fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 770 مشترک است و جایگاه 4 322 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 446 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 770 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 14 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -231 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -7 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 28.41% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.96% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 334 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 748 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 45 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 15 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 770
مشترکین
-724 ساعت
-327 روز
-23130 روز
آرشیو پست ها
Гүлхатийша Айымбетова "Яр қайдасаң " https://t.me/ibratli_sozler

Еки жүзли адамлар базарда сатылатуғын бир шелек алмаға уқсайды. Үстинде хәр дайым жақсысы турады,астында миннетли түрде шириг
Еки жүзли адамлар базарда сатылатуғын бир шелек алмаға уқсайды. Үстинде хәр дайым жақсысы турады,астында миннетли түрде шириги шығады. https://t.me/ibratli_sozler

---Енди не қыламыз, райондағы Базарбай қассап та гелле бола беретуғын еди.... ----Ҳаў, табақ тартылайын деп атыр ғо, оны қай ўақытта әкелип, қай ўақытта писириледи?! Ким не десе де, ҳәзир бәри де уятттан өртенип кетердей болып, шарасыз тур, биреўлери үмитин үзбей еле ишти, сыртты қарап жүр. Ишти қарайды, жоқ, сыртты қарайды, жоқ. Усы ўақытта видеошылар менен кеткен Махмуд кирип келди. Ол да болған ҳәдийсени еситти, бул ўақытта соңғы табақлар да апарылып, сорпа апарыўға таярлық көрилип атыр еди. ----Гелле жоқ, дейсиз бе? Ол қаяққа кетеди?---деди де асханаға кирип, алюмин ақ кастрольди көтерип шықты. ----Мине, гелле! ----Ҳаўўў! ----Қаяқтан шықты?! ----Асхананы неше рет қарадық қой! Бул ўақытта Маҳмуд геллени бир табаққа салып, қасында пышағы менен  ишке апарып, Бас қуданың алдына қойып келди. Соң: ----Мен Гүлайдаға айтып, көрсетип кетип едим ғой, геллени мине мына жерге қойдым, сораса берерсең,---деп,---сөйтип гарнитурдың төбесине қойып кетип едим..---деди. -----Гүлайда қайда?! Гүлайда бул ўақытта үйинде еди. "Баўыр қәде" алатуғынлар қурамына киргизилмей қалғаны ушын Елекеңниңниң үйиндеги шешесине қатты өкпелеп кетип қалған еди. "Баўыр қәде" де бул жоқ, қудағайлардың  "дәстүрханын ашар"да да буған айтылмады, тағы не,  қулласы, есапқа алынбады. <<Той өкпесиз болмайды">>---деген, ең қуўанышлысы гелле табылды! <<Тирсек>>тиң тойы жақсы болып өтти, Елекеңниң кемпири ертеңине Гүлайданың да кеўлин тапты! Shahzoda Allamuratova. https://t.me/ibratli_sozler

