ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 786 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 322,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 448

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 786 名订阅者。

根据 12 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -259,过去 24 小时变化为 1,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 28.31%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.91% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 319 次浏览,首日通常累积 3 741 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 45

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 13 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 786
订阅者
+124 小时
-307
-25930
帖子存档
Ас арқаў - ....... .... Нақылды толықтырың
Anonymous voting

Сораў❓ Жазыўшы Ш. Сейитовтың шығармаларынан бириниң қахарманының айтыўынша, ол өжетликти, алға умтылыўшылықты "Х" тан үйренген. Ол самалға да, суўға да, шөлге де төзимли болып, тәғдири менен таласып өсе береди. "Х" не❓
Anonymous voting

photo content

Өмирден тилегим ... Бул дүньяның ялғаншысын Ишлей сезип билсек те Ер адамның жер бүгилип Жоқлыққа бермей төтепке Бас ийгенин
Өмирден тилегим ... Бул дүньяның ялғаншысын Ишлей сезип билсек те Ер адамның жер бүгилип Жоқлыққа бермей төтепке Бас ийгенин көрсетпе !... Жол табалмай дым түңилип Өмирден тойып кетсек те Дүнья көрки хаял-қыздың Хор-зар болып өз елинде Жылағанын көрсетпе ! Қалып əке дийдарынан Қанша мехир берсек те Сүўретин сыйпап сағынған Өксип өскен нəрестеге Ғам-қайғыны көрсетпе !.. Көрмей ул-қыз қуўанышын Таппай сүйер жубанышын Аналарды қылған қəсте Көкке айтқан бар налышын Перзент дағын хеш көрсетпе ! Душпаныма табалатпай Дос алдында алалатпай Не қыйын дəрт көрсекте Əй Тəңирим бир тилегим Қыянет азабын көрсетпе ! Ю.М https://t.me/ibratli_sozler

Ҳаялдың даўысы қалтырап, жыларман болып турыпты. "Усы ҳаялдың пулы ма екен? Жоғ-әй, жүзликтей көринип еди, бул өзи меннен де бетер гедейге уқсайды, жүзлик бунда қайдан болсын?! Қыялымнан өткенлерди биреў билип қалатуғындай артыма айланып иске кириспекши болдым, ҳаялдың аяқларына көзим түсти. Тапишке кийип алған, бармақлары бир-бирине мингесип қыйсайып кеткен, қап-қара аяқ. Қызлар аяғына галош кийип атызда жүре берсе тап усындай болады. Ҳаялдың пәслеў шыққан даўысы узақлардан еситилип турғандай қулағыма тал-тал еситилип тур. ~Баллардың напақасынан жыйнап едим. Бир миллион сегиз жүз мың еди, көше тәрептеги дийўалымыз қулап, опырылып атыр, өткен-кеткенниң көзи түседи, соны бекитип қояман ба деп жыйнап едим....Ҳаялдың ийинлери дирилдей баслады. Жылап атыр. Қолымдағы цемент толтырылған ыдысты жерге қойып ҳаялға жақынластым. ~Апа, мынаў емес пе? Қалтамнан пулды шығарып ҳаялға көрсеттим. Бул исимди сонша азаплар менен қылдым дейсең, баўырымды суўырып берсем сондай қыйланбаспан.... Ҳаял бирден басын көтерип маған қарады, қолымдағы пулды көрип жылап жиберди. ~Аға, ағажан....Ҳаял жылап атырып пулға қолын созыўға жүрексинер еди, ҳәзир қарсы алдында Қыдыр ата екеўимиз болсақ, қайсымыз Қыдыр ата десек, шубҳасыз мени таңлар еди. ~Санап алың, апа, бәлким кемейген шығар. Цементтиң арасынан шықты. Усылай дедим де пулды ҳаялға берип, артыма бурылдым. ~Усы, ағажан, усы мениң пулым. Қызыл жип пенен белинен байлаған едим. Артымнан ҳаялдың қалтыраған даўысы еситилди. Индемей қалталарға цемент толтыра басладым. Шериклерим де болған ўақыядан ҳайранлықта мениң менен бирге ислей баслады. Көз астымнан ҳаялға қарадым, ол тез-тез басып үлкен жол тәрепке кетип баратыр еди. Және жумысқа киристим. Бир минут өтпестен ҳаялдың даўысы еситилди. ~Аға, бир минутқа қараң, өтиниш. Бурылып қарадым, жаңағы ҳаял. ~Аға, албырағанымнан сизге сүйинши бериў ядымнан шығыпты, мә, аға, бала-шағаңыздың бахтын көриң. Алың аға, сизге мың мәртебе ыразыман. Ҳаял байлаўлы пулдан бир қысымын суўырып қолыма услатпақшы болды. ~Апа, пулың балаларыңа буйырсын, керек болғанда улыўма бермес едим, көрсетпеген де болар едим, керек емес--дедим. Ҳаял алғысын айта-айта бизден узақласты... ~Ақмақ, адам емес екенсиз, аға, ҳеш болмаса сүйиншисин алып қалмайсыз ба, пиво-сиво ишер едик, ҳеш адамыйлығыңыз жоқ екен сизиң. ~Қапа болмаң, аға, сөйтип-ақ биримиз еки болмайды.... Шериклерим бири-бирине жарысып айтып атырған сөзлери, күйип-писиўлери күлкимди келтирер еди, мен усы жасқа келгенше улыўма сезинбеген рәҳәтли сезимлерди бастан кеширген едим, итимал, еле адам баласы бундай рәҳәтли сезимге тоймаған шығар. Аспанда қалықлап ушып жүргендей, жеңил ислер едим. Азаннан бери пул аўырлық етип түсип кете берип, ашыўыма тийген шалбарым да жеңил, қолайлы болып қалған еди.... Өзбек тилинен аўдарған: Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

