fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 810 مشترک است و جایگاه 4 306 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 442 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 810 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 06 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -294 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -3 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 27.71% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.47% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 213 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 663 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 44 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 07 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 810
مشترکین
-324 ساعت
-607 روز
-29430 روز
آرشیو پست ها
Опадарлық. Хызмет сапарым себепли бир кексе кемпирдиң жаназасына бардым. Апаның өмир жолдасы еле тири екен. Бирақ жүдə қартайып ауырып , гүрсиде жылап отырған екен. Жаназа намазы оқылып болынғанша көзлеринен жас тынбас еди... Үрп - əдетимизге көре адамлар табытты көтерип шығып кеткен соң, ғаррысына кеуил айттым. Бираз кеулин көтергендей сөзлер айттым. Сонда ғаррысы қолымнан услап : - Сиз мени кемпиринен айрылғаныма жылап отыр деп ойлап атырған болсаңыз керек. Мениң жылауыма басқа себеп бар... Хауа бултласса , жауынгершилик болса аяғым сырқырап ауырғанына шыдамай кетемен. Сондай уақытта кемпирим аяғымды ууқалап қояр еди. Жаным жай табар еди. Кемпиримниң де кесели бар - қан басымы жоқары.... Басымы көтерилгенде басы қатты ауырады. Дəри дəрман менен де емленди. Бирақ жасы өткен сайын тəсир етпей қалар екен. Кеше түнге қарай бас ауырыуы күшейди..Керекли дəрилерин ишкендей болды. Қасақана хауа да бултласып мениң аяғым қақсай баслады.Аяқ ауырғанда уйықлаудың илажы болмай қалады. Түни менен тынышсызлана басладым.Кемпиримниң енди ғана көзи илинген екен, тынышсызланғанымды сезип оянып кетти. Ембеклеп келип аяғымды ууқалай баслады. Мен оған : - Қояғо болды кемпир қыйналма. Өзиң де ауырып отырсаң ...бираз дем ал ...-десем ,ол : - Басым тəуир . Бираз жақсы болып қалдым ,-деп аяғымды қыса баслады. Бир қанша уақыттан соң тымтырыс болып қалды...Көп уақыттан бери уйықлай алмаған соң шаршапты деген ой менен : - Кемпир болды . Орныңа барып демиңди ал,-десем индемеди...Соң əсте өзим орнына жатқызайын деп əстен желкесинен көрпе тəрепке тартсам , сылқ ете қалды. Асығып қарасам, аяғымды услауы менен жаны үзилип болған екен... Өзи кесел болыуына қарамай , ақырғы демине шекем мениң хызметимди қылғанына жылап атырман балам..! https://t.me/ibratli_sozler

СОРАЎ❓ ✅ Түймедей ис етип, түйедей миннет ететуғын адамға қарата айтылған нақылды табың?
Anonymous voting

СОРАЎ❓ ✅ Қудықтың ишине бир нəрсе түсип кетпеў ушын аўзына айландырып исленген қорған?
Anonymous voting

"Мардан" сөзиниң мəниси?
Anonymous voting

"Ишкирне" сөзиниң мəниси қандай❓
Anonymous voting

Аллергия кеселлигине  шыпа өсимлик, Қарақалпақстан далаларында өседи? Ол не❓
Anonymous voting

Ифтарлық уақты 19:10(Нөкис уақты менен) АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә
Ифтарлық уақты 19:10(Нөкис уақты менен) АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ      Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.       Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл. https://t.me/ibratli_sozler

