cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

Идрис Ийшан ll Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Қараөзек районы "Идрис Ийшан" жаме мешитиниң рәсмий Telegram каналы! @Sorawga_juwapbot

Больше
Рекламные посты
269
Подписчики
Нет данных24 часа
Нет данных7 дней
-1030 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

Фото недоступноПоказать в Telegram
#Тәрбия Жарлылық, мүтәжлик ҳәм наўқаслық себеплери. 1. Мийманды ҳүрмет етпеў. 2. Тик турып аўқат жеў. 3. Өтирик сөйлеў. 4. Таң ўақтында уйқылаў. 5. Ҳәжетханада сөйлесиў. 6. Жарлы адамларды кемситиў. 7. Қураны кәриймди таҳәратсыз услаў. 8. Шаңарағы менен урыс-жәнжел қылыў. 9. Алым, жасы үлкенлерди ҳүрмет етпеў. 10. Ыдыслардың тазалығына итибар бермеў. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
УЛЛЫ ИБАДАТ 🕋 Ҳаждың әҳмийетли әмеллериОлар зулҳижжа айының 8-күнинен 13-күнине шекем даўам етеди. ◽️1. 8-зулҳижжа күни ҳаж нийети менен иҳрамға кириледи. Бул ҳаждың әҳмийетли 1-парызы есапланады. ◽️2. 8-зулҳижжада Минада биринши турыў ҳәм сол жерде түнеў. (Сүннети муаккада). ◽️3. 9-зулҳижжа күни Арафатта турыў. Бул ҳаж әмелиниң әҳмийетли 2-парызы есапланады. Арафатта песин ҳәм намазлыгер намазлары жәмлеп оқылады. Ким Арафатта турмаса, ҳажы ҳаж есапланбайды. ◽️4. 10-зулҳижжада шам ҳәм қуптан намазын Муздалифада жәмлеп оқыў. Бул ҳаждың ўәжиб әмели. ◽️5. 10-зулҳижжада Муздалифада түнеў. Бул ўәжиб әмел. Таң намазы ўақты киргеннен кейин де бир мүддет турыў. Бул сүннети муаккада. ◽️6. 10-зулҳижжада Муздалифада турыў. Бул ҳаждың ўәжиб әмели. ◽️7. 10-зулҳижжада Жамратул Куброға, яғный үлкен шайтанға тас атыў. Бул ҳаждың ўәжиб әмели. ◽️8. 10-11-12-зулҳижжада Минада екинши мәрте турыў. Бул сүннети муаккада. ◽️9. 10-зулҳижжада қурбанлық қылыў. Бул әмел таматтуъ ҳәм қирон ҳажын қылыўшыларға ўәжиб, ифрад ҳажын қылыўшыларға мустаҳаб болады. ◽️10. 10-зулҳижжада шашты астынан алдырыў яки қысқартыў. Бул ҳаждың ўәжиблеринен болып, иҳрамнан шығыў ушын шәрт. ◽️11. 10-зулҳижжада зыярат таўабын қылады. Бул ҳаждың 3-парызы. Бул таўапты 11-12-зулҳижжада қылса да болады. ◽️12. 10-зулҳижжада Софа ҳәм Марўа арасында ҳаж нийети менен саъй қылады. Бул ҳаждың ўәжиб әмели. Егер алдынғы күнлерде саъй қылмаған болса, таўаптан кейин саъй қылады. ◽️13. 11-12-зулҳижжада Жамратул Кубро, Жамратул Ўусто, Жамратус Суғроға (3 шайтанға) жети тас атылады. Бул ҳаждың ўәжиб әмели. 13-зулҳижжада 3 шайтанға тас атыў мустаҳаб. ◽️14. 12-зулҳижжа күни хошласыў таўабы әмелге асырылады. Бул таўапты сырт елден барғанлар орынлайды ҳәм бул ҳаждың ўәжиб әмели есапланады.Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Мабрур ҳаждың сыйлығы тек ғана жәннет болады", деди. Муттафақун алайҳ. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Показать все...
05:05
Видео недоступноПоказать в Telegram
#ДОЛЗАРБ ❌ «ҲАЖДАН БОРГАНИНГИЗНИ ДАБДАБА ҚИЛИБ КУТИБ ОЛИШМАСИН! ИСРОФГАРЧИЛИККА ЙЎЛ ҚЎЙМАНГ, ГУНОҲ ҚИЛМАНГ!» 😎 ҲОЖИ ОДАМ ЁРДАМГА МУҲТОЖЛАР ҲОМИЙСИ БЎЛИШИ КЕРАК Видеони максимал тарқатинг, одамлар кўрсин, жуда долзарб гапларни гапирибдилар 👇 https://t.me/joinchat/AAAAAFlbEga5bsBVXTXvwQ
Показать все...
