cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ko'proq ko'rsatish
Reklama postlari
12 795
Obunachilar
-2524 soatlar
-1027 kunlar
-36930 kunlar
Post vaqtlarining boʻlagichi

Ma'lumot yuklanmoqda...

Find out who reads your channel

This graph will show you who besides your subscribers reads your channel and learn about other sources of traffic.
Views Sources
Nashrni tahlil qilish
PostlarKo'rishlar
Ulashishlar
Ko'rish dinamikasi
01
Нөкис ўақты менен 16-май күнги намаз ўақытлары 🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👇👇👇 Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
4031Loading...
02
#Ҳикметлер ҲИКМЕТЛЕР ТЕҢИЗИНЕН    Дүнья - өзин жас қыздай қылып көрсеткен, жылўа еткен, жупар ийисли кемпир...    Рәббиңе қарап: "Мениң үлкен дәртим бар", - деме, дәртиңе қарап: "Мениң уллы Рәббим бар", - деп айт.    Тартыста биринши тоқтағанды көрсең, ол илимлирек екенин бил!    Инсан көп сөйлегенде аз ойлайды, көп ойлағанда болса аз сөйлейди.    Ақыллыман деген адам ақмақ, ақмақпан дегенниң бәри де ақыллы емес. t.me/nasiyatuz
1 8747Loading...
03
“Сиз бизге керексиз!” атамасындағы ушырасыў бойынша мағлыўмат Өзбекстан Республикасында нәгиранлар ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенсияны әмелге асырыў бойынша 2023-2025-жылларға мѳлшерленген Миллий ҳәрекетлер режеси “Жол картасы”ның 35-бәнтиниң орынланыўы жүзесинен еситиў ҳәм сѳйлеў қәбилетинде нуқсаны бар пуқаралар менен иләж ѳткериў режелестирилген. Мине усы илажды даўам етиў мақсетинде 15-май күни Нөкис қаласындағы “Имам ийшан Муҳаммад” жаме мешити мәжлислер залында республикамыздағы нәгиранлығы болған инсанлар менен ушырасыў өткерилди. Онда республикамыздан 100 ге жақын еситиў ҳәм сөйлеў қәбилетинде нуқсанлары болған нәгиранларға ислам дини ҳаққында ҳәдис ҳәм аятлардан мысаллар келтирип, түсиниклер берилди. Ушырасыў қатнасыўшылары ҳүкиметимиз тәрепинен нәгиранлығын есапқа алып, бундай диний-мәрипий ушырасыўды шөлкемлестиргени, муқәддес динимиз ҳаққында түсиниклер бергени, қәлблерине ҳидаят нурын таратқаны ушын ел басшымызға, тийисли мекеме ўәкиллерине өзлериниң миннетдаршылығын билдирди. Илажда Ѳзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитеттиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ўәкиллери, Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы қәнигеси М.Абубакирова, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов ҳәм Ѳзбекстан гереңлер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бѳлими баслығы М.Бекназаровалар қатнасып, диний-ағартыўшылық, елимиздеги әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында түсиник берди ҳәм ушырасыў қатнасыўшыларының мүрәжатлары тыңланды. Нәгиранлығы болған пуқараларға Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы “Вақф” қайырқомлық жәмәәтлик фонды Қарақалпақстан бѳлими тәрепинен ушырасыў қатнасыўшыларына азық-аўқат ѳнимлери тарқатылды. Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты. @nasiyatuz
2 2550Loading...
04
Media files
2 0510Loading...
05
#жума_марузасынан #әҳмийетли 🔹 Тема: "Ихлас сүреси тәфсири".      🎤 Устаз Бахрамаддин Разов. @nasiyatuz
2 1068Loading...
06
#шаңарақ_күни 15-МАЙ – ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ШАҢАРАҚ КҮНИ Бүгин, 15-май Халықаралық шаңарақлар күни. Бул күн БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 1993-жыл 20-сентябрьдеги Халықаралық шаңарақ жылы резолюциясына муўапық 1994-жылдың 15-май сәнесинен берли турақлы түрде белгиленип келинеди. 😌 Бүгинги шаңарақ күни менен бәрше шаңарақларға Аллаҳ тааладан бахыт-саадат, қут-берекет тилеймиз. @nasiyatuz
2 77164Loading...
07
Анажан сизди сағындым
2 50250Loading...
