uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 787 підписників, посідаючи 4 324 місце в категорії Релігія і духовність та 447 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 787 підписників.

За останніми даними від 10 липня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -272, а за останні 24 години на -14, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 28.31%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 20.04% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 319 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 764 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 44.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 11 липня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 787
Підписники
-1424 години
-447 днів
-27230 день
Архів дописів
"АҚ ПЕРДЕСИ ШЫҒЫЎ"
Anonymous voting

#Қарақалпақ_нақыллары 📜 Тең атаның баласы, Теңликке турса да кемликке турмайды. Сана, санамай сегиз  деме. Жамғыр жер ырысы. Атаның орнын ул жоймас, Енениң зарын қыз қыймас. Тақыр жерде буқпа. Жығылсаң нардан жығыл. Өзи түйели жүрип, Пиядаға  буқ дейди. Ағасы урар болар, Иниси  турар  болар. Нақылды бир айтпаса, Ақылсыз айтпайды. Ақыллы адам әңгимесин, Нақылсыз айтпайды. https://t.me/ibratli_sozler

БОЛАРСАҢ Қарақшы қараўыл турса дозаққа, Ат шаптырып,баралмассаң узаққа, Дүньяңнан айрылып,қалып азапқа, Тақырға байланған малдай боларсаң. Аға иниң,улы қызың болмаса, Қырманың қызыллап қапқа толмаса, Жат журт жүрип сүйенериң қалмаса, Дарғасыз аққан бир салдай боларсаң. Жақсылыққа толса кеўил сарайың, Излемейақ таўып келер ағайин , Жарқыраған жаздай болса райың, Гөззалдың жүзиндеги қалдай боларсаң. Мийманға жаялсаң "ашыл дастурхан", Хошрей ҳаял турса кеўилге дәрман, Қонағың шадлықтан болса бийәрман, Дәртке даўа болған палдай боларсаң. Ешки семиз болмас көмпек сөз бенен, Ҳаял гөззал болмас қуры наз бенен, Жасасаң хошрей кеўли жаз бенен, Дуўтарға тартылған тардай боларсаң. Еки мәрте келмек жоқ бул дуньяға, Атқан оғың кетсе қаңғып қыяға, Қаршығаң қайтып қонбай қалса уяға, Самалға суўырылған қардай боларсаң. Қалбайжан не күнлер бардур басыңда, Бир жигиттей шағлап өттиң жасыңда, Дос яраның жайнап турса қасыңда, Жүгиң жерде қалмас нардай боларсаң. Қалбай НАЎРЫЗОВ. 7 ФЕВРАЛЬ.2026 жыл.

Бул жерде 1929-жыл 6-ноябрь менен 1930-жыл 24-январь арасында 2,5 ай айырмашылық бар. Қалай дегенде де <<өлим ҳақ>> дегендей, олар ўатан азатлығы ушын жан берген еди. Әкеси халық душпаны сыпатында атылғаннан кейин Асқар қазының үлкен баласы {қызы Айшадан кейинги} Жумадулла {Жүмек} иниси Нағметулла {Нағмет} пенен бирге Қазақстанға қашып кетиўге мәжбүр болады. Бул ўақытлары Жүмек Орынбаев 23 жаста, Нағмет болса жаңа ғана 8 жасқа толған еди. Жүмек Орынбаев өзи билим алыў менен бирге иниси Нағметтиң де оқыўына ғамхорлық етеди. Оны өзи менен бирге Москваға алып барып, екеўи де жоқары билимли қәнигелер болып екинши дүнья жүзилик урыс жылларында елге оралады. Асқар қазының бул еки перзенти Жүмек Орынбаев ҳәм Нағмет Орынбаевлар елге танылған үлкен илимпазлар болып жетилисти. Олар екеўи де педагогика илимлериниң докторлары еди. Бир ўақытлары Ибрайым аға Юсупов Жүмек Орынбаевтың 60 жыллық юбилейинде: Жүмек аға шәкиртлерин шақырса, Жары Қарақалпақстан ағылар оған,--- --деп қосық жазған еди. Ҳақыйқатында да бул еки инсанның шәкиртлери мың сан. Олардың перзентлери де елге белгили инсанлар болып жетилисти. Асқар қазының келини, Нағмет Орынбаевтың өмирлик жолдасы Арзайым <<Қарақалпақстан халық муғаллими>>, сексен жасты толтырып ақлық-шаўлық сүйген бахытлы ана. МУРАТБАЙ НЫЗАНОВ. <<Қарақалпақлар>>, Нөкис, <<Билим>> баспасы, 2021-жыл, 100-103-бетлер. https://t.me/ibratli_sozler

