cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң! 👉 Байланыс: @baylanis24_bot 👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

نمایش بیشتر
Advertising posts
105 282مشترکین
-32924 ساعت
-1 6527 روز
+3 16930 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

Стамбулда теракт әмелге асырған сириялы ҳаял 1794 жыллық қамаққа алыў жазасына ҳүким етилди Прокурор Аҳлам Албаширге 3009 жыллық қамаққа алыў жазасын сораған еди. Бирақ, судя жазаны азмаз “жумсартыўға” қарар еткен. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...
«CLEVER» шөлкеми микрокредит хызметин усынады!           КРЕДИТ 3-СААТТА ШЫГАДЫ Маселен той бериуге яки басқа керекли мутажинизге алсанызда болады Оны 10 кунде яки 1 айда кайтарсанызда болады тек алган куниниз ге процент косылады Жыллык пайызы 35% ке туры келеди. Ягный айына орташа 3,7% пайыз. Кредит алыў ушын  Сиз тек ғана 2005-жылдан төмен болмаған Автотранспорт НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз. Кредит 10 млн 100 млн ға шекем 6 айдан 2 жыл мүддетке бериледи. КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР: Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты; Машинаның техпаспорты; Пластик карта; Нотариусқа 970 мың сум төлем. БАСҚА ТӨЛЕМ ЖОҚ!!! МАСЕЛЕН 1 ЖЫЛДА 10 млн ды 13,8 млн 20 млн ды 27,7 млн 30 млн ды 41,6 млн 35 млн ды 48,5 млн 40 млн ды 55,5 млн 45 млн ды 62,4 млн 50 млн ды 69,4 млн Етип айма ай график бойынша кайтарасыз Телефон: +998930002221 +998977890782 +998907003777 Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги. 📢📢📢📢📢
نمایش همه...
Видео жасалма интеллект арқалы исленген — Киберқәўипсизлик орайы Социаллық тармақларда "Алия" атлы канал "пуқараларға дәрамат табыўға жәрдем берип атырғаны" айтылған хабарлар тарқатылды. Бул хабарлар жасалма интеллект арқалы исленген болып, ҳақыйқатқа туўры келмейди. Киберқәўипсизлик орайы пуқараларды бул сыяқлы жалған мағлыўматларға исенбеўге ҳәм де виртуал алдаўшылардан сақ болыўға шақырып атыр. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...
🇺🇿 Сурхандәрьяда ерик писти 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ-жайларға болған ҳуқықларды белгилеў ҳаққында»ғы 119-санлы Пәрманы қабыл етилген еди. Турақ жайларға мүлк ҳуқықын бериўде пәрман менен тийисли басқышлары көрсетип өтилген ҳәм бүгинги күнде 15 мәкемеден 31 318 турақ жайға мүлк ҳуқықларын бериў бойынша тийисли толық унамлы жуўмақ берилген, 2 506 турақ жай иелери бир мәртелик төлемлерди әмелге асырған ҳәм бүгинги күнде 1 153 турақ жайға мүлк ҳуқықы берилген. Басқа турақ жайлар бойынша салық қарыздарлықларын өндириў, Узбеккосмос агентлигинен жыллар кесиминде фотосүўретлерин алыў жумыслары алып берылмақта. Мағлыўмат ушын, ҳүжжетсиз қурылған турақ жайларға меншик ҳуқықы, жер участкасына ижара ҳуқықы берилгенлиги ушын бир мәртелик жыйым муғдарын белгилеў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Қарары қабыл етилди. Қарарға көре, үй-жайлар жайласқан жер участкасына болған ижара ҳуқықы тән алынғанлығы ушын бир мәртелик жыйым төмендегише белгиленген. Нөкис қаласында – БЕМ муғдарының үш есеси, басқа раёнларда – БЕМ муғдарының бир есеси муғдарында ҳәм «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған шахслар бир мәртелик жыйымларды төлеўден азат етиледи. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...
⚡️Өзбекстанда тәўекелшиликке тийкарланған ойынларға ҳәм букмекерликке рухсат берилди Бул бойынша Президенттиң тийисли пәрманы қабыл етилди. Пәрманге бола, 2025-жыл 1-январдан баслап: — интернет тармағында тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў искерлигин ҳәм де букмекерлик искерлигин әмелге асырыўға рухсат етиледи; — лотерея, интернет тармағында ойынлар ҳәм букмекерликти шөлкемлестириў хызметлери нызамшылыққа муўапық лицензиялар тийкарында әмелге асырылады. Лицензиялар тийкарында шөлкемлестирилген лотерея, интернет ойынлары ҳәм букмекерлик ойынларында тек ғана 18 жасқа толған пуқаралар қатнасыўы мүмкин. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...
