fa
Feedback
Қарақалпақ халық нақыл-мақаллар ҳәм жумбақлар.

Қарақалпақ халық нақыл-мақаллар ҳәм жумбақлар.

رفتن به کانال در Telegram

Сөздиң көрки – мақал. Нақылды бир айтпаса, Ақылсыз айтпайды. Ақыллы адам әңгимесин, Нақылсыз айтпайды. Еслетпе:Каналдан пост(көширме) алсаңыз,силтемеси менен алыўға рухсат! Байланыс ушын: @Mirigul19

نمایش بیشتر
7 232
مشترکین
-424 ساعت
-1467 روز
-72830 روز

در حال بارگیری داده...

ابر برچسب‌ها
هیچ داده‌ای
مشکلی وجود دارد؟ لطفاً صفحه را تازه کنید یا با مدیر پشتیبانی ما تماس بگیرید.
اشارات ورودی و خروجی
---
---
---
---
---
---
جذب مشترکین
سپتامبر '26
سپتامبر '26
+6
در 1 کانال‌ها
اوت '26
+36
در 2 کانال‌ها
Get PRO
ژوئیه '26
+23
در 1 کانال‌ها
Get PRO
ژوئن '26
+3
در 2 کانال‌ها
Get PRO
مه '260
در 1 کانال‌ها
Get PRO
آوریل '260
در 1 کانال‌ها
Get PRO
مارس '26
+1 798
در 2 کانال‌ها
Get PRO
فوریه '26
+2 526
در 3 کانال‌ها
Get PRO
ژانویه '26
+2 004
در 1 کانال‌ها
Get PRO
دسامبر '25
+17
در 5 کانال‌ها
Get PRO
نوامبر '25
+2 801
در 1 کانال‌ها
Get PRO
اکتبر '25
+7 110
در 2 کانال‌ها
Get PRO
سپتامبر '25
+12 828
در 3 کانال‌ها
Get PRO
اوت '25
+2 063
در 3 کانال‌ها
Get PRO
ژوئیه '25
+79
در 3 کانال‌ها
Get PRO
ژوئن '25
+75
در 5 کانال‌ها
Get PRO
مه '25
+217
در 4 کانال‌ها
Get PRO
آوریل '25
+87
در 3 کانال‌ها
Get PRO
مارس '25
+119
در 4 کانال‌ها
Get PRO
فوریه '25
+299
در 7 کانال‌ها
Get PRO
ژانویه '25
+1 012
در 8 کانال‌ها
Get PRO
دسامبر '24
+501
در 11 کانال‌ها
Get PRO
نوامبر '24
+302
در 5 کانال‌ها
Get PRO
اکتبر '24
+710
در 7 کانال‌ها
Get PRO
سپتامبر '24
+561
در 7 کانال‌ها
Get PRO
اوت '24
+531
در 5 کانال‌ها
Get PRO
ژوئیه '24
+13 683
در 8 کانال‌ها
Get PRO
ژوئن '240
در 8 کانال‌ها
Get PRO
مه '240
در 10 کانال‌ها
Get PRO
آوریل '24
+184
در 3 کانال‌ها
تاریخ
رشد مشترکین
اشارات
کانال‌ها
06 سپتامبر+1
05 سپتامبر+1
04 سپتامبر+2
03 سپتامبر+2
02 سپتامبر0
01 سپتامبر0
پست‌های کانال
ҚАЙЫРЛЫ АҚШАМ! Ерте таңнан биз бенен бирге болғаныңыз ушын сизлерге шексиз миннетдармыз. Қайырлы түн қәдирданлар, түниңиз тын
ҚАЙЫРЛЫ АҚШАМ! Ерте таңнан биз бенен бирге болғаныңыз ушын сизлерге шексиз миннетдармыз. Қайырлы түн қәдирданлар,  түниңиз тыныш болсын, жақсы түслер көриң. Таңда дийдарласқанша  жақсы дем алың! ҚАЙЫРЛЫ ТҮН! Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👉

2
#Төртликлер Адам кеўли—жолда өскен көк емен,  Саясы мол, булақ ағар қасында.  Түрли тыйық пенен, түрли қол менен  Автографлар бар жазылған онда. Дүзиў ағаш ел мәпине керекли,  Шаўып алып, жайға басар сонлықтан.  Журт айналып өтер қыйсық теректи, Кыйсық ағаш узақ жасар сонлықтан. —Таўдың қара тасы! Жылайсаң неге?  Ким сени ыдыратты, ким қапа қылды?  —Тас баўыр биреўлер жаңа бул жерде Биреўди аямай тас пенен урды... Дүнья аз ўақтында бәрине жетер, Инсап пақыр азға қанәәт етер. Дүнья болған сайын Нәпси деген ийт  Шынжырын жулкылап, қутырып кетер. Ақылға уғрас келмес бул үлкен дүнья, Айы, күни ҳәммелерге тең дүнья.  