.....Қуда шақырық күни, қудалар ҳүрмети жайына қойылып, жақсы күтип алынды, ақ қой да сойылып, қазанға түсти, геллени өз алдына даладағы қазан қостағы ошаққа қазан қойылып, қайнатып атыр. Қонақларға қуўырдақлар тартылып,  оннан соң алып келген дәсиүрханлары ашылып, келген қудалар, алып келген сарпайларын Елекең менен кемпирине жаўып, басқа ағайинлерге де атын атап, сарпайларын берип, далада азаннан бери айналаны  "азан-ғазан" етип турған ансамбльдиң намаларына  еки тәрептен де ойыншылар шығып, бир майдан "адреналин" қабылласты. Қудағайлардан келген дәстүрханларды, келген-кеткен басқа да қонақлардың есабын алыў, сарпайлаў керегине сарпайларын сазлап қойыў, қудалардың сарпайларын тақлап қойыў сыяқлы жумысларға  бекитилген Айтекеңниң кемпири менен қоңсы Сәденниң келиншеги өз жумысларына киристи. "Баўыр қәде" алыўға сайланған 3-4 келиншек ерлер ҳәм ҳаяллар тәрепке бөлинип, олар да өз несийбелерине қайыл болып атыр. Аўқат тартылар ўақыт шамаласты, ансамбльдеги жигитлер де ишки бир бөлмеде хызметтеги жигитлер менен "таңлай жибитип" алыўға кирди. Бул үйдиң мурындық баласы Махмуд видео камера менен қолына арақ салынған сумкасын алып, қонақлардан хабар алыўға шықты, себеби, ертең тойға келе алмайтуғын болған соң, бүгин келген бир қатар қонақларға қонық берилген еди. Даладағы ошақтағы жүўери гүртик писип, қазан қасында жүрген еки келиншек те, биреўи "табақларды таярлайын",--деп, екиншиси изин ала дузлық салынған табақты көтерип, ишке кирди. Дала бир дем адамсыз қалды, тек есиктиң алдында бираз ишип  алған қоңсы Сәден ғана я ишке кирерин, я үйине кетерин билмегендей теңселип турып қалды. Табақларға жүўери гүртиклер салынып, аўызғы ҳәйўандағы сыйлы, жиликли мүшелерди бөлистирип отырған Мәнигүл кемпир менен Сапарбайға жеткерилип атыр, еки келиншек еки жаққа бөлинип, қолға суў алыўға кетти. Ерлер тәрепке кеткени ләген, қуманын хызмет етип жүрген бир жигитке тапсырып,  сыртқа шықты: ----Геллени де тарта берейик,--деп қазан қосқа барды, ол жерде гелле асылған қазан ошаққа төңкериўли тур, былай-былай қарады,  гелле жоқ. Ишки асханаға кирди, асхана гарнитурының ишлерин, газдиң духовкасын бәрин қарады. Аўызға шығып: ----Геллени қаяққа қойдыңыз?---деди, ----Ҳаў, қоста турған жоқ па? ----Өйерде жоқ. ---Кухняны қараң. ----Яқ, өйерде де жоқ қой! ---Маңлайым, ол қаяққа кеткен?! Бир-еки келиншек шыдамай сыртқа жуўырып шығып, қазан қосты, оннан соң сол жердеги боянлардың араларын бираз жерге дейин қарап шықты. Бул ўақытта иштегилерди асхананы қайтадан көрип шықты. Даладағылар да, иштегилер де геллениң "жоқлаўын асырғанда", ҳәммениң аяқ қолынан жан кетип қалғандай болды. ----Уятын айтса! Ҳәммениң  ишинде усы сөз! ----Байбуу, енди не қыламыз? ----Оны ким алады? ---Табағы бар ма?---Ҳеш нәрсе жоқ. ---Ийт алса, ыдысы менен көтерип кетпейди ғой?! ----Жаңа бизлер ишке киргенде, далада Сәден пьянчик қалып еди, сол әкеткен шығар?  Мына сөз ишкериде сарпай тақлап отырған Сәденниң келиншегиниң қулағына сап ете қалды. Жаңа ғана қулашлап өлшеп атырған таўарын таслай сала, аяғына оратылып, есикке дейин шубатылғанына да қарамай,  ҳәйўанға қарай атылып шықты: ----Ҳәй, ҳәй, ҳаў, ҳе! Сен кимниң байын "пьянчик" деп урыға шығарып турсаң, сен әдеп өзиңниң байыңды жөнлеп ал. Ҳаў, о неси, адамлар қызық-ай!---деп еки қолды бүйирине таянып, байын ҳәм пьянчик ҳәм урыға шығарған Медеттиң келиншегине тап берип сөйледи. Төрде жилик бөлистирип атырған Қалбайдың кемпири: ---Ҳәй, ҳәй, айнанайынлар-ай,---деп ---"қойың, иштегилер еситсе уятты",--дегенди қолы менен ымлап көрсетип, суқ бармағы менен бетин сызды. Және: ----Келин, есикти жапшы,---деди аўызға жақын турған келиншекке. Бул ўақытта Сәденниң келиншеги байын "урыға" шығарған  Медеттиң келиншегине даўысын пәслетип сөйлесе де, нығарлап, жаныңа бататуғын сөзлерди айтып, жуўаслаў Медеттиң келиншеги жылап, тәўир-ақ "бүлинисип" қалған еди. Сәденниң келиншеги жулажақ болғандай тап берип еди, Медеттиң келиншеги де умтылды, келиншеклер еки жаққа бөлинип "защита"ға шығып, жибериспеди.

