cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

ANA TILIM - QALQANÍM

@qaraqalpaq_tilim_qalqanim telegram kanalı menen @qara_qalpaq_tili toparınıń dawamı - @ana_tilim_qalqanim

نمایش بیشتر
أوزبكستان16 451زبان مشخص نشده استدسته بندی مشخص نشده است
پست‌های تبلیغاتی
951
مشترکین
-124 ساعت
اطلاعاتی وجود ندارد7 روز
+4330 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

Repost from N/a
Үш толғау 1. Қара қалпақлылар (XVIII әсир орталарындағы уақыяларға арналады) Көшкенлер көшип баратыр, Қашқанлар қашып баратыр, Терлеп тапқан несийбесин, Самалға шашып баратыр. Бир жағадан басы шықпай, Басын алып баратыр. Бөлип-бөлип бөлинип, Бүлинип, бүлинип баратыр. Атасы қайда, ул қайда? Бәрин умытып баратыр. Тоны менен көк көйлеги, Жулынып-жулынып баратыр. Қаралы қалпақ қалып-ақ, Қумға көмилип баратыр... 2. Нуртай батыр (Алтын Казык) Бир жаманлық болғанда, Қудай болар сынаған. Сабыр еткен мудамы, Муратқа жетер шыдаған. Қос жақсылық келеди, Қос-қос етип береди. Тамғасы қос қостамғалы, Жангелди деген бабадан, Нуртай менен Қонтай атлы, Қос ул дүньяга келеди. Алқысса соның ишинде, Тарийхта атын калдырған, Нуртай деген улы бар, Жүзлеринде нуры бар, Елиниң шабып арына, Қудай берген ери бар. Жыраудың да өмирде, Күлимсиреп, қууанып, Жырлайтуғын жыры бар. Қара қалпақ кийгенниң, Шыққан не бир шыңы бар. Жазылмаған, жазалмаған, Тарийхтың не бири шыны бар. Жаңадарья бойында, Алтын қазық қақтырып, Қала салған күни бар, Каруан қонған түни бар, Төрт түликти бақтырып, Салық алған күни бар. Оқып "Алтын қазық" ты, Буның бәрин билип ал! 3. Тарийх изертлеушилерине Жыл изинен жыл өтип, Тарийх атлы китаптың, Жойтылып кеткен бети бар, Жыртылып кеткен бети бар, Тарийхшы деген ат алған, Тарийхын излер ер деген, Билгиң келсе кимлигиң, Жети атаңды бил деген, Қәдирин билген ер ушын, Шежире жазыу парыз бар, Бирақ, бүгин халықтан, Сизге бираз арыз бар, Ертең кеш болып қалар-ау, Бүгиннен баслап жазыңлар. Тарийхый қарақалпақтан, Болып қалмаңыз қарыздар ! Қууандық Бахытбай улы 07.09.2023.
نمایش همه...
AVANGARD - BASPA

"AVANGARD-BASPA"дан китап жаңалығы!!@ Белгили жазыушы хəм əдебиятшы илимпаз, Қарақалпақстан халық жазыушысы, Бердақ атындағы мəмлекетлик сыйлықтың лауреаты Кеңесбай Алламбергеновтың "Алтын қазық" (тарийхый-драмалық, илимий-көркем публицистикалық роман-эсседен үзинди) шығармасының биринши китабы "Нуртай батыр" деп аталады. Бул шығармада тийкарынан тарийх пенен бүгинги күн темасы сөз етилип, өтмишимиздиң нурлы хəм қырлы шыңларына нəзер салыуға оқыушыны шақырады. Китап жети баптан ибарат. Бул еле хеш жерде жəрияланбаған мархум жазыушы алым Кеңесбай ағаның өлмес дүрданаларының бири болған бул шығармасын кең жəмийетшиликке инам еткени ушын зайыбы, ул-қызларына баспамыз атынан терең миннетдаршылық билдиремиз. Еслетпе ушын бул автордың баспамыздан жəне бес томлығы таярланып жақын арада жарыққа шығатуғынлығын мəлимлеймиз.

