cookie

Sizning foydalanuvchi tajribangizni yaxshilash uchun cookie-lardan foydalanamiz. Barchasini qabul qiling», bosing, cookie-lardan foydalanilishiga rozilik bildirishingiz talab qilinadi.

avatar

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Ko'proq ko'rsatish
Reklama postlari
12 969
Obunachilar
-2824 soatlar
-1407 kunlar
+3730 kunlar

Ma'lumot yuklanmoqda...

Obunachilar o'sish tezligi

Ma'lumot yuklanmoqda...

#Турмыс   БИР АЎЫЗ СӨЗ    (турмыслық көринислерден)    Бир келиншек туўыў үйинен шықты. Досты хабар алыўға келип, гәп арасында күйеўи қандай саўға бергенин сорап қалды.    Келиншек: - Ҳеш нәрсе саўға қылмады, - деди.    Досты: - Ҳаў?! Сениң бир тийинлық қәдириң жоқ екен-ғо - деп достының турмысына бомба таслады да кетти.   Кеште жумыстан шаршап келетуғын күйеўи менен келиншек тартысатуғын, урысатуғын, сәл нәрсеге ашыўланатуғын болып қалды. Келиншек ҳәр бир гәпинде "қәдирим жоқ" дей бергенинен кейин күйеўи ажырасып кетти.    Машқала не себептен басланған еди? Достының бир аўыз сөзинен!
БИР ШАҢАРАҚТЫ БУЗЫЎ, ШАЙТАННЫҢ ЕҢ ҮЛКЕН ИСЛЕРИНЕН...
📱http://t.me/nasiyatuz
Hammasini ko'rsatish...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 31
#Пикирлең Не ушын қулақ суўы ашшы, көз суўы дузлы, аўыз суўы душшы?! 👂 Қулақтың суўы ашшы болыўының ҳикмети:
Аллаҳ таала қулақтың суўын ашшы қылып жаратты. Ол ширкейлерден сақлаўға көмеклеседи. Егер ашшы болмағанында уйқылап жатырған ўақтымызда қумырысқа ҳәм ширкейлер қулағымызға кирип кетиўи мүмкин еди.
👁 Көздиң суўы дузлы болыўының ҳикмети:
Көзлеримизге қаншадан-қанша шаң ҳәм басқа зыянлы нәрселер кириўи мүмкин. Дузлы суў усы нәрселерден сақлайтуғын ең пайдалы ҳәм әҳмийетли суйықлық. Көзге бир нәрсе кирсе ямаса түссе, сол сәтте көзимиз жасланады. Демек, бул - бийкарға емес.
🗣 Аўыздың суўы душшы болыўының ҳикмети:
Аўыздың суўы душшы болғаны себепли ҳәр қандай дәмди ажырата алыў қәбилетине ийемиз. Егер аўыздың суўы ашшы ямаса дузлы болғанында нәрселердиң дәмин биле алмайтуғын едик.
👇🌸👇🌸👇🌸👇🌸👇🌸👇🌸👇🌸👇 t.me/nasiyatuz
Hammasini ko'rsatish...
👍 57 15🥰 1
#Зикир    Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ләә ҳаўлә ўә ләә қүўўәтә илләә билләәҳ"ты көбирек айт. Әлбетте, ол жәннеттиң ғәзийнелеринен бир ғәзийне", деди.    Имам Термизий рәўияты. 📱http://t.me/nasiyatuz
Hammasini ko'rsatish...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 32 6🥰 6
Ҳәр бир атқан таңымыз ушын Жаратқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
Hammasini ko'rsatish...
👍 12 6🥰 2
#Таңғы_сәлемнама 🌼 Сәлем болсын! 🌸 Кеўили гөззал инсанларға… 🌼 Ишинде кек сақламағанларға… 🌸 Ҳәр бир исин Аллаҳ ушын қылғанларға… 🌼 Узақлардан, «кимнен болса да болсын», деп сәлем күтип атырғанларға… 🌸 «Негизи оған ҳеш киммен», деп сонда да сәлем күткен бирадарыма айтамыз: 🌼 Ассаламў алайкум ҚӘДИРЛИМ! 🌸 Күниңиз берекетли болсын!🌸 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! Telegram каналымыз:👉 t.me/nasiyatuz Instagram каналымыз:👉 instagram Youtube каналымыз:👉 Youtube Facebook каналымыз:👉 Facebook
