uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 786 підписників, посідаючи 4 323 місце в категорії Релігія і духовність та 449 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 786 підписників.

За останніми даними від 11 липня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -264, а за останні 24 години на -2, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 28.21%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 19.80% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 300 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 720 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 44.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 12 липня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 786
Підписники
-224 години
-327 днів
-26430 день
Архів дописів
❓Сиз билесиз бе? Сүўретте нениң көриниси берилген? Оның атамасы қандай ҳәм қалай жазылады? 📌 ПИСКЕК. Гүбиниң, шелектиң ишине
❓Сиз билесиз бе? Сүўретте нениң көриниси берилген? Оның атамасы қандай ҳәм қалай жазылады? 📌 ПИСКЕК. Гүбиниң, шелектиң ишине суғып сүмбелейтуғын узын саплы етип басы атанақша ағаш қағылып исленген хожалық буйымы. Ойға батып киятырған Әжинияз пискек пенен атлаўдың шүбирлеген сести қулағына тийген ўақты ғана өз үйине келип қалғанын сезди (Ж.Аймурзаев). 📌 АТЛАЎ. Айран атлайтуғын, ағаштан арнап соғылған зат, предмет. Атлаўды ала жуўырып еди, ана ҳаял шақалақлап күлип жиберди (К.Султанов). 📌 ГҮБИ. Қатықты писип айранға айналдырып май алыў ушын арналған, узынлығы бир метрдей цилиндр формасындағы ағаштан исленген ыдыс. Анасы Нуржамал гүби писип, Айсанем айрап атыр екен (К.Султанов). Муртына қарай искеги, Гүбисине қарай пискеги (қарақалпақ халық нақылы). https://t.me/ibratli_sozler

💡 👨🏻‍🦳Устаз бәрҳәма турмыстан налып журетуғын, өзин бахытсыз есаплайтуғын шәкиртине кеседе суў узатты-да, оған бир қысым
💡 👨🏻‍🦳Устаз бәрҳәма турмыстан налып журетуғын, өзин бахытсыз есаплайтуғын шәкиртине кеседе суў узатты-да, оған бир қысым дуз араластырып, ишип көриўди буйырды. 🧑🏻Жигит устазы айтқанын иследи. 👨🏻‍🦳- Дəми қандай екен? - сорады устаз. 🧑🏻- Шорлығынан тилди ояман, дейди! 👨🏻‍🦳 Устаз шәкиртин дәрья бойына алып барды. Тағы бир қысым дуз узатар екен, деди: - Енди буны дәрьяға таслап, суўдың мазасын татып көр. 🧑🏻 Жигит бул сапары суўды ишти. 👨🏻‍🦳- Шорлығы сезилдиме? Мазасы қандай екен? 🧑🏻- Әжайып. Шорлығы жоқ болып кетипти, улыўма сезилмеди. 👨🏻‍🦳Бул сөзлерден кеўили толған устаз нәсийҳат етти: - Турмыс қыйыншылықлары бир қысым дуздай гәп. Кеўилинди кең қилсан, билинмей кетеди. Турмыста мысалы бир кесе суў емес, дәрья болып жасаўды үйрен. https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық ◇◇ Душпанның болмаўы да кисиниң искерлигин, аса даналығын аңлатпайды ◇◇ Адамның достына қарап емес, душпанына қарап
#Даналық ◇◇ Душпанның болмаўы да кисиниң искерлигин, аса даналығын аңлатпайды ◇◇ Адамның достына қарап емес, душпанына қарап та кимлигин билиўге боладыТ. Қайыпбергенов Қарақалпақнама https://t.me/ibratli_sozler

Гүлпаршын Сырымбетова Яр-яр айтайын https://t.me/ibratli_sozler

Ассалаума əлейкум Қəдири бəлент Қəдирданлар! Ерте таңдағы ең жақсы қубылыс, бул жақынларыңызды сау-саламат көриу əлбетте. Тағ
Ассалаума əлейкум Қəдири бəлент Қəдирданлар! Ерте таңдағы ең жақсы қубылыс, бул жақынларыңызды сау-саламат көриу əлбетте. Тағы бир ажайып таңды сиз Қəдирданлар менен сау-саламатлықта қарсы алғанымыздан қууанышлымыз! Күн дауамында жақсылар хəм жақсылықлар жолдасыңыз болсын! https://t.me/ibratli_sozler

