fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 792 مشترک است و جایگاه 4 322 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 444 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 792 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 09 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -265 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -7 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 28.13% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.97% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 288 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 755 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 44 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 10 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 792
مشترکین
-724 ساعت
-447 روز
-26530 روز
آرشیو پست ها

Ибратлы гүрриң. Бир адам мәрдикар базарына барды да: - Ҳәжетхананы көширген едик. Ишиндегини шелеклеп тасыў керек, - деди. - Ҳаааў...- ҳәмме терис қарап кете баслады. Екинши күни және барды. "Яғаа, бундай исти ислемеймиз. Жүк түсириў, тасыў болса , басқа гәп" - деди. Оның орнына, усы жерде кешти батырғанымыз жақсы". Үшинши күни бир жигит тап болды. "Мейли аға. Ҳәр қандай жумысқа ыразыман. Ҳаялым ораза тутып еди, үйде жейтуғын нан жоқ!" Сонда "Иним" - деди жаңағы адам. "Мынаў 500 мың S сизге. Ҳеш қандай жумыс жоқ. Зәкат бериўге ҳақыйқый мүтәжди изледим. Алла таала сизлерден ыразы болсын!" https://t.me_ibratlı_sózler https://t.me_ibratlı_sózler

Ҳикметли сөзлер 📖 Асығыслық ҳәмме нәрсени ойран қылады. 📖 Китаптың атын оқып ақ ол ҳаққында ҳүким шығарма. 📖 Биреўге сырыңды айтсаң, оның қулына айланасаң. 📖 Ким еки қоянның изинен қуўса, биреўин де услай алмайды. 📖 Адамлардың айыпларын мыс әсбап пенен түртемиз,  бирақ олардың пәзийлетлерин болса суўдың үстине жазамыз. 📖 Гейде оншелли жалтырамаған нәрсе жүдә қымбат нәрсе болып шығады. 📖 Жумсақ, жеңил берилген жуўап ғәзепти де басады. 📖 Саяхат ақыллы адамның ҳикметин көбейтсе, ақмақ адамның ғәплетин көбейтеди. 📖 Кешеги күнди кешегидей өткер, яғный дем ал, күндизиңди күндиздей өткер, яғный мийнет ет, бахытлы боласаң. 📖 Өз сырыңды жасыра алмаған адам адамлардың ең әззисидур.. https://t.me_ibratlı_sózler

Ҳасла аналарға жаман сөз айтпаң, Болып кетсеңизде жүдә тасбаўыр, Өйткени, аналарға өзгелерден де, Перзенттиң сөзлери батады а
Ҳасла аналарға жаман сөз айтпаң, Болып кетсеңизде жүдә тасбаўыр, Өйткени, аналарға өзгелерден де, Перзенттиң сөзлери батады аўыр. ✍Расул Гамзатов 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

