2 878
Подписчики
-424 часа
+317 дней
-1830 дней
Архив постов
📣Инглиз тили пәни оқытыўшылары
Сизлер ушын ❄️☃️"Winter" темасында таяр презентация😱
🎨 Canva: Дөретиўшиликке жол ашатуғын инструмент!
Сизге тез, шырайлы, ҳәм өзгеше дизайн жаратыў керек пе? Canva –бул әжайып шешим!
💻 Онлайн платформада сиз:
✅ Постерлер
✅ Презентациялар
✅ Социаллық тармаққа арналған постлар
✅ Инфографикалар
✅ Сертификатлар
таярлай аласыз!
Имканиятлары:
🎨 Мыңлаған бийпул шаблонлар
🖌 Әпиўайы интерфейс: дизайн жаратыў ап-аңсат!
📲 Жумысты қәлеген қурылмадан сақлап, бөлисе аласыз.
⏱️ Ўақыт үнемлейсиз – нәтийже демде!
👩🏫 Муғаллимлер ушын сабақ презентациялары менен оқытыў материалларын таярлаўға, таптырмайтуғын көмекши.
🔗 Бүгин-ақ Canva менен жумыс ислеп көриң: www.canva.com
Дөретиўшилигиңизди иске қосың! ✨
#Canva #ДизайнАңсат #Дөретиўшилик
🧩 Word Search: Қызықлы ҳәм нәтийжели инструмент!
Сабаққа айрықша кеўил кейпият қосқыңыз келеме? Flippity.net-деги Word Search инстрменти арқалы оқыўшыларға темаға сәйкес жасырылған сөзлерди излеп, олардың дыққатын аўдарың!
✅ Сөзлик қоры раўажланады
✅ Логикалық ойлаў қәбилетин арттырады.
✅ Сабақты интерактивли ҳәм қызықлы етеди.
Қалай қолланыўға болады?
- мына силтеме үстине басың
- экранда пайда болған беттеги инглизше жазылған терминлердиң барлығын өшириң
- eнди өзиңиздиң ертеңги сабақта өтетуғын темаңызға тийисли 5-6 термин жазың
- generate түймесине басың
🔗 Flippity.net сайтында тапсырма таярлап, қағазға басып шығарың!
Сабақты қызықлы етиў – өз қолыңызда! 🎉
#WordSearch #ҚызықлыСабақ #МуғаллимгеКөмек
+5
Жасалма Интеллект жәрдеминде жаратылған сүўретлер (келешек мектеплери, класслары, сабақлары)
+1
Электронлық қурылмалар жоқ па? Бул машқала емес! 📚✨
Мектебиңизде электрон доска, сенсорлы панель ямаса проектр жоқ деп уайымламаң! Ҳәзирги заман шешимлери бул қыйыншылықларды аңсат жеңеди.
👉 Сизге керек нәрсе– сапалы тарқатпа материаллар таярлаў. Оларды принтер арқалы шығарып, оқыўшылар менен бөлисиң, сабақ нәтийжели, қызықлы өтеди!
Абзаллықлары:
✅ Хәр бир оқыўшының қолында көргизбели қурал болады.
✅ Сабақты интерактив етип өткериўге имканият береди.
✅ Электрон қурылмаларға ғәрезлиликти азайтады.
Технология болмаса да, дөретиўшилик пенен дурыс усыллар арқалы тамаша нәтийжелерге қол жеткериўиңизге болады! 💡 (Айтқандай, сүўреттеги жасырынған, орынлары алмасып кеткен сөзлерди таўып көриң)
#нәтийжелиоқытыў #көргизбелиқураллар #МуғәллимгеКеңес
Word Scramble: Ойлаў қәбилетин раўажландыратуғын ойын! 🧠✨
Сиз оқыўшыларыңыздың сөзлик қорын арттырыў менен логикалық ойлаў көнликпелерин жақсылаўды қәлейсизбе? Flippity.net-теги Word Scramble — бул ушын әжайып инструмент!
Оқыўшыларға сөзлерди араластырып, оларды дурыс тәртип пенен орналастырыўды тапсырсаңыз, сабақ қызықлы ҳәм билимли болады! 🌟 Ҳәр бир сөз – жаңа тапсырма, ҳәр бир дурыс жуўап – жаңа жетискенлик!
Не ушын әжайып?
✅ Оқыўшылардың ойлаў қәбилетин арттырады.
✅ Сөзлик қоры кеңейеди.
✅ Сабақты ойынға айландырады, белсендиликти арттырады.
✅ Қәлеген темаға бейимлестириўге болады.
👉 Тап ҳәзир қолланып көриң ҳәм сөзлик шеберликти раўажландырыўдың қызықлы жолын табың!
- Мына силтемеге басың
- экранда пайда болған беттеги атамалар жазылған қатардың барлығын өшириң
- өзиңиздиң пәниңиз бойынша бир темаға тийисли болған терминлерди жазың
- generate түймесине басың
Flippity Random Name Picker: Сабақты жанландырыўдың аңсат жолы! 🎓✨
Flippity.net-тиң Random Name Picker инструменти арқалы оқыўшыларды тосынан таңлап, сабақта кеўилл атмосфера орнатың! 🎲
Неге пайдалы?
✅ Топарларға бөлиң.
✅ Оқыўшыларды әдил таңлап, белсендиликти арттырың.
✅ Сабақты айрықша ҳәм кеўилли етиң!
Қалай қолланыўға болады?
- мына силтеме үстине басың
- экранда пайда болған беттеги инглизше адам атлары жазылған қатардың барлығын өшириң
- eнди өзиңиздиң оқыўшыларыңыздың атын жазың
- generate түймесине басың
👉 Сабақларыңызда жаңа усыл қолланып көриң!
Flippity.net: Муғәллимлерге арналған таптырмайтуғын қурал! 🎓✨
Сиз билим бериў процессин қызықлы ҳәм нәтийжели етиўди қәлейсизбе? 📚🧩 Онда Flippity.net сайтын қолланып көриң!
Бул сайт қәлеген тема бойынша интерактив оқыў материалларын жаратыўға көмеклеседи. Бирнешше минут ишинде Сиз:
✅ Викториналар
✅ Сөзлик шынығыўлар
✅ Бинго, пазллар
✅ Флэш-карталар
✅ Онлайн ойынлар
Абзаллықлары:
💡 Ўақыт үнемлейсиз – таяр шаблонларды пайдаланып, бирден баслай аласыз.
🎨 Дөретиўшиликти, креативликти арттырады – оқыўшылар ушын айрықша форматтағы тапсырмалар таярлаў имканиятын береди.
🌍 Онлайн ҳәм офлайн қолланыўға қолайлы.
Мысалы:
Сабақта оқыўшылардан үй тапсырмасын сораўда «Flippity Random name Picker» инструменти арқалы сиз оқыўшылардың атларын тосынан таңлап, сабаққа өзгеше динамика қосасыз 🎲
👉 Flippity.net– оқытыўдағы жаңа көмекшиңиз болсын! 😊 Егер усы қуралды қолланып көрсеңиз, тәсирлериңизди бөлисиўди умытпаң!
Baslawish talim oqitiwshilari tarepinen jaratulgan interaktiv shinigiwlar
