fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 816 مشترک است و جایگاه 4 306 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 443 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 816 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 04 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -287 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -14 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 27.16% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.71% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 111 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 708 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 44 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 05 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 816
مشترکین
-1424 ساعت
-817 روز
-28730 روز
آرشیو پست ها
Устазлар "Бир ҳәрип үйреткен адамға 40 жыл" Даңқ ҳәм алғыс сизге сүйикли устазлар! Сизлер шәмен бағда жайнап турған гүл, Орныңыз мудамы бийикте устазлар! Сулыў дийдарыңыз бәҳәр таңындай, Йошлы жүрегиңиз жанған жалындай, Анамыз Әмиўдиң толқынларындай, Қанатлы қосық ҳәм жырсыз устазлар! Жасларды жетелеп билим бағына, Баслайсыз өмирдиң нурлы жағына, Миллион жүрек сыйған кең қушағына, Әжайып дүньясыз, дүрсиз устазлар! Билимниң бағына бүлбилдей сайрап, Өмир ағысында туўлаған қайнап, Ашық аспанымда қуяштай жайнап, Жүрекке қуйылған нурсыз, устазлар! Өмир әлипбесин усыңған бизге, Бизлер миннетдармыз мәнгиге сизге, Жайнаған жулдыздай жүрегимизде, Мудам ядымызда барсыз устазлар! Сизиң устаз деген атыңыз текте, Мудам кеўлимизде ҳүрмет-иззетте, Ҳәмийше, ҳәр қашан қайда жүрсекте, Ақ жүзге жарасқан қалсыз, устазлар! Сизлер өнимлердей алтын гүздеги, Шоласып атырған байлық дизбеги, Бул алтын дәўирде бәрҳа биздеги, Жүректе шертилген тарсыз, устазлар! Сәлем Ана - мектеп, билим булағы, Сәлем устаз! Сиз солдатсыз қырағы, Атыңыз жүректе жайнап турады, Қатардв жаўынгер, нарсыз устазлар! Устаз деген әдиўли сөз әзелден, Устаз кеўли гөззаллыққа безелген, Мен устаздан уллылықты сеземен, Сизлер жайнап турған жулдыз, устазлар!        ✍ Төлепберген Мәтмуратов https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

#Ғәзийне 📗Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары. Қойшының қызы қой келгенде уршық ийиреди. 📖 Жаў кеткеннен соң қылышыңды тасқа шап. 📖 Жаман адамның сөзи ашшы, Жабағы тонның бийти ашшы. 📖 Қайғысыз қара суўға семиреди. 📖 Аңламай сөйлеген, Аўырмай өледи. 📖 Кербаздың иси питпейди. 📖 Бир сынаған жаманды, Еки қайтып сынама. 📖 Жасыңда қалжын болсаң, Үлкейгенде мылжың боласаң. 📝📝📝 @ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