Көп кешикпей той тәтәрриги басланды, тойдан бир күн бурын қудаларды шақырып, "ирге көрсетиў" керек. Елекең йошып: Қудаларыма ақ қой сояман,--деп шықты,  не емиш, ақ қойдың басы үйитилгенде де аппақ болып турармыш... Қорасында қой да, ешки де, ири қара да жеткиликли, бирақ, ақ қой жоқ! Елекеңниң өзи жақын жердеги район, қалалардың базарын көрип шықты, бәри бар да, ақ қой жоқ. Алтыншы күни түнги саат  3-4 тен басланып, азанғы 8 де тамам болатуғын  Ақмаңғыттың мал базарында бир алып-сатар: ----Аға, ақ қой, бир табылса Алманқайырдан табылады,---деди. Бул ертеңине Кегейлиниң базарын көриўди нийет етип турған, --"Не болса да Кегейлини көрип, оннан табылмаса Алманқайыр, оннан да табылмаса:  "мал дегениң ийт муты" деп тәрийип берилетуғын Тахтаның базарын көриўи керек. Қудай оңлап, Алманқайырдан ақ қой табылды!

----Ана белди алып шық,---деди, Елекең қанша сөгимпаз болған менен минезиниң ақ кеўил, баладайлығы бар: ----Оны не қыласаң,---деп сорап та отырмады, бирден кирип кетти, усыны күтип турған Айтекең де есиктиң сыртына қулыпты урды, Елекең оның не ушын сыртынан қулыплап атырғанын түсинбеди: ----Ҳәй, не қылып атырсаң, ойынды қойсаң-ә,---деди, бул индемегеннен соң: -----Ҳә, әкеңниң аўзын....деп сөгинип, есикти пәт пенен тепти, өзи арнайы қалың темирлерден кепсерлеттирип соқтырған есик "ғаңқ" еткен сес шығарды да, мыңқ етпестен тура берди. Сөгинип атыр, сөгинип атыр, Айтекеңниң жети ата-бабасы түўелленип болынды. Айтекең муртын сыйпап күлди де: -----Жаңа еситип жүрген сөгисим бе,--деп үйдиң алдына қарай жүрди. Тап усы ўақта "Газель" менен "қуўғыншылар да жетип келди,  4-5 келиншек машыннан түсип, жулқыныўы менен, сәлем де жрқ, әлем де жоқ ишке кирип кетти,  не деген менен  "тирсектиң" қудағайлары да! Және 3-4  жигит те түсти, "охрана"лары болыў керек, мүмкин,  ЧП болса, "қарсы ҳүжимге" өтиўши "запастағы жаўынгерлер ме"?! Ишке келиншеклер кириўден шаў-шаў басланып кетти, далада сыпада отырған 4-5 жигит те Айтекеңниң басшылығында ишке кирди, бирақ, бала-шағалар шаўласып атырған төрги залға бирден кире алмай дәлизде турып қалды. Шамалаўлары бойынша, келгенлер қызды "әкетемиз",--деп, есикке қарап сүйрелеклейди, Айтекеңниң кемпири бар, басқа да аўылдың ҳаяллары: -----Ҳаў, қоя қойың да,  айнанайынлар!