cookie

ما از کوکی‌ها برای بهبود تجربه مرور شما استفاده می‌کنیم. با کلیک کردن بر روی «پذیرش همه»، شما با استفاده از کوکی‌ها موافقت می‌کنید.

avatar

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң! 👉 Байланыс: @baylanis24_bot 👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

نمایش بیشتر
پست‌های تبلیغاتی
114 549
مشترکین
+1 78524 ساعت
+8 7977 روز
+9 07530 روز

در حال بارگیری داده...

معدل نمو المشتركين

در حال بارگیری داده...

Алдымыздағы еки күнде күшли магнит боранлары бақланыўы күтилмекте Қәнигелер 11-12-май күнлери жерде күшли магнит боранлары бақланыўын прогноз етти. Әсиресе, 11-май күни магнит боранының күши 8 баллға жетиўи мүмкин. Магнит боранының унамсыз тәсириниң ең кең тарқалған көринислери төмендегилер: • мий айланыўы ҳәм бас аўрыўы; • уйқының бузылыўы; • дыққатты жәмлеў менен байланыслы жағдайлар; • қан басымының бузылыўы; • созылмалы кеселликлердиң кушейиўи; • аўрыўлар, соның менен бирге, сүйеклердеги аўырыў; • ыштейдиң төменлеўи ҳәм кеўил айныўы; • ҳәлсизлик. Бундай күнлерде организмге жәрдем бериў ушын күнине кеминде 7-8 саат уйықлаў мәсләҳәт берилген. Аўқат рационынан майлы ҳәм ашшы аўқатларды алып таслап, күнине кеминде 2 литр суў ишиў усыныс етиледи. Кофе муғдарын азайтып, өсимликлерден таярланған шай ишиў керек. Соның менен бирге, контрастлы душ, азанғы шынығыўлар, таза ҳаўада жүриў, жуўырыў магнит бораны фонында саламатлықты жақсылаўға үлес қосады. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...
Bir zumda naqd pullar kerakmi? Barcha maqsadlar uchun 1 kunda rasmiy daromadsiz 300 mln. so'mgacha mikroqarzni taqdim etamiz. ✅ rasmiy daromadsiz; ✅ kafillarsiz; ✅ 3-yilgacha; ✅ avtomobil yoki mulk. Paydo bo'lgan barcha savollar bo'yicha aloqa markazimizga 1290 raqami orqali murojaat qiling Bizning Telegram kanalimizga obuna bo'ling 📢📢📢📢📢
نمایش همه...
🔞Ташкенттеги бәйгиде Avtotuning_uz инстаграм каналының тийкаршысы 27 жаслы Дониёр қайтыс болды Бул ҳаққында оның дослары социаллық тармақлардағы бетлеринде мәлим етти. Мағлыўматларға көре, бахытсыз ҳәдийседен кейин, мархум Чилонзор районындағы емлеўханаға жатқарылған. Бирақ, көрсетилген тез медициналық жәрдемге қарамастан емлеўханада қайтыс болған. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...
Тесттен кейин абитуриентке бағдар таңлаўға 10-15 күн ўақыт бериледи Алдын тест, кейин бағдар таңлаў тәртибиниң технологиялық нызамы ислеп шығылмақта ҳәм тез арада жәрияланады. Нызамға бола, абитуриентке бағдар таңлаў ушын 10-15 күн ўақыт берилиўи мүмкин. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...
Бираздан соң Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында былғары ҳәм жипек санаатында бар болған имканиятларды иске салыў, орынларда Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси басланады. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...
Koreada Grant🔥🤯 Janubiy Koreaning eng top Universitetlarida Mutlaqo tekinga oqish mumkinligini va hatto stipendiya ajratilishini bilarmidingiz? Bu bo’yicha sizga "Discovery" Jamoasining Koreadan tashrif buyurgan mutaxasisi to’liq malumot beradi. Seminar Mutlaqo BEPUL❌🔥 Seminar vaqti: 11 May 17:00 Ma'lumot uchun: 94 9249000 Manzil: No'kis Jaslar Texnoparki (orientir Tashkent miymanxanasi) 📢📢📢📢📢
نمایش همه...
