыр аўылының Баймурат деген адамы алдынан шығыпты. Ол бийдиң келетуғынын еситип алдын ала таярланып отырғанлығын ҳәм жолүсти болған соң өз үйинен дуз-дәмек татып кетиўин өтинеди. Қарағазы бий Баймураттың тилегин қабыл алып, жолындағы аўылға қайырылады.
Баймураттың Муҳаммеджан исмли он төрт – он бес жасар баласы бар екен. Сөз арасында ол усы улын сынап бериўин сорайды. Бийдиң өзи де келгели берли баланы нәзерден қашырмай отырған екен. Қарапәреңнен келген бул баланың түси тәжикнамай, бас сүйеги қысыңқы, шекеси жылтыр, сақалы қырқылжым, жаўырыны тар, қол-аяғы жиңишкелеў ҳәм келтелеў көринеди. Ас тайын болғанда, Муҳаммеджан мийманлардың қолынан суў алып шығады. Сол ўақытта Баймурат: «Балам сын көтергендей адам болар ма екен?», - деп бийден сыр тартып көреди. Бирақ, бий жуўап бериўге асықпайды.
Қонақларға тартылған тамақ желинип, пәтия исленгеннен кейин Муҳаммеджан екинши мәрте суў алады. Үй ийеси бағанағы сораўды тағы да қояды. Ондағы ойы баласының бийликке бейимлилигин яки бейим емеслигин билиў болады. Сонда бий өзинен утырлы жуўап күтип тынышсызланып отырған Баймуратқа бурылып:
Бирленши – таўдан қорқаман,
Таўдың бөриси бар,
Екиленши – тамнан қорқаман,
Тамның периси бар,
Үшленши – усы балаңнан қорқаман,
Сынының кемиси бар, - деп бир тоқтапты. Соны айтып болып жан-жағына қараған екен, байқаса, ҳәммениң де дыққаты өзинде екенлигин аңлайды. Азы-кем үнсизликтен кейин сөзин тағы да сабақлап:
Бий болар десем, еки шекеси қуўшық екен,
Палўан болар десем, ийини қысық екен,
Шабандоз болар десем, бақайы қысқа екен,
Мырза болар десем, маңлайы қасқа екен,
Қапылғанда, алыпсатар пайдагер болар,
Қаттықол, қапасақал саўдагер болар, - дейди. Үй ийеси бийдиң өз ықласын жықпай келгенине ҳәм боласы исти қыпсаламастан баласын әдил сынап бергенине ырза болып, мийманларды жыллы шырай менен шығарып салады.
Әлғәрез, Қарағазы бийдиң сыны мулт кетпей, Муҳаммеджан шынында да саўда-сатық пенен айланысып, несибесин сол кәсиптен айырған ортакеш саўдагер болып шығады.
✍ Сейдин Әмирлан
https://t.me/ibratli_sozler