#Келди Пырағыйдың айтқаны! 📜 Әдеп пердеси ашылып, Ар-намыс қалды шашылып. Ҳақ айтқан қалды басылып, Заман ақыр болдымекен. Жасы үлкенлер сөзден тайып, Әжелерим шашын жайып, Дийдар ғайып несип ғайып, Заман ақыр болдымекен! Айырмай ҳақ пенен батылды, Жаназа пулға сатылды, Ҳийлеге салды батырды, Ақыр заман келдимекен. Намаз қурғақ оқылды, Нәсият ядтан тоқылды, Араққа әбден шоқынды, Ақыр заман келдимекен! Ораза мабаға тутылды, Таўсылғансоң қутырды. Менменлер нәпсиге тутылды, Заман ақыр болдымекен. Ҳадис нәсият жаңламай, Әкени перзент тыңламай, Ананың қәдирин аңламай, Заман ақыр болдымекен! Жас баладан бийлер болды, Қорған қулплы үйлер болды, Ақсақаллар таппай жолды, Заман ақыр болдымекен. Ҳаял жағы басым болды, Бираз еркек қатын болды, Мөмин жылап жасы толды, Заман ақыр болдымекен. Мусылманды қырып кәпир, Көрсете алмас оған тәсир, Басшы мүлкти үйине тасыр, Заман ақыр болдымекен. Аяқлар бас болып қайтқаны, Әмиўдиң қурып атқаны, Келди Пырағыйдың айтқаны Заман ақыр болдымекен. Ақылы барлар қыр асты, Жақтының орнын түн басты Базыбир молла шатасты, Заман ақыр болдымекен. Бенделер ўақыттан утылды, Бир қуты ишине жутылды, Күн-түн үңилип тығылды, Заман ақыр болдымекен. Дажжал исин питирди, Некесиз баллар туўылды, Шайтан әбден қутырды, Заман ақыр болдымекен. Булардың бәрин дузеўге, Жер бетинен сүриўге, Келер Алланың имамы, Жанланып Кәлам Қураны. Ийманға беккем болғанлар, Зикирге белин буўғанлар, Ҳадал мийнет қылғанлар, Қутылар дейди усылар. 📖 Ә. Ҳәмзе https://t.me/ibratli_sozler 👉 https://t.me/ibratli_sozler

Dosmirza Hayran qalaman🎼 @HammesiEski

Карарым_жок_дембермес_намасы_нар_пес_.mp32.45 MB

ПАТШАЛАР НЕСИ МЕНЕН УНАМЛЫ?
Anonymous voting

ТЕҢИЗДЕН ТЕРЕҢ НЕ НӘРСЕ?
Anonymous voting

ҲАЯЛ АДАМҒА НЕ ЖАРАСАДЫ?
Anonymous voting

#Мыйық_тартар 😂 Апамның ўақты жоқ Муғаллим оқыўшыдан: —Қәне, айтшы, үй тапсырмасын сен ушын неге әкең ислеп жүрипти? —деп сорап атыр. —Апамның қолы тиймесе не қыламыз? 🔖🔖🔖 Мойын шириди Бир киси жорасына уәде еткен екен, бирақ, орынламай соза берипти. Бир неше рет ядына салса да, "болады, жақында", деген жууап берипти. Бир күни және сорағанда: —Болады, орынлайман, жора. " Жигиттиң мойнында қыл арқан ширимейди," деген емес пе? —депти. Сонда жорасы: —Қыл арқан ширимегени менен, мойын ширийжақ ғо, —деген екен. 🔖🔖🔖 Қулақлардың жасы бир емес пе? Бир ғарры оң қулағы ауырып, лорға барады. Лор әри-бери көрип,  ауырыудың себебин таба алмапты хәм ғаррыға: —Ата, бул ғаррылық хәксери. Енди сексеннен өтип баратырсыз ғо, —деп алдастырыпты. Сонда ғарры: —Хау, онда шеп қулағым сексенге шықпаған, жас болғаны ма?! —деген екен. 🔖🔖🔖 Жүк —бийпул Жолаушы такси тоқтатып: —Аға, темиржол вокзалға шекем қанша аласыз? —депти. —Жигирма мың болады. —Мениң жүклерим бар еди, үш-төрт сумкада. Оған қосымша төлеймен бе? —Жақ,  жуклериңди тегин апараман. —Рахмет-әй, аға. Қайылман! Онда жүклеримди вокзалға апара бериң, мен изиңизден автобуста жетемен. 🔖🔖🔖 Батыр болсаң, сауашқа шық Баласы телевизорды сындырып алады. Бала: —Аға, сиз батырсыз ба? —Ауа. —Онда апама телевизорды "мен сындырып едим, " дейсиз бе? —Ааа! —Батыр әке зарядкасы өлген телефондай үнсиз қалды. Жыйнаған А. Әбдиев https://t.me/ibratli_sozler

