ru
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Открыть в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Больше

📈 Аналитический обзор Telegram-канала ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) языкового сегмента Казахский является активным участником. Сейчас сообщество объединяет 18 810 подписчиков, занимая 4 306 место в категории Религия и духовность и 442 место в регионе Казахстан.

📊 Показатели аудитории и динамика

С момента создания невідомо проект демонстрирует стремительный рост, собрав аудиторию из 18 810 подписчиков.

Согласно последним данным от 06 июля, 2026, канал показывает стабильную активность. За последние 30 дней изменение числа участников составило -294, а за последние 24 часа — -3, при этом общий охват остаётся высоким.

  • Статус верификации: Не верифицирован
  • Уровень вовлечённости (ER): Средний показатель вовлечённости аудитории составляет 27.71%. В первые 24 часа после публикации контент обычно набирает 19.47% реакций от общего числа подписчиков.
  • Охват публикаций: В среднем каждый пост получает 5 213 просмотров. В течение первых суток публикация набирает 3 663 просмотров.
  • Реакции и взаимодействия: Аудитория активно поддерживает контент: среднее количество реакций на один пост — 44.

📝 Описание и контентная политика

Автор описывает ресурс как площадку для выражения субъективного мнения:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Благодаря высокой частоте обновлений (последние данные получены 07 июля, 2026) канал поддерживает актуальность и высокий уровень охвата публикаций. Аналитика показывает, что аудитория активно взаимодействует с контентом, что делает его важной точкой влияния в категории Религия и духовность.

18 810
Подписчики
-324 часа
-607 дней
-29430 день
Архив постов

photo content

photo content

U_lger (2).mp34.58 MB

photo content

#Рамазан_2026_тилек 🌙✨ РАМАЗАННЫҢ 27-КҮНИ ҲӘМ СИЙШЕМБИ ТАҢЫ МҮБӘРЕК БОЛСЫН! 🍃🌹🍃Қәлбиңиз Алланың үйи! Көксиңиз меҳирдиң кә
#Рамазан_2026_тилек 🌙✨ РАМАЗАННЫҢ 27-КҮНИ ҲӘМ СИЙШЕМБИ ТАҢЫ МҮБӘРЕК БОЛСЫН! 🍃🌹🍃Қәлбиңиз Алланың үйи! Көксиңиз меҳирдиң кәни! Көзиңиз гәззаллық шайдасы! Қолларыңыз қайыр, сақаўат әскери! Аяқларыңыз жақсылық шабарманы! Сизлердиң усы турысыңыздың өзи күшли художниктиң шығармасыдур... Бүгин дүнья сиз ушын жаралды, күнлер болса кәсип, өнериңизге шын кеўилден хызметте. Алла таала жараттыма, демек ҳеш бири бийкарға емес! Рамазанның усындай және бир әжайып таңында қәлбиңизди ийесине ашың... Бар меҳриңизди шашың... Көзлер гөззаллық нурына, Қоллар дуўаның зорына, Аяқлар пәкликтиң дәргайына Сизди жеткермегенше ҳарып ,талмасын!🤲🤲🤲 Сизди излеп, гөзлеп келген бул таң қайырлы ислерге дәрўаза болсын!🤲🤲🤲 Каналымыздан узақласпаң қәдирданлар........ https://t.me/ibratli_sozler

Я АЛЛАХЫМ елимизге тынышлық аманлық бергейсең, ырысқымызды мол , кеулимизди кең қылғайсаң !🤲 Өзиңди разы ететуғын парызларымызды кемтиксиз орынлауға сап ийман, беккем ден-саулық , күшли ықлас бергейсең !🤲 Шаңарағымызға аманлық , ата-анамызға узақ өмир хəм еки дүньяның жақсылығын бергейсең ! 🤲 Тууған тууысқанларымызға мийрим-шəпəəт , қыймаслық мухаббат бергейсең !🤲 Өмирлик жолдасқа садықлық хəм сыйласық, Жəннетте де бирге болыуды несип еттиргейсең ! 🤲 Перзентлеримизди мийримли, ийман қəлбли, ашық минезли , ата-анасына алғыс жаудыратуғын пазыйлетлер менен сыйлағайсаң ! 🤲 Бəрше мөмин-мусылман досларымыздың Өзиңнен сорап дууаға қол жайған қолларын есеси менен , сорағанынан да зыядасын бергейсең 🤲 Дүньядан өткенлердиң Жайларын Жəннеттен , қəбирлерин Нурлы еткейсең 🤲 Бəрше бенделериңниң билип-билмей, əшкара-қупыяна ислеген гүналарын кеширип, тəубелерин кеширгейсең 🤲 Əмийнь бəрше тилеклеримизди қабыл еткейсең 🤲🤲🤲

#қәдир_түни    ҚӘДИР ТҮНИ ДУЎАСЫ    Айша разыяллаҳу анҳа: “Я Аллаҳтың Расулы, егер Қәдир түнин таўсам не деп дуўа қылайын?” деп сорады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Сен: “Аллооҳуммә иннәкә ъафуўўун, туҳиббул ъафўә фаъфу ъанний”, деп айт”,– деди”.    
Мәниси: “Я Аллаҳ! Әлбетте, Сен кешириўшисең, кешириўди жақсы көресең. Мени (гүналарымды) кешир!

БҮЛБИЛ ҚАЙДА, ҚАСҚЫР ҚАЙДА, ЎА, ЗАМАН                     .....1..... Сайра қәне сарайдағы бүлбилим, Гүлтүбекте әне өсип тур гүлиң... "Алтын қәпес" төри мәңги сеники, Тек ийеңе жақса болды ғой үниң.... Сайра, сайра, сарайдағы бүлбилим..! Той тойласа, сен арнаў айт қатырып, Ол қайғырса сен де жыла, аҳ урып... Жас бүлбилдиң бәрин жыйнап қасыңа, Сарайыңның мақтаўын бер асырып. Олар кирсин босағаға бас урып.... Сыйлық берсин, гүллер шашып үстиңнен, Мүддәҳәңиз сол емес пе "бес күн"нен?! Бостаның ҳәм гүлистаның сол сарай, Өлер жериң, қәбиристаның сол сарай, Уялма да, арсынба да ҳешкимнен... Бүлбил қайда, қасқыр қайда, ўа, заман! Енди кимге ийегимди созаман?!...                     .....2..... Улы қәне, Көкжал бөрим, Көкбөрим! Сени жоқлар бир бүлбилиң жоқ бүгин. Өз майыңа қуўырылып жата бер, Өз қаныңның өзиң дәмин тата бер, Билермедиң Жерде мәртлик жоқлығын? Билер едиң Жерде мәртлик жоқлығын... Бизлер деген бир елеспиз, жалғанбыз, Өзимизге басқаша жол салғанбыз. Бизлерден ҳеш үмит етпе сен енди, Ең соңғы рет "қоян жылы" келгенде, Барлығымыз "қоян" болып қалғанбыз... Талай "бүлбил" ушты соннан сарайға, Енди олар шеңгелзарға қарай ма..?! Тоғай ушын қурбан болған Көкжалым, Зарым жетсе, орыныңнан қозғалып, Шынжырыңды бир силкип қой қалай да... Бүлбил қайда, қасқыр қайда, ўа, заман! Аңламай-ақ бул өмирден озаман....                       ....3.... Бәс келгенде "аңшы" қурал-жарақлы, Кимге ренжип, шытасаң ал, қабақты?! Ўаҳ, Көкжалым, булар саған аз болса: Бир жылыңда төрт мәўсимиң бар болса, Енди соның алпыс төрти абахты... Қатып қалды, жел еспестен айдарым, Билмей қалдым, қайда күлки? қайда муң? Қараң қатқыр, сол қақпанның ийеси, Берермеди сени маған қайтарып, Сонда мен де "Көкжалым" деп мардыйып — — келип жүр-аў шеңгелзарда сайрағым... Сол тоғайда жабайының бири едим, Сарайға ҳеш жараспайды иреңим. Разымен мен, жүргенимнен қул болып, Шеп жақтағы қабырғамды сындырып— —суўырылып түсип қалса жүрегим, (Суўырылып түсип қалғай жүрегим...) Бүлбил қайда...? Қасқыр қайда, ўа, заман...? Мен тозсам да, зарлай-зарлай тозаман... ©️Баҳадыр Байназаров 2026-жыл https://t.me/baxadir_bainazarov

#Қарақалпақ_нақыллары 📜 Бөрик кийгенниң бәри батыр емес, Орамал таққанның бәри қатын емес. 🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾 Жаў жоғында ҳәмме батыр. 🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾 Даў жигити басқа, Жаў жигити басқа. 🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾 Ўатан күннен сулыў, Алтыннан қымбат. 🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾 Таўды, тасты жел бузар, Адамзатты сөз бузар. 🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾 Таўдан тиреги бардың, Тастан жүреги бар. 🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾 Өтирик деген душпан бар, Отқа сүйреп салады. 🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾🌾 Нақылды бир айтпаса, Ақылсыз айтпайды. Ақыллы адам әңгимесин, Нақылсыз айтпайды. 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 🍃 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Айырым хаялларға .... Шаш кесилип орамал түсти басларынан Қыл шығады жеп отырсаң асларынан Терип- терип сызық қалды қасларынан Минези қопал,көрки сулыу болды Хаял. Шүкир етпей АЛЛАНЫҢ бергенине Бояп таслап имкан, қурбы жеткенине Хеш ашынбас жүзинен уят кеткенине Минези қопал,көрки сулыу болды Хаял Арақ толы қадақ услады билеклери Кең сарайда ғамсыз жасау тилеклери Ер менсинбей қарайыпты жүреклери Минези қопал,көрки сулыу болды Хаял. Кирпик үстине кирпик қойып, исирди лəб Тырнағына лакти қуйды тырнақ қадап Пардозланып ерине емес, елге атап Минези қопал,көрки сулыу болды Хаял. Аналықтан кешти кетер қəуметим деп Қəумет кетсе тамам бахтым-əуметим деп Əси күлип , мөмин қарар пушайман жеп Минези қопал,көрки сулыу болды Хаял. Қылмай мөмин, муслиймалық хүрметин Шайтан менен қурды қыңыр сəубетин Таплап аяқ асты болған Жəннетин Минези қопал,көрки сулыу болды Хаял. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

