fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 813 مشترک است و جایگاه 4 306 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 443 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 813 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 04 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -287 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -14 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 27.16% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.71% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 111 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 708 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 44 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 05 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 813
مشترکین
-1424 ساعت
-817 روز
-28730 روز
آرشیو پست ها

БИЗЛЕР ҲЕШҚАШАН САМАЛДЫҢ БАҒЫТЫН ӨЗГЕРТЕ АЛМАЙМЫЗ, БИРАҚ ЖЕЛҚОМЛАРДЫ ДУРЫС ҚОЙЫЎ БИЗИҢ ЕРКИМИЗДЕ. 🌟 Лао Дзы Қайырлы түн әзиз
БИЗЛЕР ҲЕШҚАШАН САМАЛДЫҢ БАҒЫТЫН ӨЗГЕРТЕ АЛМАЙМЫЗ, БИРАҚ ЖЕЛҚОМЛАРДЫ ДУРЫС ҚОЙЫЎ БИЗИҢ ЕРКИМИЗДЕ. 🌟  Лао Дзы Қайырлы түн әзизлер... Аллахым түнниң тынышлығын бергей. Уйқыңыз пүтин болып, жақсы түслер көриң. ❤️🙏❤️🙏❤️🙏❤️🙏 https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Rashid Xojasov-Muxabbat.mp32.17 MB

Сол ушын 7-атаңды түўеллеп билип жүриў, жети атаңды таныў~олардан туўылған туўысқанлардың жатласып кетпеўи ушын пайдалы. Халықта сөз бар ғой:---<Жети атасын билген~жети журтқа төрелик етеди>>---деген. Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