Телефонын алды да жорасына қоңырау етти: - Анам ауырып қалды . Дəриге ақша табалмай атыр едим. Қарыз берип тура аласаңба ?-де
Телефонын алды да жорасына қоңырау етти: - Анам ауырып қалды . Дəриге ақша табалмай атыр едим. Қарыз берип тура аласаңба ?-деди. - Болды , достым күйине берме . Намазлыгерден соң қоңырау ет бир хабарын айтаман ! -деди достысы. Намазлыгерден соң досты менен байланысыуға урынды. Телефоны өширилген. Ол қайта-қайта номерин терди. Өшик еди... Кимнен болса да пул тауып келиу мақсетинде көшеге шықты. Өкинишлиси ...хешким қарыз берип туралмады. Дүньяға сыймай кетти. Анасына жəрдем бере алмағанына қатты өкинди. Оннан да бетери достысының гəпине исенгени жаман тəсир етти. Еки қолы бос , үскини қуйылып үйине қайтты. Келсе , анасы тыныш уйықлап жатыр .Қасындағы пакетте дəрилер турар еди. Барып қарындасынан сорады : - Буларды ким əкелди ? - Жораңыз келип рецептти əкетип,хəмме дəрилерин алып келди. Тап сизиң алдыңызда шығып кетти,-деди. Көзлери жасқа толып суйсинип кетти.Дəрриу сыртқа шығып достына: - Күни менен телефоның өшик еди. - Мен телефонымды сатып анаңа дəри сатып алдым ,-деди ол. https://t.me/ibratli_sozler

Базарда шулық сатып отырған кисиниң қасына жақынласып : - Жууғанда реңи шығып кетпейме ? -деп сорадым. - Егер реңи шықса , та
Базарда шулық сатып отырған кисиниң қасына жақынласып : - Жууғанда реңи шығып кетпейме ? -деп сорадым. - Егер реңи шықса , тапқан пулым харам болсын , баламның өлигине жумсайын - деди саудагер. Оның антына бир шоршып түстим.Үш шулығын сатып алдым. Хəр сапары сол шулықларды жууып атырғанымда олардан емес, мениң кеулимниң қап-қара сыясы ағып атырғандай денемди қалтыратпа басады. Неге ғана сол сорауды бердим, индемей алып кете берсем боладығо ант иширмей деп өз-өзимди жеп болдым... https://t.me/ibratli_sozler

АПАСЫ БАРЛАРҒА ҲИКМЕТ БУЛ ДҮНЬЯ, СИҢЛИСИ БАРЛАРҒА ИЗЗЕТ БУЛ ДҮНЬЯ. Анадан соң жақын болған жаныма, Қуўанаман әжапалар барыңа, Ҳәзир жүрмен өзлериңди сағына, Бир уяда бирге өскен апамлар. Ең кишиси болғанлықтан еркемен, Айналайын дейсең ерке сиңлимнен, Хабар алмай кетсем егер бираз ўақ, Не болды деп излеп келген изимнен. Апасы барларға ҳикмет бул дүнья,, Жоқлығын билдирмей турған анамның, Әке үйи қомлап ушқан бир уя, Балалығы өткен ҳәтте баламның. Аўылға барғанда жаныңда болып, Бир ақшам сырласып қаламан қонып, Апасы барларға ҳикмет бул дүнья, Саў аман жүргейсиз баўырым толып. Сиңлим деп арқаңнан түсирмей баққан, Шашымды өримлеп, түйип гүл таққан, Апасы барларға ҳикмет бул дүнья, Анам менен бирге ыссы нан жапқан. Ойнасаң да жүрдиң арқаңа байлап, Жегиздиң тамақтың мазасын сайлап, Апасы барларға ҳикмет бул дүнья, Көргенде қуўаныш, жүзлериң жайнап. Әйнәнәйин дейип бахтым тилеген, Балалық гезимниң гүўасы сизлер, Алдымда сизлерсиз өрнек-өнеген, Анамды еслетер сол қара көзлер. ✍Зульфия Турымбаева 03.03.26ж https://t.me/ibratli_sozler