08
#Сүннет    УЙҚЫДАН ТУРҒАНДА БЕЖЕРИЛЕТУҒЫН 5 СҮННЕТ ӘМЕЛ 📌1. Жүздеги уйқы белгилерин қол менен кетириў; 📗 "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оянып, отырды ҳәм жүзин ысқылап сыйпап, уйқысын ашты". (✍Имам Мүслим рәўияты) 📌2. Төмендеги дуўаны оқыў; اَلْحَمْدُ لِلَّهِ الَّذِي أَحْيَانَا بَعْدَ مَا أَمَاتَنَا وَإِلَيْهِ النُّشُورُ "Әлҳәмдүлилләҳил-ләзий әҳяәнәә бәъдә мәә әмәәтәнәә ўә иләйҳин-нушуур" "Бизди өлтиргеннен кейин қайта тирилткен Аллаҳға ҳәмди сәне болсын. Қайта тирилиў Оның Өзине". 📌3. Аўызды мисўәк ямаса басқа нәрсе менен тазалаў; 📗"Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам уйқыдан турғанында аўзын мисўәк пенен тазалайтуғын еди". (✍Имам Бухарий ҳәм Имам Мүслим рәўияты) 📌4. Қолды жуўыў; 📗Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Қайсы бириңиз уйқыдан турсаңыз, қолларын ыдысқа салмай (ыдысларды усламай) турып, (қолын) үш рет жуўсын", деген. (✍Имам Бухарий ҳәм Имам Мүслим рәўияты) 📌5. Мурынды (тазалап) сүңгириў; 📗Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Қайсы бириңиз уйқыдан турсаңыз, мурнын үш рет шайсын, өйткени шайтан оның мурнының ишинде түнлеткен болады". (✍Имам Бухарий ҳәм Имам Мүслим рәўияты) 📱http://t.me/nasiyatuz
3 04726Loading...
09
Ҳәр бир атқан таңымыз ушын Жаратқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
2 4127Loading...
10
#Таңғы_сәлемнама 🌸 ASSALAMU ALAYKUM QÁDIRLIM !!! 🌼 🍃 Bir is qıladı ekenseń Allah seni kórip turǵanın túsin. 🍃 Bir nárse sóylegenińde Allah seni esitiwin esle. 🕊 Solay eken, tek tuwrı islerdi qıl, jaqsı nárselerdi sóyle. Óytkeni, buzıq iske, buzıq sózge Rábbiń razı bolmaydı!!! ☘️ Háy mehriyban Rábbim! Men adasıwshıman, bárqulla adasıp júremen, házir-de jolımnan adasıw aldındaman. Sen maǵan Óziń razı bolatuǵın joldı kórset! 🍀 Háy rahmeti álemlerden keń bolǵan Rábbim! Sen razı bolmaytuǵın, jaqsı kórmeytuǵın nárselerdi qılǵanıma meni ápiw et, qılmaǵanlarımdı qılıwdan saqla!!! 🌼 Atqan tań bereketli bolsın! 🌸 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 📱http://t.me/nasiyatuz
2 53511Loading...
11
Нөкис ўақты менен 15-май күнги намаз ўақытлары 🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👇👇👇 Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
2 9909Loading...
12
#Жума_марузасы Тема: "Ықлас сүреси тафсири" ⬇️Сыйымлылығы:24,мб 🎵Формат:Мп3. ⏱00:25:31 @nasiyatuz
3 03810Loading...