Гулдасте Курбанбаева: ӘЎЛАДТЫҢ ДАЎАМШЫЛАРЫ [Туўысқанлық қарым-қатнаслар]        УЛ, БАЛА~Қарақалпақ халқының шаңарағында ул балалар әўладтың даўамшысы, жалғастырыўшысы, шаңарақ ийеси--деп есапланып, ул баланы тек бир шаңарақтың ғана емес пүткил елди, руўды сақлап қалыўшысы,--деп есаплап, ул туўылғанда <<шаңарақ ийеси дүньяға келди>>--деп қуўанады.  Ул бала--бел бала, перзент~  тек шаңарақтың ийеси, әўладтың жалғасы ғана емес, ол елдиң намысын қорғаўшы, елдиң қорғаны, ғамхоры деп те түсиниледи. Сол ушын қарақалпақ шаңарағында перзент болмай, ямаса тек қыз туўыла берген жағдайда ағайин-туўысқанлардан  бала асырап алады . Асырап алынған бала --енди сол шаңарақтың ийеси, елдиң бир азаматы деп қабылланады. Бала асырап алыў ҳаққында өз алдына кең түрде сөз еткен едик. [Қараңыз: "Бала асырап алыў"].         АҚЛЫҚ~ Улдан туўылған ул да, қыз да АҚЛЫҚ,--деп аталады,  Шаңарақта биринши  бала туўылғанда оны миннетли түрде үлкен атасы менен апасы <<өзимниң балам>> деп, басқалар да сол балаға айрықша  <<кемпир -ғаррының баласы>> деп ҳүрмет пенен қарайды. Кемпир--ғаррының баласы шаңарақтағы өзинен кейинги туўылған басқа ақлықлардан абырай-мәртебеси бийик болып, оған ҳәттеки, өзиниң туўған ата-анасы да бийлик ете алмайды. Анасы ол балаға қәйин сыпатында ат қойып, өз аты менен шақырмайды. Үйде биринши ақлық туўылғанда үйдиң жасы үлкенлери марҳум болып кеткен болса да руўҳын сыйлап, туңғышын <<кемпир-ғаррының баласы>>--деп, оған тийисли ҳүрмет-иззетин көрсетеди, анасы сол бурынғыдан киятырған жол менен атын айтпайды: <<Ақлық көрдиң, ай көрдиң>>, <<Пәлеги ашшы, түйнеги душшы>>---деп шаңарақта ақлықтың дүньяға келиўи айрықша ықлас, жақсы нийет, қуўаныш пенен қабылланып, жасы үлкенлер шаңарақ, ел, руў даўамшысы болған ақлығына мийримлилик, сүйиспеншилик пенен тәрбия береди. <<Ақлық~өз балаңнан да мазалы>>--деп ақлық көргенлер бир жақтан келсе де ақлығына  қәлеген затларын әкелип берип, ақлықтың кеўлинен шығыўға ҳәрекет етеди.           Әлбетте, ата-ана ҳәм әўладтың жасы үлкенлери ушын ҳәр баланың <<он болса да орны басқа>>. Сол ушын шаңарақта дүньяға келген улға да, қызға да теңдей қарап, теңдей мийримлилик пенен тәрбия береди. Себеби, келешекте ҳәр бала бир шаңарақтың ийеси, қыз болса--шаңарақтың қос арысының бири, келешектеги--Ана! Халық уғымында перзентлерине, ақлық--шаўлықларына усы көз қарастан қарап, келешекте если-ҳуўышлы, әдепли, илимли-билимли, нағыз ел перзентлери болып шығыўы ушын бала тәрбиясына жуўапкершилик пенен қарайды. ШАЎЛЫҚ~ақлықтан туўылған бала. Шаўлықтың да шаңарақтағы жасы үлкенлер ушын орны айрықша. Шаўлық көрген кемпир--ғаррылар, шаўлығының алақанына сары май салып жалайды. Халық уғымында---<<шаўлықтың алақанынан май жалаған адамның Алла о дүньясын береди, бейиший болады>>---деп шаўлық туўылғанына қуўанышын билдиреди. Шаўлықтың жасы үлкенлер ушын орны басқаша. ҚУЎЛЫҚ~ақлықтан туўылған, шаңарақ отағасысы Үлкен атаның 4-әўлады. Жасы 90-100 жаслардан асқан жасы үлкенлеримиз ишинде қуўлық көргенлер де баршылық. Қуўлық та бир үлкен әўладтың даўамшысы болғанлықтан, қуўлық көргенлер <<избасарларым, мийрасхорларым, азаматларым дүньяға келди>>--деп қуўанады. Ата-бабаларынан киятырған қара шаңырақтың <<Түби бир, шақасы мың болып>> жапырақ жайып өсип-өниўи , терең тамыр урыўы қәлеген шаңарақ ушын~қуўаныш, бахыт болып есапланады.    БАЎЛЫҚ~қуўлықтан туўылған 5-әўлад. Не ушын "баўлық"--деп аталыўын билмеймиз, бирақ, "шаңарақтың әўлады өсип-өнип, белбаўы беккемленди",--деген уғым менен аталған болыўы керек деп шамалаймыз.   ТОҚЛЫҚ~6-әўлад деп есапланып, бул да шаңарақтың өсип-өниўинде орны гиреўли даўамшылар. Жети атаны теклегенде <<6-ата>> деп есапланады. ЖАТЛЫҚ~әўладтың 7-урпағы, бул әўладқа жеткен ўақытта, урпақлар өсип-өнип көбейип, соңғы әўладларға қарағанда жатласып кетиўине қарап айтылған болыўы керек. Мәселен, руў сорасқанымызда, биреўлер өз руўымыздан болып шығады, егерде, әўладтың шежире китабы дүзилип, кимнен ким туўылды деп из қуўалағанымыз да, ол бизиң 7-әўладымыздан туўылған туўысқанымыз болып шығыўы әбден мүмкин.

🦢    Алдамшы бәҳәр Жаўын жаўды сел- селлетип, Ағып кетти көл- көллетип, Қуяш шығар нур жадырап, Алдамшы... Кетти пәлпәллеп. Ойладым келди нәў бәҳәр, Алжасық, екен ол- зәҳәр, Қара булт қаплап бир сәтте, Келтирди суп- суўық қәҳәр. Қара булт қуйды- аў жаўып, Тесик қыйын болды, таўып, Селлетти суўы малмандай, Алмақшы буғыздан буўып. Шүкирлик! Жаўса тас буршақ, Жақсылар бар алды қоршап, Зүлмәттан кейин бар жақты, Турсада қәҳәри қурсап. Ийт тислемекши ҳә- қаўып, Кәрўан өтер есап таўып, Қоллаўшы Алла турғанда, Жүрермиз, жадырап шаўып.           Рано  Сагидуллаева           16.03.26      18:26 🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺 https://t.me/ibratli_sozler

"Ырым етсең, қырың кетеди" - дейди дана халқымыз.... Ырымларға сизде исенесизбе? Видеоны көрип пикир билдириң әзизлер.🙏🙏🙏 Каналымыздан узақласпаң..... https://t.me/ibratli_sozler

