Adep.uz | Рәсмий канал
Відкрити в Telegram
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Тақыятас районы «Муҳаммад Мурад ийшан» жаме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Мағлыўматлар - қарақалпақ, өзбек ҳәмде туркмен тиллеринде қойып барылады.
Показати більше610
Підписники
-524 години
-107 днів
-4830 день
Архів дописів
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
Мәмлекетимиздиң Ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрамы мүнәсибети менен диний тараў хызметкерлери қатнасында стол тенниси жарысы өткерилди
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
+6
Биринши ярым жылдың жуўмағына бойынша жыйналыс болып өтти
Бүгин Қарақалпакстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов басшылығында Нөкис «Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний» орта арнаўлы ислам билим журты мәжилислер залында республикамыздағы мешит имам-хатиб ҳәм имам-найыплары қатнасында 2026-жылдың 6 айлық жуўмағы бойынша жыйналыс болып өтти.
Жыйналыста диний тараў қәнигелерине тийисли болған ўазыйпалар, жетискенликлеримиз бенен бирге кемшиликлердиң де бар екенлиги, алдағы ўақытта исленетуғын жумыслар, имам-хатиблер искерлигин еле де асырыў, гүз-қыз мәўсимине пухта таярлықлар кѳриў, мәҳәлле ҳәм қәбирстанларда тазалаў, абаданластырыў жумысларын алып барыў, имам-хатиблердиң өзлерине бириктирилген мәҳәллелер менен тығыз байланыста болыў, мийнет мигрантлары ҳәм олардың жақынлары менен тығыз байланыста жумыс алып барыў ҳǝм басқа да ǝҳимийетли мǝселелер ҳаққында сѳз болды ҳәм алдағы ислениўи керек болған ўазыйпалар белгилеп алынды.
Б.АББАЗОВ, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкери.
_______________
Биринчи ярим йиллик якуни бўйича йиғилиш бўлиб ўтди
Бугун Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти қозиси Б.Разов раҳбарлигида Нукус «Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний» ўрта махсус ислом билим юрти мажлислар залида республикамиздаги масжид имом-хатиби ва имом-ноиблари иштирокида 2026 йилнинг 6 ойлик якуни бўйича йиғилиш бўлиб ўтди. Йиғилишда диний соҳа мутахассисларига тегишли бўлган вазифалар, ютуқларимиз билан бирга камчиликларнинг ҳам борлиги, олдинда қилинадиган ишлар, имом-хатиблар фаолиятини янада ошириш, куз-қиш мавсумига пухта тайёргарлик кўриш, маҳалла ва қабристонларда тозалаш, ободонлаштириш ишларини олиб бориш, имом-хатибларнинг ўзларига бириктирилган маҳаллалар билан яқин алоқада бўлиш, меҳнат мигрантлари ва уларнинг яқинлари билан биргаликда иш олиб бориш ва бошқа муҳим масалалар ҳақида сўз юритилди ва олдинда қилиниши керак бўлган вазифалар белгилаб олинди. Б.АББАЗОВ, Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти ходими.Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
+5
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрамы мүнәсибети менен диний тараў хызметкерлери қатнасында стол тенниси жарысы өткерилди
Бүгин, Өзбекстан мусылманлары басқармасы басламасы менен Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы мешит имам-хатиб ҳәм имам-найыплары қатнасында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрамы мүнәсибети менен спорттың стол тенниси жарысы шѳлкемлестирилди.
Жарыс пайтахтымыздағы Нөкис олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында болып өтти.
Диний тараў хызметкерлери арасында болып ѳткен бул стол тенниси жарысында болса 1-орын Тахтакөпир районы «Абдулкарийм ахун» жоме мешити имам-хатиби И.Аметниязов, 2-орын Төрткүл районы «Ғоиб ата» мешити имам найыбы Р.Комилжанов, 3-орын Беруний районы «Султан увас баба» жоме мешити имам-найыбы О.Мащаловлар жеңимпаз деп табылды.