Душпанды душпаннан парықлаўда адаспаң ...! .... Душпан деп билгенлериң арасында қайсы бири басыңа мүсийбет келгенде күлсе , я сүрниккениңде артыңнан тепсе, ол ең ақмақ хəм күшсиз душпан. Ондайлардан қорқпа ! Себеп ол өзин де күни келип , бир теўип сол халға түсиўине себепши болғанын билмей қалады. ....Душпан деп билгенлериң арасында қайсы бири жаман күниңде индемей , жақсы күниңде қасыңда болса , ол шуғыл. Оннан да қорқпа, себеп бир өмир əўели өзин алдап жасайды хəм хəртəреплеме өзин кесапатқа ушыратады . ....Душпан деп билгенлериң арасындағы қайсы бири жаман күниңде жəрдеми тийсе де, жақсы күниңде көринбей өзин алып қашса , ол ишитар , қызғаншақ душпан. Жақсы күниңди көре алмай, жаман күниң менен тилиңди қысық қылып, сени күшсиз етиўге умтылады. Бундай душпанға хешқашан күниң қарамасын . ....Душпан деп билгенлериң арасындағы қайсы бири жаман күниңде жəрдем қолын созып, жақсы күниңде де қасыңа келиўге хəрекет етсе , ол хийлекер хəм ақыллы душпан. Сениң сырыңды билип алады да, сол сырың менен азаплайды. Себеп инсан ушын ең үлкен жаза , бул өзин хүжданы алдында уялдырып , азапланыўыңа дуўшакер етиў. Олардан сақланың , себеп бундай душпан душпанлық етпей , сени иш ишиңнен өзиңди кемирип жеп қойыўыңа дейин апарады. .....Хəм ең соңғысы ... Душпан деп билгенлериң арасындағы қайсы бири жаман күниңниң алдын алыўда бирге болса, жақсы күниң басланғанда хызметиңде тақ турса, хəм хəр қандай күниңниң басында , қасында хəм ақырында да бирге болса ...Оны душпан деп билген Сен өзиңе душпансаң ! Себеби бундай инсанлар душпан болмайды, олар хақыйқый дос ! Олардан емес , олардың алдында өзиңнен қорқ , бундай инсанларды өмирде жақын тутпай , рас душпанлар менен жасаўға қорқ ...! Ю.М. https://t.me/ibratli_sozler