Айдос..! Сени қапа қылған жигит, мына аға меди?!-деди қасында турған Кәримбай ағаны көрсетип. -Аўа, усы. Мени ууды!-деп жылап жиберди. -Урғаны нес? Мына адамның дени саўма өзи? Бир жапырақ мүгедек баланың қай жерин урып жүрсең, берман кел?!-деп, Айдос пенен ҳәзиллесип отырған маршрутка айдаўшысы көтерилип кетти. Айдаўшының алдын кескен патруль пост хызметкери: -Еркин аға өтиниш, бул жағы бизиң мәселемиз. Истиң соңы насырға шаўып кетпесин, мәселени уўшықтырмаң. Итибарыңыз ушын хызметтемиз!-деди. -Сизлерге гәпим жоқ иним. Бирақ, мына ҳайўанға жиним келип тур. Азамат иним, өтиниш. Бир жиберип алш. Шекесине еки муш берип, ҳәс турып жинимди басып алайын!-деди айдаўшы. -Еркин аға..! Ҳәзир айттымғо сизге, "Хызметтемиз" деп. Түсинбедиңизбе? Хызметимизге кесент етпең өтиниш. Биз сәўбетлесип атырмыз!-деди. -Айдос..! Бул аға да қылған исинен уялып, базарды аралап сени излеп жүр екен. Саған айтар еки аўыз сөзи бар қусайды, сөйлесип ал иним. Қасыңда биз бармыз мине, солай емеспе Еркин аға?!-деди. -Сөйлесип алағо аўа!-деди Еркин аға да. -Айдосжан..!-деди Кәримбай аға. -Бағана азымаз ашыўланыңқырап тур едим. Ашыў үстинде билмей қалып кеўлиңе тийип алған болсам кешир иним. Меннен бир билмеслик кетти. Билемен, алдыңда айыплыман. Бирақ, ораза айында кеширимли болған жақсы болады дейдиғо. Алдыңдағы айыбымды қалай өтеримди билмей, кишигирим базарлық қылып келе бердим иним. Әжағаңның бир билмеслигин кеширесеңғо, я?!-деди Кәримбай аға, Айдосқа жүзленип. -О-ҳо-о. Ҳәлекке қалып бир талай зат көтерип келипсизғо. Қәне, ишинде нелер бар екен, көрейик?!-деп Кәримбай ағаның қолындағы сумкаларды алған Мадина, патруль пост хызметкери Азаматқа қарап көзин қысып қойды. -Ўай ўо-о-оў, Айдос..! Мынаның ишинде дүньяның затлары барғо, базардың бәрин көтерип келгенбе дедим. Бүгин өзи гөш алыўға ақшам жетиңкиремей тур еди. Мынаның ишинде бир талай гөш бар екен. Мынаған қара, ап-аўыр. Усының ярымын маған берсе!-деп Айдосқа қыйылып қарады. -Ол гөштиң ярымын саған бериў ушын, алды бурын Кәримбай ағаға кеширим берип алсын. Соннан кейин не қылсаңыз да, өзлериңиз билесиз!-деди Азамат. -Не қыламыз Айдос, кеширемизбе?-деди Мадина. -Аўа, кеширемиз!-деди Айдос Кәримбай ағасына қарай қулашын жайып. Айдос пенен қушақласып хошласқан Кәримбай, жол бойы патруль пост хызметкери Азаматқа қарап: -Берекет тап иним, желкемнен таў аўдарылғандай жеңил тартып қалдым!-деди. -Жасай берсек көре береди екенбиз аға. Баслысы инсаныйлық! -Дурыс айтасаң иним. Инсаныйлық пазийлетимизге көз тиймегей. "Биреўди көрип пикир ет, биреўди көрип шүкир ет" дегени усы екен. Жумысларыңда табыслар болсын иним!-деп, Кәримбай аға өз разылығын билдирип Азамат пенен де хошласты. Кәримбай ағаны шығарып салған Азамат, жарма сатыўшы Мадина менен бирге, сумканың ишиндеги базарлықларды көзден өткерип қуўанып отырған Айдосқа қарады. Имканияты шекленген мүгедек болыўына қарамай мүгидеклер арбасын ийтерип жүрип күнине, базардың ишин он айланып шығады. Әдираспанды түтетип жүрип-ақ, имканияты бар болып жумыссыз жүрген жигитлерге қарағанда күнине кеминде еки жүз, үш жүз мың сомға шамалас қәрежет таўып, кеминде еки сумка азығын арқалап қайтады. Бул көринис базардың ишинде жәмийетлик тәртипти сақлап жүрген патруль пост хызметкери Азаматтың күнине, бир-бирине уқсамайтуғын мың түрли көринистен мыңнан бири. Көпти көрген зиялы шаңарақта ойнап-өскенлигиниң арқасында, көзлеринде адамгершилик пазийлети жанып турған пуқаралар менен гә гезлери усы тәртипте жумыс алып барады. Шайыр атамыз Ибирайым Юсупов: Дослық гүлшәнине мегзес бул заман, Кеўил кеўиллерден суў ишер мудам, Өзиң дүзиў болсаң көпдур дос-яран, Досларың ишинде бир достың болсын! -деп бийкарға айтпаған. Сол айтқанындай, қай жерде қандай жағдайда жүрмейик, досларымыз ишинде бир достымыз болсын әзизлер! ✍ Сансызбай Қанназаров. "Кердерли Ғәрип ашық". Орақ балға турғыны. https://t.me/ibratli_sozler