<<АҢСАТ ТАБЫЛҒАН ПУЛ>> ....Цемент жүклеўге жалланып жумыс баслаған биринши күнимнен-ақ цементтиң арасынан бир дәсте пул таўып алыўым бар ғой. Ертеден үш киси төгилген цементти қалтаға жыйнастырып атырған едик, үйиндиниң бир шетинде пулдың бир мүйеши көринип кетти. <<Операция <<Ы>> фильминдегидей пулды аяғым менен басып қалдым. Еңкейип шалбарымның балаған түрген адамдай болып, ала салып қалтаға сүңгитип жибердим. Бир дәсте пул. Қалтам томпайып шериклериме билинип қалмаўы ушын ийнимдеги костюмди шешип белиме байлап алдым. Ҳеш ким сорамаса да, белди услап турыўға усындай бир нәрсе болмайтуғындай мәнисинде даўысымды бәлентлетип сөйлеп қойдым. Ғаңғыр-гүңгир сөйлесип ислеп атырмыз, цементтен көтерилген шаң терлеген денемизге жабысқан, аўзы-мурнымызға шаң толған, тилди айландырсаңыз да қумдай ғышырлайды. Ой-қыялым қалтадағы пулда, пул салынған қалтам қыялымда от лаўлап турғандай болып сезиледи. Өзи де бир талай пул болса керек, аўырлығы шалбарымды төмен тартып турғандай....Шалбарымды қайта-қайта көтерип жумысымды ислеп атырман. Қыялым қалтадағы пулға не сатып алыў кереклигине реже дүзиў менен бәнт. Биринши, қарызларымнан қутыламан, қалғанына әкеме таза велик әперемен, "велигим тозды, педалы отказ береди",--деп жүрген еди. Оннан қалғанына ҳаялымды емлетемен, және де аўысса ун аламан, оннан да қалса, қалыў керек бир талай ақша ғой, өзиме ботинка аламан. Үш айдан бери айлық алалмай силем қатып жүр еди. Қудай жеткерди бул ақшаны! Тап сол ўақытта және Қудайды еследим, --"бул пул басқа биреўдики ғой!" Намазымды оқыдым.---"Ҳарам пул емес пе екен?! Неге ҳарам болар екен, бирли ярым өзини еплей алмайтуғын жуўан қарын байдың пулы болса керек, қалтасынан түскенин сезбей қалған, сезсе де еңкейип алыўға еринген". Өз-өзимди усылайынша жубаттым, лекин, қыялымның бир шетинен өткен ҳарам пул бәрибир режелеримди кемтик қылып қойды. ---"Ҳарамның аты ҳарам-дә! Гүна қылғанның жазасы гүнасызларға урады деген бар, балаларыма қайтпаса болар еди?!" ---"Қасымдағы жолдасларыма айтсам ба екен---пул таўып алдым,---деп,---Эй-й өзи еки шеригим де бир-биринен өткен алқаш болса, тапқанын ишеди, я тиришилик, я бала-шаға тәшўиши бар буларда. Ҳәзир айттым болды ---пулды бөлисейик,--дейди, соң өзине тийисли бөлегине ишеди. Ҳеш кимге айтпайман, тапқан тапқандики!" Сондай ойлар менен және ғайрат пенен жумысымды ислей бердим. Қуяш төбеге көтерилип, күн қызып кетти, қызған цемент аяқты күйдирейин дейди. Ыссыда терлип-тепшип ислеп атыр едик, бир ҳаял Дамастан түсип, бизлер ислеп атырған жерге жақынласты. Усындай жерлерде жалланып ислеп атырған мәрдикарлардың қылығына ҳеш түсинбеймен-дә! Өзи қалтасында бир тийини жоқ қулағы кесик қул, бала-шағасын ешектей ислеп зорға бағады, кешқурын үйине барып бир кесе аўқатын зорға ишип болады да, төсегине еңбеклеп барып қулайды, жатар-жатпастан уйықлап қалады, лекин, жумыс әтирапынан бирли ярым қыз-келиншек айланса көзлерин ала алмай қалады, өзлеринше жырқ-жырқ етип бир қылықлар қылама-аў! Шериклерим әдеттегидей бир-бирине ымлап:---"зор ма, қара-қара",---деп сыбырласыўды баслап жиберди... Мен көз астынан бақлап ҳаялды гүзеттим. Қара торыдан келген, азғын, кийген көйлегиниң ийинлери олпы-солпырақ болып тур. Қолында базар сумкасы, әпиўайы ғана бир келиншек. Келиншек цемент түсирилген орынды, сәл аррағырақта шлакоблок қойылған цехтиң әтирапын айланды, ---әдеттеги қарыйдар болса керек--деп ойладым. Ҳәмме тәрепти айланып өтип, бизлердиң жанымызға келип сәлем берди. ~Ассалаўма әлейкум. ~Ўәлейкум ассалам. Келиң апа. Цемент керек пе, блок керек пе? Цементти де, блокты да арзаныраққа келисип беремиз, пулын берсеңиз апарып, түсирип беремиз, апа, қымбат алмаймыз. Шериклерим тап усы жердиң хожайынындай жарыспаққа сөйлеп атыр. ~Ағалар, кеше усы жерге блок кириўге келип едим...Сумкамда пул бар еди, усы жерге түсти ме, басқа жерде түсти ме, түсип қалыпты. Жүрген жерлеримниң ҳәммесин бир қатар айланып шықтым, ҳеш жерден таппадым. Енди бир гүманым минип келген "Дамас"ымда қалды, "3"ке минип келип едим. Қалада "3" Дамас көп болса, қаяқтан табаман енди.

