cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

Каракалпак 24

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT 👉 Реклама: @kk24_reklama

نمایش بیشتر
Advertising posts
103 820مشترکین
-33124 ساعت
-1 1857 روز
+2 86830 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

❗️Ҳәким жәрдемшиси тәрепинен усыныс берилетуғын кредит, субсидия, грант ҳәм материаллық жәрдем түрлериниң дизими: Президент қарары менен ҳәким жәрдемшисине 21мәселе бойынша усыныс бериў кепиллиги берилген. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Сырт елде жумыс ислеп жүргенлердиң шаңарақ ағзаларына қандай жәрдемлер бериледи? Президенттиң 2022-жыл 1-марттағы Пәрманына муўапық, ҳәр жылы Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы қаржылары есабынан: бағыўшысы сырт елге жумыс ислеўге кеткен кем тәмийинленген шаңарақларға БЕМның 2 есеси (660 мың сум) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи; сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы болған ямаса «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен биреўине киргизилген, майыплығы болған шаңарақ ағзаларына дәрилер, майыплық арбалары, еситиў аппаратларын ҳәм ортопедиялық өнимлерди сатып алыў ушын БЕМның 5 есеси (1 млн 650 мын сум) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериў; сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың Өзбекстанда олар менен бирге жасаўшы пенсия жасына жеткен ямаса I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақ ағзаларына Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына тийисли санаторий ҳәм профилактикалық емлениў орынларына бир мәртелик бийпул жоллама бериў; кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы болған ямаса «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен биреўине киргизилген сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың балаларына лагерлерге бийпул жолламалар бериў. Бул материаллық жәрдемлер ҳәм емлениў орынларына бир мәртелик бийпул жолламаларды алыў ушын усыныслар – ҳәким жәрдемшиси тәрепинен, ал лагерлерге жоллама алыў ушын усыныслар – жаслар жетекшиси тәрепинен бериледи. Бул материаллық жәрдемлерди ҳәм жолламаларды алыўға арза бериў ушын төмендеги шәртлер белгиленген: сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралар «Labor migration» бағдарламалық комплексинде дизимнен өткен болыўы; арзаларды Кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министрлигине «Labor migration» бағдарламалық комплекси арқалы электрон түрде бериў керек. Кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министрлиги арзаларды 5 күн ишинде қарап шығып, жәрдем алыўшы пуқаралардың дизимин Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына береди. (Дерек) 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Қытайда күшли торнадо изинен муз жаўды. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
🥳💧Ҳәрбир адамның ден саўлығын қайғырыўшы "Мой филтрь" суўлары қарыйдарымыз шаңарағында! 💧Жоқарыдағы видеода көрип турғаныңыз, "Мой филтр" суўлары болып, бул әпиўайы суўды 100% таза қылып бериў күшине ийе. 🤔 Қайта-қайта еситкеннен бир мәрте алып, орнатып көрген жақсы дегендей, видеоны көрип, сөзлеримиз қаншелли ҳақыйқат екенин билсеңиз болады. 💦 Егер сиз де, шаңарағыңыз ден саўлығын қайғырып атқан болсаңыз, таза ишимлик суўынан дәм татпақшы болсаңыз, ҳәзирден биз бенен байланысың! 👨‍💻Админ: @MOY_FILTR_operator 📲Толық мағлыумат: +998906616060. +998883566060 🌐Telegram 🌐Instagram ▶️ YouTube 🌐Facebook Реклама
نمایش همه...
💰 Жасларға ажыратылатуғын 13 млн сумлық субсидияны алыў тәртиби қандай? 📑 Министрлер Кабинетиниң 312-санлы қарарына бола, жаслар өз исбилерменлигин жолға қойыўы ямаса өзин-өзи бәнт етиўи ушын зәрүр болған әсбап-үскенелерди сатып алыўы ушын 13 млн сумға шекем субсидия ажыратылады. 📬 Субсидия алыў ушын пуқара районлық (қалалық) ҳәкимликке арза менен мүрәжат етиўи керек. Арза Қәўендерлик Кеңеси тәрепинен 3 жумыс күни ишинде, ҳәким жәрдемшиси тәрепинен 5 жумыс күни ишинде көрип шығылады. 💰 Сондай-ақ, бул субсидия ҳәким жәрдемшисинен унамлы усыныс алған, «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларға бериледи. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
🇰🇿 Қазақстанның Жамбыл ўәлаятында бүгин қар жаўды Ҳаўаның температурасы -2 градусқа түскен. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
❗️Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында: 🔹мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 050 000 сўм; 🔹базалық есаплаў муғдары – 340 000 сўм; 🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 372 000 сўм; 🔹жасқа тийисли ең кем пенсия – 725 000 сўм; 🔹майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 800 000 сўм; 🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 800 000 сўм; 🔹белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (725 000 сўм)нан 800 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 800 000 сўм. 🔹зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 608 000 сўм; 🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 608 000 сўм. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Тармақларда ушырайтуғын шет елге жумысқа жибериў ҳаққындағы хабарларға исениўге болама? Соңғы жылларда тармақларда Европа мәмлекетлери, Америкаға жумысқа жибериў, буған тил билиў де шәрт емеслиги ҳаққындағы хабарлар, онлайн компаниялар көбейип кетти. Буларға исенип, соралған пулды берип атырған пуқаралар да ушыраспақта. Пуқараларды шет елге жумысқа жибериў лицензиялы искерлик түри есапланады. Сонлықтан шет елде ислеўге шақырып атырған фирмаларда бундай искерлик пенен шуғылланыўға арнаўлы рухсатнама, лицензия болыўы керек. Жоқарыдағы видеода онлайн фирмаларға алданып қалсаңыз не қылыў кереклиги, сондай-ақ, рәсмий искерлик жүргизиўши фирмаларды қалай билиў мүмкинлиги ҳаққында мағлыўмат берилген. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
"Темир дәптер"ге кимлер киргизиледи? Ҳүкиметтиң 250-санлы қарарына етилген "Ўақтыншалық тәртипке" тийкар, ҳәр бир сектор бойынша мәҳәллебай "Темир дәптер"ге төмендеги тайыпадағы шаңарақлар киритиледи: ➖ социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақлар; ➖ кем тәмийнленген жеке-жалғанлар ҳәм кекселер; ➖ бағыўшысынан айырылған шаңарақлар; ➖ көп (4 ҳәм оннан артық) перзентли материаллық көмекке мүтәж шаңарақлар; ➖ мийнетке уқыплы жумыссыз ағзалары бар болған шаңарақлар; ➖ медициналық жәрдемге мүтәж шаңарақлар; ➖ жарамсыз орынларда жасап атырған, өзи ямаса бирге жасаўшы шаңарақ ағзаларының атында турақ-жай болмаған шаңарақлар. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
❓Сизге сапалы көзәйнек ҳәм анық көз диагнозы керек пе? 🤓"JV OPTIKASÍ" соңғы моделдеги аппараты менен зрениеңызды анықлап, 15 минутта сизге қолайлы ҳәм жузиңизге жарасымлы көз айнеклер ислеп береди. 😎🤓"JV optikası" менен дуньяны айнадай тынық көриң! Мәнзил: Нукус, Амир Тимур көшеси Бағдар: 3-магазин, Бабажанов студия жанында Тел: (77)444-88-88 (97)359-13-13 Реклама
نمایش همه...