uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 786 підписників, посідаючи 4 323 місце в категорії Релігія і духовність та 449 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 786 підписників.

За останніми даними від 11 липня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -264, а за останні 24 години на -2, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 28.21%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 19.80% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 300 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 720 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 44.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 12 липня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 786
Підписники
-224 години
-327 днів
-26430 день
Архів дописів
Ер-адамлар пири-Шахымардан, Ҳаял-қызлар пири-Бийбипатпа, Суўдың пири – Сулайман, Балықшы пири – Мардан ата, Малдың пири – Зәң
Ер-адамлар пири-Шахымардан, Ҳаял-қызлар пири-Бийбипатпа, Суўдың пири – Сулайман, Балықшы пири – Мардан ата, Малдың пири – Зәңги баба, Қойдың пири – Шопан ата, Түйениң пири – Ойсыл қара, Жылқының пири – Жылқышы ата, Темирши пири – Ҳәзирети Даўыт, Шығырдың пири – Лайлеж баба, Қобыздың пири – Қорқыт ата. https://t.me/ibratli_sozler

#ҳәдис Әке меҳриниң ең гөззал көриниси Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Қызым мениң бир бөлегим, о
#ҳәдис Әке меҳриниң ең гөззал көриниси Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Қызым мениң бир бөлегим, оны гүманға салған нәрсе мени де гүманға салады ҳәм оған азар берген нәрсе маған да азар береди!" (Имам Бухарий рәўияты) https://t.me/ibratli_sozler

ҲӘР БИР ИСТЕ ҲИКМЕТ БАР Топыраққа араласып жерде жатырған бийдай нанға айланып, дастурхан үстинен орын алды. Ҳеш ойлап көрдиңиз бе? Нан боламан дегенше, бийшара бийдай қанша машақатты басып өтти. Дигирманға тасланған бийдай жаны тилим-тилим болып, унға айланды. Унның үстинен ыссы суў қуйды, мушлап қамыр ийледи, ол артық шыдай алмаспан деп ойлады. Қамырдан нан таярлады, ҳәр жеринен тесип, оған тикеш урды. Болды, енди қутылдым деп ойлағанында, қызып турған тандырға жаўды. Мине, усының менен нан болып писип, дастурхан үстине қойылды.
Бир бийдайдиң басып өткен жоллары - инсанның өмир жоллары менен айырым жағдайлары уқсайды. Ҳәр бир қыйыншылықтың Аллаҳ таала таярлап қойған саўабы бар. Ҳеш қашан артқа шегинбең!
✍Ал-Беруний Билим журты руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша бөлим методисти Ҳайтмурат Ережепов https://t.me/ibratli_sozler

*** Өмир өзлигинен болмайды қызық. Онда бар бир мөлшер, шегара сызық. Жаңа басланғанда қызығы оның. Умитсиз шайтанлар жиберер
*** Өмир өзлигинен болмайды қызық. Онда бар бир мөлшер, шегара сызық. Жаңа басланғанда қызығы оның. Умитсиз шайтанлар жиберер бузып. Адам өзлигинен болмайды бузық, Басын айландырар жәдигөй, бузық, Жана дүзиў жолдан киятқанында, Гилең ийтлер шығар шынжырын үзип. Кеңесбай Рахманов каналы @Kengesbay_Raxmanov https://t.me/ibratli_sozler

🎤Махсет Өтемуратов 🎼Ғазлардың қанатында https://t.me/ibratli_sozler

Бул дүнья гүллерге ғарқ болып кетсин, Тикенлер маўжырап ҳөл болып кетсин! Сен сондай әжайып, бахтыяр жаса, Душпаның бир күни
Бул дүнья гүллерге ғарқ болып кетсин, Тикенлер маўжырап ҳөл болып кетсин! Сен сондай әжайып,  бахтыяр жаса, Душпаның бир күни дос болып кетсин! АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ӘЗИЗЛЕРИМ!      Бүгинги таңға жеткизген Рәббимизге мың қәтле шүкирлер болсын!       Сизлердиң таң азаннан тилеген тилеклериңиз Алла дәргайында қабыл болып, алға қойған бәршe мақсетлериңиз орынлансын!! https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Ертеңги күниңиз бүгинги күниңизден абзал болсын! Аллатаала бәршеңизди түрли қәўиптен-қәтерден, көринбес бәлелер
ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Ертеңги күниңиз бүгинги күниңизден абзал болсын! Аллатаала бәршеңизди түрли қәўиптен-қәтерден, көринбес бәлелерден сақласын, нурлы таңға саў-саламат жеткизсин! Түниңиз қәсийетли болып, Аллатаала көмекши, периштелер тилекши болсын! https://t.me/ibratli_sozler