Buyuk masuliyat+.mp413.92 MB
#Қараң Дуўаның қабыл болыўы тез болатуғын ўақытлар:    1.  Азан айтылған ўақытта;    2.  Қуран оқылған ўақытта;    3.  Кәәбаны көрген ўақытта;    4.  Жаўын жаўып атырғанда;    5.  Душпанға жолыққанда;    6.  Зулым көргенде;    7.  Дуўа даўамый ҳәм ықлас пенен қылынғанда;    8.  Парыз намазынан кейин;    9.  Дуўа қылып атырғанда Аллаҳтың атларын қосқанда;    10.  Пийшембиден Жумаға өтетуғын түнде ҳәм Жума күнинде;    11.  Ражаб айының биринше түнинде;    12.  Шәъбән айының 15ши түнинде;    13.  Арафа күнинде;    14.  Рамазанның түнлери ҳәм күндизлеринде;    15.  Ифтар (ораза адам аўыз ашып атырған) ўақытта. Буннан басқа да дуўаның қабыл болыўы тез болатуғын ўақытлар бар болып, бизлер ҳәзирше усыларды келтирдик. 📱http://t.me/nasiyatuz
Показать все...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

01:19
Видео недоступноПоказать в Telegram
#жаңалықлар_бағдарламасы ⚡️Районда өткерилген "Қурбан ҳайыт" байрамы Жаңалықлар бағдарламасында. Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети ➡️@QaraozekHakimligi
Показать все...
10.75 MB
Фото недоступноПоказать в Telegram
#зикир Әлҳамду лилләҳ! Жаңа таң атты! «Көзимиз көрип атыр! Қулақларымыз еситип атыр!» Әлҳамду лилләҳ! «Биз мөминбиз! Шүкир қылыўшымыз!» Әлҳамду лилләҳ! «Тиримиз! Ҳеш нәрсемизден айрылмадық!» Таңымыз нурлы… Әлҳамду лилләҳ! Себеби, биз Мийримли Раббтиң бенделеримиз! Бәрше есиклер жабылса да Аллаҳ тааланың есиги мудамы ашық! Бәрше себеплер кесилсе де Аллаҳ тааланың мәдети мудамы таяр! Солай екен, Аллаҳ тааланы зикир етиўден ҳеш шаршамайық әзизлер! 🔹Субҳаанәллоҳ 33 мәрте, 🔹Әлҳамду лилләҳ 33 мәрте, 🔹Аллоҳу әкбар 33 мәрте, 🔹 Ләә иләәҳә илләллоҳу ўәҳдәҳу ләә шәрийкә ләҳу ләҳул мулк ўә ләҳул ҳамд ўә ҳуўә ала кулли шәйъин қодийр! 1 мәрте. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🌐alberuniy.uz             🟥youtube  🌐instagram                🌐facebook Каналға ағза болыўды умытпаң! ✈️alberuniyuz
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
#күн_ҳәдиси Қонақлар көп келетуғын шаңарақ – Аллаҳ таалаға ең сүйикли шаңарақ Үлкен-кишилерге бирдей есиги ашық үй не деген гөззал. Бундай үйге аспаннан раҳмет ҳәм берекет түсип турады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Аллаҳ бир қәўимге жақсылықты қәлесе, оларға саўға инам етеди", дегенинде, саҳабалар: "Сол саўға не екен?" деп сорады. Сонда Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "(Бир шаңараққа) қонақ ырысқы менен кирип келиўи, ал кетеринде болса сол шаңарақ әҳлиниң гүнасын алып кетиўи*", – деди. (Әбиў Нуъайм рәўияты). *Түсиндирме: Бул жерде қонақтың шаңарақ әҳлиниң гүнасын алып кетиўи аўыспалы мәниде. Шаңарақ әҳли қонаққа иззет көрсеткени себепли гүналары кешириледи, дегени. . Және Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Қонақ жәннетке жоллаўшы", деди. Және Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким Аллаҳқа ҳәм ақырет күнине ийман келтирсе, қонағын ҳүрмет қылсын", деди. Имам Бухарий ҳәм Мүслим рәўияты. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🌐alberuniy.uz             🟥youtube  🌐instagram                🌐facebook Каналға ағза болыўды умытпаң! ✈️alberuniyuz
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