Инсан пейли тарылғанда бирақта,  Еки адамға тарлық етер кең дүнья. Апат келтириўши қураллар жасап,  Бағындыра алмаў мүмкин адамды.  Ҳазарсыз кишкене қалем менен ақ "Жаўлап" алыў мүмкин пүткил жаҳанды. Бир гезде ўақыттан арзан нәрсе жоқ, Вокзалда отырсаң ҳеш ўақыт өтпес.  Бир гезде ўақыттан қымбат нәрсе жоқ, Поездға минерде бир минут жетпес. Көрдим Монамахтың музейде бөркин.  Ол дым аўыр дейди (дурыс шығар бәлким).  Бирақ оны, мойны сынып кетсе де, Бир кийиўди әрман етеди ҳәр ким... Астан-гестен ойнап болса балалар,  Ҳәр затты орнына қояр аналар. Сол сыяқлы, кимлер дана, ким шала,— Тарийх бәрин орны-орнына қояр... Уқтым сени тилиң басқа болса да,  Мәселе тилде емес, бәлким—кеўилде.  Базда қарақалпақша сөйлеп турса да, Биреўлерге түсинбеймен өмирде... Ислемеген басты қыйнап терлеме,  Атларға урмасын ешектиң шаңы.  Алма түскен менен ақмақ геллеге, Ашыла бермейди Ньютонның заңы. Коңысы болып жасар тил менен қулақ,  Бири бирин онша жақтырмас бирақ.  Тил айтар: "Билемен, мени сүймейсең", Кулақ айтар: "Оғыры көп сөйлейсең... Халықтың жүрегине барар соқбақты  Тапқанлар силтеўиш белги қақбапты.  Машақатлар шегип, сол соқбақты мен Таў, дүз қоймай еле излеп жүрипбен... Каралық тилеймен ҳәмме қазанға,  Қаралық тилеймен қара көзлерге. Жасыллық—жапыраққа, қызыллық—қанға Адам кеўли, ақлық тилеймен сизге! Шерт, башқурт, сыңсытып қуўрайыңды сен!  Дүз самалы, шопан қыялы менен  Сырласқан усы бир қодирең шөптен Басланар күдиретли Моцарт ҳәм Шопен. Ҳәмме ағзаң тозар, тил тозбас бирақ,  Мүшелердиң мықлысы тил дер едим.  "Тилим аўырды" деп докторға қатнап, Укол алып жүрген адам көрмедим... Ҳәр кимниң өзинше өлшеў тасы бар,  Салмағың ол тасқа туўры келмейди.  Жеңил қелсең, ол күлиўге асығар, Аўыр келсең, жақтырмайды, күнлейди. Кеўлиңниң өзинде қуяш болмаса,  Көктеги күн оны жылытпас ҳасла.  Кеўлиң суўық болса, ыссыларда да  Кимдур биреўлерди тоңдыра баслар. "О адамлар, мен сүйемен сизлерди!»  Деп бираз шайырлар тынышлық бермес. Фучик дар астында айтқалы берли  Бул қүдиретли сөз қайталаўды көтермес… Ошақ басы сөзлер—тарқатар шерди,  Тил ҳәм қулақ оған иштейли сондай.  Ошақ басы сөзлер—мәрт жигитлерди Базда айнытады нилдин суўындай... Мен мәзи шайырман. Уста болып я  Имаратқа бир де гербиш қоймайман,  Бирақ салып питилмеген бул дунья Тек гербиштен турмайды-аў деп ойлайман. Бир жақсы адамға қүнде иркилип,  Сәлемлесер едим. Көрмедим бүгин...  Сондай кимдур биздидағы бир күни Бул жолдан табалмай, жоқлаўы мүмкин... Қумырысқаның инлеўинде сыр бардай,  Пирамида салып атқан қуллардай...  Негедур мақтаныш бийлеп жанымды, Жақсы көрип кеттим өз заманымды. Өмир китабы! Көп жериңди түсинбей,  Сезип жүрмен шала оқығанымды. Алгебраның қыйын мәселесиндей, Көп саўал қыйнап жүр енди жанымды. Қула дүзде партаў ашып атырған,  Бульдозершилердиң вагон-қосында,  Муқабасы май-май болып жатырған Бердақтың китабына  қызықтым сонда. Базда-базда бул қызықлы дүньяға  Уллы адамлар да келип кетеди.  