#Балалар_әдебияты 📚 ЖАСЫРЫН ЖАҚСЫЛЫҚ Рысбийке апа еки саўын сыйыр саўғанлықтан, оның сүтлерин гейде уйтып, гейде солайынша базарға шығарып сатар еди. Базарға арасында қызлары Үмитханды, арасында Улбосын алып кетеди. Олар кишкене мектеп оқыўшысы болса да, апасына көмеклесип, сүт-қатықларды тезирек сатыўға жәрдемлеседи. Рысбийке апа бир күни қатық-сүтлерин таярлап, базарға кетейин деп турғанда, тосаттан бир жумыслары шығып қалды. Сол ўақта үйде ортаншы қызы Улбосын бар еди. Ол: — Апа, қатықларды мен сатып келейин, базар жақынғо ҳәм сатып билемен, өзиң билесеңғо, апа, — деди. Рысбийке кишкене ойланып турды да: — Яқшы, қызым, бар да тезирек сатып келеғо, — деди қызына қатық оралған түйиншикти услатып. — Көп отыра берме, кеселеп ишемен дегенге кесе менен бер, болмаса көтере бер де қайт, қызым, — деди Рысбийке бир жағынан қәўетерленгендей. Улбосын қуўанғанынан түйиншигин қушақлап, базарға асықты. Ол өзинше жалғыз саўда ислеп, пул таўып, апасын қуўантқысы келди. Шымбайдың шар базарында қатық-сүтшилердиң қатарына барып отырып, сата баслады. Сол күни базарға жүдә көп сүт-қатық келген бе, Улбосынның әкелген қатығы бирден өте қоймады. «Еле өтедиғо, түске шекем ўақыт бар», — деп турғанда, Улбосын мектептеги ең жақсы көретуғын муғаллими Айсәнемди көрип қалды. Ол сол муғаллимин сондай дәрежеде жақсы көреди, оны ушыратқанда тап анасын көргендей қуўанады. Қатықларының ишиндеги ең үлкен ыдысқа уйтылған қатығын алып, муғаллиминиң изинен барды. — Ассалаўма әлейкум, устаз, — деп муғаллими менен сәлемлести. Муғаллими де қуўанып: — Улбос, Уаликум ассалам қалайсаң, қызым? Базарда не қылып жүрсең, бир өзиң? — деди. Сонда Улбосын: — Муғаллим, апам Сизге қатық берип жиберип еди. Үйинде балалары менен ишсин деди, — деп қолындағы ыдысты муғаллимине берди. Айсәнем устаз: — Ҳаў, қызымаў, не қылайын деп едиң, шәрт емес едиғо, — деди қысынып. Алмайман дегенине қарамай, Улбосын: — Апам өкпелейди, — деп, қалай болмасын устазын көндирди. Сөйтип, Улбосын түс болмай-ақ қатық-сүтлерин толық сатып, үйине