es
Feedback
IKT hám mediasawatlılıq

IKT hám mediasawatlılıq

Ir al canal en Telegram
2 878
Suscriptores
-424 horas
+317 días
-1830 días
Archivo de publicaciones
📣Инглиз тили пәни оқытыўшылары Сизлер ушын ❄️☃️"Winter" темасында таяр презентация😱

🎨 Canva: Дөретиўшиликке жол ашатуғын инструмент! Сизге тез, шырайлы, ҳәм өзгеше дизайн жаратыў керек пе? Canva –бул әжайып шешим! 💻 Онлайн платформада сиз: ✅ Постерлер ✅ Презентациялар ✅ Социаллық тармаққа арналған постлар ✅ Инфографикалар ✅ Сертификатлар таярлай аласыз! Имканиятлары: 🎨 Мыңлаған бийпул шаблонлар 🖌 Әпиўайы интерфейс: дизайн жаратыў ап-аңсат! 📲 Жумысты қәлеген қурылмадан сақлап, бөлисе аласыз. ⏱️ Ўақыт үнемлейсиз – нәтийже демде! 👩‍🏫 Муғаллимлер ушын сабақ презентациялары менен оқытыў материалларын таярлаўға, таптырмайтуғын көмекши. 🔗 Бүгин-ақ Canva менен жумыс ислеп көриң: www.canva.com Дөретиўшилигиңизди иске қосың! ✨ #Canva #ДизайнАңсат #Дөретиўшилик

🧩 Word Search: Қызықлы ҳәм нәтийжели инструмент! Сабаққа айрықша кеўил кейпият қосқыңыз келеме? Flippity.net-деги Word Searc
🧩 Word Search: Қызықлы ҳәм нәтийжели инструмент! Сабаққа айрықша кеўил кейпият қосқыңыз келеме? Flippity.net-деги Word Search инстрменти арқалы оқыўшыларға темаға сәйкес жасырылған сөзлерди излеп, олардың дыққатын аўдарың! ✅ Сөзлик қоры раўажланады ✅ Логикалық ойлаў қәбилетин арттырады. ✅ Сабақты интерактивли ҳәм қызықлы етеди. Қалай қолланыўға болады? - мына силтеме үстине басың - экранда пайда болған беттеги инглизше жазылған терминлердиң барлығын өшириң - eнди өзиңиздиң ертеңги сабақта өтетуғын темаңызға тийисли 5-6 термин жазың - generate түймесине басың 🔗 Flippity.net сайтында тапсырма таярлап, қағазға басып шығарың! Сабақты қызықлы етиў – өз қолыңызда! 🎉 #WordSearch #ҚызықлыСабақ #МуғаллимгеКөмек

Жасалма Интеллект жәрдеминде жаратылған сүўретлер (келешек мектеплери, класслары, сабақлары)
+5
Жасалма Интеллект жәрдеминде жаратылған сүўретлер (келешек мектеплери, класслары, сабақлары)

Электронлық қурылмалар жоқ па? Бул машқала емес! 📚✨ Мектебиңизде электрон доска, сенсорлы панель ямаса проектр жоқ деп уайым
+1
Электронлық қурылмалар жоқ па? Бул машқала емес! 📚✨ Мектебиңизде электрон доска, сенсорлы панель ямаса проектр жоқ деп уайымламаң! Ҳәзирги заман шешимлери бул қыйыншылықларды аңсат жеңеди. 👉 Сизге керек нәрсе– сапалы тарқатпа материаллар таярлаў. Оларды принтер арқалы шығарып, оқыўшылар менен бөлисиң, сабақ нәтийжели, қызықлы өтеди! Абзаллықлары: ✅ Хәр бир оқыўшының қолында көргизбели қурал болады. ✅ Сабақты интерактив етип өткериўге имканият береди. ✅ Электрон қурылмаларға ғәрезлиликти азайтады. Технология болмаса да, дөретиўшилик пенен дурыс усыллар арқалы тамаша нәтийжелерге қол жеткериўиңизге болады! 💡 (Айтқандай, сүўреттеги жасырынған, орынлары алмасып кеткен сөзлерди таўып көриң) #нәтийжелиоқытыў #көргизбелиқураллар #МуғәллимгеКеңес