СЕГИЗЛИКЛЕР Өтип барар өмиримниң күнлери, Өтип барар дәўиримниң жыллары. Шырақтайман сөнетуғын түндеги, Булақтайман толтырмаған жылғаны. Ўақыт зыңғыр, иркиўге жоқ ҳеш ҳамал, Өмиримди енши еттим ўақытқа. Қулақтайман еситпеген хош хабар, Жырақтайман дусласпаған бахытқа. *** Жақсылық етсең басқаға, Уў тамып турады гөжеңе. Жыллы сөз болады баспана, Суўық сөз – ап-ашшы мөжене. Жақсылық етпесең бөтенге, Кетеди өзиңди жатсынып. Жыллы сөз болмайды әпенде, Суўық сөз болмайды жақсылық. *** Буйырмадың сен, жаным, Маңлайыма төрт ели. Ушқын едиң, мен – жалын, Жаслық дәўир өрт еди. Енди жаслық, муҳаббат Шаңда қалған дүр яңлы. Самал қуўған бир қаңбақ Тырнар ишки дүньямды. *** Бир жылынсам, бир тоңып, Күним өтип баратыр. Ким жөнелсе, ким қонып, Түним өтип баратыр. Өтер бәри… өтеди, Қусым жыйнар қанатын. Ат мәнзилге жетеди, Таяқ таслам ара тур. *** Ҳеш нәрсе жоқ аўысық, Ҳәммесиниң орны бар. Өзли-өзи қаўышып, Бир-бирине орнығар. Артық деймиз, кем деймиз, Бир зат қашан аўысар? Қус шоқыған дәндеймиз, Тәғдир бир күн таўысар. *** Сен быжықсаң сөз алсаң, Мен гезенде саяқпан. Сен аўыздан тозарсаң, Мен тозарман аяқтан. Өкпелестиң көп пенен, Мен ғамлыман озалдан. Сен тозарсаң өкпеден, Мен жүректен тозарман. *** Сен ҳәммени табалап, Дос таппадың қулимлеп. Иниң шықпас «аға»лап, Ағаң шықпас «иним»леп. Өте берер өмириң, Жасай берер бул адам. Болмаса да бир иниң, Болмаса да бир ағаң. *** Сулыў едиң баяғыда, Көркиң кетти қаяғыңа. Қосылыпты ҳаса таяқ, Шаўып жүрген аяғыңа. Баяғылар бағда қалды, Бағлар қуўрап, дағда қалды. Енди бизди бәҳәр емес, Қыс күтпекте алда қарлы… *** Өр көкирек болсаң да, Асаў дәрья суўындай, Жынаятқа жол салма, Тумсығың бир уўылмай. Жараспайды тентеклик, Болмаса бир бәнеси. Ислесең де еркеклик, Бол ақылдың дәнеси. *** Алдап айтқан өсекке, Исинбесин қос өкпе. Жақсыларға жолдас бол, Жаманларды дос етпе. Рас болса, шынлыққа Кесегиңди зыңғытпа. Алыслама ақылдан, Жақынлама сумлыққа. Кеңесбай Рахманов. 🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱 https://t.me/ibratli_sozler

Hayal neden sinadi? Hayal súyse seni jan táni menen, Qollariñnan uslap sagʻan isener, Ne bir qiyinshiliq bolsa sen menen, Teñ turip bárine shidamlar berer. Hayallar mehrden más bolip jurer, Hár kúni waqiti shagʻ bolip júrer, Seniñ kewiliñde ne barin sezer, Kózleriñe qarap bárin túsiner. "Hayal muxabbati menen oynama, Seni kúydiredi qálese órter" Dep jazar ayirim shayir erkekler, Hayal muxabbatin kórgenler biler. Hayal muxabbati misli bir terek, Bekkem tamirlari "ISENIM" demek Seniñ mehriñ ogʻan suw menen quyash, Keshirilmes qáte bul -QIYANET bolar. Qiyanet qilgʻan kún ol áste solar, Misli otlar kibi kúydirer oni, Bilesiz tamiri jangan terekler, Qansha quyash,suw bolsada sinar!        Avtor: Ózbekistan mámleketlik kórkem óner hám madeniyat intituti 1-kurs studenti Dilfuza Jaliyeva. https://t.me/ibratli_sozler