қайтты. Жолда киятырып, сатқан пулларын есаплап келди. Апасына есабат тапсырыў ушын ақшаны толық түўеллеп қойыў керек. Енди муғаллимине берген қатықтың пулын апасына не деп айтады? Ол оны да режелестирип қойған еди. Улбосын арасында ағасынан алған ақшаларын жыйнап қоятуғын еди. Үйине асығыслық пенен барып, жасырып қойған жеринен ақшасын алып, қолындағы пулларына қосып, оны түўеллеп қойды да, апасының келиўин күтти. Апасы келиўден қуўанып, алдына жуўырды. — Апа, сүт-қатықлардың бәрин сатып келдим, — деп, ақшаларын апасының қолына услатты. Рысбийке қуўанып: — Мениң қызым жақсы, шаққан және билимли, — деп, қызын қушақлап, бетинен сүйип қойды. Арадан бир-еки ҳәпте өтип, Рысбийке базарда жүргенинде, қызы Улбосынның муғаллими Айсәнемди көрип қалды. Сонда Айсәнем устаз Рысбийкени көрип, қушақласып көристи. Екеўи сорасты. Соң Айсәнем оған: — Өткенде Улбостан маған қатық берип жиберген екенсиз. Балаларым менен ишип, ҳәз еттик. Рахмет сизге, қатығың жүдә мазалы екен, — деп, муғаллим Рысбийкениң қолынан услап, және рахмет айтты. Рысбийке болса, недерин билмей, аң-таң болып қалды. Адам гәўжим базарда Айсәнем рахмет айтыўы менен Рысбийке менен хошласып, өз жолы менен кетип қалды. Рысбийке апа базардан үйине келип, шай-аўқат ишип отырғанда, қызы Улбосынға былай деди: — Қызым-аў, өткенде мен сатып кел деген қатықтан муғаллимиңе берипсең, рахмет саған. Устазың маған көп рахметлер айтты, мен қатты қуўанып қалдым. Бирақ, қызым, оны маған айтақаныңда да болар еди. Мен саған бақырмайманғо, — деп, қызы Улбосынды және бир мақтап, еркелетип қойды. Буны еситкен Улбосын дәслеп бир түрли болып еди, гәптиң соңында қуўанды ҳәм апасынан бул иси ушын кеширим сорады. Апасы: — Зыяны жоқ, қызым, ол сениң ислеген исиң саўаплы исғой. Ата-бабалар не деген: «Устаз атаңдай уллы». Сол ушын сениң устазыңды ҳүрметлегениң басқаларға үлги болады, — деди. Улбосынның бул иси барлық оқыўшыларға үлги болып, устазлар алдында мәртебеси бәлент болды. 📖 Әбдиғаппар Ҳәмзе https://t.me/ibratli_sozler 👉 https://t.me/ibratli_sozler