Президент Шавкат Мирзиёев Екинши жер жүзлик урысындағы Жеңиске арналған байрамда қатнасып, Москвадағы сапарын жуўмақлады 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...
⚡️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ! Қарақалпақстан Республикасында 2023/24-оқыў жылының ең үлгили ҳәм ең белсенди мектебин анықлаў ҳәм де оларды сыйлықлаў мақсетинде өткерилип атырған социаллық сораўнамамыздың аймақлық басқышына өзгерис киргизилди. Өзгериске бола, енди аймақлық басқыштан республикалық басқышқа ҳәр аймақтан (район/қала) БИР емес ҮШ мектеп өтеди. Яғный, өзиниң аймағында ең көп даўыс алған ТОП-3 мектеп республикалық басқышқа шығыў имканиятын қолға киргизеди. 1⃣Аймақлық басқыш 7-16-май күнлери; 2⃣Республикалық басқыш 18-22-май күнлери болып өтеди. Республикалық басқышта 17 аймақтан жәми 51 мектеп қатнасады ҳәм берилген даўыслар саны бойынша 1-2-3-орынды ийелеген мектеплер ❓«НЕ ЖАҢАЛЫҚ» телеграм каналы администрациясы тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады. Ең үлгили ҳәм ең белсенди деп билген мектебиңизге даўыс бериң!👇 👉МЕКТЕПКЕ ДАЎЫС БЕРИЎ
نمایش همه...
Қорғаныў ислери басқармасы имараты пайдаланыўға тапсырылды Бүгин Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы имаратының ашылыў салтанаты болып өтти. Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады. Толық оқыў 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...
Тилеп Аяпов Тилеп Аяпов 1925-жылы Қанлыкөл районында туўылған. Оның әкеси Аяп деген киси болған. Ата-анасы сол дәўирдеги жоқшылықты басынан кеширген әпиўайы шаңарақлардан болса да, бала тәрбиясына айрықша итибар қаратқан. Перзенти Тилеп шаққан, зейинли болып өсти. Аўыллық мектепте билим алды. Әйне он сегиз жасқа толғанда Тилеп атаға урысқа шақырыў қағазы келди ҳәм 1943-жылы фронтқа атланды. Бир неше күн әскерий таярлықтан өтип, Украина фронтының атқышлар полкиниң дивизиясына түсти. Бир қанша қанлы саўашларға қатнасып, Украинаның бир қатар қалаларын фашистлерден азат етти. Соңғы саўашлардың биринде жарақатланып, бираз ўақыт Киев қаласындағы әскерий госпитальларда емлениўине туўра келди. Соңынан, Украина фронтының ҳәрекеттеги армиясы қатарында Днепр жанындағы саўашларда, сондай-ақ, Украинаны душпанлардан  азат  етиўдеги қанлы саўашқа қатнасты. Гезектеги әскерий тапсырма менен саўаш майданында жарақат алып, әскерий госпитальға жатқарылды. Бир қанша айлар даўамында әскерий госпитальда жатып емленип, 1944-жылдың орталарында өз үйине оралады. Урыстан қайтып келген Т.Аяпов майыплығына қарамастан, халық хожалығында мийнет етти. 1950-жылға шекем аўылында табельщик, есапшы ҳәм басқа да жумысларда иследи. Тилеп ата 1959-жыл Нөкис мәмлекетлик педогогикалық институтының Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетине  оқыўға  кирди. 1964-жылы институтты табыслы  тамамлап, Қанлыкөл районындағы 8-санлы мектепте узақ жылллар даўамында муғаллим болып иследи. Тилеп ата ҳүрметли дем алысқа шыққаннан кейин де 1992-жылға шекем устазлық кәсибин даўам еттирди. Т.Аяповтың мийнетлери Ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, оған Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген муғаллим ҳүрметли атағы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары, Украинаны азат еткени ушын ордени, «Жасорат» ҳәм басқа да бир қатар ордке ҳәм медаллар менен сыйлықланды. 👉 Соңғы жаңалықлар НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
نمایش همه...