13
#Оқың #Актуал_мәселе «ШАҢАРАҚЛЫҚ БАХЫТ» еркектиң қолындама ямаса ҳаялдың? Шаңарақлық бахыт – ерисилиўи қыйын болған арзыў емес. Ол әллеқандай арнаўлы дәрилер ишип ҳасыл қылынатуғын, қандайда бир көриниске ямаса өлшемге ийе болған нәрсе де емес. Шаңарақлық бахыт ҳәр бир еркек ҳәм ҳаял үйрениўи керек болған пән. Шаңарақлық бахытты қолға киргизиў еркек ҳәм ҳаялдың тек биреўиниң мойнында деген гәп жоқ. Ал, ол турмыстың барлық салаларында еки жастың бирге қолға киргизетуғын биргеликтеги утысы. Көпшилик қәнигелердиң атап өтиўинше, шаңарақлық бахыттың ең үлкен жүги ҳаялдың мойнына түсетуғын екен. Ҳаяллар тәрепинде: «Не ушын биз, еркеклердей емеспиз? Не ушын ҳәмме нәрсе ҳаялдың мойнында?», деген сораўлардың пайда болыўы тәбийий. Расында да не ушын шаңарақлық бахыттың аўыр жүгин ҳаяллар көтериўи керек? Себеби ҳаял өзиндеги дәртлеслик ҳәм мүләйимлик туйғылары, сабыр ҳәм шыдамлылығы менен шаңарақлық бахытқа ерисиўде тийкарғы фактор бола алады. Егер ҳаял ери менен қандай мәмиле қылыўды билсе, ери жақсы көрген нәрселерди бежерип қойып, оған жақпайтуғын ислерди қылмаса, оның қәлбине аңсат жол таба алады. Ерди итаатшыл ҳәм мүләйим ҳаял бахытлы қыла алады. Себеби, ерди сүйги ҳәм мүләйимлық тутқын қылып алады. Бул болса ақыллы ҳаяллардың ғана қолынан келеди. Соның ушын да шаңарақлық бахыттың гилти ҳаяллардың қолында. Ериниң қәлбинде батырлықты пайда қыла алатуғын, оннан шаңарақтың машақатларын ҳәм перзентлер тәрбиясындағы машқалаларды көтеретуғын, уўайым-қайғыларына шерик бола алатуғын ҳәм ерин разы қылыў ушын шын кеўилден ҳәрекет қылып атырған ҳаял «Шаңарақлық бахыт» пәнин кәмил өзлестирген ҳаял болып табылады! Доктор Ҳассон Шәмсий Паша «Келин-күйеўге нәсиятларым» китабынан. «:::» «:::» «:::» «:::» «:::» «:::» «:::» «:::» t.me/nasiyatuz
3 34235Loading...
14
#Ҳәдис ИНСАН ӨЗИНЕ ӨЛИМ ТИЛЕЎИ МҮМКИНБЕ? Қайс разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Ҳаббабтың алдына бардым. Ол жети мәрте кәйй (күйдириў) қылған еди. Сонда ол: «Егер Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бизлерди өлим тилеўден қайтармағанында, (өлим тилеп) дуўа қылатуғын едим», деди». Түсиндирме: Дәрт ҳәдден тыс аўыр болған. Оның аўырлығынан Ҳаббаб разыяллаҳу анҳудың көзлерине дүнья қаранғы көринип кеткен. Жети мәрте қарнындағы жараны емлеў ушын күйдирген. Бул урыныслардың бирде-биринен пайда болмаған. Бундай азаптан өлимди абзал көрип кетсе де, Ҳаббаб разыяллаҳу анҳу Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның усы сөзлерине әмел қылыўды өзине лазым билген. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетлерине әмел қылыў мине усындай болады. Демек, мөмин-мусылманлар қәншелли қыйналса да, өлим тилеп дуўа қылыўы мүмкин емес екен. Оннан қалса, өлим көзге көринбей турғанда, бундай жаман дуўаларды қылмаў еле де жақсы. Бирақ өлим көзге көринип қалғанда, оны қәтережамлық ҳәм Аллаҳ таалаға жолығыўлық муҳаббат пенен күтип алынады. «Әдеплер ғәзийнеси» китабынан. •••••┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄••••• t.me/nasiyatuz
3 10113Loading...
15
#Пикирлең САБЫР ҲАҚҚЫНДА 3 ҲИКМЕТ Әбиў Сулайман Дараний раҳимаҳуллаҳ: «Ең қыйын, соның менен бирге ең қәдирли нәрсе сабыр. Оның еки түри бар: Бириншиси - Аллаҳ буйырған әмелди бежериў жолындағы сабыр; Екиншиси - Аллаҳ таала қайтарған ҳәм нәпси қәлеп турған әмелден тыйылыўдағы сабыр», деген. Имам Раббаний раҳматуллаҳи алайҳ: «Инсан өмири даўамында дусласатуғын барлық жақсылық та, жаманлық та Аллаҳ тааланың қәлеўи менен болады. Биз бул қәлеўлеримизди Рәббимиздиң қәлеўинен үстем қоймаўымыз лазым. Не болса да, барлығы Аллаҳ тааладан екенине иқрар болыў менен бенделик жүзеге шығады. Расында, ҳақыйқый қул усындай болады. Ол өз хожасының қәлеўине наразылық билдирмейди» - деген. Абдулқадир Жийланий раҳимаҳуллаҳ адамларға жүзленип мынандай деди: «Өз ҳалыңыздан налымаң. Бәрқулла сабырлы болың, ҳасла Аллаҳ тааланың раҳметинен үмитсиз болмаң. Өйткени, қалыс Аллаҳ таала ушын қылынған сабыр-шыдам әлбетте сыйлықсыз қалмайды. Аз ғана сабыр қылыў, узақ жыллар оның рәҳәтин көриўге себеп болады. Қим өзиниң истиқаматы (ибадатларда турақлы, беккем турыў) менен танылса, бил ол қылған сабыры менен танылған». Расында, сабыр барлық жақсылықлардың гилти, жақсылықлар болса берекениң гилти. Демек, ким сабырлы болса, иншааллаҳ барлық жақсылықларға ериседи. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇 t.me/nasiyatuz
2 97015Loading...