СЕНИ ДҮЗЕЙТУҒЫН 4 ЖОЛ 1). Өмирди сеннен көре көбирек көрген, көбирек еситкен, ҳеш болмаса сеннен бир кийим көбирек тоздырған, өмирдиң таяғын жеп көрген адам менен табақлас бол, сәўбетлес. Қолына суў қуйсаң да солар менен бирге жүрип, хызметин исле. Сөйтип жүрип олардың әдебин, даналығын үйрен. Сөзи дүзиў адам менен жүрсең, ол адам ҳеш болмаса, сөзиңниң, ис-ҳәрекетиңниң өзгериўине тәсир етип, бирме-бир ишиңдеги барлық руўҳый кеселликлерди емлеўге көмеклеседи. 2). Динин сақлаған, исиниң көзин билетуғын адамлар менен дос бол. Адам орталыққа, дөгерегиндеги досларына қарап өзгереди. Солай екен, айналаңа кемшиликлериңе, гүналарыңа көз жумып кете беретуғын емес, сен ислеген қәтелерди өзи қылғандай болып қыйналатуғын адамларды жыйна. Кемшилигиңди бетиңе айтатуғын, расшыл жолдас изле. Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу: «Бизлердиң кемшилигимизди бетимизге айтатуғын адамларды Аллаҳ раҳметине алсын», деген екен. 3). Биреў менен қапаласып қалған гезде ол адамның сен ҳаққыңда айтқан жаман сөзлерине өпкелеме. Керисинше, сондай сөзге ылайық болғаның ушын өзиңди кейи. Дүзелиўге тырыс. 4). Әдеби жоқтан әдеп үйрен. Дөгерегиңе қарап жүрип, нениң жаман, нениң пайдалы екенин саналап бил. Кейин, кишигирим гүна болса да, өзиңди оннан сақлап, берекетли өмир сүр. Ең тийкарғысы, ҳәр күниң ертең есиңе алғанда уялмай айта алатуғындай, перзентлериңе үлги болатуғындай жақсылықларға толы болсын ! Разов Бахрамаддин Устаз каналынан. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Айдарбек Аймуратов " Мүсəпир" https://t.me/ibratli_sozler

