cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

Больше
Рекламные посты
12 374
Подписчики
-324 часа
-377 дней
-15830 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

#буны_билиў_шәрт ИСЛАМДА БЕНДЕНИҢ ӘМЕЛИ СЕГИЗГЕ БӨЛИНЕДИ: 1️⃣ – парыз 2️⃣ – ўәжиб 3️⃣ – сүннет 4️⃣ – мустаҳаб 5️⃣ – мубаҳ 6️⃣ – ҳарам 7️⃣ – мәкруҳ 8️⃣ – мустакраҳ Усы сегизге бөлинген әмелден: 1️⃣ - Парыз 2️⃣ - Ўәжиб 3️⃣ - Сүннетти орынлаў шәрт ❗️ 4️⃣ - Ҳарам 5️⃣ - Мәкруҳ 6️⃣ - Мустакраҳ әмеллерин ислемеў шәрт ‼️ 7️⃣ - Мубаҳ 8️⃣ - Мустаҳаб әмеллерин болса ислеў-ислемеў ықтыярлы. http://t.me/nasiyatuz
Показать все...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 15 7
ПЕРЗЕНТ ТӘРБИЯСЫ... (актуал тема) - Перзентиңиз мектепке кетип баратырғанда оның қолына еки пирожний берип: "Биреўи өзиңе, биреўи ең жақын жораңа", деп айтың. Сонда бала жақсы көриў ҳәм иҳсанды үйренеди. - Перзентиңиздиң сўмкасына артықша ручка салып: "Егер бир оқыўшы ручка алып келиўди есинен шығарған болса, жәрдем ушын ручканы сол балаға бер", деп айтың. Перзентиңиз бул нәрседен жуўапкершиликти сезиниўди үйренеди. - Егер перзентиңиз үйге қайтып келсе, сен келиўиң менен үй толып қалды, деп айтсаңыз, перзент өз қәдири ҳәм қымбатын сезинеди. - Егер перзентиңиз үйге қайтып келсе, бүгин қандай жақсы исти әмелге асырдың?, - деп сораң, перзент бул менен жаманлық ҳәм жақсылықтың арасын ажыратыўды тәлим алады. Кейинги сапары сорамасаңызда өзи жуўап беретуғын болады. - Тәрбия оғада сада нәрсе, ол ушын зәҳәрли тил болыўы шәрт емес. 🌱 🌱 🌱 🌱 🌱 🌱 🌱 🌱 🌱 🌱 🌱 t.me/nasiyatuz
Показать все...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

