🌿❤️
ЖАҚСЫЛЫҚ🌿❤️
Адам баласын саўаплы ислерге баслайтуғын сезим, ол жүректиң қәлеўи - жақсылық болады. Жақсылық - гүллән тиришиликтиң тутқасы сыяқлы. Инсан баласы дүньяға келгеннен кейин әтирапындағылардан алған тәлим-тәрбиясы, тәжирийбеси арқалы сана-сезими қәлиплесип, ҳәр затты ойлап, ойынан өткизе баслайды. Ақ пенен қараны айырып, жақсылықтың, жаманлықтың не екенин уғып баслайды. Ҳақыйқатында , адам жаны жақсылыққа қумар болып, оны излеп турады. Сол жақсылықты өзинеде, өзгегеде тилейди.
Мен "жақсылық" деген түсиникти ең қүдиретли, ең кең дүнья ретинде билемен. Ол бийик, ол әжайып, соның менен бирге , ол биреўлер ушын жүдә қыйын ис деп түсинемен. Мен бул жарық әлемде ҳәр түрли инсанлар менен таныспан. Солардың ишинде инсанға ҳәтте мехрин қызғанатуғынларын билемен. Мениңше мехир көрсетиў, жақсы сөйлеўде жақсылықтың бир түри.
Адам жақсылығын қәдирлеп билетуғын да, қәдирлемейтуғында инсанлар сан-санақсыз.
Бирақ биз жақсылықты миллетсиз ислеўимиз керек. Себеби, миллет етип исленген жақсылық, жақсылық болып есапланбайды.
Жақсылық етсең ўақыттың өтиўи менен ол өзиңе қайтары сөзсиз. Адамның өмири өзиниң ислеген жақсылықлары менен жүдә мәнили болады деп ойлайман.
"Жақсылық ағаш басында,
жаманлық аяқ астында",
"Жақсыға қылған жақсылық,
Бир өмирге тозбайды,
Жаманға қылған жақсылық,
Бир күнликте болмайды".
- деген халық нақылларын бурынғы ата-бабаларымыз бала тәрбиясында жақсылықтың бийбаҳалығын қанына сиңдирип барған. Жақсылық ислеў бизиң көргенлилигимиздиң дәлийли болып есапланады.
Бул өмир өткинши және ўақытша. Соның ушын жақсылықты ҳеш кимнен аямаң. Ол әлбетте қайтады заманлас.
🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲
🍃
Ж А Қ С Ы Л Ы Қ 🍃
🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸
Үйде алған тәрбияң,
Уймалаған ол уяң,
Ислесе ата-анаңыз,
Өзгелерге жақсылық,
Болады саған ол қылық.
Жетим басын сыласаң,
Аш жүргенин аңласаң,
Жақсы жолды таңлап сен,
Садақа берип турмасаң,
Сонда қайда жақсылық?
Қоңсыңда мәдар кеткенде,
Қатнасты сен беккемле,
Шай-тамағын асып бер,
Ҳалынан оның жеркенбе,
Әне, сол болар жақсылық.
Инсанларға меҳир бер,
Жақсы сөзден дүрлер тер,
Ярыңа бол садық ер,
Туўры тәрбия алғаның,
Сонда жақсы болғаның,
Елиңде ериншек болма,
Ерте үзген гүлдей солма,
Туўры сөз инсанды қолла,
Сениң батыр болғаның,
Жақсы тәртип алғаның.
🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸
ГУЛДАСТЕ КУРБАНБАЕВА
Нөкис. 1-санлы мектеп........
Бизден узақласпаң.......
👇👇👇👇👇👇👇
https://t.me/ibratli_sozler