💡 «Неге ҳәмме ўақыт сен меннен озып кетесен» – сорады ийт кийиктен. Кийик – «Себеби, сен хожайиниӊ ушын, ал мен болса өзим у
💡 «Неге ҳәмме ўақыт сен меннен озып кетесен» – сорады ийт кийиктен. Кийик – «Себеби, сен хожайиниӊ ушын, ал мен болса өзим ушын жуу́ыраман» - деп жуўап берипти. Сиз ал, өмирде ким ушын жүгирип-жортып атырсыз? https://t.me/ibratli_sozler

ХАЯЛДЫҢ ҚЫРҚ ЖАНЫ ЖОҚ... ( Роберт Гумаровтың парақларынан) Алты перзентине қараў, ас-аўқат писириў, кир жуўыў, нан жабыў, үйдиң бир шетине времянка салып атырған күйеўине ылай қарысып, герпиш тасыў, келинлик хызмет хəм т.б жумыслар. Бәри мойнында. Анда-санда күйеўине "врачқа қарансамбекен, белим шыдатпай тур" дегенге, күйеўиниң: "өлмейсең, хаялдың қырқ жаны бар" деген жуўапты еситетуғыны күнделикли гəпине айналғаны қашшан. Кесел болыўға да хақысы болмаған соң, хазары қатты өтип баратырса да шыдаўына туура келди. Ақыры төсек тартып жатып қалды. Аўыл тəўиби берген шөп дәриниң пайдасы болмады. Областтағы емлеўханаға жатқызды. Сонда да төменлей берди. Күннен-күнге сыйқы қашты. Врач күйеўин шақырып алып, "дым кеш әкелдиңлер, кеселлик денеге тарқалып кеткен" деп, үйине қайтарды. Кесели жеңип, көзин аша алмай атырған хаялын еркек тез жәрдем машинасы менен әкетип баратыр. Дизесине басы қойылған келиншегиниң жүзине қарап жылап жиберди : "Көзиңди ашсаңо, сен бизге керексең, балаларды өсириўимиз керек, анасы" деди. Барған сайын дем сааты таусылып, өмир шамы сөнип баратырған хаял көзин зорға ашты. Күйеўиниң күшли қолын хәлсиз, дирилдеген бармақларының арасына алып, сәл ғана муңлы жымыйды: - Әкеси, балаларды сизге, сизди Қудайға тапсырдым. Қызларыма бир сөзди жақсылап жеткизиң, өзлерине қарасын. Оларға айтыңыз, хаялдың қырқ жаны жоқ екен. Олардың да бир ғана жаны бар. Сол жанды абайлап сақласын, өзлерине ғамхор болсын. Өйтпесе... Хаял сөзин даўамлай алмады. Қырқыншы жаны үйге жетиўге бирнеше қəдем қалғанда үзилди.... Қарақалпақ тилине аударған Юсупова М. https://t.me/ibratli_sozler