<<АСҚАР ҚАЗЫ>> Шымбай елатында аты тарийхта қалған инсанлардың бири АСҚАР ҚАЗЫ ОРЫНБАЙ УЛЫ болып табылады. Асқар қазы қарақалпақтың қыпшақ руўының Майлы балта тийресинен. Ол 1872-жылы Шымбай районының 10-аўылында туўылған. Бул жер кейин ала <<Қос терек>> деп аталады. Кейинги жыллардағы силтеме бойынша Усман Юсупов атындағы хожалықтың сорамына киреди. Асқар қазы өз дәўириниң күтә абырайлы адамы болады. Буннан алдыңғы <<Тахтакөпир көтерилиси>> темасындағы көтерилиске таярлық бойынша болып өткен ойласықлардың биразы оның үйинде өтеди. Сол ўақытлары Шымбай районының ҳәкими болып турған Әбдижәлий мақсым Исметуллаев совет ҳүкиметин қулатыўға күши жетер-жетпеслигине екиленип турады. Лекин, бул жерге жыйналған Барлықбай болыс, Палўанияз бай, Қыдырқазылар қанына тойған, жойтатуғын ҳеш нәрсеси жоқ, <<өлим-өлим, бир өлим>> деп шешиўши қарарға келген еди. Сонлықтан бул шешимди Әбдижәлий мақсым да, Асқар қазы да мақуллайды ҳәм көтерилисти уйымластырыўдың жобасын ойластырады. Бундай ғалаўытлар басланбастан бурын Асқар қазы ҳаққында халық арасында ҳәзил қосықлар да шығып жүрер еди. Асқар қазы майлы балта, Теңге деген қалта-қалта, Алмайман деп айтар жорта, Миллионнан да хабары бар, Хийўаға бир шабары бар. Әлбетте қазылықтың даў-жәнжелди шешиўде бажы пулы болады. Буны әпиўайы халық билмей, ҳәмме теңге қазының өзинде қалады деп түсинген болыўы итимал. Қазының Хийўаға қатнаўы да тәбийий ҳал. Себеби, қазылық ҳәмели Хийўа ханы тәрепинен тайынланады ҳәм оның айма-ай төлеп туратуғын түсим пулы болады. Бул қосық әлбетте, октябрь аўдарыспағынан алдын жазылған. Елде батраклар ҳүкимети орнағаннан кейин болыс-бийлерге, ахун-ийшанларға, қазы-кәланларға күн туўды. Олар енди әрман ететуғын ҳәмел болмай қалды. Шымбайда Асқар бай деген де белгили адам болған. Ол 1916-жылы ашлық дәўиринде Россиядан ақ қапшық пенен ун алып келип, халықты ашлықтан қутқарып қалған инсан. Сол жылғы ашлықтың <<Ақ қапшық>> деп аталыўының себеби де сол ақ қапшық пенен алып келинген унлар себепли келип шыққан. Бугинги адамлар арасында <<Асқар қазы, Асқар бай екеўи бир адам>> деген әңгимелер бар. Лекин, оны ҳеш ким дәлиллеп бере алмайды. Тарийхый ҳүжжетлерде Асқар бай ҳаққында мағлыўмат оғада аз. Бизиң пикиримизше Асқар бай ҳәм Асқар қазы екеўи еки адам. Буған дәлил, қазылық ҳәмелиндеги Асқар қазы Хийўа ханынан рухсатысыз Россияға барып саўдагершилик ете алмайды. Себеби, қазының қәўли-қарарына мүтәж адамлар ҳәр күни дерлик табылып қалыўы мүмкин. Сонлықтан биз Асқар қазыны сиясий саўатлы, халық азатлығы жолында шейит кеткен инсан сыпатында тәрийиплеўге ҳәрекет еттик. Ал, Асқар бай ҳаққында билиўди қәлеўшилер жазыўшы Кеңесбай Каримовтың <<Ақ қапшық>> романынан оқып алса болады. Жазыўшы ҳәм илимпаз Әбдисайыт Пахратдиновтың <<Шейитлер тәғдири>> романында Асқар қазы ҳәм басқа да көтерилисшилердиң жазаланыўы ҳаққындағы ўақыя былай сүўретленген:(282-283-бетлер) <<1929-жылы 5-ноябрь күни <<Қаншаның қудығы>> деген жердиң қубла алдынан ардомдағылардың (дом арестованных) өзлерине түрме хызметкерлериниң басшылығында түни менен тереңлиги 3 метр, ени 3 метр етип үлкен ор қаздырды. 6-ноябрь күни түнги саат еки ярымларда камерадағыларды тыр жалаңаш шешиндирип, қолларын артына байлап, әўели Кәримберди ахунды, соң Қыдырқазыны, оннан соң Палўанияз бийди, Сапарды, Ҳәбийпти, Асқар қазыларды, жәми он жети адамды қолларына бешатар услаған әскерлер орға айдап келди. Келгеннен кейин ҳәр бириниң еки аяғын қосып байлап, қоллары менен қосып таңды. Соң солдатларға айыпкерлерди орға ийтерип жығыў буйырылды. Аяқ-қолы шандып байланған адамлар бир-бириниң үстине қулап атты. Ояқ-буяғы ярым саат ишинде ор көмилип, үсти теп-тегис болды>> (Тексттен ықшамлап, қысқартып алдым.--М.Н.) Тирилей көмиў ўақыясы жоқарыда айтқанымыздай әдебий шығармадан алынды. Ал, тарийхшы Шерип Бабашевтың <<Жазықсыз жазаланған репрессия қурбанлары>> (<<Қарақалпақстан>>--2007) китабында бул ўақыялар сәл басқашарақ берилген. Мәселен, Асқар қазы Орынбай улы 1929-жылы 4-декабрьде ОГПУ тәрепинен қамаққа алынады ҳәм айрықша <<Үшлик>>тиң қарары менен атыўға ҳүким етиледи. Ҳүким 1930-жылы 24-январьда Шымбай қаласында орынланады.