Үсти-басы жупыны еки бала - бири қыз, бири ул бала дүкəным алдынан өтип баратыр еди. Күн салқынлығына қарамай екеўи де жуқа кийинген, қыздың аяқ кийими жыртылып кеткен еди.Оларды лолылардың балалары деп ойлап : - Бул жерде не қылып жүрсизлер ? Кимниң балаларысыз ? Берман келиң қəне !-дедим. Қыз қорқып кетти қусайды қасындағы баланың қолын қатты қысып алғанша : - Биз лолының балалары емеспиз. Бир көше аржақта анамның жумыс орны бар. Сол жерде сипсекеш болып ислейди. Кеште хəмме жерлерди тазалап , қараңғыда қорқпасын деп үкем екеўимиз алдына баратыр едик... Кеўлим бузылып , бақырғанымнан уялсам да сыр бермей дүканыма шақырдым. - Еле кеш түсиўге бираз уақыт бар. Тоңып қаласыз қуры . Балалар қорққандай түр билдирип ишке зорға кирди. Қапталдағы кишкене стол менен стулға мирəт еттим. Олар анасына бир зат қылып қояр дегендей, индемей не айтсам соны орынлап отырды. -Үйиңиз қаяқта, жақын жердеме ? -Ауа ,- деди қыз мүлайым сөйлегениме жуўап қайтарып. - Туу анаў көринип турған мектептиң арқасындағы көп қабатлы үйлерде жасаймыз. Биз сол мектепте оқыймыз . Анам мектепте де күндиз сипсекешлик етеди. - Бул бала иниңбе ? Екеўи де теңдей бас ийзеп гəпимди аўа дегендей ымлады. - Əкеңиз қайда ? Негедур бул сораўымнан екеуи де солғын тартты. - Əкем хеш жерде ислемейди... Ислей алмайды. Россияға жумыс ислеўге кеткен еди. Сол жерде бəленттен қулап кетип, омыртқасын сындырып алған.... - Қудай шыпа берсин . Қудай қəлесе аяққа турып тəўир болып кетеди. - Врачлар үш ай өмири қалған деп анам əжеме айтып жылағанын еситип қалдым,- деди қыз тап үлкенди киширейтип қойғандай. - Мейли , аға , биз енди кетсек болама ? Кеш болып қалды, анама " баратырмыз " деп қоңыраў еткенимизге де бираз болды. Уўайымлап жүрер. Балалар дүкəндағы мазалы кəмпитлерге , печеньелерге көз астынан қарап отырғанын сезген едим. Соның ушын оларды сыйлаўды қəледим. Соң ыдысқа печеньелерден салып алдына қойдым. Бала какаоны ишип печеньесин жеди, қыз тек какаоны ишти . - Сен печенье жемейсеңбе ? Басқа зат берейинбе ? - дедим. - Яқ , аға рахмет. Бул печеньелерди анама апаражақ едим егер рухсат берсеңиз ,- қыздың көзлерине келген жасты көрип езилдим. - Анам бизлер ушын дем алмай ислейди, бирақ хешқашан өзи ушын бир жақсы нəрсе алып жемейди. Əкем болса наўқас жатыр , анам да аўырып қалса бизлер не қыламыз ? Мен балалығымнан хешқашан мүтəжлик көрмей өскенмен. Бала болып бир затқа зар болғанымды еслей алмайман да. Дүнья-буйым , ишип -жеў былай турсын адамның қəдирин де билмес екенмен. Ата-анам аманат, бүгин олардың дийдарына тойып қалайын, ертең əрманда қалмаўым ушын , бүгин олардың кеўлин табайын деп хеш ойламаған екенмен. Кишкене қыздың еки дана печеньесин анасына рəўа көргени , аўырып қалыўынан қəўетерленгенин айтқаны мен ғапылды ғəплет уйқысынан түртип оятқан еди. Жылап жибермеў ушын көзлеримди жасырдым. - Сен печеньеңди же. Мен анаң хəм əкең ушын да тағы беремен. Оларға мениң сəлемимди жеткиз . Тəўир болып кетсин ! -дедим. Желим қалтаға кəмпит-печенье, чай , сарымай , гүриш , макаронлардан салдым. Қалтаны қолына берип атырсам , қыз мени ойландыратуғын және бир гəп айтты : - Аға , сиз бизлерге берип атырған затларыңызға разымысыз ? - Ауа , əлбетте шын кеўлимнен берип атырман. Сизлер жақсы бала екенсизлер . Ата -анаңызға мениң рахметимди айтың -дедим. - Анам бизлерге "наразы болып берилген нəрсе буйырмайды , сатып алсаңыз да разылығын сораң " дейди. Сол ушын сизден сорап атыр едим ,-деп қолындағы қалтаға қайта-қайта қарай берип. - Сиз байсызба ? -бағанадан бери гəпке қосылмай турған бала бирден сорады. Не деримди билмей бираз ўақыт албырап турдым. Индемей турғанымды түсинген бала гəпин даўамлады : - Мен де үлкейсем сизге уқсаған жақсы бай адам боламан ! ..-деди. Олар қайта-қайта рахметин айтып мениң менен хошласып шығып кетти. Бул тосаттан болған танысыў мениң дүнья қарасымды пүткиллей өзгертип жиберди. Юсупова М . аўдармасы. https://t.me/ibratli_sozler

Сақый болыу ушын өзиңде барыңнан көбирегин биреуге бериудур, арлы болыу өзиңе керегинен азын алыудур... Ж. Х.Жаброн https://t
Сақый болыу ушын өзиңде барыңнан көбирегин биреуге бериудур, арлы болыу өзиңе керегинен азын алыудур... Ж. Х.Жаброн https://t.me/ibratli_sozler