Жарыс жуўмағында Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары А.Алланиязов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов ҳәм Нөкис «Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний» орта арнаўлы ислам билим журты директоры Ж.Абдираззақовлар жарыс қатнасыўшыларын жеңислери менен қутлықлап, алдағы ўақыттағы жумысларында табыслар тиледи, жарыс жеңимпазларына «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан бөлими тәрепинен естелик саўғалар берилди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
_________________
Ўзбекистон Республикаси Мустақиллигининг 35 йиллик байрами муносабати билан диний соҳа ходимлари иштирокида стол тенниси мусобақаси ўтказилди
Бугун, Ўзбекистон мусулмонлари идораси ташаббуси билан Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти тизимида фаолият кўрсатиб турган масжид имом-хатиб ва имом-ноиблари иштирокида Ўзбекистон Республикаси Мустақиллигининг 35 йиллиги байрами муносабати билан спортнинг стол тенниси мусобақаси ташкил этилди. Мусобақа пойтахтимиздаги Нукус олимпия ва паралимпия спорт турларига тайёрлаш марказида бўлиб ўтди. Диний соҳа ходимлари ўртасида бўлиб ўтган ушбу стол тенниси мусобақасида 1-ўрин Тахтакўпир тумани «Абдулкарим охун» жоме масжиди имом-хатиби И.Аметниязов, 2-ўрин Тўрткўл тумани «Ғоиб ота» масжиди имом ноиби Р.Комилжонов, 3-ўрин Беруний тумани «Султон увос бобо» жоме масжиди имом-ноиби О.Машаловлар ғолиб деб топилди. Мусобақа якунида Қорақалпоғистон Республикаси Вазирлар Кенгаши раиси ўринбосари А.Алланиязов, Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти қозиси Б.Разов ва Нукус «Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний» ўрта махсус ислом билим юрти директори Ж.Абдираззақовлар мусобақа иштирокчиларини ғалабалари билан табриклаб, келгуси ишларида муваффақиятлар тилади, мусобақа ғолибларига «Вақф» хайрия жамоат фонди Қорақалпоғистон бўлими томонидан эсдалик совғалари топширилди. Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиётиБизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
+6
"Жетимлерге ғамхор болайық!"
Бүгин, 24-июль күни Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин дамла Разов Беруний районы "Бадр ата" жоме мешитинде жума намазын оқыды.
Жәмәәт намазынан алдын Бахрамаддин домла жыйналған жәмәәтке "Жетимлерге жәрдем бериў - жәннет гилти!" атамасында пайдалы баянат оқып берди.
Баянатта атап өтилгениндей, Исламда жетимди кепилликке алыў жәннетке алып барыўшы жоллардың бири деп тән алынған. Демек, жетимлерге жәрдем бериў ҳәм олардың мал-мүлкин көбейтиў мақсетинде жетимлерди кепиллик ҳәм қорғаўға алыў Аллаҳ тааланың нәзеринде жақсы әмел.
Абу Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылыўынша, бир адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламға қәлбиниң қаттылығынан шағым етеди, сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу әлейҳиссалам: "Жетимниң басын сыйпаң ҳәм мүтәжди аўқатландырың" деп жуўап берди (Имам Аҳмад рәўияты).
Бул ҳәдислерден белгили болады, жетимге жақсылық қылыў тек ғана оның материаллық мүтәжлигин қанаатландырыў менен шекленбейди. Оның басын сыйпап, жақсы сөз айтыў, меҳир көрсетиў сыяқлы әпиўайы көринген әмеллер де Аллаҳ тааланың нәзеринде уллы саўаплы ислерден есапланады.
Сәўбетлесиў соңында халқымыздың тынышлығы ҳәм абаданлығы, шаңарақлардың татыўлығы ҳәм перзентлеримиздиң камал табыўын тилеп пәтия етилди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
_______________
"Етимларга ғамхўр бўлайлик!"