---десип, төрге ысырады. Ким не деп атыр, аңлап болар емес,  [--"Елекең болғанда сөзсиз сөгинип шығар еди, мынаны көрип",--деген ойға кетти дәлиздегилер]   еркеклер әри-бери турды, соң бир-еки жасы үлкен ишке кирди: -----Бәрекелла, балларым, келгенлериңиз жақсы болыпты,  бул да бир дәстүр ғой, ал, қарақларым, пәтия берейик,--деп Айтекең еки қолын жайды, келгенлер де қанша айтқан менен ер адам ҳәм жасы үлкен Айтекеңди көрип, өзлеринше ийбенгендей болып, қаталасып турып пәтияға қол жайды, пәтия етилип болған соң еки жақ: ----Бул да бир  жақсы нийеттиң қызығы ғой, ----Аўа, несин айтасаң,---- ----Өйпбей, келеғойың да,---десип, қушақласып көрисип атыр. Қонақлар жайғасып отырған соң, Елекеңниң ҳаялы Айтекеңе: ----- Қурдас, мына бөлмеге ишкерилең, келинлер, шай әкелиң,---деп буларды қапталдағы бөлмеге киргизди. Шайдан соң қуўырдақ әкелинетуғыны хабарланып, қолға суў алынып атырғанда Елекеңдеги қурдасының: -----Жаңағы ғарры қайда кетти, мына қудағайлар менен келип көриспей ме екен,---дегенин еситип, бул: ----Алла бәрекелла,---деп жамбасына бир урып орнынан турды, қасындағыларға сыр билдирмеў ушын: ----Елекеңди мен жумсап жиберип едим,---деп сыртқа шығып, барып кладовканы ашты. Қараса, Елекең гөне раскладушканы қурып, үстине ҳәр жеринен пахтася көринип турған бир көрпени таслап, шалқасына жатыр. ----Жора, түргел, қудағайларың келди,---десе: ----Бармайман, әкеңниң .....өзлериңиз күте бериң,---деп шығажақ емес. ----Ойынды қойса, жора, жүр. ----Жүрмеймен, ойнап атырғаным жоқ,--деп қолын бир шекесине тиреп, қапталлап жатып, сөгинип атыр.... ----Ал, сыртыңнан қулпыраман да, гилтти тамбасқа ылақтыраман,  жата бер онда,---деп бул есикти қайтадан жаўып, қулыпты шықырлатып еди, анаў: -----Ҳәй, әкеңниң.....тоқта,---деп жуўырып-ақ шықты, бул бүлкилдеп күлип атыр. ----Сениң есиң дурыс па, бул кладовкаға меннен басқа ийтим де кирмейди,  аўзың пәллийииип кладовканың ишинде өл дейсең бе,---деп сөйленип, сөгис сөзлерин де қалдырмай изине ерди..... .....Қуўғыншылар да ай-жай болып кетти. Елекең ертеңине қаладағы күйеў баласының машыны менен қудаларына барып сөйлесип қайтты. Қайтқанда да  қудаларына қатты ырза болып, мәс болып қуўанып қайтты. Айтыўына қарағанда, қудалары жақсы, төрели адамлар сыяқлы, буны жақсылап күтип, журтлардай "список" бермей: ----Елден асып қайда барамыз,  жай-жағдайыңызға қарап ис тута бериң,---дегенбиш, бул пайыттан пайдаланып, тойға да рухсат алып келгенбиш....