ДОСЛАРЫҢ ИШИНДЕ БИР ДОСТЫҢ БОЛСЫН Бүгин күн азымаз булытлы демесең, орайлық базардың иши сол баяғы гәўжимлик. Арбасының балонын ийтерип сонша адамның арасында Айдос жүр. Негедур кейпияты жоқ. Арбасының балонын жулқылап ийтерип киятырғанына қарағанда, кимдур кеўлине тийетуғын гәп айтқан. Болмаса бул дәрежеде ашыўға буўлығып жулқынбас еди. -Ҳәй бала, оншама не? Әстерек өте бер... "Айдағаның бес ешки, ысқырығың жер жарады" деп, алды-артыңа қарамай басып киятырсаңғо. Сәл қалса ет-бетимизден түсейин деп едик. Жин урғаннан амансаңба? -деди, жабық базардың алдында банан сатып отырған саўдагерлерден бири. Сол аралықта базардың ишинде жүретуғын жәмийетлик тәртипти сақлаўшы патруль пост пенен миллий гвардияның жигитлери Айдосты иркип, жолдың шетине шығарды. -Не болды Айдос? Ким сени қапа қылды?-деди. -"Шешеңди" деп сөкти... Кейнен бетиме шапалақ пенен уу-ды!-деди Айдос, көзиниң жасын тыя алмай. -Қай жерде? Ол адамның ким екенин таныйсаңба? -Шашлык... Шашлык жеп отыр. Ана жерде. Ол жаман адам, пиян!-деди Айдос. -Үстинде қандай кийими бар? Тәрийплеп бере алсаңба? -Басында сыя көк топпысы бар! -Түсиникли. Сен усы жерде отырып тур, кетип қалма. Ҳәзир таўып әкелемиз. Мадина..! Айдосқа бир кесе жарма бере тур өтиниш. Ҳәзир өзим келип есапласаман!-деп, жәмийетлик тәртипти сақлаў хызмети жигитлери Айдос айтқан тәрепке қарай, рациясынан кимлергедур бир нәрселерди айтып жүгирип кетти. Мадина базар стоянкасында үйинен жарма менен қара чай демлеп әкелип сататуғын қыз. Жақыннан баслап маршрутка айдаўшыларының өтиниши менен жарманың қасына манты писирип әкелип жүр. -Айдос..! Еплеп берман қарай келеғо. Саған өзим ыссы ғана жарма қуйып берейин!-деди Мадина. Айдос та, қысыныңқырап арбасынның балонын ийтерип келе берди. -Биринши чай ишип алағо. Қара чай мениң есабымнан, болама?-деди. -Лахмет!-деди Айдос, уялғанынан тутлығып сөйлеп. -Кеширесиз яшуллы, атыңыз ким болады? -Тынышлықпа? Атым Кәримбай! -Кәримбай аға айыпқа буйырмайсыз, биз бенен жүрсеңиз өтиниш! -Жайша ма? -Бөлимшеге барғаннан кейин анықлық киритемиз. Сизге зиянымыз тиймейди аға. Тек, бир-еки сораўларды беремиз!-деди, патруль пост хызметкери. Базардың ишиндеги ўақтыншалық иркип турыў бөлимшесине келгенинен кейин, патруль пост хызметкери миллий гвардия хызметкерине жүзленди: -Не қылдың? Жаңағы айтқаным бойынша дереклер барма? -Бар аўа, мине!-деп, сенсорлы қол телефонын узатты. -Келиң яшуллы, алды бурын  мына видео жазыўды көрип алайық. Соннан кейин тийкарғы сораў-жуўапқа өтемиз!-деди. Видео жазыў көрип болынғанынан кейин патруль пост хызметкери: -Буған не дейсиз, Кәримбай аға?!-деди. Видео жазыўдағы жағдайды көрген Кәримбай, не айтарын билмей уялғанынан қызарып кетти. -Енди яшуллы, нызам талаплары бойынша я, ең кем ис ҳақысының 20 есесине шекем айып пул төлейсиз. Я бирде 15 күнлик иркиўде боласыз! Кәримбайда үн жоқ. -Егер... Сизге мақул келсе тағы бир жолы бар. Адамгершилик жүзесинен бул исиңизге көз жумыўға болады! -Распа? Жолы барма? -Бар! -Қандай екен? -Бир усынысым бар аға. Рамазан айында кишигирим базарлық қылып, видеодағы жигиттен кеширим сорайсыз. Разысызба? -Разылығына разыман-аў. Бирақ, бул баланы қаяқтан таўаман? -Ол жағын бизлерге қойып бериң. Сиз базарлығыңызды қыла бериң, оған шекем базадан сизге тийисли дереклерге көз жуғыртып турамыз! Бөлимшеден шыққан Кәримбайдың басы жазылып, дәрриў базарлығын қылды. Еки сумка базарлығын көтерип бөлимшеге қайтып келген Кәримбай, "Қыз тайын болса, биз тайын" деп ҳәзиллесип қойды. Мадинаның қуйып берген жармасын ишип болып, маршрутка айдаўшылары менен ҳәзиллесип Айдос отыр. -Айдос..! Ертең қудай қәлеп аяқларың тәўир болып кетсе, мениң орныма мына газелди айдап турасаңғо, я?!-деди, айдаўшылардан бири. -Аўа!-деди Айдос, қуўанышы ишине сыймай. -Ассалаўма алейкум яшуллылар!-деди патруль пост хызметкери. -Азаматжан, қалайсаң?! Харма жумыслар менен! -Бар болың аға, өзиңиз қалайсыз? -Шүкир, жақсы! -Айдосжанды қапа қылып атырған жоқсызларма? -Бул бала бизди қапа қылмаса да, бизден қапа болайын деп жүрген жоқ!-деп күлип қойды айдаўшы. -Ондай болса жақсы екен.