Бугун, 24 июль куни Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти қозиси Бахрамаддин дамла Разов Беруний тумани "Бадр ота" жоме масжидида жума намозини адо этдилар. Жамоат намозидан аввал Бахрамаддин домла йиғилган намозхонларга "Етимларга ёрдам бериш – жаннат калити!" мавзусида манфаатли маъруза қилиб бердилар. Маърузада таъкидланганидек, Исломда етимни кафолатга олиш жаннатга олиб борувчи йўлларнинг бири деб эътироф этилган. Демак, етимларга ёрдам бериш ва уларнинг молларини кўпайтириш мақсадида етимларни кафиллик ва ҳимояга олиш Аллоҳ таолонинг наздида яхши амалдир. 📿 Абу Ҳурайра розияллоҳу анҳудан ривоят қилинишича, бир киши Расулуллоҳ соллаллоҳу алайҳи васалламга қалбининг қаттиқлигидан шикоят қилади, шунда у зот алайҳиссалом: “Етимни бошини силанг ва мискинга таом едиринг”, деб жавоб бердилар (Имом Аҳмад ривояти). Бу ҳадислардан маълум бўладики, етимга яхшилик қилиш фақат унинг моддий эҳтиёжини қондириш билан чекланмайди. Унинг бошини силаш, яхши сўз айтиш, меҳр кўрсатиш каби оддий кўринган амаллар ҳам Аллоҳ таолонинг наздида улуғ савобли ишлардан ҳисобланади. 🤲 Файзли суҳбат якунида эл-юртимиз тинчлиги ва фаровонлиги, оилалар тотувлиги ҳамда фарзандларимиз камолини сўраб хайрли дуолар қилинди. ✅ Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиётиБизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
Хожели районында «Жақсылық ҳәм ағартыўшылық үгит-нәсиятлаўшылары» басламасы тийкарында әмелий илаж өткерилди
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
КЕЎИЛ БИЛДИРИЎ
Беруний районы «Бадр ата» жоме мешити имам-хатиби Жумамуратов Ислам дамланың ҳүрметли анасының қайтыс болыў мүнәсибети менен Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, қазыятқа қараслы бәрше мешит имам-хатиблери ҳәм де Нѳкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресеси жǝмǝǝти атынан кеўил билдиремиз.
Аллаҳ таала марҳуманың барлық саўаплы әмеллерин жолдасы қылып, Өзиниң мағфиратына алсын.
Ҳақ таала марҳуманың жақынлары, перзентлерине шырайлы сабыр берип, бул қайғыларына сыйлықлар берсин.
Иннаа лиллааҳи уа иннаа илайҳи рожиъуун.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
________
ТАЪЗИЯ Беруний тумани "Бадр ота" жоме масжиди имом-хатиби Жумамуратов Ислом домланинг ҳурматли онасининг вафот этиши муносабати билан Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти, қозиётига қарашли барча масжид имом-хатиблари ҳамда Нукус Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний мадрасаси жамоати номидан ҳамдардлик билдирамиз. Аллоҳ таоло марҳуманинг барча савобли амалларини йўлдоши қилиб, Ўзининг мағфиратига олсин. Ҳақ таоло марҳуманинг яқинлари, фарзандларига чиройли сабр бериб, бу қайғуларига мукофотлар берсин. Инна лиллаҳи ва инна илайҳи рожиъун. Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиётиБизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
Үйлериңизди, машиналарыңызды, ҳаялларыңызды, перзентлериңизди ҳәм тағамларыңызды сүўретке алыўды тоқтатың!
Себеби, сизлерге берекет тилеп, дуўа қылыўшы көзлерден көре қызғаншақ, көре алмайтуғынлардың көзлери көбирек.
Доктор Аҳмад Иса Маъсараўий.
