cookie

Ми використовуємо файли cookie для покращення вашого досвіду перегляду. Натиснувши «Прийняти все», ви погоджуєтеся на використання файлів cookie.

avatar

NIYET.UZ | Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.

Більше
Рекламні дописи
2 641
Підписники
-424 години
+77 днів
+1730 днів

Триває завантаження даних...

Приріст підписників

Триває завантаження даних...

Фото недоступнеДивитись в Telegram
#таңғы_дуўа ТАҢДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА Абдуллаҳ ибн Ғаннам разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким таң атқанда: «Аллооҳуммә мәә асбаҳа бий мин ниъматин фәминкә ўаҳдәкә ләә шәрийкә ләк, фәләкәл ҳамду ўә ләкәш шукр», десе, күндиздиң шүкирин ада қылыпты. Ким усы дуўаны кеш киргенинде айтса, кешесиниң шүкирин ада қылыпты», деди . Мәниси: Аллаҳым, мен менен таң аттырған неъматлар Сен тәрептен. Сен жалғызсаң, Сениң шеригиң жоқ. Саған ҳамд ҳәм шүкирлер болсын. Әбиў Даўыт рәўияты. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
#namaz_waqıtları ⏰Нөкис қаласы ўақты менен 24-июнь күнги намаз ўақытлары 📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ:  ⏰  ТАҢ — 04:35 ⏰ ПЕСИН — 13:30 ⏰  НАМАЗЛЫГЕР — 18:30 ⏰  ШАМ — 20:50 ⏰  ҚУПТАН — 22:40 Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен 🕕 Таҳажжуд — 02:35 🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00 🕠 Әўўәбийн — 21:00 •┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Показати все...
👍 2
Фото недоступнеДивитись в Telegram
#қайырлы_түн Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады: «Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады». Аллаҳтың зикринде болған инсан - жәннетке күлген ҳалында киреди. Ибнул Қаййум раҳимаҳуллаҳ. 📿 СУБҲАНАЛЛОҲ! 📿 ӘЛҲӘМДУЛИЛЛАҲ! 📿 АЛЛОҲУ АКБАР! 📿 ЛӘ ИЛӘҲӘ ИЛЛАЛЛОҲ! 📿АЛЛООҲУММА СОЛЛИ ЪАЛӘӘ СӘЙЙИДИНӘӘ МУҲАММАД! Қайырлы түн әзизлер! •┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈• Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Показати все...
4
Фото недоступнеДивитись в Telegram
#ҳикмет Инсанның өмири үш бөлимнен ибарат болады: 1. Ўақытқа тийисли өмири: Ол туўылған күнинен басланады. 2. Ақылға тийисли өмири: Ол Аллаҳ оған пикирлеўди берген күннен басланады. Гейде оның ақылы ўақытқа тийисли өмиринен узағырақ болады, ал гейде қысқарақ та болады. 3. Илимий өмири: Ал, ол илим алыўды баслаған күнинен басланады. Улама Муҳаммад Аўўама нәсиятларынан. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Показати все...
5
#тәрбия СӨЙЛЕЎ МӘДЕНИЯТЫ Сөйлеўдиң өз шәртлери бар. Ким бул шәртлерге әмел қылмаса, адасқан болады. 1. Сөйлеў ушын себеп болыўы керек. Оннан пайда алыў яки ол менен бир зыянды жоқ етиў нәзерде тутылыўы керек. Сол мақсетлерден басқа ҳалда сөйлеў, бийҳуда сөйлеў болады. Себепсиз сөйлеў өз ийесиниң айыбын ашады. 2. Гәпти өз орнында айтыў керек. Орынсыз гәп ҳеш қашан пайда бермейди. 3. Қәжетине жараса сөйлеў керек. Қәжетинен тысқары сөйлеў бийҳуда сөйлеўден басқа нәрсе емес. 4. Гәп шырайлы ҳәм әдеп шеңберинде болыўы керек. Демек, бийҳуда гәплерди айтыў мөминлик белгиси емес. Жалған, дөҳмет, унамсыз гәплерди айтыў да мөминлик белгиси емес. Мөмин адам сөйлесе, жақсы сөйлейди, жақсылық ҳаққында сөйлейди, болмаса тыныш турады. Тилден келетуғын апатлар көп ҳәм ҳәр түрли. Олар қәлбти мәс қылады. Адам тәбиятында да оларға мейиллик бар. Усы апатлардан қутылыўдың ең аңсат жолы тыныш турыў арқалы болады. Бул жүдә үлкен пазыйлет. Тыныш турыў кишипейилликти жәмлейди ҳәм пикирлерди тазалайды. Саҳл разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким маған еки аяғы арасындағы нәрсени ҳәм еки жағы арасындағы нәрсени қорғап берсе, мен оған жәннетти қорғап беремен». Бухарий ҳәм Термизий рәўият қылған «Әдеплер ғәзийнеси, 1-топлам» китабына ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Показати все...
NIYET.UZ | Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.

👍 2
Фото недоступнеДивитись в Telegram
#интернет_әдеплери ЗАМАНАГӨЙ МЕДИА ҚУРАЛЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ ӘДЕПЛЕРИ – 2 Екинши қағыйда: мөмин адам бул қураллардан саўап ислерде ҳәм итияжын қанаатландырыўда пайдаланыўды нийет етиўи керек. Яғный, ҳәр бир ис басында қайырлы нийет саўап алыўда әҳмийетли болғаны киби заманагөй хабар технологияларынан пайдаланыўда да нийетти туўрылаў айрықша әҳмийетли. Өз алдына анық мақсет қойып, ол тәлим алыў бола ма, адамларға пайдалы болған басқа әмел бола ма – адам бундай қураллардан туўры пайдаланар екен, әлбетте, саўапқа ериседи. «Дүнья уламалары мүрәжатынан» китабынан. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! 👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Показати все...
👍 3 1
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Фото недоступнеДивитись в Telegram
🕋 ЗЫЯРАТШЫЛАРЫМЫЗ БЕНЕН СӘЎБЕТ ӨТКЕРИЛДИ «Ҳаж - 2024» мәўсиминде Қарақалпақстан Республикасынан Ҳаж зыяратына кеткен ҳажыларымыз бенен мың басы ҳәм топар басшылары сәўбетлести. Сәўбет даўамында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов ҳәм топар басшылары ҳажыларымызға "Ҳажылық әдеби", "Шүкиршилик қылыў" ҳәм "Ҳаждан қайтқанда көзабаға, дәбдебеге жол қоймаў" ҳаққында айтып өтти. Хажылық бахытына миясар болған ҳажыларымызға жәмийетте бәршеге өрнек болып, жасларды илим-мәрипатқа шақырыў, инсанларды ийгиликли ислерге баслаў сыяқлы ислерде белсенди болыўлары усыныс етилди. Сәўбет жуўмағында елимиз тынышлығы, халқымыз аманлығы ҳәм ҳаж әмелинде қылынған ибадатларды, дуўаларды қабыл етиўин сорап Аллаҳ таалаға дуўалар қылынды. Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Показати все...
👍 8
Оберіть інший тариф

На вашому тарифі доступна аналітика тільки для 5 каналів. Щоб отримати більше — оберіть інший тариф.