АНА ҲӘМ ГҮЗ Жүзлери қарайған, қоллары жарық, Жаз бойы, мийнеттен беллери ҳарып, Қалалы ақлықтың пайы деп жыйған, Тергенлерин,
АНА ҲӘМ ГҮЗ Жүзлери қарайған, қоллары жарық, Жаз бойы, мийнеттен беллери ҳарып, Қалалы ақлықтың пайы деп жыйған, Тергенлерин, сайлап дорбаға салып, Аўылдағы ана, қалаға барып, Көп қабатлы жайдың алдында отыр. Демек, сақый гүздиң келгени анық. Раўаж Отарбаев 01.09.2025. 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

2_5206414443461742369 (1).mp33.10 MB

Таңғы тилек....🌹 🍃🌹🍃 Ассалаўма әлейкум және бир гөззал таңды, жаңа күнди қәлбинде жақсы арзыў-нийетлер менен қарсы алған
Таңғы тилек....🌹 🍃🌹🍃 Ассалаўма әлейкум және бир гөззал таңды, жаңа күнди қәлбинде жақсы арзыў-нийетлер менен қарсы алған қәдирданлар 🍃🌹🍃 Бүгинги күниңиз берекетли ҳәм әўметли келсин! Күн даўамында көтериңки хош кейпият жолдасыңыз болсын 🌸 🍃🌹🍃 Кеўилге жақын инсанларыңыз ушын ҳәмийше керекли болың, өзиңизди асырап абайлаң әзиз заманласым 🌸 Бүгинги нийетлериңизди Алла қабыл еткей 🤲🤲🤲 ❤️ Қ А Й Ы Р Л Ы   Т А Ң ❤️ ✨✨✨✨✨✨✨✨ Каналымыздан узақласпаң.. https://t.me/ibratli_sozler

Қайырлы түн әзизлер! -Умытқанларды Есле... -Жоғалттыңба? Изле... -Сағындыңба? Айт... -Өкпелеттиңбе? Кеширим сора... -Сени өкп
Қайырлы түн әзизлер! -Умытқанларды Есле... -Жоғалттыңба? Изле... -Сағындыңба?  Айт... -Өкпелеттиңбе? Кеширим сора... -Сени өкпелеттиме? Кешир... -Себеби өмир жүдә қысқа... Рамазан айындағы нийет-тилеклериңиз Алла дәргайында қабыл болғай. Ертеңги таңда сәҳәрлик дәстурханында, аманлықта көрисиў несип еткей 🤲🤲🤲 Сизлерге түннен тынышлық  таңнан ырысқы-берекет  несийип  етиўин тилеймиз... Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👇👇👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

АТА-АНА, ТУЎЫСҚАН-ТУЎҒАНЛАР АРАСЫНДАҒЫ ҚАРЫМ-ҚАТНАСЛАР (НӘСИЯТ) ҲАҚҚЫНДАҒЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР Ағайының аз болса, Даўда ҳалың белгили. Ағайының саз болса, Қорқыныш жоқ бүлгиннен.          Анасы өлген жетимге, Қайтып ана табылмас, Кемпир апасы өлген жетимге, Анасы болар баўырлас.          Ананың кеўли балада, Баланың кеўли далада.           Атаңа не қылсаң, Алдыңа сол келеди.           Қарындасы ақылсыз болса, Ағасының басында әңгиме ғаўлайды. Патшасы жаман болса, Пукарасын жаўлайды. Каналымызға ағза болыўды умытпаң! https://t.me/ibratli_sozler

