cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

"Ел хызметинде" газетасы

" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз!

نمایش بیشتر
کشور مشخص نشده استزبان مشخص نشده استدسته بندی مشخص نشده است
پست‌های تبلیغاتی
6 808
مشترکین
اطلاعاتی وجود ندارد24 ساعت
اطلاعاتی وجود ندارد7 روز
اطلاعاتی وجود ندارد30 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

Басланды...
نمایش همه...
Бул жағдай бойынша "Ел хызметинде" газетасы тәрепинен журналистлик тексериў алып барылады? Ҳайран қаларлық жағдай тийисли органлар буған қалайынша көз жумып турған? @el_xizmetinde
نمایش همه...
Repost from Xushnudbek.uz
❓Рамазон байрами муносабати неча кун дам олиш берилади? Бугунги видеоселекторда келгуси ҳафтада Рамазон Ҳайити муносабати билан ҳам аҳолимизга яна 5 кунлик дам олиш берилиши маълум қилинди. Аслида бу янгилик эмас, ўтган йили декабрь ойидаги Президент фармонида бу назарда тутилган эди, бугун қайта эслатиб ўтилди холос. Кўпчилик дам олиш қайси кунларга тўғри келишини сўрамоқда. Бу ерда 2 та муҳим маълумотни билишингиз керак: 1️⃣ кетма-кет 5 кунлик дам олиш ҳаммага эмас, фақат ҳафтасига 5 кун ишловчиларга 5 кун дам олиш бўлади. Ҳафтасига 6 кун ишловчиларга эса 4 кун дам олиш берилади; 2️⃣ Президент фармонида 4 май (чоршанба) ва 5 май (пайшанба) кунлари дам олиш кунлари деб эълон қилинган. Лекин бу ерда Рамазон Ҳайити 3 майга тўғри келиши ҳисобга олинган. Ҳали Ҳайит қайси кунга тўғри келиши аниқ эмас, аммо 2 май куни бўлиши эҳтимоли жуда юқори. Шу сабабли дам олиш кунларида ўзгариш бўлиши мумкин. Келинг, Ҳайит байрамини 2 майга тўғри келади деб тасаввур қиламиз. Шунда дам олиш кунлари қуйидагича бўлади: ✅ ҳафтасига 5 кун ишлайдиганлар учун: 1️⃣ 30 апрель (шанба); 2️⃣ 1 май (якшанба); 3️⃣ 2 май (душанба) – Рамазон ҳайити; 4️⃣ 3 май (сешанба) — кўчирилган дам олиш куни; 5️⃣ 4 май (чоршанба) — кўчирилган дам олиш куни. Изоҳ: 5 кун ишловчилар кўчирилган дам олиш кунлари эвазига 7 май ва 14 май шанба кунлари ҳам ишга чиқиши керак бўлади. ✅ ҳафтасига 6 кун ишлайдиганлар учун: 1️⃣ 1 май (якшанба); 2️⃣ 2 май (душанба) – Рамазон ҳайити; 3️⃣ 3 май (сешанба) – қўшимча дам олиш куни; 4️⃣ 4 май (чоршанба) – қўшимча дам олиш куни; 👉 @xushnudbek 👈
نمایش همه...
АТТЕСТАЦИЯҒА ТЕЛЕФОН АЛЫП КИРИЛГЕН…БЕ? 2021-2022-оқыў жылындағы муғаллимлер ушын болып өткен аттестация әдил болып өтти ме? Мына аттестация ўақтында қыңғырлық ислерди (телефон алып кирилген) қалай түсинсек болады? Тийисли тарaў қәнигелеринен жуўап күтип қаламыз. "Ел хызметинде" газетасы жәмийетлик хабаршысы Азамат Нуратдинов @el_xizmetinde
نمایش همه...
ЖАН ҚЫШҚЫРЫҒЫ! яки Түркменстан менен суўды неге теңдей бөлиспедик? 2020-жыл жаз айларында Қарақалпақстаннан бир топар нураный ҳәм пуқаралар Өзбекстан Республикасы Президенти Халық қабыллаўханасына хат жазады. Хатта Әмиўдәрья суўының Түркменстан менен теңдей бөлисилмей атырғанлығы ҳаққында наразылық билдирилген: “Биз, нураныйлар ҳәм басқа пуқаралар – Түркменстан ҳәм Өзбекстан Республикалары Президентлериниң 1996-жыл 16-январьда Түркменабад қаласында (бурынғы Чаржаў) болып өткен ушырасыўында Әмиўдәрья дәрьясының суўларын бөлистириў мәселелери бойынша қабыл еткен әдилсиз қарарына өз қарсылығымызды билдиремиз” делинеди мүражатта. Биз усы мүрәжатты ҳәм оған қайтарылған жуўапты толығы менен нәзериңизге усынамыз. Даўамы👇 https://elxizmetinde.uz/qq/4385.html @el_xizmetinde
نمایش همه...
МАРҲУМНЫҢ ОБАЛЫ КИМГЕ? яки әдалатсызлық қурбаны ҳаққында Бул мақалада судлардағы әдалатсызлық себепли өз жанына қастыянлық еткен Миллий гвардияның бурынғы хызметкери тәғдири ҳаққында сөз болады. Мақаланың даўамы: 👇 https://elxizmetinde.uz/qq/4382.html @el_xizmetinde
نمایش همه...
БЕРДАҚ БАБАМЫЗДЫҢ ҚАСЫНДА НЕГЕ СҮЎРЕТКЕ ТҮСЕ АЛМАЙМЫЗ? Нөкис қаласы орайындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси имараты алдында қарақалпақ халқының демократ шайыры Бердақ бабамыздың естелиги саўлат төгип тур. Усы естелик қасында пуқараларға сүўретке түсиў қадаған етилген. Жап-жасыл майсаға бүркенген, қаланың ең дыққатқа ылайық орынларының бири болған, фонтанлар атлығып турған бул аймаққа кириўдиң өзине руқсат жоқ. Қорықлаў хызметкерлери алдыңды тосады. Руқсат алыў ушын Жоқары Кеңестиң жуўапкер шахсларына мүрәжат етиў керек болады. Халық сүйген шайырымыздың естелиги алдына барып сүўретке түсе алмасақ, бабамыздың уллылығына бас ийип, ҳүрмет көрсете алмасақ, бул естелик не ушын керек? Қарап турсаң, уллы шайыр халқына бийганадай. Қәне, қайсы халықта мақтанышы болған жазыўшы-шайырларына усындай қатнас бар? Р. Қарлыбаев, Нөкис қаласы @el_xizmetinde
نمایش همه...
Ташкент қаласы ҳәкими Жәҳәнгир Артықхожаев түнде пуқаралар менен ушырасыў өткергени себепли Мийнет министрлиги тәрепинен үйрениў өткерилиўи ҳаққында хабар берилген еди. Буған себеп ҳүкиметте жуўапкер лаўазымда ис алып баратуғын хызметкерлердиң жумыс ўақтынан тысқары ярым ақшамға шекем ислеўге мәжбүр етилип атырғаны еди. Ҳәкимлик тәрепинен усы келиспеўшиликлерге мүнәсип жуўап болыпты. @el_xizmetinde
نمایش همه...
Түсе ме деп басымызға күнсизлик, Аз халықты азайтады Үнсизлик... С.Сырғабева
نمایش همه...