Қайырлы түн!! Қəдирданым, дем алың, шаршағаныңызды шығарың, күшке толың, таңға күш-қуўат топлаң. Өзиңизди ҳәм жақынларыңызды
Қайырлы түн!! Қəдирданым, дем алың, шаршағаныңызды шығарың, күшке толың, таңға күш-қуўат топлаңӨзиңизди ҳәм жақынларыңызды абайлаң. Соны билип қойың, дүнья тек биз ушын емес, биз дүнья ушын өткиншимиз! Уйқыға жатпастан алдын, бүгин ким сизиң зейниңизге тийген болса, кешириң. Бәрин умытың, жақсы дем алың! https://t.me/ibratli_sozler

Тилден жаман сөз шықса да, аяқ жаман жерди басса да, қол патас нәрсени усласа да, көз патаслыққа қарай берсе де бас айыплы. "
Тилден жаман сөз шықса да, аяқ жаман жерди басса да, қол патас нәрсени усласа да, көз патаслыққа  қарай берсе де бас айыплы. "Қарақалпақнама" ✍Төлепберген  Қайыпбергенов https://t.me/ibratli_sozler

Тебинги-?
Anonymous voting

Сақал-мурт хəм басқада түклерди алыу ушын арналып металдан исленген жулғыш-?
Anonymous voting

Дəндан қайсы хайуан сүйеги-?
Anonymous voting

??? Тилден жаман сөз шықса да, аяқ жаман жерди басса да, қол патас нəрсени усласа да, көз патаслыққа қарай берседе ........ ........?
Anonymous voting

??? "Алан қала" естелиги қайсы аймақта жайласқан-?
Anonymous voting

ИНАМЛАРҒА ШҮКИРЛИК ҚЫЛЫҢ! Әке – намыс! Ана – меҳир! Аға – мақтаныш! Ини – үмит! Ажапа – ар! Қарындас – ғамқор! Дайы – қанлас!
ИНАМЛАРҒА ШҮКИРЛИК ҚЫЛЫҢ!
Әке – намыс! Ана – меҳир! Аға – мақтаныш! Ини – үмит! Ажапа – ар! Қарындас – ғамқор! Дайы – қанлас! Ҳаял – сынаў Перзент – сыйлық! Келин – қарыз! Күйеў – парыз! Қудағай – сабыр! Қоңсы – сырлас Мийман – ырысқы Устаз –пәрўана! Дос – дыянат! Душпан – қыянет! Шаңарақ – әўмет! Турмыс – имканият! Өмир – имтиҳан! Муҳаббат – айқулақ! Уйқы – ермек! Түс – қыял! Ўақыт – мәҳәл! Күн – жәбир! Түн – сабыр! Өлим –хақ! Жасаў – бул бахыт!
Жақынларымызға жиберип қоямыз! https://t.me/ibratli_sozler

#ИБРАТ ⚡️2026-жыл «Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти күшейтиў жылы» деп жәрияланды. 💥   🔹   💥   🔹   💥   🔹   💥 ❗️ДЫҚҚАТ ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ❗️ «УСТАЗ ЖОЛЫ» газетасы💥 2026-жыл журтымызда «МӘҲӘЛЛЕНИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ҲӘМ ЖӘМИЙЕТТИ КҮШЕЙТИЎ ЖЫЛЫ» атлы Республикалық таӊлаўын жәриялайды! Таӊлаўда ҳәр бир тараў пидайысы жетискенликлери ҳаққында 1 бет мақала жазады. Жоқары көрсеткишке мүнәсип муғаллим, шыпакер, спортшы, мәденият хызметкери, мәҳәлле белсендиси, профессор-оқытыўшы, қурылысшы, фермер, исбилермен ҳәм студент жаслар жетискенликлери баҳаланып шөлкемлестириўшилер тәрепинен <Даңқлы ел ардағы>, «Өз кәсибиниң пидайысы», «Әдиўли устаз», жаслар ушын «Үмит шамшырағы» көкирек нышаны ҳәм  арнаўлы «Диплом» менен сыйлықланады! PS: Өз тарауында пидайы мийнет еткен бүгинде ақлық, шаулық мақтанышы ата-аналарда таңлауға (перзентлер қәуендерлигинде) қатнасыуына болады. Олардың хәр бири бүгинги күнимиздиң тийкары. Ата-ана хүрметке ылайық! Сизге жаңа мотивация ! Толық түсиник тел: 907149528 Жуўмақ:  30.01.2026 https://t.me/USTAZ_JOLI