#Рамазан Нөкис уақты менен 05:56 Сәҳәрлик тилеги نَوَيْتُ أَنْ أَصُومَ صَوْمَ شَهْرَ رَمَضَانَ مِنَ الْفَجْرِ إِلَى الْمَغْرِبِ، خَالِصًا لِلهِ تَعَالَى أَللهُ أَكْبَرُ Аўыз жабыў дуўасы: Наўайту ән асуўма соўма шаҳри рамазона минал фажри илал мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллаҳу акбар. Мәниси: Алла ушын Рамазан айының оразасын таң атқаннан баслап күн батқанға шекем тутыўды нийет еттим, Алла уллы, Алладан басқа тәңир жоқ.. https://t.me/ibratli_sozler

#тилек АССАЛАМУ ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР ! Рамазан айының 24-күнине сау-саламатлықта жеткизген АЛЛАҒА мың шүкирлер болсын ! Аллаҳ
#тилек АССАЛАМУ ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР ! Рамазан айының 24-күнине сау-саламатлықта жеткизген АЛЛАҒА мың шүкирлер болсын ! Аллаҳ сизге бергенине разы болыў менен өмир зийнетли болады! Мыйық тартып жүриў менен машқалалар жеңиллеседи! Дуўа менен мүшкиллер аңсат болады! Және бир таң, және бир үмит, және бир имкәният берген Раббимизге ҳәмдлар болсын! Күниңиз қайырлы, берекетли, ең әҳмийетлиси дүнья ҳәм ақыретиңиз ушын пайдалы өтсин! Шемби күниниң берекетин хəм ырысын мол етип берсин ! Күниңиз қайырлы ҳәм кеуилли өтсин қəдирлим ! https://t.me/ibratli_sozler

photo content
+1

photo content

‎Баян Тиленшина. ‎ ‎ ‎ТҮРКИЙ ХАЛҚЫМ, СЕН УШЫН ЖАРАЛҒАНМАН ‎ ‎Қосықлар әлеминде сәўле щаштым, ‎Нурларында жаралдым атар таңның. ‎Түркстанда оянған әжеп жырман, ‎Жүрекке нур қуйылған мухаббаттан. ‎ ‎Ҳаслым бир, бир халықтан жаралғанман, ‎Перзентимен дереги бар адамлардың, ‎Бабаларға  садық әўлад болдым өзим, ‎Ата тег деп ҳәр не иске баралғанман. ‎ ‎ ‎Түркий халқым, Сени деп туўылғанман, ‎Қаным ортақ,  Жан ишре  туўлағанман ‎Өзиң болып сөйлеп тилди аңлағанман, ‎Жүрегимде намысымды қуўырғанман. ‎ ‎Сен жыласаң, мениң жаным жылаған, ‎Бирге булақ болдым ағып жырадан, ‎Бул өмирде гүл ғумшадай қызыңман, ‎Аллаҳымнан бирликли нур сораған. ‎ ‎Өмир жумбақ жери мол байқалмайтын, ‎Ақ-қараны гәде аңбай айталмайман, ‎Ақ қуў қустың нәзигин күткен жерден, ‎Гәде үйрек тап болар балпаңлайтын. ‎ ‎Жаным- самал шашымды тарақладым, Қусасыман аппақ бул қағазлардың, ‎Из қалдырып сөйледим китаплардан, ‎Ийман сөзин яд етип Яратқанның. ‎ ‎Сезимимди бояўсыз уқтыраман, ‎Қәсийетин сақладым түп-тулғамның, ‎Гәўҳар тағып мингизер бәлент таўға, ‎Сол себептен ел ушын тик тураман. ‎ ‎ ‎Қазақ тилинен Қарақалпақ тилине ‎аўдарған: Абат Крамов. ‎ https://t.me/ibratli_sozler