Hammasini ko'rsatish...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 15 5
Нөкис ўақты менен 1-май күнги намаз ўақытлары 🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👇👇👇 Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
Hammasini ko'rsatish...
👍 20 2
#Пикирлең ПЕРЗЕНТТИҢ ӘКЕСИНДЕГИ ҲАҚЫЛАРЫ 1. Перзент ушын ақыллы, парасатлы, пәкизе ана таңлаў. 2. Шырайлы, мәнили ат қойыў. 3. Гөззал тәрбия бериў. 4. Балаға мийриман болыў. 5. Баланы ғарғамаў. 6. Перзентке жақсылық қылыў. 7. Ҳадал жол менен бағыў. 8. Билим, әдеп ҳәм өнер үйретиў. 9. Олар ушын жақсы дуўалар қылыў. 10. Перзентлериниң арасында әдалатлы болыў. 11. Қолынан келмейтуғын, аўыр ислерди буйырмаў. 12. Бақлаў. 13. Жақсы ислерин марапатлаў. 14. Орынлы тәмби бериў ҳәм жазалаў. 15. Перзентке балалық бахытын сезиндириў. 16. Аўзынан шырайлы сөзлер шығыўын тәмийинлеў. 17. Ибадат қылыўға әдетлендириў. 19. Мәртлик ҳәм сақыйлыққа үйретиў. ~ ~ ~ ~ ~ ~ ~ ~ ~ ~ ~
Перзентти үйлендириў, үйли-жайлы қылыў, жумысқа орналастырыў әкениң мойнындағы ўазыйпа емес. Перзент буларға өзи ерисиўи лазым. Өзи ер жеткен жигит ушын бул ислерди әке қылып бериўиниң өзи уятлы ис.
t.me/nasiyatuz
Hammasini ko'rsatish...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 41 7🔥 3
#әҳмийетли ❓Сораў: Рухсат етилген диний мазмундағы әдебиятты басқаларынан қандай ажыратыў мүмкин? @nasiyatuz
Hammasini ko'rsatish...
👍 11 2
#әҳмийетли 👉 Миссионерлик не? @nasiyatuz
Hammasini ko'rsatish...
👍 9 1
#Қараң МОТИВАЦИЯ Детройтдағы электр компаниясында жас механик ҳәптесине 11 доллар ғана табатуғын еди. Күнине 10 саат ислейтуғын ҳәм буған кеўли толатуғын еди. Күндизи жумыс ислейтуғын, түнде өзиниң устаханасында двигатель жаратыў үстинде бас қатыратуғын еди. Әкеси оған бос ислер менен шуғылланбаўды уқтыратуғын, қоңсылар болса оны тентек деп атайтуғын еди. Ҳеш ким жигиттиң қолынан бир ис келиўине исенбейтуғын еди. Оған тек келиншеги мотивация беретуғын еди. Келиншеги түни менен күйўеўиниң жумысының басында оған керосин лампа тутып туратуғын, күйеўиниң қолы май болып қалғанда тазалап қоятуғын, күйеўин бәрҳа қоллап қуўатлайтуғын еди. Бир күни қоңсылар оғада ҳайранлар қалды. Себеби сол тентек жигит келиншеги менен көшеге әлле қандай нәрсени минип шығып келди. Атта жүрип үйренген адамларға бул нәрсе мөжиза еди. Өзи қолдан автокөлик соққан жигиттиң аты тез арада елге жайылды: Генри Форд… Оның атынан машиналар ислеп шығарыла баслады. Журналистлер оған сораўлар беретуғын еди: – Және туўылғаныңызда ким болып туўылыўды қәлейтуғын едиңиз? – Ким болсам да парықы жоқ, тек келиншегим қасымда болса болды! – дейтуғын еди. 📱http://t.me/nasiyatuz
Hammasini ko'rsatish...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 44🥰 12 3🔥 3