ЛАМПОЧКА Оқып отырып, бир күлип алдым, сизлер менен де бөлиским келди. Мийманханада үш алым кеўилли отырыспада отыр еди. -Билесиз бе? Егер аўзыңызға лампочканы тықсаңыз, қайтадан шығара алмайсыз, бул факт --деди профессор Л.Я.Карпов досларына. --Болыўы мүмкин емес, кирген нәрсе қайта шығыўы анық,-дести қасындағы еки сәўбетлеси. Дәлиллеў ушын лампочка тапты да, биреўи артқы темиринен услап, лампочканы аўзына салды. Лампочканы түбинен тартып қайта шығармақшы еди, лекин ҳеш илажы болмады. Ўақыт өткен сайын лампочка аўзында қалған шериги қыйлана баслады. Қәўетерлениў  күшейди... Дәрриў такси шақырып, травматологияға барды. Емлеўханаға кирген жерде жас доктор қыз ушырасты. Лампочкалының болса еки көзи қызарып, даўысы мыңғырлап тур еди, буны көрген еле жас, тәжирийбесиз қыз ҳуўшынан кетип қала жазлады. Қолы менен зорға хирургтиң бөлмесин көрсете алды. Үшеўи тез ишкериге кирди. Бахтыларына хирург тәжирийбели екен. Лампочка салған кисиниң еки жақ бөлегиниң бир-еки жерин басып, спазмды босатты ҳәм лампочканы артқы темиринен услап суўырып шығарып алды. Лекин, жақ қатып қалған, аўызы болса ашық ҳалатында қатып, жабылмас еди. Хирург лампочканы олардың қолына қайтарып берди ҳәм бул қорқынышлы емеслигин, ўақыт өтип жақ өз орнына түсетуғынын түсиндирди. Дослар қуўанысып көшеге шықты, такси тоқтатты. Таксиде кетип баратырып, екинши досты:-қалайынша бул аўыздан шықпаўы мүмкин, не ушын қайтадан алыўға болмайды екен,-деп қызығыўшылық пенен лампочканы түбинен услап аўызына тықты. Ўа, әжеп! Қалай ҳәрекет етсе де, лампочка суўырылмады. Таксиди тезлик пенен артқа қайтарды. Және хирург өз жумысын шеберлик пенен орынлап, лампочканы қолларына қайтарып берди. Және такси тоқтатып, мийманханаға қарай жолға түсти. Енди болса екеўиниң аўызы аңқайып ашылғанынша таксиде кетип баратыр еди. Таксист ҳайран. Ақыры шыдамай сорады. Жағдайды профессор түсиндирди. Таксист болса ҳеш исене алмады. Машинасын тоқтатып, лампочканы бериўин сорады. Тексерип көрди. Енди лампочка оның аўзынан шықпас еди.😊 Және артқа қайтты. Хирург бул рет лампочканы шығарып алды да, олардың қолларына бермей, сындырып қапталдағы  мусор ящикке таслады. Енди болса,  таксиде аўзы аңқайып ашылған үш киси ҳәм  профессор кетип баратыр еди. Мийманханаға жетип келгенде таксисттиң де аўзы орнына түскенше бөлмелеринде бирге отырыўға мирәт етти. Мийманханаға кирген жерде есиктеги  щвейцар ҳайран болып, не болғанын сорастырды. Болған ўақыяны профессор күлип отырып айтып берди. Бөлмелерине кирип отырған ўақытлары, есик қағылды. Ашса, щвейцар жигиттиң аўызынан лампочканың түби көринип турар еди. Таксиге отырып және хирургтиң алдына кетисти. Хирургтиң есиги бекитиўли. Есикти қақты. Сәл ўақыттан соң есик ашылды. Аўзында лампочканың жумалақ темири шығып турған хирург көринди.😂😂😂 https://t.me/ibratli_sozler