16
#дуўа ЖАЎЫН ЖАЎЫП ТУРҒАНДА АЙТЫЛАТУҒЫН ДУЎА Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият етиледи: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «...егер жаўын жаўса: «Аллооҳуммә соййибән нәәфиъан» дейтуғын еди. Мәниси: «Аллаҳым пайдалы жаўын қыл». Әзизлер, жаўын жаўып турған ўақыт Аллаҳ тааланың мийрим есиклери ашылып турған ҳәм дуўалар қабыл болатуғын ўақыт. Солай екен, Ўатанымыз, халқымыз, шаңарағымыз ҳәм өзлеримиз ушын жақсы дуўалар қылып алайық. @nasiyatuz
3 07412Loading...
17
#Дуўа    Қуран оқып болып қылатуғын шырайлы дуўа: «اللَّهُمَّ إنَّا نَسْألُكَ أنْ تَجْعَلَ القُرْآنَ العَظِيمَ رَبِيعَ قُلُوبِنَا ، وَنُورَ صُدُورِنَا ، وَجِلَاءَ أحْزَانِنَا ، وَذَهَابَ هُمُومِنَا»💎   Оқылыўы: "Аллаҳумма иннәә нәс-әлүкә ән тәжъаләл қүр-әәнәл ъазыймә робийъу қүлүүбинәә, ўә нуўро судууринәә, ўә жиләә-ә әҳзәәнинәә, ўә зәҳәәбә ҳүмүүминәә". Мәниси: "Аллаҳым, биз Сеннен Уллы Қуран қәлбимиздиң бәҳәри, кеўлимиздиң нуры, қайғымызды кетириўши, қәўетеримизди жоқ қылыўшы болыўын сораймыз". 📱http://t.me/nasiyatuz
3 93934Loading...
18
#Таңғы_сәлемнама 🌼 АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ! 🌼 Атқан таң берекетли болсын! 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌺 Аллаҳ таала ерте турған ҳәм әҳли шаңарағын да ерте турғызған адамнан разы болсын! 🌺 🌸 Әмеллерин ийги нийетлер менен қылып ибадат дәрежесине көтерген адамды Аллаҳ таала Өзиниң раҳметине бөлесин! 🌸 🌿 🌺 🌿 🌺 🌿 🌺 🌿 🌺 🌿 🌺 🌿 🌷 Дуўаларында бирадарларын еслейтуғын мөминниң дуўасы қандай жақсы! ☘ Аллаҳым, ең жақын бирадарымнан Өзиң разы бол! 🍀 Оның еки дүньясын абат қыл! 🌼 Дүньяда қылған ибадатларының саўабын ақыретте көбейтип берегөр! Әәмин !!! ✨ 🌟 ✨ 🌟 ✨ 🌟 ✨ 🌟 ✨ 🌟 ✨ Күниңиз сәтли өтсин! ☀️ ☂☂ ☀️ ☂☂ ☀️ ☂☂ ☀️ 📱http://t.me/nasiyatuz
4 17816Loading...
19
Нөкис ўақты менен 14-май күнги намаз ўақытлары 🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👇👇👇 Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
3 4246Loading...
20
#Ҳикмет Аўырыў Аллаҳтың бендесине жиберген ең кишкене хабарнама хаты. Ол хатта инсанға "қәншелли әззисең!", деп жазылған болады. Әлий Тантаўий 📱http://t.me/nasiyatuz
3 55510Loading...
21
#Ҳәдис Аз сөйлеў инсанның Исламының гөззаллығынан Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Бир адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип: «Ҳәй Аллаҳтың Расулы, қәўимим маған итаат қылады. Оларға нени буйырайын?» деди. «Оларға сәлемди жайыўды ҳәм күтә әҳмийетли сөзден басқасын аз қылыўды», деди». «Имам Хараийтий рәўияты». * * * Бул ҳәдиси шәрийфте гүна болатуғын сөзлерден тысқары, жай, қуры сөздиң өзи ҳаққында да гәп кетип атыр. Умар ибн Абдулазиз раҳматуллаҳи алайҳ: «Ким сөзин әмелинен деп есапласа, оның оғада әҳмийетли сөзинен басқа сөзи аз болады», деген. •••••┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄••••• t.me/nasiyatuz
3 46813Loading...