📌 Қарақалпақстан ушын берилген айрықша жеңилликтен нәтийжели пайдаланалмай атырмыз ✅ Ҳәммеге белгили, 28.07.2023-жылы Қарақалпақстандағы ҳүжжетсиз турақ жайларға мүлк ҳуқықын бериў, яғный кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ҳуқықын бериў бойынша Президенттиң ПП-119-санлы Пәрманы қабыл етилди. 📑 Пәрманға көре, ҳүжжетсиз турақ жайларды ҳүжжетлестириў ҳуқықы халық депутатлары район (қала) Кеңеслериниң қарары менен тастыйықланған дизим бойынша Жоқарғы Кеңес қарары менен бериледи. ⏳Ал халық депутатлары район (қала) Кеңеслери бундай турақ жайлардың дизимин 2024-жылдың 1-август күнине шекем, яғный 3 айдың ишинде қабыл етиўи керек. Ол мүддеттен кейин бул Пәрманның әмел етиў мүддети тоқтайды. ⚠️ Мағлыўматларға көре, Пәрман менен Қарақалпақстандағы 43432 турақ жайға мүлк ҳуқықы берилиўи нәзерде тутылған болып, соннан бүгинги күнде Пәрман қабыл етилгенинен 9 ай өтип тек ғана 571 пуқараның турақ жайына, яғный 0,8% не ҳүжжетлестириў бойынша қарарлар қабыл етилген. ☝️Демек, қалған 42861 (99,2%) турақ жайдың мәселеси 1-августқа шекем шешилиўи керек. Пәрман жетерли дәрежеде орынланбай атырғанлығында ким айыплы? Кадастр ма, халық депутатлары кеңеслери ме ямаса пуқаралар ма? Бул мәселеге Кадастр агентлиги айдынлық киргизиўи керек. ❌ Ким айыплы болса да, 1-августқа дейин 42861 турақ жайдың хеш болмағанда ярымына ҳүжжетлестириў ҳуқықы берилмесе, Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын берилген үлкен имканиятты қолдан жиберген боламыз. Дерек 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...
❗️Медицинада революция — енди инсан ДНКсын өзгертиў мүмкин! Медицина тараўында соңғы он жыллықлардың ең әҳмийетли ўақыясы жүз берди. Алымлар инсан ДНКсын өзгерте алатуғын OpenCRISPR нейросистемасын ислеп шықты. OpenCRISPR нейросистемасы CRISPR технологиясы тийкарында қурылған — оның жәрдеминде илимпазлар ДНК генлерин LEGO бөлеклери сыяқлы басқара алады. Мысалы, Алцгеймер кеселлигине алып келиўши мутацияға дус келген ген керексиз блок сыяқлы «алып тасланса» жеткиликли. Бул нейросистеманы мыңлаған алымларға тарқатыў басланды. Енди бул арқалы үлкен жаңалықларды әмелге асырыў мүмкин. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...
Бишимбаев иси бойынша суд процесси жуўмақланды Қазақстанда өзиниң ҳаялын өлтиргенликте айыпланып атырған алдынғы экономика министри Қуўандық Бишимбаевтың иси бойынша суд тергеўи жуўмақланды. ➖ 2023-жыл 8-ноябрь күни Бишимбаев Астанадағы ресторанлардың биринде түни менен даўам еткен жәнжел ақыбетинде өмирлик жолдасы Салтанат Нукенованы урып өлтирген. Нукенованың басын ҳәжетханаға, полға ҳәм дийўалға бир неше мәрте урып, өзи VIP кабинадағы диванда уйықлап қалған. ➖ Сол күни азанда оянған Бишимбаев ресторанға келген ағайынының баласы (ҳәм ресторан директоры) Бахытжан Байжанов пенен бирге ҳаялын көтерип, машинада алып кетпекши болған, бирақ ҳаял жығылып, аяққа тура алмай қалған. ➖ Бишимбаев сонда да тез жәрдем шақырмаған ҳәм күни менен өзиниң жумыслары менен шуғылланған. Буннан тысқары, ол Байжановтан ресторандағы хызметкерлерди қайтарып жибериўди ҳәм де камералардағы видеоларды өшириўди сораған. ➖ Шыпакерлер арадан дерлик 1 күн өткеннен кейин, саат 20:03 те жетип келген ҳәм Салтанат өлгенин мәлим еткен. ➖ Бишимбаев судта ҳаялын урғанын ҳәм өлимине себеп болғанын тән алды. Бирақ, ол қастан адам өлтириўде айыплы екенин тән алмады. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...
Әмиўдәрьяда дерлик 1.2 млрд қаржы талан-тараж етилгени анықланды Әмиўдәрья районында 67-санлы улыўма орта билим бериў мектебине ҳәм 40-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жылытыў қазанларын сатып алыў, сондай-ақ, дәслепки қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў ушын жеке меншик шериктиң банктеги есап бетлерине ажыратылған 1 млрд. 184 млн. 507 мың сом қаржы өзлестириў ҳәм растрата етиў жолы менен талан-тараж етилген. Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы, 3-бөлими, “а”-бәнти менен жынаят иси ашылған. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...