___
Уйларингиз, машиналарингиз, аёлларингиз, фарзандларингиз ва таомларингизни суратга олишни тўхтатинглар! Чунки сизларга барака тилаб дуо қилувчи кўзлардан кўра ҳасадчи, кўролмасларнинг кўзлари кўпроқдир. Доктор Аҳмад Исо Маъсоравий.Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
Хўжайли туманида «Эзгулик ва маърифат тарғиботчилари» ташаббуси асосида амалий тадбир ўтказилди «Эзгулик ва маърифат тарғиботчилари» ташаббуси билан Ўзбекистон мусулмонлари идораси ва Дин ишлари бўйича қўмитаси ҳамкорлигида ўтказиб келинаётган амалий тадбир бугун Хўжайли туманида ўтказилди. Тадбирни Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти қозиси, Баҳраматдин домла Разов бошқариб борди. Тумандаги марказий «Пирим эшон» жоме масжидида ўтказилган ташкилий йиғилишга Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти раҳбарлари, туман-шаҳар бош имом-хатиблари ҳамда Хўжайли туманидаги масжид имом-хатиблари, ўринбосарлари, Ҳаж зиёратчилари ва маҳалла раислари таклиф этилди. Тадбирдан мақсад имом-хатибнинг маънавий-маърифий ва масжидни бошқариш йўналишларидаги фаолиятини яқиндан ўрганиш, улар билан ҳамкорликда маънавий-маърифий тадбирлар ўтказиш, уларга амалий ёрдам ва маслаҳат беришдан иборат. Ишчи гуруҳ аъзолари Хўжайли туманининг 2 та масжиди ва 14 та маҳалласига бириктирилди. Гуруҳ аъзолари ва имом-хатиблар ўзларига бириктирилган маҳалла ҳудудидан ҳаж зиёратчисини маънавий-маърифий тадбирларга жалб этди. Биргаликда маҳалланинг муаммоли хонадонларига кириб, у ерда яшаётганлардан ҳол-аҳвол сўради. Уларнинг муаммоларини ўрганди ва фикр-таклифларини тинглади. Шунингдек, маҳаллалардаги уюшмаган ёшлар билан профилактик суҳбатлар, тушунтириш ва тарғибот ишлари олиб борилди. Халқ билан учрашувларда тинчлик ва осойишталик мавзусида суҳбатлашди. Ҳомийлар кўмагида мом-хатиблар 10 тоифага мансуб 72 та хонадонга кириб, маънавий-маърифий тарғибот, моддий ва амалий ёрдам тадбирларини олиб борди. Ёрдамга муҳтож хонадан фарзандларига мактаб формалари берилди. Шундан, ажрим ёқасида турган 6 оилага маънавий-маърифий тушунчалар берилди. - Эр-хотин, қайнона-келин, ўртасидаги келишмовчилик ва жанжаллар туфайли нотинч бўлган 8 та хонадон ўрганилиб, уларга насиҳат берилди. Нотинчлик сабабларини бартараф этиш, аразлашганларни яраштириш чоралари кўрилди. 8 та ҳолатда аразлашган, жанжаллашганлар яраштирилди; - 3 та оилада спиртли ичимликка ружу қўйганлар билан суҳбат ўтказилди. Зарарли одатлардан сақланиш ҳақида насиҳат қилинди. - ногирон ва бемор, ёрдамга муҳтож фуқаролар, шунингдек, табаррук ёшдаги кексалар яшайдиган 53 та хонадонга кириб, уларнинг ҳолидан хабар олди, совға-саломлар ва ногиронлик аравачалари берилди, даволаниш ва дори-дармон учун моддий ёрдам кўрсатилди. Шунингдек, йиғилиш якунида Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти қозиси Баҳраматдин Разов қабристонлар ва зиёратгоҳларни обод қилиш, «Яшил энергия», «Масжиднинг молиявий ишларини тартибга солиш, тушумларнинг шаффофлигини таъминлаш ва ошириш» ҳамда «Муқобил энергия манбаларидан тежамли фойдаланиш» бўйича зарур кўрсатма ва муҳим тавсияларни берди. Ишчи гуруҳ аъзолари ўзларига бириктирилган масжидларда пешин намозини ўқиб, йиғилган қавмга «Тинчлик ва хотиржамлик инъоми», «Ўзаро ҳамжиҳатлик», «Янги Ўзбекистонда инсон қадри» каби муҳим мавзуларда маърузалар қилди. Йиғилиш якунида амалга оширилган ишлар таҳлил қилиниб, Хўжайли тумани имом-хатибларининг маънавий-маърифий ва масжид бошқарувидаги фаолиятини янада ривожлантириш бўйича кўрсатма ва тавсиялар берилди. Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиётиБизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
+5
Хожели районында «Жақсылық ҳәм ағартыўшылық үгит-нәсиятлаўшылары» басламасы тийкарында әмелий илаж өткерилди
«Жақсылық ҳәм ағартыўшылық үгит-нәсиятлаўшылары» басламасы менен Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм Дин ислери бойынша комитети менен биргеликте өткерилип киятырған әмелий илаж бүгин Хожели районында өткерилди. Илажды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, устаз Бахраматдин Разов басқарып барды.