22
#Ҳәдис УЙҚЫЛАП АТЫРҒАН АДАМНЫҢ ҚАСЫНДА СӘЛЕМЛЕСИЎ Миқдәд ибн Асўад разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түнде келсе, уйқылап атырған адамды оятып жибермейтуғын қылып, ояў адам еситетуғын қылып сәлем беретуғын еди». Түсиндирме: Демек, бир жерде айырымлар уйқылап, айырымлар ояў отырған болса, уйқылағанларға азар бермейтуғын қылып, ояў адамлар еситип, әлик алатуғын дәрежеде пәс даўыста сәлем бериў мүмкин екен. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның гөззал әдетлери бизлерге өрнек болыўы лазым. «Әдеплер ғәзийнеси» китабынан. ▬▬▬▬▬▬▬▬▬▬▬▬▬ t.me/nasiyatuz
3 5127Loading...
23
#Дуўа    Ҳәр күни, қәлеген ўақытта оқыўға болатуғын дуўа: اللهُم اغَفر لِي ذنبي كلهُ ،دقه وجلّه ،و أوله وآخرهُ ، وسرهُ وعلانيته ،ما عَلمت منهُ وما لَم أعلم.💎 🌸 Аллаҳым, мениң барлық гүналарымды, майдасын да, үлкенин де, алдынғыларын да, ақырғыларын да, жасырын болғанларын да, әшкере болғанларын да, билип қылғанымды да, билмей қылғанымды да мәғфират ет.🌸 📱http://t.me/nasiyatuz
3 59925Loading...
24
Ҳәр бир атқан таңымыз ушын Жаратқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
4 11218Loading...
25
#Таңғы_сәлемнама 🌞 АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ! ☺️ 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🍃🌱 Жаңадан атқан таң! 🌱🍃 🌸 Жаңадан басланған ҳәпте! 🌺 🌺 Жаңадан дүзген жобалар! 🌸 🌸 Жаңадан баслайжақ ислер! 🌺 🌺 Жаңадан болатуғын дослар! 🌸 🌸 Жаңадан алатуғын илимлер! - қутлы ҳәм берекетли болсын! 🌺 🌼 🌹 🌼 🌹 🌼 🌹 🌼 🌹 🌼 🌹 🌼 🌹 Жаңа күн, жаңа ҳәпте, жаңа жобалар сизге жаңа бахытлы сәтлерди алып келсин! 🌹 ☘ Аллаҳ таала сизиң жаңадан болатуғын ислериңизде сизге күш-ғайрат берсин! ☘ 🍀 Жаңа күн сәтли болсын! 🍀 🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹 📱http://t.me/nasiyatuz
3 55019Loading...
26
Нөкис ўақты менен 13-май күнги намаз ўақытлары 🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👇👇👇 Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
3 7185Loading...
27
#нәсият   Уллы саҳабийдиң ҳикметлери 🐝  Аллаҳтың жаратқанларын көрип турып, Аллаҳ ҳаққында гүман қылған кимсеге таң қалдым… 🕋  Өлгенлерди көрип турып, өлимди умытқан кимсеге таң қалдым… 🦋  Биринши рет пайда болыўды көрип турып, кейинги пайда болыўды жоқ деген кимсеге таң қалдым… 🏦  Паный дүньяны абат қылып, бақый (мәңги) дүньяны тәрк еткен кимсеге таң қалдым… 💧  Кеше бир тамшы суў болып, ертең мәйит болатуғын кимсениң тәкаббырлық қылғанына таң қалдым… ✨Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу✨   ««»»  ««»»  ««»»  ««»»  ««»»  ««»»  ««»» t.me/nasiyatuz
3 73211Loading...