Узақ өмир көриў ушын пайдалы мәсләҳәтлер. •Телефонда шеп қулақта сөйлесиң; • Бир кунде еки мәрте кофе ишпең; • Таблеткани салқын суў менен қабыл етпең; • Саат 17:00 ден кейин тойып аўқатланбаң; • Майлы аўқатлардан быраз тыйылың; • Азанда көплеў, кеште кемрек суў ишиң; • Қол телефонды зарядқа қойып шуқламаң; • Телефон арқалы узақ сөлеспең; • Уйқлаў ушын ең жақсы ўақыт 22:00 ден азанғы 06:00 ге шекем; Каналға ағза болыў ушын👇 https://t.me/ibratli_sozler

Gulxatisha_Ayimbetova_Keshire_almadim_I_Гулхатиша_Айымбетова.mp33.52 MB

М О Т И В А Ц И Я Сиз дүньядағы ең әжайып инсансыз. Сиз өзиңизди ҳеш қашан пәс санамаң....... Ең баслысы сиз бүгинги күн мене
М О Т И В А Ц И Я      Сиз дүньядағы ең әжайып инсансыз. Сиз өзиңизди ҳеш қашан пәс санамаң....... Ең  баслысы  сиз бүгинги күн менен жасаң!     Сиз неше жаста болыўыңыз әҳмийетли емес,...... Ойнаң, күлиң, жақсы нәрселерди ойлаң, саўаплы ислер ислең, инсанларға жақсы кейпият инам етиң, өзиңизди жақсы көриң .....     Өмир 24 саат киби. Қалай өткенин билмей қаласаң.  Дурыс емеспе? Солай екен... ҳеш ким, ҳеш нәрсе сизиң  өкпелеўиңизге турмайды. Жақсысы тек жақсы нәрселерди ойлаап жасаң !!! 👍👍👍👍👍👍👍👍👍 Бизден  узақласпаң әзизлер... https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

GULDA'STE QURBANBAEVA + Sirg'ali Qiz 2024 (1).mp310.61 MB

Адамзаттың ғапыл әўлады Көз дүньяға тоя ма өзи?! Жаў қырғынды қоя ма өзи?! Өшегисти жоя ма өзи?! Адамзаттың ғапыл әўлады. Мәмлекетлер бир - бирине жаў, Бир жағынан суў тасқыны ғаў, Сонда да ҳеш тәўбе етпейди - аў ! Адамзаттың ғапыл әўлады. Россия, Украин сәрдары, Бир - бирине болып қандары, Реже дүзер көп жылға ары, Өш кетти деп, кеклесип тағы. Жақын шығыс, Сурия, Иран, Ҳәм Израил қара бағры қан... Тынышлықтың отаўы ўайран, Эй, адамзат, ақыл әўлады. Ақ үйлерде еткенде сәўбет, Усымеди ақыр ақыбет?! Ендиги жыл кимлерге нәўбет?! Урыс ашып қан төкпек тағы. Шыртылдасып еллер иргеси, Суў көтермес бүгин сиркеси, Бул не сумлық, қәне тәўбеси?! Жигирма бир әсир әўлады. Еллер ара шайтан туўысып, Дослықтың ошағы суўысып, Кең мәмилениң демин буўысып, Не болмақшы ендиги жағы?! Қурып кетпей урыс келбети, Жас қәбирге толды жер бети, Аш көзиңди, сол керекпеди?! Адамзаттың ғапыл әўлады. Аласаттың асын жегенге, Не жетпейди бенде дегенге?! Жәнжеллердиң көп тыныш елде, Быламығын кимлер былғады?! Сиясатлы еки ел ара, Аразласып ҳәр бири дара, Өкпе исип қазандай жара, Болып қабағы ашылмады. Сум сиясат жарыстырып жақ, Бул барыста нешик болажақ?! Алла өзиң илаж етпесең, Бенделериң отта жанажақ. Автор : Азат Даўышбаев 🔰🔰🔰🔰🔰🔰🔰🔰🔰 Каналымызға ағза қосып барың......👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАРЫМ! Және бир таңға саў-саламат, баўыры пүтинликте жеттик, Алҳамдулиллаҳ! Ең бахытлы инсан болыў
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАРЫМ!     Және бир таңға саў-саламат, баўыры пүтинликте жеттик, Алҳамдулиллаҳ!     Ең бахытлы инсан болыў ушын:     Қуўанышымызға шүкир,     Қапашылығымызға сабыр,      Тилимизди зикир,       Жүрегимизди меҳирге             толтырып алайық!      Баслап атырған жаңа күниңиз қайырлы, берекетли болсын!     Ҳәр бир ийгиликли исиңизге Алла яр, Қыдыр ата жолдасыңыз  болсын! 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Бизден узақласпаң...... https://t.me/ibratli_sozler