#пикирлеў ЫҚРАР       Дүнья ашық етти, өзине шақырды, қайрылдым, қарадым, "Жүз бурдым сеннен" дедим, бирақ кетпедим, кете алмадым, айтқанымды қыла алмадым. Тәрк еткендей болдым, тилимде еди, кеўлим ол менен бирге еди. Жүзимди бурғандай едим, көзлерим онда еди. Дәслеп көз қырым менен қарадым, кейин әсте-ақырын ол тәрепке бурылдым, ынтық болдым, жылўасына ҳайран қалдым. Жалт-жулт еди, гөззал еди, бахтияр болдым. Меннен қашты, қуўдым, қуўған сайын узақласты.       Дүньяның үстине шығып дизгинин услаўды қәледим, ол ақыры мени дизгинине салды, бурды, "Тур" деди, турдым, жүрдим, айтқанын қылдым, шаршадым...       Бул сергизданлық ҳәр түрли аўҳалларға түсирди, бул шаршаў мени ойландырды. Билдим, аңладым, нелерди қолдан бай бергенимди сезиндим.       Ол ықласлы сәжде еди, тәҳмид еди! Аллаҳға бойсыныў еди, бас ийиў еди.      Рәббим, ықрар болдым бәрине, келте пәмлик еттим. Кеш болса да, қәтержам ибадатты сағындым. Дүньядан тыс, ғыйбаттан узақ, фитнадан жырақ, ықлас пенен бас ийиўди, қәлбим менен тасбеҳ айтыўды, көз жасларды хожакөрсинсиз төгиўди, жалбарыныўымды Өзиңе бурыўды сағындым, Аллаҳым! Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🌐alberuniy.uz             🟥youtube  🌐instagram                🌐facebook Каналға ағза болыўды умытпаң! ✈️alberuniyuz
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
#пикирлеў Аманатқа қыянет қылмаң!      Аллаҳ таала тәрепинен бендесине берилген ҳәр бир ағза аманат есапланады. Мысалы: – Көз аманатына қарап бенде Аллаҳ тааланың қүдирети менен жаратылған ислерге қарайды; – Қулақ аманатын сезип, Аллаҳ тааланың кәламын ҳәм Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаламның ҳәдислерин, ўәлийлердиң, алымлардың нәсиятын еситиўге сарплайды; – Тил аманаты менен Аллаҳтың исмин зикир қылады; – Қол аманаты менен халыққа пайдасы тийетуғын ислерди қылады.       Егер адам баласы көзин ҳарам нәрселерге қараўға сарпласа, қулағы менен жаман сөзлерди еситсе, тили менен ғыйбат сөзлерди сөйлесе ҳәм қолы менен мусылманларға зыян жеткерсе, Аллаҳ тааланың берген аманатына қыянет қылған болады ҳәм берген неъматларына шүкиршилик қылмаған болады.      Жоқарыда келтирилген неъматлардың ҳәммеси Аллаҳ таала жаратқан бендениң денесинде жайласқан. Адам баласын жаратқан да, оған тил, көз, кулақ, қол ҳ.т.б неъматларды берген де Аллаҳ таала есапланады. Енди бенде қалайынша көзи менен ҳарам етилген орынларға қарап, қулағы менен жаман сөзлерди еситип, аўзы менен ғыйбат сөзлерди сөйлеп, қолы менен қайтарылған ислерди қыла алады?!... Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🌐alberuniy.uz             🟥youtube  🌐instagram                🌐facebook Каналға ағза болыўды умытпаң! ✈️alberuniyuz
Показать все...
Фото недоступноПоказать в Telegram
#тәрбия #рәўият НӘПСИМЕ КЕЙИН БЕРГЕНИМ ЖАҚСЫ Әбиў Хазым раҳимаҳуллаҳ семиз қойдың гөшин сатып турған қассабтың қасынан өтип қалды. Қассаб: – "Ҳәй Әбиў Хазым, гөш алың, оғада жақсы гөш" – деди. Әбиў Хазым раҳимаҳуллаҳ: — "Қасымда пулым жоқ" – деди. Қассаб: – "Пулын кейин-ақ берерсиз" – деди. Сонда Әбиў Ҳазым: – "Мен ушын сизге (пулын) кейин бергеннен, нәпсиме (гөшти) кейин бергеним жақсырақ" – деп жуўап берипти. Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🌐alberuniy.uz             🟥youtube  🌐instagram                🌐facebook Каналға ағза болыўды умытпаң! ✈️alberuniyuz
Показать все...