Райондағы орайлық «Пирим ийшан» мешитинде өткерилген шөлкемлестириў мәжилисине Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының басшылары, район-қала бас имам-хатиблери ҳәм де Хожели районындағы мешит имам-хатиблери, орынбасарлары, Ҳаж зыярашылары ҳәм мәҳәлле баслықлары мирәт етилди.
Илаждан мақсет имам-хатибтиң руўхый-ағартыўшылық ҳәм мешитти басқарыў бағдарларындағы жумысын жақыннан үйрениў, олар менен биргеликте руўхый-ағартыўшылық илажлар өткериў, оларға әмелий жәрдем ҳәм мәсләҳәт бериўден ибарат.
Исши топар ағзалары Хожели районының 2 мешити ҳәм 14 мәҳәллесине бириктирилди.
Топар ағзалары ҳәм имам-хатиблер өзлерине бириктирилген мәҳәлле аймағынан ҳаж зыярашысын руўхый-ағартыўшылық илажларға тартты. Биргеликте мәҳәллениң машқалалы шаңарақларына кирип, ол жерде жасап атырғанлардан ҳал-жағдайларынан хабар алды. Олардың машқалаларын үйренди ҳәм пикир-усынысларын тыңлады. Сондай-ақ, мәҳәллелердеги жәмлеспеген жаслар менен профилактикалық сәўбетлер, түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Халық пенен ушырасыўларда тынышлық ҳәм парахатшылық темасында сәўбетлести.
Қәўендерлер көмеги менен имам-хатиблер 10 категорияға тийисли 72 шаңараққа кирип, руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў материаллық ҳәм әмелий жәрдем илажларын алып барды. Жәрдемге мүтәж шаңарақ перзентлери ушын мектеп формалары берилди.
Соннан, ажырасыў алдында турған 6 шаңараққа руўхый-ағартыўшылық түсиниклер берилди.
- Ерли-зайып, қәйин ене-келин, арасындағы келиспеўшилик ҳәм жәнжеллер себепли тыныш болмаған 8 шаңарақ үйренилип, оларға нәсият берилди. Тынышсызлық себеплерин сапластырыў, аразласқанларды жарастырыў илажлары көрилди. 8 жағдайда аразласқан, жәнжеллескенлер жарастырылды;
- 3 шаңарақта ишкилик тәсирине түскенлер менен сәўбет өткерилди. Зыянлы әдетлерден сақланыў ҳаққында нәсият етилди.
- майып ҳәм наўқас, жәрдемге мүтәж пуқаралар, сондай-ақ, теберик жастағы кекселер жасайтуғын 53 шаңараққа кирип, олардың ҳалынан хабар алды, саўға-сәлемлер ҳәм майыплық арбашалары берилди, емлениў ҳәм дәри-дәрмақ ушын материаллық жәрдем көрсетилди.
Сондай-ақ, мәжилис соңында Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Бахраматдин Разов қәбирстанларды ҳәм зыярат орынларын абат етиў, «Жасыл энергия», «Мешиттиң финанслық жумысларын тәртипке салыў, түсимлердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм арттырыў» және «Альтернатив энергия дәреклеринен үнемли пайдаланыў» бойынша зәрүр көрсетпе ҳәм әҳимийетли усынысларды берди.
Исши топар ағзалары өзлерине бириктирилген мешитлерде песин намазын оқып, жыйналған қәўимге «Тынышлық ҳәм қәтержамлық инәмы», «Өз-ара аўызбиршилик», «Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири» усаған әҳимийетли темаларда баянатлар қылынды.
Илаж соңында әмелге асырылған жумыслар талқыланып, Хожели районы имам-хатиблериниң руўхый-ағартыўшылық ҳәм мешит басқарыўдағы жумысларын еле де раўажландырыў бойынша көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
#мүрәжәт
«МӘҲӘЛЛЕ АБАДАНШЫЛЫҒЫ, КЕЛЕШЕК ПӘРАЎАНЛЫҒЫ!!!»
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин дамла Разов
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
#мүрәжәт
«МӘҲӘЛЛЕ АБАДАНШЫЛЫҒЫНА ҮЛЕС ҚОСАЙЫҚ!!!»