Руслан Оразбаев "Кегейлиден суу алған қыз " https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ! АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ! Жаңа ҳәптеден үмит еткен барлық жақсы нийетлериңиз әмелге ассын! Күниңиз мазмунлы ҳәм жақсы хабарларға толы болсын! Ҳәр бир қайырлы исте Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын! Күниңиз қуўанышта ҳәм ийгиликли ислер менен және де мазмунлы өтсин! Жақсылық ҳәм жақсылар мудамы жолдасыңыз болсын! Хут айының 16-сəнеси, хəптениң Дүйшемби күни.  https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Кеше бала едиң келдиңғо талай жасқа, Көз жеттиме бир қәлипте туралмасқа. Адамды қәдирли Алланың хикметин түсин,
ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Кеше бала едиң келдиңғо талай жасқа, Көз жеттиме бир қәлипте туралмасқа. Адамды қәдирли Алланың хикметин түсин, Не мәни бар бул дүньяда оннан басқа.                     Абай. Түниңиз тыныш уйқыңыз пүтин болсын ! https://t.me/ibratli_sozler

photo content

"АТҚА МИНЕР"
Anonymous voting

Сорау❓ "МЕНИҢ ТИРИЛИГИМНИҢ ӨЗИ ДУШПАНЫМА ӨЛИМ" Қатарлары кимге тийисли?
Anonymous voting

Авторын табың: Бабам қара бөрик кийген, Арғы атам Маман бийден, Көзлериме ысық туймең, Қəстерлеген өз қалпағын, Елсең сен, Қарақалпағым.
Anonymous voting

Дүньяда хеш бир нама қарекеңниң намаларына жетпейди.. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

АНТОН ПАВЛОВИЧ ЧЕХОВ (1860-1904) АФОРИЗМЛЕРИНЕН *Адамның бет-әлпети де, кийим-кеншеги де, ишки руўҳый дүньясы менен ойы да – бәри шырайлы болыўы керек. *Еркелеткенди билмеген адам қаталлық көрсетсе де қабыллай алмайды. *Мийнет пенен келген рәҳәттен татлы ҳеш нәрсе жоқ. *Түсиниксиз нәрсениң бәри де әжайып. *Ҳәр ким  өз әкеси менен атасының көргени менен билгенинен артық көретуғын ҳәм билетуғын болыўы ушын умтылыўы керек. *Душпаншарыңыз туўралы көп ойламаң. *Патас шыбын пүткил дийўалды бүлдире алады, ал кишкене жаман ҳәрекет бәрин де бүлдириўи мүмкин. Сизиң аяққа турып тәўир болып кетиўиңизди үлкен бир тойды күткендей күтетуғын адамлар бар екенин билген ўақытта аўырып қалғаның да жақсылық емеспе. *Егер биринши сахнада мылтық илиўли турса, онда ол соңғы бөлиминде атылўы керек. *Ўақытыңыздың аз болғанын қәлесеңиз, ҳеш нәрсе ислемеңиз. *Өзиңизге мен бир ис пенен шуғылланып жүрмен бе яки бос жүрмен бе деп сораў қойыў ҳешқашан ерте емес. * Жақсы адам ийттиң алдында да уялады. https://t.me/ibratli_sozler