28
#Аянышлы   Бул ўақыя араб мәмлекетлериниң биринде болып өткен. Бул ҳәр биримиз ушын ибрат болыўы лазым.   Сөзимиздиң басында жалғызлық ҳаққында бираз пикир жүргизиўди лазым деп таптық. Ҳәзирги күнде, адамлардың саны асып атырғанына қарамастан, жалғыз ҳалда қалып қойып, жалғыз жасап атырғанлардың да саны асып баратыр. Гейде перзентлери ушын барын берген, өмирин оларға бағышлаған ата-аналар қартайғанда жалғыз қалады. Бул аянышлы жағдай. Ҳәзир келтирежақ болған ўақыямыз да усыған мысал бола алады.   80 жастан асқан ҳаял өз үйинде қайтыс болып, шириўди баслайман дегенше жалғыз қалып кетеди. Оның қызы кесел анасынан бир ай даўамында хабар алмайды. Хабар алғанында болса, анасының әллеқашан-ақ шириўди баслаған, гөши сүйегинен ажыралыўды баслаған денесин табады. Бир әсирге шамалас өмирди жасап өткен, зорға ҳасаға таянып жүрген майып ҳаялдың бул дүньядағы ақырғы сәтлери қалай өткени ҳаққында экспертиза төмендегише жуўмақ шығарады:   «Ҳаял жығылып түскени себепли оның тобығы шығып кетип, сүйеги сынады. Алынған жарақатлар оғада қатал болғаны себепли ҳаял орнынан да қозғала алмайды, биреўди жәрдемге де шақыра алмайды. Ҳәттеки телефонына да жете алмайды. Ҳаял усындай аўырыўлар менен биреў келип қалыўынан үмит етип өлимин күтип жата береди. Жуўмағы болса ҳәммемизге аян…».   Сол ҳаял қандай азаплар менен өлимди қарсы алғанын биз қыялымызға да келтире алмаймыз. Бул оғада аянышлы жағдай. Аллаҳ таала оны раҳметине алған болсын. Солай екен қәдирлим, сиз ата-анаңызды қәдирлең, оларға ғамхорлық қылың. Ата-анаға жақсылық қылыў инсанның Аллаҳға таат ибадат қылыўдан кейинги орында турыўшы мәжбүрият:   «Рәббиң тек Өзине ғана ибадат қылыўыңа ҳәм ата-анаға жақсылық етиўге буйырды. (Ҳәй инсан) Егер алдыңда олардан биреўи яки екеўи де қартайса, онда оларға «уф..» – деме, оларға жекиринбе! Оларға (удайына) жақсы сөз айт».   (Исро сүреси, 23-аят).   «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» t.me/nasiyatuz
4 57143Loading...
29
#Қараң Күлимсиреў әжайып дәри: Оны достыңа берсең қуўанады; Душпаныңа берсең пушайман болады; Анаңа берсең өмири узаяды; Перзентиңе берсең меҳири артады; Танымаған адамыңа берсең сен ушын садақа әжири болады; Өмирлик жолдасыңа берсең исеними артады. Бул дәриниң зыянлы белгилери жоқ ҳәм ол ҳеш жерде сатылмайды, бәлким Аллаҳ таала оны жүзиңе жайғастырып қойған. Сәл жумсақлассаң ҳәм әлпайым болсаң дәрини ешейин аласаң. 😃 😁 😄 🙂 😆 🙃 😅 😌 😂 t.me/nasiyatuz
4 30973Loading...
30
#Аянышлы Бул ўақыя араб мәмлекетлериниң биринде болып өткен. Бул ҳәр биримиз ушын ибрат болыўы лазым. Сөзимиздиң басында жалғызлық ҳаққында бираз пикир жүргизиўди лазым деп таптық. Ҳәзирги күнде, адамлардың саны асып атырғанына қарамастан, жалғыз ҳалда қалып қойып, жалғыз жасап атырғанлардың да саны асып баратыр. Гейде перзентлери ушын барын берген, өмирин оларға бағышлаған ата-аналар қартайғанда жалғыз қалады. Бул аянышлы жағдай. Ҳәзир келтирежақ болған ўақыямыз да усыған мысал бола алады. 80 жастан асқан ҳаял өз үйинде қайтыс болып, шириўди баслайман дегенше жалғыз қалып кетеди. Оның қызы кесел анасынан бир ай даўамында хабар алмайды. Хабар алғанында болса, анасының әллеқашан-ақ шириўди баслаған, гөши сүйегинен ажыралыўды баслаған денесин табады. Бир әсирге шамалас өмирди жасап өткен, зорға ҳасаға таянып жүрген майып ҳаялдың бул дүньядағы ақырғы сәтлери қалай өткени ҳаққында экспертиза төмендегише жуўмақ шығарады: «Ҳаял жығылып түскени себепли оның тобығы шығып кетип, сүйеги сынады. Алынған жарақатлар оғада қатал болғаны себепли ҳаял орнынан да қозғала алмайды, биреўди жәрдемге де шақыра алмайды. Ҳәттеки телефонына да жете алмайды. Ҳаял усындай аўырыўлар менен биреў келип қалыўынан үмит етип өлимин күтип жата береди. Жуўмағы болса ҳәммемизге аян…». Сол ҳаял қандай азаплар менен өлимди қарсы алғанын биз қыялымызға да келтире алмаймыз. Бул оғада аянышлы жағдай. Аллаҳ таала оны раҳметине алған болсын. Солай екен қәдирлим, сиз ата-анаңызды қәдирлең, оларға ғамхорлық қылың. Ата-анаға жақсылық қылыў инсанның Аллаҳға таат ибадат қылыўдан кейинги орында турыўшы мәжбүрият: «Рәббиң тек Өзине ғана ибадат қылыўыңа ҳәм ата-анаға жақсылық етиўге буйырды. (Ҳәй инсан) Егер алдыңда олардан биреўи яки екеўи де қартайса, онда оларға «уф..» – деме, оларға жекиринбе! Оларға (удайына) жақсы сөз айт». (Исро сүреси, 23-аят). «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» t.me/nasiyatuz
10Loading...