#РӘЎИЯТ Бир бай адам болып, оның алты қызы бар екен. Бай ҳәр күни Аллаға жалбыранып бир ғана ул бериўин сорап тилек тилер екен. Бир күни саза келипти: - Ҳәр күни бир ул сорайсаң, мейли, аўылласларыңның барлығын жыйнап, аўқат асып берип бир тойдыр, сол күни ҳаялың ҳәммениң қолына суў алып адамлардың пәтияларын алсын, сол күнги тилеклерди, пәтияларды қабыл етемен депти. Бай қуўанып кетип, үлкен етип ас берипти, аўылда ҳеш ким қалмай келсин деп ҳәммеге хабарлайды. Ҳәмме келеди, тамаққа тояды, алдын белгиленгендей байдың ҳаялы аўқаттан алдын да, кейин де ҳәммениң қолына суў қуйып, қол жуўдырып шығады, ҳәмме пәтия береди. Аўқаттан кейин қолларға  суў қуйып атырғанда аўылдың малын бағатуғын падашы бала үстиндеги өрим-өрим кийимлеринен уялып, бир шетте отырған екен.  Ҳаялдың кеўлине азғана менменлик келип оның алдына топырақты кешип барып қолын жуўдырыўды, қолына суў алыўды өзине мүнәсип көрмепти. "Ол қолын салмаға-ақ жуўып жүре бермей ме?" деп ойлайды.    Арадан жыллар өтип бай және налыпты: Мине, айтқаныңды орынладым бир сыйырымды сойдым, ҳаялым сол гөззаллығы менен ҳәммеге хызмет етти, ўәде қәне?   Саза қайтадан еситилипти: -Дурыс, ҳәммени тойдырдың, ҳаялың аўқаттан алдын да, кейин де адамлардың қолларына суў алды, тек ғана падашы бала итибардан шетте қалды, әттең, мен "Уллы бол!" деген пәтияны соның аўзына салып қойып едимғо...деген екен. * * *   Мине, бул рәўияттан жуўмақ: ҳешкимди де өзиңнен пәс көрмей, баҳалай бил, кимде қандай нәтийже барын  ҳешким билмейди, билиўши де ғайыбана болса да көриўши де, жүректеги сөзлериңди де  еситиўши бул-Алла. Бир- биреўге пәс нәзер менен қараў не деген өкинишли!? Кемтарлықтың камалы бар, Менменликтиң  заўалы бар  деген сол екен... Дәрек: "Өмир сабақлары" каналынан https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Ҳә баламә-ә!   Ҳә  баламаә ,баламаә.                     Телефон алма қолыңа. Қоңсының балларын, Ертип алсаңо соңыңа, Шақасынан таллардың. Тайлар қылып шапсаңа, Қашарман топ қызық дым, Топты шаққан атсаңа, Жер танабын қуўырып. Жеткизбей,қызық,қашсаңа       Ләңкини тепкен балалар, Бир аяқлап ҳәккелер, Қәне илип алып  көр, Өзиңди бир сынап көр. Епшиллик қолыңнан келер, Зериксең және ойын көп.         Сызып алып дөңгелек, Қыздырың ойын "қазанды." Қызлар теппек ойнасын, Алыстан қарап жүргейсең. Ана бир  бала тентеклеў,      Үкеңе, көз қулақ бол. Шашынан тартып қоймасын, Ойының ойнап болғасын. Айланып кел тез балам. Оқы китап, ертеклер, Сабағың  қалып қоймасын. Балалық дәўран   қызықлы, Қызығынан бос  қалма. Үйретемен, түрли ойын көп. Киятырғо  жаз жайнаған. Айлы түнде дым қызық, "Пышық -тышқан  ойнаған. Услай Алмай жетеалмай, Күлкилериң жаңлаған. Телефон қурғыр алмасын, баламаў ақыл есиңди. Таза ҳаўада шынығып, Жас ўақтан жыйна күшиңди.       Автор Гүлистан Реймова. https://t.me/ibratli_sozler