<<ЕКШЕМБИ ҲӘЗИЛЛЕРИ>> {Юморбектен} Заманагөй жумсақ ғана ғарғыслар: __Илайым, саратанда ысып кеткен пиво ишкейсең! __Илайым, мединститутта контракт пенен оқып атырған 1-курс қызға үйленгейсең! __Илайым, ресторандағы тойда ансамбль колонкасының жанындағы столда отырғайсаң! __Илайым, кешқурын Нөкис орайлық базарында ең соңғы маршруткаға сыймай қалғайсаң! __Илайым, баслығың телефон қылып, енди алған ўақтыңда телефоныңның заряды түўесилип өшип қалғай! __Илайым, тойға жаздыратуғын ақшаңның бәрин ойыншы қызға берип қойғайсаң! __Илайым, телевизор көрмекши болып, енди дастыққа сүйенгениңде, пульт телевизордың үстинде қалып қойған болғай! __Илайым, майлы сомса жеп отырғаныңда аппақ тар жинси шалбарыңның артқы қалтасында турған телефоның шыңғырлап қалғай! __Илайым, тойдан мәс болып шығып, такси деп милиция машинасын тоқтатып алғайсаң! __Илайым, қонаққа барғаныңда, шулығың жыртық болғай! __Илайым, аяғыңның жиңишке бармағын шкафтың мушына урып алғайсаң! __Илайым, төрт мүйешли топ пенен футбол ойнағайсаң! __Илайым, жылына еки мәрте мурындық ата болып сайлана бергейсең! __Илайым, Нөкисте микрорайонда жыртық пешеханада уйықлағайсаң! Буратиноға: --Ҳә, темир қатынға үйленгир! Бойы узын адамға: --Ҳә, Матиздиң ишинде түргелип турғыр! Гөззал қызға: --Ҳә, мойныма түскир! Араққа: --Ҳә, аўқаттың астында қалғыр! Компьютерге: --Ҳә, вирус басқыр! Футболистке: --Ҳә, жақсы көрген қызың сени қоллаў ушын стадионға келгенинде өз дәрўазаңа еки рет гол урғыр! Дағазалар: Тез арада "Е" си бар шоферды жумысқа аламыз! Келин той көйлеклери салонында акция: Егер өзиңизге еки рет келин көйлек сатып алған болсаңыз, үшиншисин бийпул беремиз! Ийис билмейтуғынлар жумысқа алынады! Хабарласыў ушын телефон:--104. Күн бултласқанда аяқ-қолы қақсайтуғынларды жумысқа шақырамыз. Ҳаўа райын бақлаў орайы. Дыққат, акция! Егер сиз " Кола" ишимлигиниң 200 дана қақпағын топлаған болсаңыз, бизге хабарласың. Биз шифер қағып атырмыз. Мақсет Әбдижәмиловтан {Юморбек}. https://t.me/ibratli_sozler

Еки өмир Жерге тухым еки марте сепсеңде, Инсан жасап еки марте тууылмас Тухым өнер жер тепкилеп ексеңде Жақсы инсан тас таңбадай,жуўылмас. Еки тууылмаса еки жасауың мумкин Басқалар бир сен еки асауың мумкин Еки марте толып тасыўың мумкин Дуньяға шығып сен манисин билсең. Бес кунлик өмирдиң қадирин билсең Жаманға жақсыға жадырап кулсең. Қатнаспасаң танымасаң сен кимсең Бир тууып еки жасағың келсе. Жақсысаң мийримли болғаның ушын Себепшисең барлық жалғаның ушын Ийманлы саўаплы исиң болмаса Сыйламас қартайып қалғаның ушын Перзент болса өширмейди шыраңды Ақлық болса жақынлатар араңды Қыз бала бул бахыт даулет емеспе Иймансыз ул босатады қораңды. Өзлигиңди қайталар перзентиң айна Сол ушын жақсы бол,жадырап жайна Перзентке тəрбия халқыңа мехир Жақсылық қылыўдан бир өмир тойма М.Айбосынов https://t.me/ibratli_sozler

<<ПАЛАҚПАН ҲӘМ САҚПАН>> Қарақалпақлар үй қасындағы мөлдек жерине тийкарынан жүўери еккен. Ҳәзир де бул егин өз әҳмийетин жоғалтқан жоқ. Себеби, жүўери адамлар ушын қыс азық, маллар ушын жуғымлы от-шөп хызметин атқарады. Жүўериниң унынан зағара жабылады, ошаққа нан қатырылады, аўқатқа жүўери гүртик салынады, сондай-ақ, қатыбыламық, сықпан сыяқлы тағамларды писириўге пайдаланылады. Буннан тысқары атлар ушын жем, таўыққа дән болады. Соның ушын да аўылдағылар мөлдек жериниң ең үлкен көлемине жүўери егеди. Бизиң шараятымызда жүўериниң үш түри егиледи, булар--бой жүўери, жасымық ҳәм мәтқайыр жүўерилери. Бой жүўери, өзиниң атынан көринип турғандай бойы узын, шиңгириги жуўан, баслаған ўақтында масағы үлкен, дәни тығыз, салмағы аўыр болып келеди. Бой жүўери өзиниң өсиў дәўири тоқтай баслағанда басы ийилип, гүллейди ҳәм кецин дәнге отырады. Жасымық, тек бойға баслайтуғын жүўери. Оның бойы бой жүўериге қарағанда бираз келте, шиңгириги жиңишке, масағы киширек ҳәм дәни сийрек болып келеди. Сонлықтан да ол бой жүўериге қарағанда зүрәәтти кем береди. Мәтқайыр жүўериниң бойы бир ярым метрден аспайды. Бирақ, пақалы жуўан, дәни тығыз, басы тик өседи. Суўғарған жағдайда анаў-мынаў шамалға қуламайды. Лекин, жүўериниң бул сорты бизде негедур кем егиледи. Жүўери май айының басларында егилип, октябрь айының орталарына дейин жыйнап алынады. Жүўери баслап дәнлегеннен кейин оның шымшық, ғарға, кептер сыяқлы жаўлары пайда болады. Сонлықтан, атызлап жүўери еккен дийқанлар атыздың бир шетине бийиклиги бир метр әтирапында ылай диңгек соғады. Жүўери писип, қапқа түсемен дегенше тез-тез усы диңгекке минип, гә палақпан, гә сақпан атып егинди қуслардан қорыйды. САҚПАН--арқаннан соғылып, оның еки ушы бир қолда усланады. Сақпанның ортасында шымшықтың уясындай уя болады. Оған кесек салынады. Қорықшы сақпанды төбесинен бир неше мәрте пәт пенен айландырыр, оның бир ушын жиберип қалғанда уядағы кесек 40-50 метр аралыққа барып түседи ҳәм қусларды үркитип, ушырып жибереди. ПАЛАҚПАН да--сақпан сыяқлы арқаннан соғылып, оның да бир ушы шыйырылып, қатты оралады. Кейин қорықшы тәрепинен қатты айландырылып, соң кейин қарап тартып қалғанда, орам пәт пенен жаздырылып кетеди де, оннан <<паңқ>> еткен қатты даўыс шығады. Палақпанның даўысы мылтықтың сестинен кем болмайды. Палақпан ҳәм сақпаннан үриккен қуслар бираз ўақытқа дейин қайтып келмейди. Халық арасында <<гә палақпан, гә сақпан>> деген гәп бар, бул биресе ана жумыс, биресе мына жумысты атқарып, тыным таппаған ўақытта жаңағы жүўери қорықшының қуралларына тымсаллап айтылған гәп. МУРАТБАЙ НЫЗАНОВ. <<Қарақалпақлар>>, 2-китап. https://t.me/ibratli_sozler

Есигиңниң тутқасы "той" деп ашылсын Аналар қолынан шашыў шашылсын Той десе хəттеки қуў бас жумалап Шалғайыңнан ақлық,шаўлық а
Есигиңниң тутқасы "той" деп ашылсын Аналар қолынан шашыў шашылсын Той десе хəттеки қуў бас жумалап Шалғайыңнан ақлық,шаўлық асылсын Хəрқашан жорғаңыз бəйгиден озсын Тойдың тəшўиши деп табаның тозсын "Кепкирим күйди"ғой қəдең қəне деп Қоңсы келиншеклер шелпегин созсын. Шадлығыңыз улассын изли-изинен Көзлериңиз қамассын келин жүзинен Төрге жарасқан қарт бол, кемпир бол Шақаңыз жайылсын өрбип өзиңнен! Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler