#Балалар_әдебияты
📚
ЖАСЫРЫН ЖАҚСЫЛЫҚ
Рысбийке апа еки саўын сыйыр саўғанлықтан, оның сүтлерин гейде уйтып, гейде солайынша базарға шығарып сатар еди. Базарға арасында қызлары Үмитханды, арасында Улбосын алып кетеди. Олар кишкене мектеп оқыўшысы болса да, апасына көмеклесип, сүт-қатықларды тезирек сатыўға жәрдемлеседи.
Рысбийке апа бир күни қатық-сүтлерин таярлап, базарға кетейин деп турғанда, тосаттан бир жумыслары шығып қалды. Сол ўақта үйде ортаншы қызы Улбосын бар еди. Ол:
— Апа, қатықларды мен сатып келейин, базар жақынғо ҳәм сатып билемен, өзиң билесеңғо, апа, — деди.
Рысбийке кишкене ойланып турды да:
— Яқшы, қызым, бар да тезирек сатып келеғо, — деди қызына қатық оралған түйиншикти услатып. — Көп отыра берме, кеселеп ишемен дегенге кесе менен бер, болмаса көтере бер де қайт, қызым, — деди Рысбийке бир жағынан қәўетерленгендей.
Улбосын қуўанғанынан түйиншигин қушақлап, базарға асықты. Ол өзинше жалғыз саўда ислеп, пул таўып, апасын қуўантқысы келди. Шымбайдың шар базарында қатық-сүтшилердиң қатарына барып отырып, сата баслады.
Сол күни базарға жүдә көп сүт-қатық келген бе, Улбосынның әкелген қатығы бирден өте қоймады. «Еле өтедиғо, түске шекем ўақыт бар», — деп турғанда, Улбосын мектептеги ең жақсы көретуғын муғаллими Айсәнемди көрип қалды. Ол сол муғаллимин сондай дәрежеде жақсы көреди, оны ушыратқанда тап анасын көргендей қуўанады.
Қатықларының ишиндеги ең үлкен ыдысқа уйтылған қатығын алып, муғаллиминиң изинен барды.
— Ассалаўма әлейкум, устаз, — деп муғаллими менен сәлемлести.
Муғаллими де қуўанып:
— Улбос, Уаликум ассалам қалайсаң, қызым? Базарда не қылып жүрсең, бир өзиң? — деди.
Сонда Улбосын:
— Муғаллим, апам Сизге қатық берип жиберип еди. Үйинде балалары менен ишсин деди, — деп қолындағы ыдысты муғаллимине берди.
Айсәнем устаз:
— Ҳаў, қызымаў, не қылайын деп едиң, шәрт емес едиғо, — деди қысынып.
Алмайман дегенине қарамай, Улбосын:
— Апам өкпелейди, — деп, қалай болмасын устазын көндирди.
Сөйтип, Улбосын түс болмай-ақ қатық-сүтлерин толық сатып, үйине қайтты. Жолда киятырып, сатқан пулларын есаплап келди. Апасына есабат тапсырыў ушын ақшаны толық түўеллеп қойыў керек. Енди муғаллимине берген қатықтың пулын апасына не деп айтады? Ол оны да режелестирип қойған еди. Улбосын арасында ағасынан алған ақшаларын жыйнап қоятуғын еди. Үйине асығыслық пенен барып, жасырып қойған жеринен ақшасын алып, қолындағы пулларына қосып, оны түўеллеп қойды да, апасының келиўин күтти.
Апасы келиўден қуўанып, алдына жуўырды.
— Апа, сүт-қатықлардың бәрин сатып келдим, — деп, ақшаларын апасының қолына услатты.
Рысбийке қуўанып:
— Мениң қызым жақсы, шаққан және билимли, — деп, қызын қушақлап, бетинен сүйип қойды.
Арадан бир-еки ҳәпте өтип, Рысбийке базарда жүргенинде, қызы Улбосынның муғаллими Айсәнемди көрип қалды. Сонда Айсәнем устаз Рысбийкени көрип, қушақласып көристи. Екеўи сорасты. Соң Айсәнем оған:
— Өткенде Улбостан маған қатық берип жиберген екенсиз. Балаларым менен ишип, ҳәз еттик. Рахмет сизге, қатығың жүдә мазалы екен, — деп, муғаллим Рысбийкениң қолынан услап, және рахмет айтты. Рысбийке болса, недерин билмей, аң-таң болып қалды. Адам гәўжим базарда Айсәнем рахмет айтыўы менен Рысбийке менен хошласып, өз жолы менен кетип қалды.
Рысбийке апа базардан үйине келип, шай-аўқат ишип отырғанда, қызы Улбосынға былай деди:
— Қызым-аў, өткенде мен сатып кел деген қатықтан муғаллимиңе берипсең, рахмет саған. Устазың маған көп рахметлер айтты, мен қатты қуўанып қалдым. Бирақ, қызым, оны маған айтақаныңда да болар еди. Мен саған бақырмайманғо, — деп, қызы Улбосынды және бир мақтап, еркелетип қойды.
Буны еситкен Улбосын дәслеп бир түрли болып еди, гәптиң соңында қуўанды ҳәм апасынан бул иси ушын кеширим сорады.
Апасы:
— Зыяны жоқ, қызым, ол сениң ислеген исиң саўаплы исғой. Ата-бабалар не деген: «Устаз атаңдай уллы». Сол ушын сениң устазыңды ҳүрметлегениң басқаларға үлги болады, — деди.
Улбосынның бул иси барлық оқыўшыларға үлги болып, устазлар алдында мәртебеси бәлент болды.
📖 Әбдиғаппар Ҳәмзе
https://t.me/ibratli_sozler
👉
https://t.me/ibratli_sozler