ӘЖЕ~шаңарақтың үлкен анасы, соның менен бирге, ол елдиң де АНАСЫ. Әже--әкениң, ананың үлкен анасы. Әже--шаңарақтың аманлығын, "баўыры пүтин" болып  аўыз биршилик пенен жасаўына, бир-бири менен мийримли болып  туўысқанлық қатнаста болыўына жол-жоба берип отырыўшы, шаңарақтың берекетин келтирип отыратуғын ақылгөйи, тәрбияшысы---ҮЛКЕН АНАСЫ.        ӘЖЕ~халықлық дәстүрди сақлап, алтын мийрасларымызды улына, қызына, ақлықларына, елдиң жасларына нәсиятлап, үлгисин көрсетип отыратуғын, елдиң ҳүрметли адамы.          Қарақалпақ халқында әкесиниң, анасының анасын ҳәр түрли етип атайды. Бундай ҳәр түрлилик--халықтың жасаў орны, мәканы, шаегаралас туўысқан халықлардың сөйлеў тилиниң тәсири нәтийжесинде болады. Бурыннан киятырған дәстүр бойынша халықлық атама---КЕМПИР АПА деп қабылланған. Елимиздиң қарақалпақлар тығыз жасайтуғын районларында ҳәзирги ўақытлары да бул атама өзиниң мәнисин жойытқан жоқ. Қазақстан менен шегалас арқа районларда үлкен апасын "әже" деп атаса, қубла районларда "мама", "мама кемпир" деп атайды. "Әже",--деп  өзиниң анасына мүнәсибет көрсетиў-- Шымбай, Қараөзек районларында ушырасады. Бул жерлерде гейде қызлардың өзиниң туўысқан апасын "әже" деп атаў да гезлесип турады.       ӘЖЕЛЕР~тек өз балаларынан туўылған урпақларына ғана емес, пүткил елге "әже" болып есапланып, өзинен кейингилер тәрепинен үлкен сы-ҳүрметке ийе адамлар, себеби, елимизде жасы үлкен аталарды, әжелерди ҳәр бир адам танысын, танымасын ҳүрмет, иззетин көрсетип сәлемин береди, сыйлайды, төрине шығарады. Үлкен жастағы әжелерди "Үлкен апа", "кейўаны",--деп атап, олардан  жасы киши адамлар ақыл-кеңес сорап отырады. Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

"ƏЖЕ "сөзи хаққында
"ƏЖЕ "сөзи хаққында

✅Өткен күнлерде мийманға : Сиз ушын есигимиз ашық , қашан қəлесеңиз биймəлел келип турың дер едик. 😔Хəзирги күнлерде: Келетуғын болсаңыз бир күн бурын хабар берип қойсаңыз болар еди -демектемиз... ✅ Өткен күнлерде : Жақсы қоңсыны сатып ал ! Жақсы күниң қоңсың менен абзал ! ,-дер едик. 😔 Хəзирги күнлерде : Сен тиймесең мен тиймеймен!деймиз .... Хəтте шифериниң бəлентлилиги де кеулимизге мəлел келип атыр.... ✅ Өткен күнлерде : Ағайин тууысқанларымыз өзлерине болмай қалған кийимлерин берсе қууанып кийиуге асығар едик. 😔 Хəзирги күнлерде : Бизди жерге урып өзи кийгиси келмеген соң берип атыр деп кибрленип атырмыз.... ✅ Өткен күнлерде : Хайт жоқ , той жоқ болса да ағайинлеримизди тез-тез жоқлап хəттеки бир-еки күнлеп қонып та қалар едик. 😔 Хəзирги күнлерде : Тойына бармақ түуе , уятты жаназада көринбесек деп зорға дийдар көрисемиз.... ✅ Өткен күнлерде : Мен биреуди қапа еттимау деп айыпты өзимизден излеп кеширим сорамағанша кеулимиз кеншимес еди. 😔 Хəзирги күнлерде : Түйедей айып ис қылсақта кисиниң түймедей қəтесин айып санап оның келип кеширим сорауын күтпектемиз ... ✅ Өткен күнлерде : Душпан кимлигин жақсы билер едик. 😔 Хəзирги күнлерде : Достымыз кимлигин де биле алмай қалдық ..... ДҮНЬЯ ӨЗГЕРГЕН ЖОҚ , НЕГИЗИНДЕ ПЕЙЛИМИЗ , ҚƏЛБИМИЗ ӨЗГЕРИП КЕТТИ .... Юсупова М https://t.me/ibratli_sozler

"ЛӘЙЛИМ" Оригинал қосықты: Атқарған: Даўытбай Қайыпов Сөзи: Қармыс Досанов Намасы: Роман Султанов https://t.me/ibratli_sozler