<<ГЕЛЛЕ ҚАЙДА?.....>> [Гүрриң] ----Елеке тирсектиң баласы қыз әкелипти,---деген хабар кеште маллар пададан келип "үйли-үйине тарқасқан", бир апақ-сапақ ўақытта <<Шанышқылы>> аўылға үйме-үй демде тарап кетти. Иле-шала аўылдың "внештатный"   хабаршылары, мурынларының "ширеси"н жаңа-жаңа жыйнап жүрген балалар үйме-үй кирип, шашыўға айтып шықты. Ким мал жайғастырып атырған, ким кешки аўқат таярлаўдың ғамында жүрген, кешки  қайнаған тиришиликлерин орынлы-орнына қойып шашыўға асықты. Елеке "тирсек"тиң түйдей қурдасы Айтекең де намазлыгер, намазшамын оқып болып, кемпирин ертип қурдасының үйине қарап асықты.... Елеке--Елмурат "тирсек" ийегинде сийреклеў сақалы бар, арықтан келген, орта бойлы қара киси, "Тирсек" аты бала ўақтынан,  шатақлығы, сөзин сөгис сөзсиз сөйлемейтуғынлығы себепли "жабысқан".  "Сүт пенен кирген минези, сүйек пенен кететуғын" шығар, қартайса да, елеге шекем өзине жақпаған нәрсе болса, "жети ата-бабасын түўеллеп береди". Айтекең де журт қатарлы қутлы болсын айтты, "ишкерилең"--деген мирәт болса да, далада хызмет етип етип жүрген жигитлерден жай-жапсарды сорастырып, есик алдындағы сыпада  "көше бийи" дәрежесине жеткен, жасы үлкенлердиң изин басып киятырған аўыл жигитлери  менен  отырып қалды. Елекең де бар. Жигитлердиң айтыўына қарағанда "хабаршыға" адам жиберилипти. "Қуўғыншы"ларды күтип отырған сылайы бар....Елекең болса, әдетине салып, "қуўғыншы" деген сөзди еситкеннен: ----Усы "қуўғыншы" дегенди қайсы атаңның.....баласы ойлап тапқан,--деп сөгинди. Айтекең: ----Әй, жора, ҳәзир елге дәстүр болды, "елге дәстүр болса, қатын арқама мин",---деген бар емес пе?---деп Елекеңди жумсартыў мақсетинде сөйледи. Ал, Елекең болса пәтленип сөйлениўинен қайтар емес: ----Дәстүрмиш, қаяқтағы дәстүр, қайсы ата-бабаңнан қалған екен сол дәстүриң,---деп отыр. Айтекең Елекеңниң мына пәтлениўинен гүманланып:---"Ҳәзир хабаршылар менен бирге қуўғыншылар келип қалса, мынаў сөгинип, абырайды төкпесе болар еди",---деп ойлап отырды. Оның усы ойын билгендей, аўылдағы Бердибай тракторшының ҳаялы буған келип:---"Қайнаға",---деп, ойласық барын билдиргендей ишарат билдирди. ---Ҳа, келин,---деп бул да орнынан турып, оның менен шетлеў шықты. ----Қайнаға "тирсек" қайнағаның пейлин билесиз ғой, ҳәзир "қуўғыншы"лар келгенде "арбаны аўдарып кетпес пе екен?",---деп турман. Бердибайдың келиншеги Бийбиштиң "сақландырыў илажлары"н ойлап турғаны белгили. Талай "қуўғыншы"ларды күтип, "дипломатиялық ис-шараларды"  әп-әнедей етип жайғастырып отырған ел ғой!  "Қуўғыншы" деген "елши"лердиң түрли-түрлисин де көрип атыр. "Сыпайы", "мәдениятлы", "көпти көрген",---деп баҳа берилгенлери де бар, ----"Ойбой, бундай да адамлар болады екен-аў, я төрели сөзге тоқтамаса, я жасы үлкенлердиң сөзин тыңламаса, оншама шатақты сала берип, ҳаў, "өзим қәлеп келдим",---деген қызды оншама келип сүйрелеклейди",---дегендей Елекеңе усаған "тирсек" қуўғыншылар да өтти. Солардың бәрин де күтип, "ел-елшилигин етип" отырған аўыл емес пе, Айтекең де: ----Мен де усыны ойлап отыр едим,---деп, "не ислесек екен",---дегендей жән жағына қарап турып, тамның артындағы патты--сатты қоятуғын кладовкаға көзи түсти. -----Келин, оның илажы болар, ол да адам ғой, еплеп тоқтатармыз,  маған ана кладовканың гилтин әкелип берши,---деди. Келин буның не ойлап турғанын түсинди ме, я "ишинен бир нәрсе алажақ шығар",--деп ойлады ма, аздан соң гилтти әкелип берди..... Хабаршыға кеткен жигитлер "қуўғыншысыз" келди, айтыўына қарағанда, ағайинлерине хабар берип, өзлериниң көлиги менен келермиш.....Оны еситкен Елекең және бир сөгинип алды: -----Оншама адам жыйнап, бизлерди шаўып алмақшы ма  екен жети әкеңниң.....лер... ----Ой, ағам -ай, өзлери биледи ғой, биз оларға "өйтиң--бүйтиң",--деп айта алмаймыз ғой,---деди хабаршыға кеткен Өтебай. Айтекең  "қуўғыншылар келеди-аў",---деген шамада Елекеңе: ----Әй,  жора берман келши,---деп Елекеңди тамның артындағы кладовкаға ертип барды, есигиндеги қулыпты сықырлатып ашты да, ишине үңилип, көзине түскен төр беттеги белди көрсетип:

photo content

Үйдиң уллысы - ер, Уйытқысы - ҳаял. Ҳаялды теўме аяқ пенен - сағы сынар, Баланы урма таяқ пенен - бағы сынар. Ҳаялың менен до
Үйдиң уллысы - ер, Уйытқысы - ҳаял. Ҳаялды теўме аяқ пенен - сағы сынар, Баланы урма таяқ пенен - бағы сынар. Ҳаялың менен дос бол - үйиңе берекет киреди, билимли менен дос бол - албырағанда ақыл береди. Мәшҳур Юсуп https://t.me/ibratli_sozler

ҚƏЙИН ЕНЕ. Мастура бул сапары да анасына қоңырау етип ,енесиниң хаққысынан қалай шығып атырғанын айтып берди : -Баламның китапларына қап тигип атырсам, мылжың кемпир əллеқандай тауарды əкелип көйлек тигип бер деп еди. Жиним келип жекиринип бақырып жибердим. -Баплапсаң қызым ! - Саятхан апа қызын мақтап қойды. -Буннан көкиреги өскен Мастура гəпин дауам етти: Қарасам күйеу балаңыз алған айлығын енеме ғыйт етпей береди.Оны алдап-суулап айлығының ярымын бериуге көндирдим. Қəйиненем пулдың азайғанын сезип , себебин сораған еди, күйеуим " енди бергенимди аласыз апа ! "деп тоңқылдап жиберди. Уай хəз еттимау ,- деп Мастура дауысының барынша күлди.Оған анасы да мəс болды. Мастура хəр күни чай үстинде енесине қандай зулымлық еткенин, кемпир бийшараны қалайынша көшеге қууып салғанын ағызбай-тамызбай анасына жеткерип отырды. Оның бул ислери анасын қууантып "бəрекелла қызым , жақсы қылыпсаң !" деген алғыслар менен сыйлықланды. Күнлер өтип Саятхан апа да улын үйлендирди. Дүньяның ислерин қараң ," биреуге гөр қазба өзиң жығыларсаң" дегендей алған келини пейили дым тар , қопал болып шықты. Ажырастырып жиберейин десе ақлықларын көзи қыймады. Бир күни Саятхан апа келинине лазым тиктириуге тауар берип, басы бəлеге қалды.Келининиң айтқан гəплери өңменин тесип жиберди.... Күнлер өткен сайын баласының айлығы кемейе баслады. Себебин сораған ана жəнжелдиң ишинде қалды.... Өзине əкелинген чай, ауқатларға қарап отырып ...қызына айтқан мəслəхəтлери, енесине азап бергенде екеуи де күлгенлери ядына түсип қатты өкинди. Өз уақтында берилмеген жақсы тəрбия, уақтында қайтарылмаған иллет тамыр атып өзиниң шаңарағында бүртик ашып атырғанын кеш аңлап жетти. А.Муминов. Өзбекшеден аударған Юсупова М. Хəй инсанлар ! Басқалар үстинен қарар шығарып атырғанда сəл абайлы болың.Хəр нəрсениң жууабы бар, жаманлық еккен болсаңыз жаманлық, жақсылық еккен болсаңыз жақсылық мийуесин аласыз.... https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#мотивация Өмирге шүкирлик Ояндыңба достым ? Бəри жай екен Мың шүкир саламат екен сап денең Бүгин ой жууырттым, хəр атқан таң
#мотивация Өмирге шүкирлик Ояндыңба достым ? Бəри жай екен Мың шүкир саламат екен сап денең Бүгин ой жууырттым, хəр атқан таңда Он сегиз мың инсан оянбас екен... Жаман түс көрдиңбе , ууайым шекпе! Түске нелер кирип, нелер кирмеген Көз алдыңа келтир , миллионлап қəсте Түнде қус яңлы да уйықламас екен Дəстурхан жайылды шаңарағыңда Қабақ шытпа...азғана көгергенде нан Дереклерден оқыдым,бир тислем нанға Зар екен бир миллион сегиз жүз адам... Балалар шауқымы жақпас қулаққа Демең,ержетер көз ашып жумғанша Налымаң жеталмай түйир тырнаққа Билсеңиз зар болып жүргенлер қанша... Ел тыныш, ырысқың пүтин мың шүкир Тамақтан суу өтер , көзлериң көрер Билмесең билип қой, мыңлап мүсəпир Сен тепкен топыраққа зар болып жүрер... Ю.М https://t.me/ibratli_sozler