31
#Зикирлер   Қәлеген ўақытта айтып жүриў ушын зикирлер: سُبحان اللّٰه . الحمد للّٰه . لا إله إلا اللّٰه . اللّٰه أكبر . لا حول ولا قوة إلا باللّٰه . أستغفر اللّٰه العظيم وأتوبُ إليه . اللهم صلِ وسلم على سيدنا مُحمد.💎   "Субҳаналлоҳ".   "Әлҳәмдүлилләҳ".   "Ләә иләәҳә иллаллоҳ".   "Аллоҳу әкбәр".   "Ләә ҳәўләә ўә ләә қүўўәтә илләә билләҳ".   "Астағфируллоҳәл-ъазыйм ўә әтуубу иләйҳ".   "Аллаҳуммә солли ўә сәллим ъаләә Сәййидинәә Муҳаммад". 📱http://t.me/nasiyatuz
3 26156Loading...
32
Ҳәр бир атқан таңымыз ушын Жаратқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
2 99810Loading...
33
#Таңғы_сәлемнама ☀️ 🌸 AССAЛAМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ🌸 ☀️ 🌼 Инсанның тәбияты бәрқулла жақсысына талапкер… 🌸 Күлсек те, жыласақ та жақсысы… 🌼 Жасасақ та, ҳәттеки кетер ўақытта да жақсысы болсын деймиз… 🌸 Мейли қәлегенимиз болмасын, 🌼 Тек Аллаҳ таала бизден разы болсын! 🌸 Әне сол бизлер ушын ең жақсысы. 🌼 Күнлеримиз Аллаҳтың раҳмети ҳәм мәғфиратына толсын. 🌷 …Күниңиз берекетли болсын қәдирлим… 🌷 •┈•✦•┈•✦•┈•✦•┈•✦•┈•✦•┈• 📱http://t.me/nasiyatuz
3 41315Loading...
34
Нөкис ўақты менен 12-май күнги намаз ўақытлары 🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👇👇👇 Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
3 4827Loading...
Photo unavailableShow in Telegram
Нөкис ўақты менен 16-май күнги намаз ўақытлары 🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👇👇👇 Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
Hammasini ko'rsatish...
👍 3
#Ҳикметлер ҲИКМЕТЛЕР ТЕҢИЗИНЕН    Дүнья - өзин жас қыздай қылып көрсеткен, жылўа еткен, жупар ийисли кемпир...    Рәббиңе қарап: "Мениң үлкен дәртим бар", - деме, дәртиңе қарап: "Мениң уллы Рәббим бар", - деп айт.    Тартыста биринши тоқтағанды көрсең, ол илимлирек екенин бил!    Инсан көп сөйлегенде аз ойлайды, көп ойлағанда болса аз сөйлейди.    Ақыллыман деген адам ақмақ, ақмақпан дегенниң бәри де ақыллы емес. t.me/nasiyatuz
Hammasini ko'rsatish...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 20 3
“Сиз бизге керексиз!” атамасындағы ушырасыў бойынша мағлыўмат Өзбекстан Республикасында нәгиранлар ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенсияны әмелге асырыў бойынша 2023-2025-жылларға мѳлшерленген Миллий ҳәрекетлер режеси “Жол картасы”ның 35-бәнтиниң орынланыўы жүзесинен еситиў ҳәм сѳйлеў қәбилетинде нуқсаны бар пуқаралар менен иләж ѳткериў режелестирилген. Мине усы илажды даўам етиў мақсетинде 15-май күни Нөкис қаласындағы “Имам ийшан Муҳаммад” жаме мешити мәжлислер залында республикамыздағы нәгиранлығы болған инсанлар менен ушырасыў өткерилди. Онда республикамыздан 100 ге жақын еситиў ҳәм сөйлеў қәбилетинде нуқсанлары болған нәгиранларға ислам дини ҳаққында ҳәдис ҳәм аятлардан мысаллар келтирип, түсиниклер берилди. Ушырасыў қатнасыўшылары ҳүкиметимиз тәрепинен нәгиранлығын есапқа алып, бундай диний-мәрипий ушырасыўды шөлкемлестиргени, муқәддес динимиз ҳаққында түсиниклер бергени, қәлблерине ҳидаят нурын таратқаны ушын ел басшымызға, тийисли мекеме ўәкиллерине өзлериниң миннетдаршылығын билдирди. Илажда Ѳзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитеттиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ўәкиллери, Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы қәнигеси М.