fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 778 مشترک است و جایگاه 4 321 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 448 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 778 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 13 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -229 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -1 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 28.34% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 20.06% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 323 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 769 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 45 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 14 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 778
مشترکین
-124 ساعت
-287 روز
-22930 روز
آرشیو پست ها

#ҳақыйқат Аңлаң ҳәм әмел етиң... Әтирапыңыздағы жан күйерлериңиздиң қолларынан беккем УСЛАҢ...! Оларға жақсы көриўиңизди БИЛДИРИП қойың...! Қәте ислери болса кешириң... Себеби бир күн келип я Сиз оларды "ТАСЛАП" кетесиз, яки олар Сизди таслап кетеди... Қәлбте олардың ЯДЫ ҳәм сағынышы қалады...! Жарақаттың ишин тазаламай турып, оны ТИГИП жибермең...! Жақынларыңыз бенен бийҳуўда нәрсе ушын тартыспаң, олардың гәплерин де қабыл етиң, айтып атырған гәпиңиз туўры болса, оларға түсиндириўге ҳәрекет етиң, егер олардың гәпи ҳақ болса, олардың гәплерин қабыл етиң, орны келгенде әлбетте, оларды қоллап-қуўатлаң...! Өмир жүдә қысқа...! Ол адамлардың өз ара бир-бирлерин ЖАМАН көриўи, ҳасад етиўи, душпаншылық қылыўы, ағайиншилик байланысларын үзип жүриўине ЖЕТПЕЙДИ…! Ертең… Бизлерден ЕСЛЕЎ ғана қалады. Өлим ҳеш кимнен РУХСАТ сорап келмейди. Сизге душпаншылық еткен адамларға да күле шырай етиң, олардың сизге қылған қылмысларын КЕШИРИП жибериң. Олар ушын артықша ғәзепленип, өзиңизди шаршатпаң! http://t.me/ibratli_sozler

Ер адам уйдиң ийеси ҳаял уйдиң  шегеси . Халықта ер адам патша ҳаял ўәзир деген  сөз бар халықта.Патша сонша елдиң ийеси басқарыўшы болсада барлық исти уазир менен ойласып кеңесип шешеди.Демек ер адамда шаңарақ ислеринде ҳаял менен ойласқан ҳалда орынлайды екен бирақ,бизлер солай екен деп ҳаўаланбай биргеликте сол шаңарақтың бирлигин аўызбиршилигин ойлаўымыз керек. Тилекке қарсы барлық шаңарақлар сондай деп айталмаймыз.Баяғыда биреў "Бәри мениң менен сендей болғанда ,бул қалаға дәрўазаның неге кереги бар"деген екен. Сондай елшилик ҳәртурли жағдайлар ҳәртурли шаңарақлар табылады. Адам атадан кейин ҳаўа енемизди оның қабырғасынан жаратыпты ҳәм көп ўақыт сарыплапты не ушын дегенде бул ҳаял ҳәмме нәрсеге  шыдамлы, сабыр тахатлы ,кушли, ғайратлы,төзимли, сулыў,гөззал, ақыллы,.ийбели,меҳрибан,кең пейил болыў керек себеби ол ана дуньяға перзент жаңа зуррият алып келеди.Оны тәрбиялап камалға келтиреди .Ердиң ынжықлығын көтереди.Ата-енениң , ағайын- туўған қоңсы- қоба жора -жолдас бәриниң ҳурметин жайында қойыў керек. Ҳәзирги уақытта тең ҳуқықлымыз деп жар салып атырғанлар мынаны билип қойғанын қәлер едим,әлбетте  жәмийетте тең хуқықлысыз себеби ер адамлар менен теңдей елимиздиң раўажланыўына улес қосып атырсызлар  оған гәп жоқ.Бирақ бизиң менталитетимизге туўры келмейтуғын тәрепи  шаңарақтағы қарым-қатнаслар  Бизиң ислам динимизде Муслималар бул ҳаяллар. Муслима-бағынышлы ҳаял деген мәнини билдиреди . Биз тәнмаҳрамымыз болған ерлеримизге бағынышлымыз.Бул жерде сыйлысық ҳам ҳурмет ҳаққында  гәп кетип атыр. Олар бизиң қорғаўшымыз уйимиздиң устини айбаты саўлаты. Тилекке қарсы арамызда сол тәрийиплерге сай емес жигитлерде табылады. Шаңарақта ер балларды тәрбиялаўда оларды жуўапкершиликке   мәртликке ертең шаңарақты суйреў алатуғын ул-қызларына тәрбия бере алатуғын етип тәрбиялаўымыз керек оған ўйде әке өзи өрнек болыўы керек. Әке қарай ул өсер Анаға қарай қыз өсер. Қыз балада уйде барлық уйренгенлерине қоса ер адамды сыйлап ҳурмет етиўге тәрбияланыўы керек.Оған ана улги болыўы керек. Сонда ғана тәрбиялы шаңарақлар болады. "Ер адам уйдиң қулпы ҳаял гилти." "Ердиң тапқаны берекетли болады" "Ер адам-арқаў, Ҳаял -ерис. "Ер адам патша Ҳаял-ўазир" "Алтын баслы ҳаялдан, Бақа баслы ҳаял артық" изин даўам еттирсең көп  ер адамда ҳаял адамда шаңарағы перзентлери ата-аналары алдындағы өз жуўапкершилигин сезинген ҳалда орынласа бәриде жақсы болады . Абдиреймова Сара https://t.me/ibratli_sozler