#Хақыйқат Инсан ушын ең қымбатлы нәрсе - Өмир. Ол адамға бир мәрте бериледи, соның ушын да оны сондай етип жасаў керек, соңғылығында мақсетсиз жасап өткерген өмириңе жаның қатты қыйналмасын, ислеген насаз ислериңе ҳужданың азап шекпесин. ✍Н.Островский https://t.me/ibratli_sozler

Даўыт ата нениң пири-?
Anonymous voting

Сораў❓ ✅✅✅ Қарақалпақстан Телевидениеси нешинши жылы иске түседи?
Anonymous voting

Әрўана - ?
Anonymous voting

Ас арқаў - ....... .... Нақылды толықтырың
Anonymous voting

Сораў❓ Жазыўшы Ш. Сейитовтың шығармаларынан бириниң қахарманының айтыўынша, ол өжетликти, алға умтылыўшылықты "Х" тан үйренген. Ол самалға да, суўға да, шөлге де төзимли болып, тәғдири менен таласып өсе береди. "Х" не❓
Anonymous voting

photo content

Өмирден тилегим ... Бул дүньяның ялғаншысын Ишлей сезип билсек те Ер адамның жер бүгилип Жоқлыққа бермей төтепке Бас ийгенин
Өмирден тилегим ... Бул дүньяның ялғаншысын Ишлей сезип билсек те Ер адамның жер бүгилип Жоқлыққа бермей төтепке Бас ийгенин көрсетпе !... Жол табалмай дым түңилип Өмирден тойып кетсек те Дүнья көрки хаял-қыздың Хор-зар болып өз елинде Жылағанын көрсетпе ! Қалып əке дийдарынан Қанша мехир берсек те Сүўретин сыйпап сағынған Өксип өскен нəрестеге Ғам-қайғыны көрсетпе !.. Көрмей ул-қыз қуўанышын Таппай сүйер жубанышын Аналарды қылған қəсте Көкке айтқан бар налышын Перзент дағын хеш көрсетпе ! Душпаныма табалатпай Дос алдында алалатпай Не қыйын дəрт көрсекте Əй Тəңирим бир тилегим Қыянет азабын көрсетпе ! Ю.М https://t.me/ibratli_sozler

Ҳаялдың даўысы қалтырап, жыларман болып турыпты. "Усы ҳаялдың пулы ма екен? Жоғ-әй, жүзликтей көринип еди, бул өзи меннен де бетер гедейге уқсайды, жүзлик бунда қайдан болсын?! Қыялымнан өткенлерди биреў билип қалатуғындай артыма айланып иске кириспекши болдым, ҳаялдың аяқларына көзим түсти. Тапишке кийип алған, бармақлары бир-бирине мингесип қыйсайып кеткен, қап-қара аяқ. Қызлар аяғына галош кийип атызда жүре берсе тап усындай болады. Ҳаялдың пәслеў шыққан даўысы узақлардан еситилип турғандай қулағыма тал-тал еситилип тур. ~Баллардың напақасынан жыйнап едим. Бир миллион сегиз жүз мың еди, көше тәрептеги дийўалымыз қулап, опырылып атыр, өткен-кеткенниң көзи түседи, соны бекитип қояман ба деп жыйнап едим....Ҳаялдың ийинлери дирилдей баслады. Жылап атыр. Қолымдағы цемент толтырылған ыдысты жерге қойып ҳаялға жақынластым. ~Апа, мынаў емес пе? Қалтамнан пулды шығарып ҳаялға көрсеттим. Бул исимди сонша азаплар менен қылдым дейсең, баўырымды суўырып берсем сондай қыйланбаспан.... Ҳаял бирден басын көтерип маған қарады, қолымдағы пулды көрип жылап жиберди. ~Аға, ағажан....Ҳаял жылап атырып пулға қолын созыўға жүрексинер еди, ҳәзир қарсы алдында Қыдыр ата екеўимиз болсақ, қайсымыз Қыдыр ата десек, шубҳасыз мени таңлар еди. ~Санап алың, апа, бәлким кемейген шығар. Цементтиң арасынан шықты. Усылай дедим де пулды ҳаялға берип, артыма бурылдым. ~Усы, ағажан, усы мениң пулым. Қызыл жип пенен белинен байлаған едим. Артымнан ҳаялдың қалтыраған даўысы еситилди. Индемей қалталарға цемент толтыра басладым. Шериклерим де болған ўақыядан ҳайранлықта мениң менен бирге ислей баслады. Көз астымнан ҳаялға қарадым, ол тез-тез басып үлкен жол тәрепке кетип баратыр еди. Және жумысқа киристим. Бир минут өтпестен ҳаялдың даўысы еситилди. ~Аға, бир минутқа қараң, өтиниш. Бурылып қарадым, жаңағы ҳаял. ~Аға, албырағанымнан сизге сүйинши бериў ядымнан шығыпты, мә, аға, бала-шағаңыздың бахтын көриң. Алың аға, сизге мың мәртебе ыразыман. Ҳаял байлаўлы пулдан бир қысымын суўырып қолыма услатпақшы болды. ~Апа, пулың балаларыңа буйырсын, керек болғанда улыўма бермес едим, көрсетпеген де болар едим, керек емес--дедим. Ҳаял алғысын айта-айта бизден узақласты... ~Ақмақ, адам емес екенсиз, аға, ҳеш болмаса сүйиншисин алып қалмайсыз ба, пиво-сиво ишер едик, ҳеш адамыйлығыңыз жоқ екен сизиң. ~Қапа болмаң, аға, сөйтип-ақ биримиз еки болмайды.... Шериклерим бири-бирине жарысып айтып атырған сөзлери, күйип-писиўлери күлкимди келтирер еди, мен усы жасқа келгенше улыўма сезинбеген рәҳәтли сезимлерди бастан кеширген едим, итимал, еле адам баласы бундай рәҳәтли сезимге тоймаған шығар. Аспанда қалықлап ушып жүргендей, жеңил ислер едим. Азаннан бери пул аўырлық етип түсип кете берип, ашыўыма тийген шалбарым да жеңил, қолайлы болып қалған еди.... Өзбек тилинен аўдарған: Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