Word Scramble: Ойлаў қәбилетин раўажландыратуғын ойын! 🧠✨ Сиз оқыўшыларыңыздың сөзлик қорын арттырыў менен логикалық ойлаў к
Word Scramble: Ойлаў қәбилетин раўажландыратуғын ойын! 🧠✨ Сиз оқыўшыларыңыздың сөзлик қорын арттырыў менен логикалық ойлаў көнликпелерин жақсылаўды қәлейсизбе? Flippity.net-теги Word Scramble — бул ушын әжайып инструмент! Оқыўшыларға сөзлерди араластырып, оларды дурыс тәртип пенен орналастырыўды тапсырсаңыз, сабақ қызықлы ҳәм билимли болады! 🌟 Ҳәр бир сөз – жаңа тапсырма, ҳәр бир дурыс жуўап – жаңа жетискенлик! Не ушын әжайып? ✅ Оқыўшылардың ойлаў қәбилетин арттырады. ✅ Сөзлик қоры кеңейеди. ✅ Сабақты ойынға айландырады, белсендиликти арттырады. ✅ Қәлеген темаға бейимлестириўге болады. 👉 Тап ҳәзир қолланып көриң ҳәм сөзлик шеберликти раўажландырыўдың қызықлы жолын табың! - Мына силтемеге басың - экранда пайда болған беттеги атамалар жазылған қатардың барлығын өшириң - өзиңиздиң пәниңиз бойынша бир темаға тийисли болған терминлерди жазың - generate түймесине басың

Flippity Random Name Picker: Сабақты жанландырыўдың аңсат жолы! 🎓✨ Flippity.net-тиң Random Name Picker инструменти арқалы оқ
Flippity Random Name Picker: Сабақты жанландырыўдың аңсат жолы! 🎓✨ Flippity.net-тиң Random Name Picker инструменти арқалы оқыўшыларды тосынан таңлап, сабақта кеўилл атмосфера орнатың! 🎲 Неге пайдалы? ✅ Топарларға бөлиң. ✅ Оқыўшыларды әдил таңлап, белсендиликти арттырың. ✅ Сабақты айрықша ҳәм кеўилли етиң! Қалай қолланыўға болады? - мына силтеме үстине басың - экранда пайда болған беттеги инглизше адам атлары жазылған қатардың барлығын өшириң - eнди өзиңиздиң оқыўшыларыңыздың атын жазың - generate түймесине басың 👉 Сабақларыңызда жаңа усыл қолланып көриң!

Flippity.net: Муғәллимлерге арналған таптырмайтуғын қурал! 🎓✨ Сиз билим бериў процессин қызықлы ҳәм нәтийжели етиўди қәлейси
Flippity.net: Муғәллимлерге арналған таптырмайтуғын қурал! 🎓✨ Сиз билим бериў процессин қызықлы ҳәм нәтийжели етиўди қәлейсизбе? 📚🧩 Онда Flippity.net сайтын қолланып көриң! Бул сайт қәлеген тема бойынша интерактив оқыў материалларын жаратыўға көмеклеседи. Бирнешше минут ишинде Сиз: ✅ Викториналар ✅ Сөзлик шынығыўлар ✅ Бинго, пазллар ✅ Флэш-карталар ✅ Онлайн ойынлар Абзаллықлары: 💡 Ўақыт үнемлейсиз – таяр шаблонларды пайдаланып, бирден баслай аласыз. 🎨 Дөретиўшиликти, креативликти арттырады – оқыўшылар ушын айрықша форматтағы тапсырмалар таярлаў имканиятын береди. 🌍 Онлайн ҳәм офлайн қолланыўға қолайлы. Мысалы: Сабақта оқыўшылардан үй тапсырмасын сораўда «Flippity Random name Picker» инструменти арқалы сиз оқыўшылардың атларын тосынан таңлап, сабаққа өзгеше динамика қосасыз 🎲 👉 Flippity.net– оқытыўдағы жаңа көмекшиңиз болсын! 😊 Егер усы қуралды қолланып көрсеңиз, тәсирлериңизди бөлисиўди умытпаң!

Ingliz tili

MATEMATIKA

Geografiya

Matematika pani oqitiwshilari ushin tapsirmalar

Ingliz tiki oqitiwshilari ushin interaktiv, multimediyali shinigiwlar

Baslawish talim oqitiwshilari tarepinen jaratulgan interaktiv shinigiwlar

Informatika