Қарақалпақстан республикасы «Нураный» қоры бөлими баслығы Турсынбай Әбдижаббаров
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
Шоманай районында «Жақсылық ҳәм ағартыўшылық үгит-нәсиятлаўшылары» басламасы тийкарында әмелий илаж өткерилди
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
Шуманай туманида "Яхшилик ва маърифат тарғиботчилари" ташаббуси асосида амалий тадбир ўтказилди Ўзбекистон мусулмонлари идораси раиси, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари ва бутун Республикамиздан муборак Ҳаж сафарига борган Ўзбекистон зиёратчиларининг Президент Шавкат Мирзиёевга Қурбон ҳайити муносабати билан йўллаган табригида "Эзгулик ва маърифат тарғиботчилари" ташаббуси ҳамда 2026 йил "Маҳаллаларни ривожлантириш ва жамиятни юксалтириш йили" деб номланиши муносабати билан Ўзбекистон мусулмонлари идораси ва Дин ишлари бўйича қўмита ҳамкорлигида ўтказиб келинаётган навбатдаги амалий тадбир 2026 йил 15 июль куни Шуманай туманида ўтказилди. Тадбирни Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти қозиси, устоз Баҳраматдин Разов бошқариб борди. Тумандаги марказий "Шуманай" масжидида ўтказилган ташкилий йиғилишга Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти раҳбарлари, туман-шаҳар бош имом-хатиблари ҳамда Шуманай туманидаги масжид имом-хатиблари, ўринбосарлари, Ҳаж зиёратчилари ва маҳалла раислари таклиф этилди. Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти қозиси, устоз Баҳраматдин Разов амалга ошириладиган ишлар кўлами, ишчи гуруҳ аъзолари ва имом-хатибларнинг ҳамкорлигининг муҳим жиҳатларини тушунтирди. Мақсад имом-хатибнинг маънавий-маърифий ва масжидни бошқариш йўналишларидаги фаолиятини яқиндан ўрганиш, улар билан ҳамкорликда маънавий-маърифий тадбирлар ўтказиш, уларга амалий ёрдам ва маслаҳат беришдан иборат экани таъкидланди. Ишчи гуруҳ аъзолари Шуманай туманининг 2 та масжиди ва 13 та маҳалласига бириктирилди. Гуруҳ аъзолари ва имом-хатиблар ўзларига бириктирилган маҳалла ҳудудидан ҳаж зиёратчисини маънавий-маърифий тадбирларга жалб этди. Биргаликда маҳалланинг муаммоли хонадонларига кириб, у ерда яшаётганлардан ҳол-аҳвол сўради. Уларнинг муаммоларини ўрганди ва фикр-таклифларини тинглади. Шунингдек, маҳаллалардаги уюшмаган ёшлар билан профилактик суҳбатлар, тушунтириш ва тарғибот ишлари олиб борилди. Халқ билан учрашувларда тинчлик ва осойишталик олий неъмат экани кенг тарғиб қилинди. Имом-хатиблар 10 тоифага мансуб 78 та хонадонга кириб, маънавий-маърифий тарғибот, моддий ва амалий ёрдам тадбирларини олиб борди. Шунингдек, йиғилиш якунида Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиёти қозиси Баҳраматдин Разов қабристонларни ва зиёратгоҳларни обод қилиш, "Яшил энергия," "Масжиднинг молиявий ишларини тартибга солиш, тушумларнинг шаффофлигини таъминлаш ва ошириш" ҳамда "Муқобил энергия манбаларидан тежамли фойдаланиш" бўйича зарур кўрсатма ва муҳим тавсияларни берди. Ишчи гуруҳ аъзолари ўзларига бириктирилган масжидларда пешин намозини ўқиб, йиғилганларга "Тинчлик ва хотиржамлик неъмати," "Ўзаро ҳамжиҳатлик," "Янги Ўзбекистонда инсон қадри," "Шукроналик - улуғ фазилат," "Фарзанд тарбияси," "Киберхавфсизлик замон талаби," "Гиёҳвандлик жамият душмани," "Мазҳабга эргашиш ва ёт ғоялар таъсиридан сақланиш" каби муҳим мавзуларда маърузалар қилди. Тадбир якунида амалга оширилган ишлар таҳлил қилиниб, Шуманай тумани имом-хатибларининг маънавий-маърифий ва масжид бошқарувидаги ишларида кузатилган камчиликларни бартараф этиш бўйича кўрсатма ва тавсиялар берилди. Қорақалпоғистон мусулмонлари қозиётиБизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
+5
Шоманай районында «Жақсылық ҳәм ағартыўшылық үгит-нәсиятлаўшылары» басламасы тийкарында әмелий илаж өткерилди
Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәзиретлери ҳәм пүткил Республикамыздан мүбәрек Ҳаж сапарына барған Өзбекстан зыярашыларының Президент Шавкат Мирзиёевқа Қурбан ҳайыты мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўында «Жақсылық ҳәм ағартыўшылық үгит-нәсиятлаўшылары» басламасы және 2026-жыл «Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў» жылы деп аталыўы мүнәсибети менен Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм Дин ислери бойынша комитети менен биргеликте өткерилип киятырған әмелий илаждың нәўбеттегиси 2026-жыл 15-июль күни Шоманай районында өткерилди. Илажды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, устаз Бахраматдин Разов басқарып барды.