Тимур Досжанов "Дауытбайдай болып айт " https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР ! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Бүгинги күниңиз әўметли болсын! Жүреги мийрим - шәпәәтке тол
АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАР ! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Бүгинги күниңиз әўметли болсын! Жүреги мийрим - шәпәәтке толы, кеўли  таңдай аппақ ҳәм сағынышы бир Аллаға қуштар болған бирадарларым!       Рәббим Алла  сизлерге аманлық ҳәм  денсаўлық, шаңарағыңызға  несийбе  ҳәм берекет инәм етсин!     Бүгинги күниңиз жақсы жаңалықларға ҳәм әўметли ислерге толы болсын! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Дəлиў айының 15-сəнеси, хəптениң Пийшемби күни. https://t.me/ibratli_sozler

БЕГЛИГИҢДИ БУЗБА СЕН Бар билгени аўзында. Саўдырақ қарақалпағым. Жан сəўлеси көзинде, Жаўдырақ қаракалпағым. Кеўили кең майдандай, Тамға жулдыз жайғандай. Писип турған наймандай, Геўдирек қарақалпағым... Заман барар өзгерип, Еситкенди көз көрип. Арбаның жаман жерлери Ой - шуқырға гез келип, «Тартпайды - деп - табанлап,» Атыңды урма, жаманлап. Буннан да жаман жоллардан Жаныўар өткен ҳамаллап. Аўмастырма ябыңды Айғырға, қарақалпағым. Адамсаң ғой сабырлы, Қайғырма, қарақалпағым. Тарийхтың талай өткелин Сал минип кешип өткениң Ядыңда ма? Сонда да Аяққа ығып кетпедиң. Жабығыңды жел түрип, Үзигиңнен сел кирип. Аңсағансаң ғой қуяшты, Булт артына телмирип Келдиң ғой сөйтип келеге, Қызба, қарақалпағым. Беглигиңди еле де Бузба, қарақалпағым. Ҳеш қашан сен ҳеш кимниң Болмағансаң еркеси. Ҳəмме сеннен үлкенсип, Гүжирейтер еңсесин. Инсанның пейли бузылса, Шошқаның болар гүркеси. «Аш адам урысқақ» дегендей, Суў көтермес сиркеси. Жəн - жақта жəнжəл, арасат, Қубласы жоқ арқаның. Бундайда ақыл - парасат Дəнин ек, қарақалпағым. Бир көзди бир көз жегендей, Тəкаббырсып атласып, «Қай баласаң?» дегендей, Ағайин кетти жатласып. Қызыўы кетип дослықтың, Суўысып барар қатнасық. Жүзлери күлип жылтырап, Ишлери турар сотласып. Ерме журттың сөзине, Жулма гүлдиң жарпағын. Бир яратқан өзиңе Яр болсын, қарақалпағым. «Алға бас, алға, алға!» деп, Артымызға қайырды. «Ақ алтын бер елге!» деп, Теңизимизден айырды. Қурырда байғус Аралдың Дүньяға даңқы жайылды. Бозторғайдай шырлатты Шынын айтқан шайырды. Тар жолға турсаң дус келип, Дана бол, қарақалпағым. Өзиңе өзиң күш берип, Пана бол, қарақалпағым. Жердиң тилин билесең, Ҳаслы дийқан халықсаң. Малдың тилин билесен, Шарўаға да алықсаң. Ҳадал мийнет ислеўде Қашан ҳарып - талыпсаң? Өзиңди өзиң асырап, Қол жаймайсаң тарықсаң. Қонақ көрсең қуўжыңлап, Суўға кирген балықсаң. «Ағамлар өтсин деп» жүрип, Есик бетте қалыпсаң... Жесир үйдиң қызындай, Жараспайды жалтағың. Шыйратып ескен шыжымдай, Шыйрақ бол, қарақалпағым. Сен кирмеген бул үйдиң Ҳәзир есик, төри жоқ. "Кел иним, отыр" - дейтуғын Белгили-баслы бийи жоқ. Тартыншақ жолы жиңишке, Сарсылма, қарақалпағым. Араласып кир ишке. Тартынба қарақалпағым! ✍И.Юсупов https://t.me/ibratli_sozler

Ерте дəуирде жер сүриуши қурал-?
Anonymous voting

Шорахан қайсы районның алдынғы аты-?
Anonymous voting

Шаббаз қайсы районның бурынғы аты-?
Anonymous voting

"САЛЛАҚХАНА" сөзи мәниси?
Anonymous voting