10👍 6🔥 1
02:45
Видео недоступноПоказать в Telegram
#жума_марузасынан #әҳмийетли "ДИНИМИЗДЕ НЕКЕ ҲӘМ ШАҢАРАҚҚА ИТИБАР БЕРИЎ". 🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱      🎤 Устаз Бахрамаддин Разов. 👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇      Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube 🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Показать все...
4_Dinimizde_nikah_ha'mde_shan'araqqa_itibar_beriwlik_Juma_maruzasi.mp418.10 MB
👍 9 5
#Қураный_дуўа    ӨТКЕНЛЕРДИҢ РУЎҲЫНА БАҒЫШЛАНАТУҒЫН ДУЎА Бул дуўа ийманда өткен ата-бабалардың руўҳына бағышлаў ғана емес, өзимиздиң ҳәм заманлас бирадарларымыздың гүналарын кешириўин Аллаҳтан сораў ушын да айтылыўы мүмкин. رَبَّنَا اغْفِرْ لَنَا وَلِإِخْوَانِنَا الَّذِينَ سَبَقُونَا بِالْإِيمَانِ، وَلَا تَجْعَلْ فِي قُلُوبِنَا غِلًّا لِلَّذِينَ آمَنُوا، رَبَّنَا إِنَّكَ رَءُوفٌ رَحِيمٌ Айтылыўы: "Роббәнәғфирләнәә ўә лий-ихўәәнинәлләзийнә сәбәқуўнәә бил-иймәән, ўә ләә тәжъал фий қүлүўбинәә ғилләллилләзийнә әәмәнүў Роббәнәә иннәкә Роуўфур Роҳийм". Мәниси:
«Я Рәббимиз! Өзиң бизлерди ҳәм бизлерден алдын ийман менен өткен бирәдарларымызды кешир ҳәм кеўиллеримизде ийман келтиргенлерге деген жек көриўшиликти (пайда) қылма! Я Рәббимиз! Әлбетте, Сен – Меҳрибан, Рейимлисең».
Ҳашр сүреси, 10-аят. 📱http://t.me/nasiyatuz
Показать все...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 17 6
00:16
Видео недоступноПоказать в Telegram
Ҳәр бир атқан таңымыз ушын Жаратқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың! Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
Показать все...
d626966c25c22fbf715760527a9d9a8a.mp49.34 KB
👍 7🥰 7 3
Фото недоступноПоказать в Telegram
#Таңғы_сәлемнама 🌸Ассаламу алайкум ҚӘДИРЛИМ!🌸 Арамыз узақ болғанының әҳмийети жоқ. Биз оғада узақлардан да сүйген инсанларымызды дуўаларымызда еслеймиз... Жүрегиңиз Жәннет киби гөззал, Жәннет болса, сизиң қәлбиңиз сыяқлы шырайлы болсын... Ҳәр бир имтиҳанда Аллаҳтың сизлерге бир гилтти узатыўын умытпаң. Раҳмет есигине машақат гилти менен кириледи... Аллаҳ жолыңызды, жүрегиңизди, кеўлиңизди жақсы инсанларға ашсын... 🍃 🌿 🍃 🌿 🍃 🌿 🍃 🌿 🍃 🌿 🍃 Атқан таң берекетли, раҳметли болсын! 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 🦋 🕊 📱http://t.me/nasiyatuz
Показать все...
11👍 6🥰 1
Фото недоступноПоказать в Telegram
Нөкис ўақты менен 14-июль күнги намаз ўақытлары 🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! 👇👇👇 Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
Показать все...
13👍 4
#Ҳикмет Юсуф Ҳамаданий айтады: ✅ Қарын аш болмаса, аўқатланбаў, аз тағам жетсе, тойып аўқатланбаў керек. ✅ Нәпси машақатларға бейимлеспегенше, шайтан оннан жырақласпайды. ✅ Көп уйқы өмирди зая қылады, денени босастырады, жумыстың өнимдарлығын ҳәм ықласты жоғалтады. ✅ Ҳарам тағам менен қәлб нурланбайды, ал ҳарам кийимде ибадат заўқын татып болмайды.  ✅ Адам шапан, тағам ҳәм орынды пәк тутса, оның барлық ислери раўаж табады. ✅ Нәпси, шайтан ҳәм дүнья – бендени жолдан аздырыўшы тосық. ✅ Ҳақ зикирсиз ҳақыйқат жолы ашылмайды. ✅ Ҳақыйқый зикир қәлбте болады. Ал, ҳақыйқый солиҳ бенде ўақытты зикирсиз өткизбейди. ✅ Турақлы зикир себепли кеўил пәкленеди, бийҳуўда қыяллар көтериледи.  ✅ Ақырет жолы шайтанға қарсы гүресиў арқалы айдынласады. ✅ Қәлб нуры тек Аллаҳты зикир етиў менен ғана пайда болады. ✅ Мәрипат әҳли менен заўықланыўшыны дүнья менен тири, Ҳақ таала зикири менен рәҳәтлениўшини «Мәўла (яғный Аллаҳ таала) менен тири», дейди. ✅ Пәм ҳәм ақыл менен мәртебеленген инсан ҳайўан менен тең болыўдан уялыўы керек. ✅ Мал-дүнья жыйнаўда ҳәдден аспаў, мүтәжлигине қарап жеп-ишиў зәрүр. ✅ Дүнья азайса, дәрт кемейеди, кериси болса, дәрт артады. ✅ Ким дүнья тәшўишлеринен пәк болса, Мәўла зикири менен рәҳәт табады. ✅ Адам дүнья демалысын ақыреттегисине алмастырса, ҳақыйқатқа ериседи. ✅ Жеп-ишиў, кийиниў, үйлениў ҳәм руўзыгер тербетиў итияж дәрежесинде болса, динге муўапық есапланады. ✅ Дене – шәрият ўазыйпаларын орынлайтуғын жумысшы. ✅ Ийман әлеминде пикирлеў даўам етер екен, оның қәлб өмирине муўапық болыўы, кеўилдиң абат қылыныўы ҳәм хожакөрсинлик гирбиңиниң жуўылып тазаланыўы да адамның айдынлық жолы ушын зәрүр шәртлерден есапланады. ✅ Дене ҳәм ҳүждан азабы, қәлбтиң қарайыўы әмел себепли болады. ✅ Зикир – қәлбти жумсартыўшы, кеўил көзин нурландырыўшы, пикирди ашыўшы гилт. ✅ Қәлб ҳәм зикир – терек пенен суўға, ал пикир мийўеге уқсайды. ✅ Зикир – пикир есигин ашыўшы гилт. Онысыз есик ашылмайды. ✅ Руўх – Ҳаққа бойсынады, ал ағзалар ол арқалы ҳәрекетленеди. 🌐http://t.me/nasiyatuz
Показать все...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 28 4🔥 1
#Ҳикмет Әбиў Ҳазим Салама ибн Динар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: "Сениң мал-мүликиң не?" - деп соралғанында, ол: "Аллаҳ ҳүзириндеги нәрсеге исенип, адамлар қолындағы нәрседен бийғәрез болыў", деп жуўар берди. 📱http://t.me/nasiyatuz
Показать все...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 9 5
#Дуўа Уўайым-қайғыға батқан ўақытта мына дуўа оқылады: اَللَّهُمَّ اِنِّي عَبْدُكَ وَابْنُ عبْدِكَ رَضِيْتُ حُكْمَكَ وَ قَضَائَكَ أَسأَلُكَ أَنْ تَذْهَبَ عَنِّي غَمِّي وَ حُزْنِي وَ اَنْ تَرْزُقَنِي يَسِيْرًاا عُسْرِي Айтылыўы: «Аллооҳуммә инний ъабдукә ўә ибну ъабдикә родийту ҳукмәкә ўә қодооәкә әс-әлукә ән тәзҳәбә ъанний ғоммий ўә ҳузний ўә ән тарзуқоний йәсийрон усрий».
Мәниси: «Аллаҳым, әлбетте мен Сениң бендеңмен ҳәм бендеңниң перзентимен, сениң ҳүкимиңе, тәғдириңе разыман (разы болдым), мениң кеўлимнен ғам-тәшўишти кетириўиңди ҳәм ғамнан соң шадлық бериўиңди сорайман».
"Ибадати Исламия" китабынан
📱http://t.me/nasiyatuz
Показать все...
NASIYAT.UZ |Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы. Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot Facebook👉

https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899

👍 18 9
Выберите другой тариф

Ваш текущий тарифный план позволяет посмотреть аналитику только 5 каналов. Чтобы получить больше, выберите другой план.