... Қызығы сонда, заманагөй адам бул денеде исленип атырған процеслер психикаға ҳеш қандай тәсир көрсетпейди деп ойлайды. Ҳәзирги заман нейробиологиясының Декарт пенен пикирлери қайшы келеди. Бир ўақытлары Ницше "Мен ойлаған ўақытта пүткил денем менен толғанаман" деген еди. Уллы ойшылдың бул пикирлери ҳәзир тастыйықланды. Адам ойлағанда тек ақылы менен ойланбайды. Ойлаўға пүткил дене ағзасы қатнасады. Мысалы, адам биреў менен сөйлескенде, екинши адамның эмоциясын тек көзи менен емес, ал жүзинен де сезип турады.  Беттиң ҳәрбир клеткасы адамның кейпиятын анықлаўда белсене қатнасады. Нейробиолог Девид Иглман бир қызық тәжирийбени жазады. Жүреги ең жумсақ адамның да көшедеги мәскүнем бийшара менен бетпе-бет келгенде жүреги қатты елжиреп, баўыры езилип турмайды. Не ушын? Ақылы менен бул бомжының ҳалын айырып  турған жоқпа. Бирақ жүреги селт етпейди. Ҳеш қандай эмоция жоқ. Сораған ақшасын берип дәрриў кетиўге ҳәрекет етеди.  Неге ондай? Себеби адамның кеўлин алыўға тек ақыл ғана қатнаспайды. Дене мушелери туўел қатнасады. Ақкөкирек адамныың бет әлпети мийы арқалы бомждың тур келбетин өзине көширип алады. Тап бир оның жанлы келбетин бетине кийип алған сыяқлы. Бирақ қызығы қаңғыбастың түринен эмоция сезилмейди. Көп арақ ишкеннен бети исип, аўырыў келбети басқаның аянышлы эмоциясын туўғызбайды. Енди бир қызық нәрсе адам боттекс усылы менен жасалма келбет ислеткенде алдыңғы қәтеликке урынады.  Яғный ақылым аман болсын, денемди қалай қолланаман оны өзим шешемен деп ойлайды. Тез-тез салынатуғын ботекс адамның бетиндеги булшық етлерди айнытып жибереди. Булшық етлер басқа адамның сезимлерин анықлап билиў қәсийетинен айырылады. Яғный оның жүзинен я қуўаныш яки қайғы сезимлери билинбейди. Себеби оны сезиў логиканың емес, бет булшық етиниң ўазыйпасы еди. Олар туўрыдан-туўры сезими жоқ ақмаққа айланады. Ең жаманы, жан ҳәм денениң муқаддес байланысын жойтып, ғайыптан жолланған ҳикмет даналығын қабыллай алмайды. Себеби, ақылға дене арқалы келетуғын даналықтың клапынлары жаўылып қалады. Қыссаның мәниси усы жерде ашылады.  Яғный, инсанның пүткил дене ағзасы бир ғана болмыстың ортақ системасы  менен ислеп тур. Усы гармония бузылғанда инсан санасында "исик" пайда болады. Илимпазлар буны "Европада адамның мийинде пайда болған исик" деп атайды. Ҳәм олар бул исикти жоқ етиў ушын Шығыс даналығын қолланыўға мәжбүр екенлигин ашық тән алады. Соның ушын бурынлары жас балаларға мынадай сораў-жуўап үлгисин үйрететуғын болған. - Басыңда не бар? - Таж-дәўлет. - Қулағыңда не бар? - Азан-қәўмет. - Көзиңде не бар? - Нур-Мухаммад. - Қасыңда не бар? - Қәләми - Қүдирет. - Маңлайыңда не бар? - Сәжде-ибәдат. - Мурныңда не бар? - Ырысқы-жәннет. - Аўзыңда не бар? - Кәлам-шаҳадат - Тилегиңде не бар? - Дийдар-талап. - Жүрегиңде не бар? - Зикир-салаўат. - Руўҳында не бар? - Ақыл-парасат. - Нәпсиңде не бар? - Сабыр-қанаат. - Ойыңда не бар? - Алла тәбарак. - Бойыңда не бар? - Меҳир-муҳаббат. - Геўдеңде не бар? - Жан-аманат. - Мойныңда не бар? - Парыз-сүннет, ўәжип. - Пешанаңда не бар? - Тәғдир-қыямет. - Жүзиңде не бар? - Әдеп-икрамлылық. - Қәлибиңде не бар? - Ийман-әдет. - Ийығыңда не бар? - Қос периште – ой-берекет. - Белиңде не бар? - Кемер-қуўат. - Дизеңде не бар? - Ҳүрмет-иззет. - Қолыңда не бар? - Қайыр-сақаўат. - Аяғыңда не бар? - Жол-шәриат. - Алдыңда не бар? - Ҳақ қублам - пир-тарийқат. - Мақсетиңде не бар? - Дүр-Ҳақыйқат! 📖 Санжар Керимбаев https://t.me/ibratli_sozler