Журт жыйылып орнын басалмаса да, Бир адам орнына өлип кетеди. Мийўадан қайысқан шабдал шақасы,  Саған бас ийемен, қызығаман мен.  Мийўалаўдың сырын сеннен шамасы Үйренсем, тең-тайсыз шайыр боларем. Жат журтларда өлди Овидий Назон,  Ўатан айралығы шайырды жықты.  Зер я гәўҳар емес, қалтасынан соң  Түйиўли бир қысым топырақ шықты...
310
3
#халық_шайырлары Ҳүрмет талап болсаң көрсеткил иззет, Нәкаслар тобынан бойыңды гизнет, Қулағың бекитип насақ сөзлерден, Пейли
#халық_шайырлары Ҳүрмет талап болсаң көрсеткил иззет, Нәкаслар тобынан бойыңды гизнет, Қулағың бекитип насақ сөзлерден, Пейли тарларға да тилиңди Сиз-лет! Халила Дәўлетназаров. Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👉
1 424
4
📚 ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛЫҚ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАРЫ. 📗 Егин ексең ерте ек,       Ағаш тиксең бәхәр тик. 📗 Туқымың жақсы болса,        Өнимиңде жақсы болады. 📗 Бир күнге өгиз өлмейди,       Еки күнге ийеси бермейди. 📗 Дийхандики жылда әрман,       Балықшыники күнде әрман. 📗 Тамшы тамса көл болады,       Жаўын жаўса көл болады. 📗 Ел аўлақ болса,       Доңыз төбеге шығар. 📗 Тамшы тамып жауын болмас,       Ийт түйнектен қаўын болмас. 📗 Кимниң жерин ексең,       Соның жырын жырлайсаң. 📗 Қара жерди жаманлама,       Көп беретуғын өнимди. 📗 Нан пискенше гүлше күйеди,       Рас сөзге хәмме басын ийеди. Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👇
1 377
5
Күниңиз кеўилли өтсин. Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👇
1 339
6
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРИ БӘЛЕНТ ҚӘДИРДАНЛАРЫМ! Бүгинги екшемби күниңиз қайырлы болсын! Бүгинги күнимиз берекетли табыслы күн
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ,  ҚӘДИРИ БӘЛЕНТ  ҚӘДИРДАНЛАРЫМ! Бүгинги екшемби күниңиз қайырлы болсын! Бүгинги  күнимиз берекетли табыслы күн болғай,  бүгинги атқан таң елимизге тынышлық, жерге,  көкке , суўға  берекет  шаңарақларға  аманлық,  дастурханларға қут берекет ырысқы несийбе ,  табыс  алып келгей . ...Ҳәр қандай жағдайда да тәғдир сынаўларын жеңиўге өзиңизде күш таба билиң ҳәм жақынларыңыз жүрегинде жақсылықларға үмит оятың... ҚАЙЫРЛЫ КҮН!!! Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👇 👉
1 266
7
Қайырлы_түн Биреўге азар берген болсақ, кеширим сораймыз, биреўге қуўаныш инам еткен болсақ, биз де қуўанышлымыз. Түниңиз тын
Қайырлы_түн Биреўге азар берген болсақ, кеширим сораймыз, биреўге қуўаныш инам еткен болсақ, биз де қуўанышлымыз. Түниңиз тыныш өтсин, ертеңги күн жаңа имканиятлар ҳәм бахыт пенен келсин! Күн даўамында биз бенен болған, пикир алысқан ҳәммеге рахмет. Шаршаўлар уйқы менен кетсин, азанда саў-саламат ҳәм жаңа күш пенен ояныў несип етсин.               