#Рәўият ТАСБАҚАНЫ ӨЛТИРМЕ. Ийса пайғамбардың анасы Бийбимәрьям Аллаға қулшылық етип, таў үңгиринде отырады. Ҳеш нәрсе жемейди
#Рәўият ТАСБАҚАНЫ ӨЛТИРМЕ. Ийса пайғамбардың анасы Бийбимәрьям Аллаға қулшылық етип, таў үңгиринде отырады. Ҳеш нәрсе жемейди, суў ишпейди. Тек ғана жалғыз бир шөпти тислеп, соның нәрин сорып жата береди. Мәрьямның тақўалығына разы болған Аллатаала шөптиң бойына қунарлы азық пенен пал татыған суў ендиреди. Мың дәрттиң шыпасын береди. Мәрям суўық үңгирде жатса да аўырмайды. Соңынан ол шөп "Мәрьям шөби" деп аталып кетипти. Ол сондай қәсийетли шөпке айланып барлық адамларға да көрине бермейди екен. Оның қәсийетин билген тасбақа аўзына тислеп алып, узақ күнлик жолларды шаршамай басып өтеди екен. Және қарныда аш болмайды, шөл далада да суўсыны қанып жүреди екен. Тасбақаның узақ жасайтуғын сыры да усы шөптиң қәсийетинде екен. Пайғамбар анасына жәрдемлескени ушын бизиң бабаларымыз оны наҳақтан өлтириўге тыйым салған. Тасбақаға тийме, Мәрьям анамыздың наласы урады деп исенген. https://t.me/ibratli_sozler

Мəдияр Бекполатов Қашан айтаман 👉 https://t.me/ibratli_sozler

❄️❄️❄️ Ассалаўма алейкум бәршеге! Қайырлы таң! Тиришиликтиң және бир күни басланбақта. Таңды жақсы сөзлер менен басласақ, күн
❄️❄️❄️ Ассалаўма алейкум бәршеге!      Қайырлы таң! Тиришиликтиң және бир күни басланбақта. Таңды жақсы сөзлер менен басласақ, күн даўамында кейпиятымыз көтерилип жүреди. Өйткени жақсы сөзлер, ҳақыйқый дуўалар, шын кеўилден айтылған тилеклер, айыпсыз көз жаслар, мүсийбет ўақтында сораған жыллы жүреклер оған умтылады. Кеўилге жақын, әзиз инсанларым!   Өмиримиздиң және бир қайталанбас күни және бир мәрте мүбәрек болсын! Аманат дүньяда аман болайық! Аллатаала ҳәр бир ислеп атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын!      Ҳадал тапқаныңыз тек қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын! Шемби күниңиз кеўилли өтсин ! https://t.me/ibratli_sozler

Тағы бир күнимиз өз жуумағына жетип, өмир дəптеримиздиң жəне бир бети толды, ертеңги күнимиз бүгинимизден де жақсы болыуына тилеклеспен!! Қайырлы түн әзизлерим! Ерте таңда көрискенше саў саламат болғайсызлар!🙏💐 https://t.me/ibratli_sozler

"ШӘДДЕС" Сөзиниң мәниси қандай? #Түсиндирме_сөзликтен
Anonymous voting

"ШАҒЫР" Сөзиниң мәниси қандай? #Түсиндирме_сөзликтен
Anonymous voting