Күниңиз берекетли хəм табыслы болсын. 👉https://t.me/ibratli_sozler

#ТИЛЕКТИ_ДУРЫС_ТИЛЕҢ! • Дүньядағы барлық жақсылықты тилеймен демең, • Дүнья ҳәм Ақыреттеги барлық жақсылықты тилеймен дең; • Басың тастан болсын демең, • Аллаҳ панасында болың дең • Тапқаның тойларға буйырсын демең, • Көп ийгиликли ислерди ислейтуғын, қайыр-сақаўатлы байлардан болың дең; • 100 жыл, 1000 жыл жасаң демең, • Соңғы демиңде Аллаҳ сени ийманлы, ибадатлы жағдайда етсин дең; • Қоса қартайың демең, • Жәннетте де бирге болың дең; • Астыңнан самал өтсин демең, • Аллаҳ ырысқыңа берекет берсин дең; • Қошқардай ул сорамаң, • Аллаҳтан қорқатуғын ийманлы перзент сораң; • Перзентимниң бесик тойын көрейин демең, • Перзентлеримниң неке тойын көрейин дең. Исламда бесик тойы жоқ! https://t.me/ibratli_sozler

Бахытгүл Мадреймова "Кеулимди бердим " https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР ! Жəне бир мубарек таңға жеткизгенине шүкирлер болсын ! Аспанымыз ашық, жеримиз тынышлық, елими
АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР ! Жəне бир мубарек таңға жеткизгенине шүкирлер болсын ! Аспанымыз ашық, жеримиз тынышлық, елимизге берекет, үйиңизге аўызбиршилик, қызларымызға бахыт, балларымызға тахт, дәрьямызға тасқынлық берсин бир Алланың өзи яр болсын! Таң қайырлы болып - жақсылық пенен баслансын. Ҳәр бир күниңиз әўметли, қуўанышқа толы болсын! Дəлиу айының 16-сəнеси , хəптениң Жума күни. https://t.me/ibratli_sozler

#түн_хикмети Китап оқып отырсам, атам келип: "Уйқыламадың ба, балам?", деди. Мен: "Яқ, имтиҳан жақын, таярланып атырман", дед
#түн_хикмети Китап оқып отырсам, атам келип: "Уйқыламадың ба, балам?", деди. Мен: "Яқ, имтиҳан жақын, таярланып атырман", дедим.. Ярым түн! Қарасам, атам жайнамаз үстинде дуўа қылып отырыпты. "Уйқламадыңыз ба, ата?", десем, "Яқ, Имтиҳан жақын, таярланып атырман", деди. Ҳайрлы түн қәдирлим 🍀🍀 @omir4

СЕРППЕ--шығыр қурыў мүмкиншилиги болмаған жаплардан, суў шықпайтуғын бийик жерлерди суўғарыў ушын қолланылатуғын буйым. Серпп
СЕРППЕ--шығыр қурыў мүмкиншилиги болмаған жаплардан, суў шықпайтуғын бийик жерлерди суўғарыў ушын қолланылатуғын буйым. Серппениң дүзилиси жүдә қурамалы емес, ол ушын бақанларды айқастырып байлап, оған үлкенлиги зәмбер формасында исленген ыдысты бақанға әткөншектей етип байлайды, жаптағы суўды зәмбер менен толтырып алып, атызға қарай қуйып турады. Буның ушын зәмберди ҳәрекетке келтирип, қол менен зәмберге байланған жиңишке бақан арқалы үзликсиз снрпип таслап турады. Серппе орнатылатуғын жерге қәндек түринде шуқыр қазылып, жаптан суў келип туратуғын салмалар арқалы толтырылады. Серппе менен суў шығарыў-- машақатлы жумыс, бунда адамның өзи үзликсиз ҳәрекетленип, суў шығатуғын зәмберди суўға толтырып, салмаға қарай қуйып турыў керек. https://t.me/ibratli_sozler

#Өмир_философиясы Қай жерге болмасын алып барар жол, "Жол" деп аталады соның ушын да. Бирақ қайсы жерге апарады ол? Мәселе со
#Өмир_философиясы Қай жерге болмасын алып барар жол, "Жол" деп аталады соның ушын да. Бирақ қайсы жерге апарады ол? Мәселе сонда ... Ибрайым Юсупов (1981-жыл.) Бизди бақлап барыўда даўам етиң: https://t.me/ibratli_sozler