#Экзистенциялық таллаў 💻 XXI әсир адамы денеме тату ислетсем, ол мениң руўҳый дүняма да, психикамға да тәсир етпейди, деп ойлайды. Бирақ, олай емес екен... Екзистенсиализм илиминде төмендегидей машқала бар. Бул "жан ҳәм денениң ажыралыўы" деп аталады. XVII әсирде ҳәзирги илимий раўажланыўдың шәрти болган жаңа дәўир басланды. Соннан кейин "адамның жаны ҳәм денеси тығыз байланыста" ҳәрекетленеди. Жан денеден өлгенде ғана ажыралады» қарайтуғын еди. Оның өзинде ўақытша ғана қыяметте қайта табысады деп исенген. XVII әсирде француз ойшылы Рене Декарт атақлы "Гуман философиясын» жаратқан гезде усы тусиникти бузды. Ол адамды еки қәсийетке (субстанция)  бөлди. Бириншиси – кеңислик пенен мәканға ғәрезли ылай тәнимиз. Буны обект деп алады.  Екинши қәсийет – тастай логикаға жасырынған адамның суўық ақылы, оны субекти деп қабыл етеди. "Ақыл мәканға да, кеңисликке де мутаж емес. Тек ойлаўшы ғана оған анықлық бере алады. Ойланыўшы машина. Сонлықтан адам санасы ойланған ўақытта денедеги физиологиялық нызамларға ғәрезли болмайды. Мысалы, асқазан шурылдап, қарным аш болса да, ақылым кушли ойлап тура береди" деген дәлиллер келтириледи. Әййемги дәўир адамы "дене - жанның үйи, соның ушын ол муқаддес" деп исенген. Бул түсиник соншелли тереңлесип кеткен, адам қыяметте денеси менен тириледи, деп исенген. "Денеңди күтип усла", «Оған суўретсалма», "Оған қыянет етиўге ҳақың жоқ" деген тыйымлар усы исенимнен шыққан еди.  Ҳәттеки, Ислам дининде суў менен тәҳәрет алыўға айрықша итибар берилген.  "Күтим көрмеген дене ағзасы қыяметте Аллаға шағым етеди" деп үгит-нәсият етеди. Буның көркем мысалын Абыл шайырдың қосығынан көриў мүмкин. «Ҳәрипте жигирма тоғыз келеди "уау", Сол гезде жети мушең өзине жаў. Бул дүняда қылығың жақпаса егер, Қыймылдап аўзы-басың қылады даў. Мусылманлар моншаға түскенде де денесин жалаңаш көрсетпейди. Ақыретте ҳәрбир дене ағзасы "мени басқа биреўдиң алдында масқара етти" деп шағым етеди деп исенген. Қуранның нур сүресинде "Қыямет күни олардың тиллери, қоллары ҳәм аяқлары ислеген ислерине гүўа болады" - деп келеди. Динге садық мусылманлар қыйылған шашы ҳәм тырнақларын көринген жерге тасламайды. Себеби, жин әўлады адамның тырнақлары, шашлары менен азықланады, деген исеним бар. Соған бола алынған шаш, тырнақты әлбетте көмип таслайды. Бир қызығы сонда усы талапларды булжытпай орынлаған адамлардың психикасы тәртипке келтирилген тып-тынық механизм сыпатында ислейди. Бул тыйымға жеңил қарап болмайтуғыны мынадан да билиўге болады. Ел арасында "Дуўахан" деген ат пенен танылған сыйқыршылар болады. Олар «Қара магияның» шебери деп атайды. Олар сыйқыр ислегенде саў адамды жилли қылып, қатықтай уйып отырған шаңарақты ойран етеди. Булардың бәлесине ушыраған адамлар көбинесе уламаларға барып Қуран аятларынан дем салдырып, емленеди. Сол қара магия менен шуғылланатуғын сыйқыршылар дуўалайтуғын адамының шашы ҳәм тырнақларын алдырыўға ҳәрекет етеди. Себеби дуўаланған бийшаралар, ерли-зайыплылар көпшилик жағдайда уйинен тырнақ ҳәм шаш уйиндисин таўып аладық деп айтады. Әлбетте, илим буны дәлиллей алмайды. Бирақ феномен сыпатында жәмийетте көп ушырасады. Соған қарап, дене ҳәм жан арасында тығыз байланыс бар екенлигин болжаў мүмкин. Қандай болмасын, тырнақ ҳәм шашларды көмип таслаўды әдетке айландырыў керек. Илимий прогресстиң раўажланыўы соншелли ҳәўиж алды, ақыр-ақыбетинде инсан денеси қәдирсиз затқа айланды. "Ақылың илим менен суўғарылса жетип атыр, ал денениң азығын бер, қумарлығын қанаатландыр" деген түсиник қәлиплести. Келе-келе адам денесине шыжбайлап суўрет салыў, тесиў, қасы-мурнын өзгертиў, ерни ҳәм омыраўын үлкейтиў сыяқлы қубылыслар кең тарқалды. Келбетине кеўли толмағанлар пластикалық операцияға қол урып, жүз көринисин аңсат өзгерте баслады… Даўамы бар... https://t.me/ibratli_sozler