Абубакирова, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов ҳәм Ѳзбекстан гереңлер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бѳлими баслығы М.Бекназаровалар қатнасып, диний-ағартыўшылық, елимиздеги әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында түсиник берди ҳәм ушырасыў қатнасыўшыларының мүрәжатлары тыңланды. Нәгиранлығы болған пуқараларға Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы “Вақф” қайырқомлық жәмәәтлик фонды Қарақалпақстан бѳлими тәрепинен ушырасыў қатнасыўшыларына азық-аўқат ѳнимлери тарқатылды. Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты. @nasiyatuz
Hammasini ko'rsatish...
👍 13 3
👍 8 2
02:25
Video unavailableShow in Telegram
#жума_марузасынан #әҳмийетли 🔹 Тема: "Ихлас сүреси тәфсири".      🎤 Устаз Бахрамаддин Разов. @nasiyatuz
Hammasini ko'rsatish...
👍 9 4
Photo unavailableShow in Telegram
#шаңарақ_күни 15-МАЙ – ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ШАҢАРАҚ КҮНИ Бүгин, 15-май Халықаралық шаңарақлар күни. Бул күн БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 1993-жыл 20-сентябрьдеги Халықаралық шаңарақ жылы резолюциясына муўапық 1994-жылдың 15-май сәнесинен берли турақлы түрде белгиленип келинеди. 😌 Бүгинги шаңарақ күни менен бәрше шаңарақларға Аллаҳ тааладан бахыт-саадат, қут-берекет тилеймиз. @nasiyatuz
Hammasini ko'rsatish...
👍 15 6
Анажан сизди сағындым
Hammasini ko'rsatish...
25👍 6🔥 5🥰 1
#Сүннет    УЙҚЫДАН ТУРҒАНДА БЕЖЕРИЛЕТУҒЫН 5 СҮННЕТ ӘМЕЛ 📌1. Жүздеги уйқы белгилерин қол менен кетириў; 📗 "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оянып, отырды ҳәм жүзин ысқылап сыйпап, уйқысын ашты". (✍Имам Мүслим рәўияты) 📌2. Төмендеги дуўаны оқыў; اَلْحَمْدُ لِلَّهِ الَّذِي أَحْيَانَا بَعْدَ مَا أَمَاتَنَا وَإِلَيْهِ النُّشُورُ "Әлҳәмдүлилләҳил-ләзий әҳяәнәә бәъдә мәә әмәәтәнәә ўә иләйҳин-нушуур" "Бизди өлтиргеннен кейин қайта тирилткен Аллаҳға ҳәмди сәне болсын. Қайта тирилиў Оның Өзине". 📌3. Аўызды мисўәк ямаса басқа нәрсе менен тазалаў; 📗"Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам уйқыдан турғанында аўзын мисўәк пенен тазалайтуғын еди". (✍Имам Бухарий ҳәм Имам Мүслим рәўияты) 📌4. Қолды жуўыў; 📗Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Қайсы бириңиз уйқыдан турсаңыз, қолларын ыдысқа салмай (ыдысларды усламай) турып, (қолын) үш рет жуўсын", деген. (✍Имам Бухарий ҳәм Имам Мүслим рәўияты) 📌5. Мурынды (тазалап) сүңгириў; 📗Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Қайсы бириңиз уйқыдан турсаңыз, мурнын үш рет шайсын, өйткени шайтан оның мурнының ишинде түнлеткен болады". (✍Имам Бухарий ҳәм Имам Мүслим рәўияты) 📱http://t.me/nasiyatuz
Hammasini ko'rsatish...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 46 8🔥 3
Photo unavailableShow in Telegram
Ҳәр бир атқан таңымыз ушын Жаратқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
Hammasini ko'rsatish...
7👍 4
00:13

👍 10 5