Суў шықпайтуғын бийик жерлерди суўғарыў ушын қолланылатуғын буйым-?
Anonymous voting

Жүрген жерим айырша атау, Аяғыма салды матау. Матау-?
Anonymous voting

Апқал сөзиниң мəниси-?
Anonymous voting

Атты түйек қартайтады, Жигитти ...... қартайтады.
Anonymous voting

#Архив_тарийх #Мәмлекетлик_ғайраткерлер Белгили мәмлекетлик ғайраткер Көптилеў Нурмухамедов (1903-1938 жж.), (Председатель Об
#Архив_тарийх #Мәмлекетлик_ғайраткерлер Белгили мәмлекетлик ғайраткер Көптилеў Нурмухамедов (1903-1938 жж.), (Председатель Облисполкома Каракалпакской Автономной области (1929—1932 гг.), Первый Председатель ЦИК Каракалпакской АССР (1932—1933 гг.). Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архив фонды. 📃Жазықсыз_жазаланғанлар БИЛМЕДИК Жамғыр жаўып, көктен жасыл түскендей, Ушырадық бәлеге қайдан, билмедик. Қулан минип, кийик сүтин ишкендей, Аспаннан түстиме, айдан билмедик. Биз билмедик туўры жолдан басқаны, Не себепли ара жолда тосқаны? Демеге дәлил жоқ "халықтың душпаны", Шықтыма қыялдан, ойдан билмедик. Әжайып ис болды, биз болдық ҳайран, Жанар таўдан от шыққандай тас-талқан. Қуў менен аралас бирге жас жанған, Шарпылған жалынба, қайдан билмедик. ...Ат сүринип, қулан жығылса сайға, Оннан қәйтип шығар, сайдан билмедик. Тутып алып бийгүнадан жаққа урса, Ол қандай әдалат, бийден билмедик. КӨПТИЛЕЎ НУРМУХАМЕДОВ, 1937-жыл, ноябрь. Төрткүл қалалық тюрьмасы https://t.me/ibratli_sozler

Гүлхатийша Айымбетова "Яр қайдасаң " https://t.me/ibratli_sozler

Еки жүзли адамлар базарда сатылатуғын бир шелек алмаға уқсайды. Үстинде хәр дайым жақсысы турады,астында миннетли түрде шириг
Еки жүзли адамлар базарда сатылатуғын бир шелек алмаға уқсайды. Үстинде хәр дайым жақсысы турады,астында миннетли түрде шириги шығады. https://t.me/ibratli_sozler

---Енди не қыламыз, райондағы Базарбай қассап та гелле бола беретуғын еди.... ----Ҳаў, табақ тартылайын деп атыр ғо, оны қай ўақытта әкелип, қай ўақытта писириледи?! Ким не десе де, ҳәзир бәри де уятттан өртенип кетердей болып, шарасыз тур, биреўлери үмитин үзбей еле ишти, сыртты қарап жүр. Ишти қарайды, жоқ, сыртты қарайды, жоқ. Усы ўақытта видеошылар менен кеткен Махмуд кирип келди. Ол да болған ҳәдийсени еситти, бул ўақытта соңғы табақлар да апарылып, сорпа апарыўға таярлық көрилип атыр еди. ----Гелле жоқ, дейсиз бе? Ол қаяққа кетеди?---деди де асханаға кирип, алюмин ақ кастрольди көтерип шықты. ----Мине, гелле! ----Ҳаўўў! ----Қаяқтан шықты?! ----Асхананы неше рет қарадық қой! Бул ўақытта Маҳмуд геллени бир табаққа салып, қасында пышағы менен  ишке апарып, Бас қуданың алдына қойып келди. Соң: ----Мен Гүлайдаға айтып, көрсетип кетип едим ғой, геллени мине мына жерге қойдым, сораса берерсең,---деп,---сөйтип гарнитурдың төбесине қойып кетип едим..---деди. -----Гүлайда қайда?! Гүлайда бул ўақытта үйинде еди. "Баўыр қәде" алатуғынлар қурамына киргизилмей қалғаны ушын Елекеңниңниң үйиндеги шешесине қатты өкпелеп кетип қалған еди. "Баўыр қәде" де бул жоқ, қудағайлардың  "дәстүрханын ашар"да да буған айтылмады, тағы не,  қулласы, есапқа алынбады. <<Той өкпесиз болмайды">>---деген, ең қуўанышлысы гелле табылды! <<Тирсек>>тиң тойы жақсы болып өтти, Елекеңниң кемпири ертеңине Гүлайданың да кеўлин тапты! Shahzoda Allamuratova. https://t.me/ibratli_sozler