1 305
8
☝️Даналар жол силтейди:    📌" Инсанның уллылығы оның бойы менен өлшенбегени сыяқлы, халықтың уллылығы да оның саны менен өлшенбейди !.. " Виктор Гюго. 📌" Ҳәрқандай миллет басқа халықлардан үйрене алады ҳәм үйрениўге тийис. " Карл Маркс. 📌" Түрли пикирлерди баянлаў ушын сөз таба алмаў, тилдиң жарлылығынан емес, бәлким өзимизде шеберликтиң жоқлығынан деп билиў керек. " Михаил Васильевич Ломоносов. 📌" Қарақалпақлар - саҳрадағы биринши шайырлар ҳәм қосықшылар Чоқан Ўәлийханов (қазақ халқының  атақлы илимпазы). 📌" Қарақалпақлар - дала бүлбиллери. " А. И. Беляев. 📌" Халықтың аўызеки әдебиятын билмей турып, мийнеткеш халықтың ҳақыйқый тарыйхын билип болмайды. " Максим Горький. 📌 " Өзиниң өтмишин билген, оны көз қарашығындай қәстерлеген халық - дана халық " Қәллибек Камалов. 📌 " Өтмишти түсинбей турып бүгинги күнди де, ертеңги күнди де дурыс түсиниў ҳәм баҳалаў мүмкин емес. Төлепберген Қайыпбергенов.
1 528
9
🍃Қарақалпақ халық нақылы. Ойланып-билип бабалар, Сөзди дүрге теңгерген. Ойланып айтқан ҳәр сөзин, Ойлама кем деп гәўҳардан.
🍃Қарақалпақ халық нақылы. Ойланып-билип бабалар, Сөзди дүрге теңгерген. Ойланып айтқан ҳәр сөзин, Ойлама кем деп гәўҳардан. Каналымызға ағза болыўды умытпаң.
1 577
10
Seytmurat Beknazarov _Muxabbat.mp3
1 366
11
Ассалаўму алейкум! Және бир әзийз ҳәм гөззал таң қутлы мүбәрек болсын! Жаңа таң нәпесинен заўықланып атырған бәршеге басланып
Ассалаўму алейкум! Және бир әзийз ҳәм гөззал таң қутлы мүбәрек болсын! Жаңа таң нәпесинен заўықланып атырған бәршеге басланып атырған бүгинги күн ийгиликли, қайыр-берекетли табыслы, жақсылыққа толы күн  болсын деп тилеймиз. Ырысқыңыз кең, ҳәр басқан қәдемиңиз қутлы, тәўбелериңиз қабыл, дуўаларыңыз ижабат болсын! Жақынларыңыздың арасында қәдириңиз жоқары, мәртебеңиз бәлент болып жүре бергейсиз. Дениңиз саў, үйиңизде қәтержамлық болып жаңа таң, жаңа күн сиз ҳәм шаңарағыңыз ушын қайырлы болсын. 