<<АҢСАТ ТАБЫЛҒАН ПУЛ>> ....Цемент жүклеўге жалланып жумыс баслаған биринши күнимнен-ақ цементтиң арасынан бир дәсте пул таўып алыўым бар ғой. Ертеден үш киси төгилген цементти қалтаға жыйнастырып атырған едик, үйиндиниң бир шетинде пулдың бир мүйеши көринип кетти. <<Операция <<Ы>> фильминдегидей пулды аяғым менен басып қалдым. Еңкейип шалбарымның балаған түрген адамдай болып, ала салып қалтаға сүңгитип жибердим. Бир дәсте пул. Қалтам томпайып шериклериме билинип қалмаўы ушын ийнимдеги костюмди шешип белиме байлап алдым. Ҳеш ким сорамаса да, белди услап турыўға усындай бир нәрсе болмайтуғындай мәнисинде даўысымды бәлентлетип сөйлеп қойдым. Ғаңғыр-гүңгир сөйлесип ислеп атырмыз, цементтен көтерилген шаң терлеген денемизге жабысқан, аўзы-мурнымызға шаң толған, тилди айландырсаңыз да қумдай ғышырлайды. Ой-қыялым қалтадағы пулда, пул салынған қалтам қыялымда от лаўлап турғандай болып сезиледи. Өзи де бир талай пул болса керек, аўырлығы шалбарымды төмен тартып турғандай....Шалбарымды қайта-қайта көтерип жумысымды ислеп атырман. Қыялым қалтадағы пулға не сатып алыў кереклигине реже дүзиў менен бәнт. Биринши, қарызларымнан қутыламан, қалғанына әкеме таза велик әперемен, "велигим тозды, педалы отказ береди",--деп жүрген еди. Оннан қалғанына ҳаялымды емлетемен, және де аўысса ун аламан, оннан да қалса, қалыў керек бир талай ақша ғой, өзиме ботинка аламан. Үш айдан бери айлық алалмай силем қатып жүр еди. Қудай жеткерди бул ақшаны! Тап сол ўақытта және Қудайды еследим, --"бул пул басқа биреўдики ғой!" Намазымды оқыдым.---"Ҳарам пул емес пе екен?! Неге ҳарам болар екен, бирли ярым өзини еплей алмайтуғын жуўан қарын байдың пулы болса керек, қалтасынан түскенин сезбей қалған, сезсе де еңкейип алыўға еринген". Өз-өзимди усылайынша жубаттым, лекин, қыялымның бир шетинен өткен ҳарам пул бәрибир режелеримди кемтик қылып қойды. ---"Ҳарамның аты ҳарам-дә! Гүна қылғанның жазасы гүнасызларға урады деген бар, балаларыма қайтпаса болар еди?!" ---"Қасымдағы жолдасларыма айтсам ба екен---пул таўып алдым,---деп,---Эй-й өзи еки шеригим де бир-биринен өткен алқаш болса, тапқанын ишеди, я тиришилик, я бала-шаға тәшўиши бар буларда. Ҳәзир айттым болды ---пулды бөлисейик,--дейди, соң өзине тийисли бөлегине ишеди. Ҳеш кимге айтпайман, тапқан тапқандики!" Сондай ойлар менен және ғайрат пенен жумысымды ислей бердим. Қуяш төбеге көтерилип, күн қызып кетти, қызған цемент аяқты күйдирейин дейди. Ыссыда терлип-тепшип ислеп атыр едик, бир ҳаял Дамастан түсип, бизлер ислеп атырған жерге жақынласты. Усындай жерлерде жалланып ислеп атырған мәрдикарлардың қылығына ҳеш түсинбеймен-дә! Өзи қалтасында бир тийини жоқ қулағы кесик қул, бала-шағасын ешектей ислеп зорға бағады, кешқурын үйине барып бир кесе аўқатын зорға ишип болады да, төсегине еңбеклеп барып қулайды, жатар-жатпастан уйықлап қалады, лекин, жумыс әтирапынан бирли ярым қыз-келиншек айланса көзлерин ала алмай қалады, өзлеринше жырқ-жырқ етип бир қылықлар қылама-аў! Шериклерим әдеттегидей бир-бирине ымлап:---"зор ма, қара-қара",---деп сыбырласыўды баслап жиберди... Мен көз астынан бақлап ҳаялды гүзеттим. Қара торыдан келген, азғын, кийген көйлегиниң ийинлери олпы-солпырақ болып тур. Қолында базар сумкасы, әпиўайы ғана бир келиншек. Келиншек цемент түсирилген орынды, сәл аррағырақта шлакоблок қойылған цехтиң әтирапын айланды, ---әдеттеги қарыйдар болса керек--деп ойладым. Ҳәмме тәрепти айланып өтип, бизлердиң жанымызға келип сәлем берди. ~Ассалаўма әлейкум. ~Ўәлейкум ассалам. Келиң апа. Цемент керек пе, блок керек пе? Цементти де, блокты да арзаныраққа келисип беремиз, пулын берсеңиз апарып, түсирип беремиз, апа, қымбат алмаймыз. Шериклерим тап усы жердиң хожайынындай жарыспаққа сөйлеп атыр. ~Ағалар, кеше усы жерге блок кириўге келип едим...Сумкамда пул бар еди, усы жерге түсти ме, басқа жерде түсти ме, түсип қалыпты. Жүрген жерлеримниң ҳәммесин бир қатар айланып шықтым, ҳеш жерден таппадым. Енди бир гүманым минип келген "Дамас"ымда қалды, "3"ке минип келип едим. Қалада "3" Дамас көп болса, қаяқтан табаман енди.