👍 6🔥 1
Photo unavailableShow in Telegram
Photo unavailableShow in Telegram
«Оз тилин бирлик ушын, озге тил тирлик ушын» https://t.me/maman_advokat
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
Photo unavailableShow in Telegram
Клавиатура сөзин қалай аўдарған мақул?Anonymous voting
  • Орнатылған түйме
  • Түйметахта
  • Түйметоплам
  • Түймеқатар
0 votes
Photo unavailableShow in Telegram
«ДОСЛЫҚ» КАНАЛЫНЫҢ ДӘСЛЕПКИ АТАМАСЫ Пайтахт Нөкис қаласындағы «Дослық» каналының дәслепки атамасы «Қызкеткен» ҳаққында халық аўзында ҳәр қыйлы аңызлар сақланып қалған. Ерте де бул жерде Толыбай деген бай киси жасайды. Ол өзиниң жеке мәпи ушын жан беретуғын инсапсыз адам болған. Бир күни Толыбай бай Қызкеткенниң өринен байлатып, аяқтағы адамларды суўсыз қалдырады. Халық бул қорлыққа шыдай алмай, суў ушын гүресиўге бел байлайды. Суўсызлыққа қарсы халықлық бул ҳәрекетти Гүлим деген қыз басқарады. Гүлимди қуўатлап елдеги белгили жигитлер жыйналысып, атларына минеди. Гүлим бас болып барып, бөгетти ашады. Бул жағдайдан хабар тапқан Толыбай бай жаман сумлық ис ойлайды. Ол өз әтирапындағы адамларды жыйнап, оларды қуралландырып, Гүлимниң изенен қуўады. Усылай етип, суў ушын саўаш басланады. Бираз адам өлип, биразы жарадар болады. Себеби, душпанның күши басым еди. Толыбайдың тәрепдарлары Гүлимди қоршап алып, аяқ-қолын байлап, атқа өңгереди. Бирақ, Гүлим сонда да душпан алдында бас иймейди. Олар қызды канал жағасына апарып, -егер сен қумар болсаң Гүлимди суў жағасына апарып- «егер сен суўға қумар болсаң денең суўда ширисин», -деп бай Гүлимди суўға таслайды. Бул халықтың басындағы қайғылы ўақыя болып тарийх жылнамасында қалады. Халық мәрт қызды умытпаў ушын каналдың атын «Қызкеткен» деп атаған екен. … Және бир әпсанада қарақалпақ халқының алты қызы жаңадан қазылған каналда қайықта жүзип баратырғанда суўдың қатты ағысынан қайық шайқатылып, бир қыз суўға түсип кетеди. Сол уақытлары қайықтағы қызлар «Қыз кетти!», «Қыз кетти!» деп бақырысып, шуўласады. Соннан канал «Қызкеткен» деп аталған екен. Топлаған ҳәм таярлаған: Бекбай САПАРОВ. ➡️ Ең соңғы жаңалықлар
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
Photo unavailableShow in Telegram
Photo unavailableShow in Telegram
Qaraqalpaq tiliniń házirgi texnologiya zamanına say rawajlanıwı boyınsha birneshe jobalardı baslap atırģan https://t.me/karlin_world kanalı hám toparına óz ana tilin jaqsı kóretuģın pidayı insanlardı mirat etemiz. 👉 https://t.me/karlin_world 👈 Kanallarımızǵa aǵza bolıń👇 📚 @qaraqalpaq_tilim_qalqanim 📚 @ana_tilim_qalqanim 📚 @qara_qalpaq_tili
نمایش همه...
یک طرح متفاوت انتخاب کنید

طرح فعلی شما تنها برای 5 کانال تجزیه و تحلیل را مجاز می کند. برای بیشتر، لطفا یک طرح دیگر انتخاب کنید.