1 672
12
Қайырлы түн. Гөззал жәннет бизге болмасын әрман. Тәрк етпесин сирә кеўилли ийман. Бұгинги ислеримиздиң саўабын жазсын. Тыныш
Қайырлы түн. Гөззал жәннет бизге болмасын әрман. Тәрк етпесин сирә кеўилли ийман. Бұгинги ислеримиздиң саўабын жазсын. Тыныш уйықлап түниңиз қайырлы болсын.
1 388
13
Қандайдур мақсет ушын ҳәрекет етип атырған инсан өтмишин артта қалдырады. Ҳәзирги күнди басқарады ҳәм келешекти жаратады.
Қандайдур мақсет ушын ҳәрекет етип атырған инсан өтмишин артта қалдырады.                         Ҳәзирги күнди басқарады ҳәм келешекти жаратады.
1 362
14
UAuOLEJ0YvGXcJCVz9nK+f6XYaBQ5q_I.m4a
1 358
15
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ ӘЗИЙЗЛЕР! БҮГИНГИ ПИЙШЕМБИ КҮНИҢИЗ ҚАЙЫРЛЫ ИСЛЕРГЕ ТОЛЫ БОЛСЫН! Жаратыўшы ийемиз сизлердиң ҳәр бириңиздиң ш
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ ӘЗИЙЗЛЕР!      БҮГИНГИ ПИЙШЕМБИ  КҮНИҢИЗ ҚАЙЫРЛЫ ИСЛЕРГЕ ТОЛЫ БОЛСЫН!      Жаратыўшы ийемиз сизлердиң ҳәр бириңиздиң шаңарағыңызға аманлық, өзлериңизге беккем ден-саўлық, ислериңизге  раўаж ҳәм мол несийбе инәм етсин!!     Алға қойған мақсетлериңиз орынланып,  күниңиз әўметли болсын!
1 608
16
Өткен затлар - үйренилетуғын сабақ,. Келешек - үмит пенен күтилетуғын мәкан, тек ҳәзирги ўақыт - келешегиң ушын ҳақыйқый ҳәре
Өткен затлар - үйренилетуғын сабақ,.           Келешек - үмит пенен күтилетуғын мәкан, тек ҳәзирги ўақыт - келешегиң ушын ҳақыйқый ҳәрекет майданы болыўы керек.       Қайырлы түн әзийзлер.
1 300
17
🍃Қарақалпақ халық нақылы. Қарақалпақ байдың баласы едик, Теңликке көнсек те, кемликке көнбеймиз. Каналға ағза болыўды умытпа
🍃Қарақалпақ халық нақылы. Қарақалпақ байдың баласы едик, Теңликке көнсек те, кемликке көнбеймиз. Каналға ағза болыўды умытпаң
1 455
18
Қыйын дәўирлер күшли инсанларды, ал жеңил дәўирлер әззи инсанларды жетилистирип шығарады. (Дубай Шейхы Аль Мактум)
Қыйын дәўирлер күшли инсанларды, ал жеңил дәўирлер әззи инсанларды жетилистирип шығарады. (Дубай Шейхы Аль Мактум)
1 355
19
# Ядта сақлаң!. Сизди биреўлер жаман деп тәрийп берип жүрген болса, дәлийллеўге асықпан. Ўақыт ҳәмме нәрсени көрсетеди. Кимге
# Ядта сақлаң!.                      Сизди биреўлер жаман деп тәрийп берип жүрген болса, дәлийллеўге асықпан.                  Ўақыт ҳәмме нәрсени көрсетеди.  Кимгедур алдын жақсылық қылған болсаңыз ол адамнан сизге жақсылық қайтпаса, ҳасла өкинбең өмир өзи солай екен...          # Тоқтап қалмаң.
1 456
20
Базаргүл_Каримова_бир_жапырақ_қосығы_архив.mp3
1 347