GULDA'STE +Anajanim 2026.mp310.48 MB

Ақлығыма ертек айтып беремен. Ақ қағаздай аппақ сезим кеўили, Даналықлар дүрданасын билиўи, Усы бастан нығайсын деп зейини, Ақлығыма ертек айтып беремен. Шайырларды, батырларды билсин-деп, Шешенлердиң сөз маржанын дизсин-деп, Даналықты жүрегине түйсин-деп, Ақлығыма гүрриң айтып беремен. Халқымыздың шежиреси, тарийхы, Мийнетлерден тапқан ҳасыл байлығы, Айта берсең тил жетпестей тәрийпи, Усыларды мудам айтып жүремен. Дәстанлары, қосықлары, ертеги, Тәкирарланбас ғәзийнемиз кешеги, Үлги алар сабағың-деп ертеңги, Қызықтырып гүрриң етип беремен. Ақыл - ойы сезимталлы болсын-деп, Айтқан сөзден пикир топлай алсын-деп, Руўхый күши толып-тасып турсын-деп, Ақлығыма ертек айтып беремен.           Кеңесбай Тилеўов. 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 https://t.me/ibratli_sozler

<=>ҚАРАҚАЛПАҚША КӨРКЕМ ӨНЕР АТАМАЛАРЫНЫҢ СӨЗЛИГИ<=> =М= МАҒЫЗ~кийим ямаса көрпени тиккенде оның етегине қара қойылады. Буны жергиликли адамлар "Мағыз" ямаса "Әсия" деп атайды. МАҚАМ~араб ҳәм иранлардың профессиональ музыкасындағы лады. Көплеген мақамлар ушырасады, олардың негизгилери 12, гаммалары жети басқышлы. Жақын жайласқан басқышлар аралығы пүтин ямаса тон болады. Соның менен қатар олар үлкен ҳәм киши тонларға, ҳәм де соған уқсаслы ярым тонларға бөлинеди [бундай түрлердеги интерваллар аралығының айырмашылығы үлкен болмайды.] Ҳәр бир мақам өзине тән болған мелодиялық дүзилиске ийе. МАРЖАН~зергершиликте қолланылатуғын реңли масса [коралл]. МАСКА~гипске яки басқа материалға түсирип алынған қандайда бир образдың бет пишини. МАСҚАРАПАЗ~XIX-XX әсирдиң 20-30-жыллары Хорезмли қарақалпақларға тән болған өнер. Масқарапаз күлдирги сөзлер, ҳәрекетлер менен көпшиликке қызық көрсеткен. Олардың өзине тән күлдиргили кийимлери болған. Масқара, масқарапаз сөзлери маска, маскарад сөзлери менен теклес, бирақ, ҳәр бир халыққа тән өзгешеликлери бар. ҚОҢЫРАТЛЫ ӨТЕМУРАТ МАСҚАРАПАЗ болған. МАҢЛАЙША~отаўдың есиклерин бириктирип турған қабының жоқарғы бөлеги. Оның бет жағында айна, ойма нағыс, жоқарғы қырында зергерлик буйымларын еслететуғын гертпе ағашлар қойылып безелген түрлери болады. МӘДЕЛИ~қойыў қызғылт реңли шашақлы орамал. Бас ораўға қолланылған [түрме менен аралас]. МӘКИ~бөз тоқығанда арқаўды өткеретуғын әспаб. МИСЕК ШАПАН~кийимниң түри. МОШТЕР ПЫШАҚ~ойымшының қуралы. МОЙТУМАР~мойынға тағылатуғын тумарды усылай атаған. МОЙЫЛ~бояўдың түрине байланыслы түри, қараның жақсысын, қызылдың қан қызылын усы сөз бенен айтады. "Шашы мойылдай қара", "мойылдай қызыл" т.б. МОНШАҚ~1. сәўкеле, гүмис, тақыя, шашбаў, айырым шапан ҳәм киймешектиң пөпегине дизилетуғыг майда реңли таслар. 2. мойынға тағылған майда реңли таслар дизбеги.... (Дерек:    Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты) 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