Райондағы орайлық «Шоманай» мешитинде өткерилген шөлкемлестириў мәжилисине Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының басшылары, район-қала бас имам-хатиблери ҳәм де Шоманай районындағы мешит имам-хатиблери, орынбасарлары, Ҳаж зыярашылары ҳәм мәҳәлле баслықлары мирәт етилди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, устаз Бахраматдин Разов әмелге асырылатуғын жумыслардың көлеми, исши топар ағзалары ҳәм имам-хатиблердиң бирге ислесиўиниң әҳимийетли тәреплерин түсиндирди. Мақсет имам-хатибтиң руўхый-ағартыўшылық ҳәм мешитти басқарыў бағдарларындағы жумысын жақыннан үйрениў, олар менен биргеликте руўхый-ағартыўшылық илажлар өткериў, оларға әмелий жәрдем ҳәм мәсләҳәт бериўден ибарат екени атап өтилди.
Исши топар ағзалары Шоманай районының 2 мешити ҳәм 13 мәҳәллесине бириктирилди.
Топар ағзалары ҳәм имам-хатиблер өзлерине бириктирилген мәҳәлле аймағынан ҳаж зыярашысын руўхый-ағартыўшылық илажларға тартты. Биргеликте мәҳәллениң машқалалы шаңарақларына кирип, ол жерде жасап атырғанлардан ҳал-жағдайларынан хабар алды. Олардың машқалаларын үйренди ҳәм пикир-усынысларын тыңлады. Сондай-ақ, мәҳәллелердеги жәмлеспеген жаслар менен профилактикалық сәўбетлер, түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Халық пенен ушырасыўларда тынышлық ҳәм парахатшылық жоқары инәм екенлиги кеңнен үгит-нәсиятланды. Имам-хатиблер 10 категорияға тийисли 78 шаңараққа кирип, руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў материаллық ҳәм әмелий жәрдем илажларын алып барды.
Сондай-ақ, мәжилис соңында Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Бахраматдин Разов қәбирстанларды ҳәм зыярат орынларын абат етиў, «Жасыл энергия», «Мешиттиң финанслық жумысларын тәртипке салыў, түсимлердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм арттырыў» және «Альтернатив энергия дәреклеринен үнемли пайдаланыў» бойынша зәрүр көрсетпе ҳәм әҳимийетли усынысларды берди.
Исши топар ағзалары өзлерине бириктирилген мешитлерде песин намазын оқып, жыйналған қәўимге «Тынышлық ҳәм қәтержамлық инәмы», «Өз-ара аўызбиршилик», «Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири», «Шүкиршилик - уллы пазыйлет», «Перзент тәрбиясы», «Киберқәўипсизлик заман талабы», «Нәшебентлик жәмийет душпаны», «Мазҳабқа ериў ҳәм жат идеялар тәсиринен сақланыў» усаған әҳимийетли темаларда баянатлар қылынды.
Илаж соңында әмелге асырылған жумыслар талқыланып, Шоманай районы имам-хатиблериниң руўхый-ағартыўшылық ҳәм мешит басқарыўдағы жумысларында бақланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Repost from Paziyletuz | Рәсмий канал
«Нәшебентлик затлар ҳаққында»
Айбек дамла Жолаўшиев
Нөкис қаласы «Шайҳ Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф» жоме мешити имам - хатиби
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