#мәнили_қосықлар ДҮНЬЯ - ЕКИ ЕСИГИ БАР БИР ХАНА Кимге шадлық, кимге қайғы- ғамхана, Кимге аза, кимге байрам - тойхана, Әйнеги жоқ, ашық аспан төбеси, Дүнья - еки есиги бар бир хана. Туўылғанда шырқырайсаң, күлмейсең, Себеп сени, не күтип тур билмейсең, Айқара ашылар... "кириў" есиги, Зинхар қайта бул есикти көрмейсең. "Хош келдиң!", деп күтип алса бул есик, Аржағында, тербеледи ақ бесик, Жасамақлық несип етсе Аллаҳым, Улғаясаң айдарыңнан жел есип. Өмир - дәрья ийримине тартады, Инсан онда жан таласып атады, Ялғаншының гирдикары басланып, Машқаласын қыл мойныңа артады. Аллаҳ берген несийбеңди тересең, Пешанаңа жазылғанын көресең, Тәғдириң де Жаратқанның қолында, Ҳеш билмейсең, қашан? Қай ўақ өлесең? Шыбын жанды аямастан қыйнайсаң, Мал дүньяны таўдай үйип жыйнайсаң, Бул дүньяға "бес күн мийман" екениң, Билип турып "айылыңды" жыймайсаң. Көринсе де, жақын "шығыў" есиги, Пителмейди ялғаншының тесиги, Дүньяның түбине ҳасла жетпейсең, Өзиң менен ҳеш зат алып кетпейсең. Дүнья саған: емес мәңги "май" хана, Дүнья саған: емес жайлы шай хана, Өмир гүзаранлық, етер ўақытша, Дүнья - еки есиги бар бир хана. Ақшолпан Аманияз https://t.me/ibratli_sozler

#Ҳаўжар Тыңлаған хəр бир инсанның көзине ерксиз жас келери сөзсиз😢 🎙Базаргүл Каримова https://t.me/ibratli_sozler

#Түсинген түсинди ДӘРЎИШ АҚШтың бурынғы президентлеринен бири ҳаялы менен көшеде қыдырып жүрсе алдынан көше гезип жүрген бир
#Түсинген түсинди ДӘРЎИШ АҚШтың бурынғы президентлеринен бири ҳаялы менен көшеде қыдырып жүрсе алдынан көше гезип жүрген бир дәрўиш шығады. Дәрўиш ҳаялына қыз гезинде ашық болған жигитлерден бири екен. Экс-президент ҳаялына былай депти. - Маған турмысқа шыққаныңа ырза бол, әзийзим! Баяғыда мына кисиге шыққаныңда бүгин дәрўиштиң кемпири болып жүрер едиң,- десе ҳаялы: - Керисинше ырзалықты өзиң айт, шабазым! Сол жигитке шыққанымда ол бүгинге келип-дәрўиш емес, ал- АҚШқа президент болған болар еди, - деген екен. Канал👉 https://t.me/ibratli_sozler

#Тарийхқа_нәзер ➿➿➿➿➿➿➿➿➿➿ Қарақалпақстан аймағының әййемги цивилизациялық излер ҳаққында киши видеофильм. Бул фильмде: Топырақ-қала, Аяз-қала, Қой қырылған қала, Үлкен Гүлдирсин, Пил-қала, Ана-қала, Жамбас-қала, сыяқлы әййемги цивилизациялық естеликлер көрсетилген. Бул видеофильм Қарақалпақстан ҳаққында үлкен жойбардың бир бөлеги болып табылады. Дерек: t.me/tariyxqa_nazer каналы https://t.me/ibratli_sozler

#тәрбия Инсанның сөйлейтуғын тайынлы сөзи болыў керек яки үндемей тура алатуғын гөззал әдеби... https://t.me/ibratli_sozler
#тәрбия       Инсанның сөйлейтуғын тайынлы сөзи болыў керек яки үндемей тура алатуғын гөззал әдеби... https://t.me/ibratli_sozler