<<АҢСАТ ТАБЫЛҒАН ПУЛ>>
....Цемент жүклеўге жалланып жумыс баслаған биринши күнимнен-ақ цементтиң арасынан бир дәсте пул таўып алыўым бар ғой. Ертеден үш киси төгилген цементти қалтаға жыйнастырып атырған едик, үйиндиниң бир шетинде пулдың бир мүйеши көринип кетти.
<<Операция <<Ы>> фильминдегидей пулды аяғым менен басып қалдым. Еңкейип шалбарымның балаған түрген адамдай болып, ала салып қалтаға сүңгитип жибердим.
Бир дәсте пул. Қалтам томпайып шериклериме билинип қалмаўы ушын ийнимдеги костюмди шешип белиме байлап алдым. Ҳеш ким сорамаса да, белди услап турыўға усындай бир нәрсе болмайтуғындай мәнисинде даўысымды бәлентлетип сөйлеп қойдым.
Ғаңғыр-гүңгир сөйлесип ислеп атырмыз, цементтен көтерилген шаң терлеген денемизге жабысқан, аўзы-мурнымызға шаң толған, тилди айландырсаңыз да қумдай ғышырлайды. Ой-қыялым қалтадағы пулда, пул салынған қалтам қыялымда от лаўлап турғандай болып сезиледи. Өзи де бир талай пул болса керек, аўырлығы шалбарымды төмен тартып турғандай....Шалбарымды қайта-қайта көтерип жумысымды ислеп атырман. Қыялым қалтадағы пулға не сатып алыў кереклигине реже дүзиў менен бәнт. Биринши, қарызларымнан қутыламан, қалғанына әкеме таза велик әперемен, "велигим тозды, педалы отказ береди",--деп жүрген еди. Оннан қалғанына ҳаялымды емлетемен, және де аўысса ун аламан, оннан да қалса, қалыў керек бир талай ақша ғой, өзиме ботинка аламан.
Үш айдан бери айлық алалмай силем қатып жүр еди. Қудай жеткерди бул ақшаны! Тап сол ўақытта және Қудайды еследим, --"бул пул басқа биреўдики ғой!" Намазымды оқыдым.---"Ҳарам пул емес пе екен?! Неге ҳарам болар екен, бирли ярым өзини еплей алмайтуғын жуўан қарын байдың пулы болса керек, қалтасынан түскенин сезбей қалған, сезсе де еңкейип алыўға еринген". Өз-өзимди усылайынша жубаттым, лекин, қыялымның бир шетинен өткен ҳарам пул бәрибир режелеримди кемтик қылып қойды. ---"Ҳарамның аты ҳарам-дә! Гүна қылғанның жазасы гүнасызларға урады деген бар, балаларыма қайтпаса болар еди?!"
---"Қасымдағы жолдасларыма айтсам ба екен---пул таўып алдым,---деп,---Эй-й өзи еки шеригим де бир-биринен өткен алқаш болса, тапқанын ишеди, я тиришилик, я бала-шаға тәшўиши бар буларда. Ҳәзир айттым болды ---пулды бөлисейик,--дейди, соң өзине тийисли бөлегине ишеди. Ҳеш кимге айтпайман, тапқан тапқандики!"
Сондай ойлар менен және ғайрат пенен жумысымды ислей бердим.
Қуяш төбеге көтерилип, күн қызып кетти, қызған цемент аяқты күйдирейин дейди. Ыссыда терлип-тепшип ислеп атыр едик, бир ҳаял Дамастан түсип, бизлер ислеп атырған жерге жақынласты. Усындай жерлерде жалланып ислеп атырған мәрдикарлардың қылығына ҳеш түсинбеймен-дә! Өзи қалтасында бир тийини жоқ қулағы кесик қул, бала-шағасын ешектей ислеп зорға бағады, кешқурын үйине барып бир кесе аўқатын зорға ишип болады да, төсегине еңбеклеп барып қулайды, жатар-жатпастан уйықлап қалады, лекин, жумыс әтирапынан бирли ярым қыз-келиншек айланса көзлерин ала алмай қалады, өзлеринше жырқ-жырқ етип бир қылықлар қылама-аў! Шериклерим әдеттегидей бир-бирине ымлап:---"зор ма, қара-қара",---деп сыбырласыўды баслап жиберди... Мен көз астынан бақлап ҳаялды гүзеттим. Қара торыдан келген, азғын, кийген көйлегиниң ийинлери олпы-солпырақ болып тур. Қолында базар сумкасы, әпиўайы ғана бир келиншек.
Келиншек цемент түсирилген орынды, сәл аррағырақта шлакоблок қойылған цехтиң әтирапын айланды, ---әдеттеги қарыйдар болса керек--деп ойладым.
Ҳәмме тәрепти айланып өтип, бизлердиң жанымызға келип сәлем берди.
~Ассалаўма әлейкум.
~Ўәлейкум ассалам. Келиң апа. Цемент керек пе, блок керек пе? Цементти де, блокты да арзаныраққа келисип беремиз, пулын берсеңиз апарып, түсирип беремиз, апа, қымбат алмаймыз. Шериклерим тап усы жердиң хожайынындай жарыспаққа сөйлеп атыр.
~Ағалар, кеше усы жерге блок кириўге келип едим...Сумкамда пул бар еди, усы жерге түсти ме, басқа жерде түсти ме, түсип қалыпты. Жүрген жерлеримниң ҳәммесин бир қатар айланып шықтым, ҳеш жерден таппадым. Енди бир гүманым минип келген "Дамас"ымда қалды, "3"ке минип келип едим. Қалада "3" Дамас көп болса, қаяқтан табаман енди.