СЕНИ ДҮЗЕЙТУҒЫН 4 ЖОЛ 1). Өмирди сеннен көре көбирек көрген, көбирек еситкен, ҳеш болмаса сеннен бир кийим көбирек тоздырған, өмирдиң таяғын жеп көрген адам менен табақлас бол, сәўбетлес. Қолына суў қуйсаң да солар менен бирге жүрип, хызметин исле. Сөйтип жүрип олардың әдебин, даналығын үйрен. Сөзи дүзиў адам менен жүрсең, ол адам ҳеш болмаса, сөзиңниң, ис-ҳәрекетиңниң өзгериўине тәсир етип, бирме-бир ишиңдеги барлық руўҳый кеселликлерди емлеўге көмеклеседи. 2). Динин сақлаған, исиниң көзин билетуғын адамлар менен дос бол. Адам орталыққа, дөгерегиндеги досларына қарап өзгереди. Солай екен, айналаңа кемшиликлериңе, гүналарыңа көз жумып кете беретуғын емес, сен ислеген қәтелерди өзи қылғандай болып қыйналатуғын адамларды жыйна. Кемшилигиңди бетиңе айтатуғын, расшыл жолдас изле. Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу: «Бизлердиң кемшилигимизди бетимизге айтатуғын адамларды Аллаҳ раҳметине алсын», деген екен. 3). Биреў менен қапаласып қалған гезде ол адамның сен ҳаққыңда айтқан жаман сөзлерине өпкелеме. Керисинше, сондай сөзге ылайық болғаның ушын өзиңди кейи. Дүзелиўге тырыс. 4). Әдеби жоқтан әдеп үйрен. Дөгерегиңе қарап жүрип, нениң жаман, нениң пайдалы екенин саналап бил. Кейин, кишигирим гүна болса да, өзиңди оннан сақлап, берекетли өмир сүр. Ең тийкарғысы, ҳәр күниң ертең есиңе алғанда уялмай айта алатуғындай, перзентлериңе үлги болатуғындай жақсылықларға толы болсын ! Разов Бахрамаддин Устаз каналынан. https://t.me/ibratli_sozler

photo content