#ҳикмет Өмир өлимнен сорады: Ҳәй, өлим! Не ушын адамзат мени жақсы көреди, ал сени жаман көреди? Өлим жуўап берди: себеби, сен ҳийлекер шырайлысаң. Ал, мен болсам, ашшы ҳақыйқатпан. Аллаҳым ақырымызды гөззал қылғайсаң Шайх Шаъраўий. 🎋🎋🎋🎋🎋🎋🎋🎋 https://t.me/ibratli_sozler

"Ананың ақыллылығы". Ибратлы видео. Бизден узақласпаң.... https://t.me/ibratli_sozler

Ана_журтым_сл_Г_Нурлепесова_муз_У_Абдуллаева_.mp31.04 MB

🌿❤️ ЖАҚСЫЛЫҚ🌿❤️    Адам баласын саўаплы ислерге баслайтуғын сезим, ол жүректиң қәлеўи - жақсылық болады. Жақсылық - гүллән тиришиликтиң тутқасы сыяқлы. Инсан баласы дүньяға келгеннен кейин әтирапындағылардан алған тәлим-тәрбиясы, тәжирийбеси арқалы сана-сезими қәлиплесип, ҳәр затты ойлап, ойынан өткизе баслайды. Ақ пенен қараны айырып, жақсылықтың, жаманлықтың не екенин уғып баслайды. Ҳақыйқатында , адам жаны жақсылыққа қумар болып, оны излеп турады. Сол жақсылықты өзинеде, өзгегеде тилейди.     Мен "жақсылық" деген түсиникти ең қүдиретли, ең кең дүнья ретинде билемен. Ол бийик, ол әжайып, соның менен бирге , ол биреўлер ушын жүдә қыйын  ис деп түсинемен. Мен бул жарық әлемде ҳәр түрли инсанлар менен таныспан. Солардың ишинде инсанға ҳәтте мехрин қызғанатуғынларын билемен. Мениңше мехир көрсетиў, жақсы сөйлеўде жақсылықтың бир түри.     Адам жақсылығын қәдирлеп билетуғын да, қәдирлемейтуғында инсанлар сан-санақсыз.    Бирақ биз жақсылықты миллетсиз ислеўимиз керек. Себеби, миллет етип исленген жақсылық, жақсылық болып есапланбайды.     Жақсылық етсең ўақыттың өтиўи менен ол өзиңе қайтары сөзсиз. Адамның өмири өзиниң ислеген жақсылықлары менен жүдә мәнили болады деп ойлайман. "Жақсылық ағаш басында, жаманлық аяқ астында", "Жақсыға қылған жақсылық, Бир өмирге тозбайды, Жаманға қылған жақсылық, Бир күнликте болмайды". - деген халық нақылларын  бурынғы ата-бабаларымыз бала тәрбиясында жақсылықтың  бийбаҳалығын қанына сиңдирип барған. Жақсылық ислеў бизиң көргенлилигимиздиң дәлийли болып есапланады.      Бул өмир өткинши және ўақытша. Соның ушын жақсылықты ҳеш кимнен аямаң. Ол әлбетте қайтады заманлас. 🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲 🍃 Ж А Қ С Ы Л Ы Қ 🍃 🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸 Үйде алған тәрбияң, Уймалаған ол уяң, Ислесе ата-анаңыз, Өзгелерге жақсылық, Болады саған ол қылық. Жетим басын сыласаң, Аш жүргенин аңласаң, Жақсы жолды таңлап сен, Садақа берип турмасаң, Сонда қайда жақсылық? Қоңсыңда мәдар кеткенде, Қатнасты сен беккемле, Шай-тамағын асып бер, Ҳалынан оның жеркенбе, Әне, сол болар жақсылық. Инсанларға меҳир бер, Жақсы сөзден дүрлер тер, Ярыңа бол садық ер, Туўры тәрбия алғаның, Сонда жақсы болғаның, Елиңде ериншек болма, Ерте үзген гүлдей солма, Туўры сөз инсанды қолла, Сениң батыр болғаның, Жақсы тәртип алғаның. 🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸 ГУЛДАСТЕ  КУРБАНБАЕВА Нөкис. 1-санлы мектеп........ Бизден узақласпаң....... 👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler