<<АСҚАР ҚАЗЫ>>
Шымбай елатында аты тарийхта қалған инсанлардың бири АСҚАР ҚАЗЫ ОРЫНБАЙ УЛЫ болып табылады. Асқар қазы қарақалпақтың қыпшақ руўының Майлы балта тийресинен.
Ол 1872-жылы Шымбай районының 10-аўылында туўылған. Бул жер кейин ала <<Қос терек>> деп аталады. Кейинги жыллардағы силтеме бойынша Усман Юсупов атындағы хожалықтың сорамына киреди.
Асқар қазы өз дәўириниң күтә абырайлы адамы болады. Буннан алдыңғы <<Тахтакөпир көтерилиси>> темасындағы көтерилиске таярлық бойынша болып өткен ойласықлардың биразы оның үйинде өтеди. Сол ўақытлары Шымбай районының ҳәкими болып турған Әбдижәлий мақсым Исметуллаев совет ҳүкиметин қулатыўға күши жетер-жетпеслигине екиленип турады. Лекин, бул жерге жыйналған Барлықбай болыс, Палўанияз бай, Қыдырқазылар қанына тойған, жойтатуғын ҳеш нәрсеси жоқ, <<өлим-өлим, бир өлим>> деп шешиўши қарарға келген еди. Сонлықтан бул шешимди Әбдижәлий мақсым да, Асқар қазы да мақуллайды ҳәм көтерилисти уйымластырыўдың жобасын ойластырады.
Бундай ғалаўытлар басланбастан бурын Асқар қазы ҳаққында халық арасында ҳәзил қосықлар да шығып жүрер еди.
Асқар қазы майлы балта,
Теңге деген қалта-қалта,
Алмайман деп айтар жорта,
Миллионнан да хабары бар,
Хийўаға бир шабары бар.
Әлбетте қазылықтың даў-жәнжелди шешиўде бажы пулы болады. Буны әпиўайы халық билмей, ҳәмме теңге қазының өзинде қалады деп түсинген болыўы итимал. Қазының Хийўаға қатнаўы да тәбийий ҳал. Себеби, қазылық ҳәмели Хийўа ханы тәрепинен тайынланады ҳәм оның айма-ай төлеп туратуғын түсим пулы болады.
Бул қосық әлбетте, октябрь аўдарыспағынан алдын жазылған. Елде батраклар ҳүкимети орнағаннан кейин болыс-бийлерге, ахун-ийшанларға, қазы-кәланларға күн туўды. Олар енди әрман ететуғын ҳәмел болмай қалды.
Шымбайда Асқар бай деген де белгили адам болған. Ол 1916-жылы ашлық дәўиринде Россиядан ақ қапшық пенен ун алып келип, халықты ашлықтан қутқарып қалған инсан. Сол жылғы ашлықтың <<Ақ қапшық>> деп аталыўының себеби де сол ақ қапшық пенен алып келинген унлар себепли келип шыққан.
Бугинги адамлар арасында <<Асқар қазы, Асқар бай екеўи бир адам>> деген әңгимелер бар. Лекин, оны ҳеш ким дәлиллеп бере алмайды. Тарийхый ҳүжжетлерде Асқар бай ҳаққында мағлыўмат оғада аз.
Бизиң пикиримизше Асқар бай ҳәм Асқар қазы екеўи еки адам. Буған дәлил, қазылық ҳәмелиндеги Асқар қазы Хийўа ханынан рухсатысыз Россияға барып саўдагершилик ете алмайды. Себеби, қазының қәўли-қарарына мүтәж адамлар ҳәр күни дерлик табылып қалыўы мүмкин.
Сонлықтан биз Асқар қазыны сиясий саўатлы, халық азатлығы жолында шейит кеткен инсан сыпатында тәрийиплеўге ҳәрекет еттик. Ал, Асқар бай ҳаққында билиўди қәлеўшилер жазыўшы Кеңесбай Каримовтың <<Ақ қапшық>> романынан оқып алса болады.
Жазыўшы ҳәм илимпаз Әбдисайыт Пахратдиновтың <<Шейитлер тәғдири>> романында Асқар қазы ҳәм басқа да көтерилисшилердиң жазаланыўы ҳаққындағы ўақыя былай сүўретленген:(282-283-бетлер) <<1929-жылы 5-ноябрь күни <<Қаншаның қудығы>> деген жердиң қубла алдынан ардомдағылардың (дом арестованных) өзлерине түрме хызметкерлериниң басшылығында түни менен тереңлиги 3 метр, ени 3 метр етип үлкен ор қаздырды. 6-ноябрь күни түнги саат еки ярымларда камерадағыларды тыр жалаңаш шешиндирип, қолларын артына байлап, әўели Кәримберди ахунды, соң Қыдырқазыны, оннан соң Палўанияз бийди, Сапарды, Ҳәбийпти, Асқар қазыларды, жәми он жети адамды қолларына бешатар услаған әскерлер орға айдап келди. Келгеннен кейин ҳәр бириниң еки аяғын қосып байлап, қоллары менен қосып таңды. Соң солдатларға айыпкерлерди орға ийтерип жығыў буйырылды. Аяқ-қолы шандып байланған адамлар бир-бириниң үстине қулап атты. Ояқ-буяғы ярым саат ишинде ор көмилип, үсти теп-тегис болды>> (Тексттен ықшамлап, қысқартып алдым.--М.Н.)
Тирилей көмиў ўақыясы жоқарыда айтқанымыздай әдебий шығармадан алынды. Ал, тарийхшы Шерип Бабашевтың <<Жазықсыз жазаланған репрессия қурбанлары>> (<<Қарақалпақстан>>--2007) китабында бул ўақыялар сәл басқашарақ берилген. Мәселен, Асқар қазы Орынбай улы 1929-жылы 4-декабрьде ОГПУ тәрепинен қамаққа алынады ҳәм айрықша <<Үшлик>>тиң қарары менен атыўға ҳүким етиледи. Ҳүким 1930-жылы 24-январьда Шымбай қаласында орынланады.