cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

Тахтакопир районы Исбилерменлер расмий каналы

Усы канал арқалы Тахтакөпир районы аймағында биз бенен өз исбилерменлигиңизди шөлкемлестирип, раўажландырың. Өзбекстан Республикасы Сауда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы районлық бөлими. 📲993619080📲995430088📲 930970097

Mostrar más
Publicaciones publicitarias
227
Suscriptores
Sin datos24 horas
-37 días
-26730 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

📣Дыққат хабарландырыў! 🔸Усы жылдың 23-ноябрь күни саат 10:00 де, Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы тәрепинен Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң үлкен мәжилислер залында халықтың финанслық саўатханлық дәрежесин арттырыў мақсетинде семинар-тренинг өткерилиўи белгиленген. 🔸Семинардың тийкарғы мақсети, халықтың машқалаларын, экономикалық раўажланыў дәрежеси ҳәм талабын инабатқа алған ҳалда финанслық саўатханлық бойынша халыққа усыныс етилетуғын оқыў бағдарламасы есапланады. Семинар даўамында тийкарынан: ➖ 2023-жылдың 8-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПП-129-санлы пәрманы ҳаққында; ➖ Коммерция банклериниң аманатлары; ➖ Финанслық алдаўшылық; ➖ Коммерция банклериниң кредит түрлери; ➖ КАТМ (Қара дизим); ➖ Шаңарақлық исбилерменлик; ➖ Ипотека кредитлериниң (рәсмий дәраматқа ийе ҳәм рәсмий дәраматқа ийе болмаған пуқараларға) ажыратылыў тәртиби; ➖Үй-жай ушын субсидиялар ажыратылыў тәртиби; ➖Тәлим кредити ҳәм семинар қатнасыўшыларның қызықтырған сораўларына жуўаплар бериў. 🕘Қатнасыўшыларды дизимге алыў саат 9:30 дан 10:00 ге шекем даўам етеди. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ: ✅https://t.me/Taxtakopir_press
Mostrar todo...
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги

Taxtakópir rayonı hákimliginiń rásmiy telegram kanalı Veb-sayt: http://taxtakopir.uz Facebook:

https://www.facebook.com/profile.php?id=100075990814353

Instagram:

https://instagram.com/taxtakopir_press?igshid=ZGUzMzM3NWJiOQ==

👍 1
Photo unavailableShow in Telegram
📣 ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР! 📣 ❗️ Усы жылдыӊ 21-24-ноябрь күнлери Россия Фередациясыныӊ Краснодар қаласында халық-аралық “ЮГАГРО” кѳргизбеси болып ѳтетуғынлығын хабарлаймыз! ✔️ Бул илаж Россияныӊ аўыл хожалығы тараўындағы еӊ ири кѳргизбелердиӊ бири болып, дүньяныӊ 12 мәмлекетинен 600 ден аслам аўыл хожалығы тараўында искерлик жүритиўши жетекши кәрханалардыӊ қатнасыўы күтилмекте. Кѳргизбе тѳмендеги тараўлар бойынша шѳлкемлестириледи: - Аўыл хожалығы техникасы ҳәм аўысық бѳлеклери; - Агрохимиялық ѳнимлер ҳәм туқымлар; - Аўыл хожалығы ѳнимлерин сақлаў ҳәм қайта ислеў үскенелери; - Теплицаларды суўғарыў үскенелери. ➡️ Усы илажда қатнасыўды қәлеўши исбилерменлер Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына келип хабарласыўы, ямаса төмендеги байланыс телефонларына қоңыраў етип, толық мағлыўмат алыўына болады: Мүрәжат ушын телефонлар; ☎️ +998(61) 222-15-02 ☎️ +998(61) 222-05-95 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 👉 https://t.me/QR_Chamber
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
📣 ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР! 📣 ❗️ Усы жылдыӊ 21-ноябрь күни Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен “PETROL AUTO AND INDUSTRIAL” ЖШЖ менен биргеликте “Лукойл Лубрикантс Центральная Азия” майлаў материаллары кѳргизбеси болып ѳтетуғынлығын хабарлаймыз! ✅ Бул илаж Сизге тѳмендеги майлаў материалларыныӊ кеӊ ассортименти менен танысыў ушын имкәният жаратады: -  Жолаўшы ҳәм коммерциялық транспорты; -  Санаат үскенелери ҳәм механизмлери; -  Киши ѳлшемли үскенелер; -  Заводлар ҳәм санаат кәрханалары; -  Транспортта тасыў тараўындағы кластерлер, бирлеспелер ҳәм кәрханалар; -  Автомовиль аўысық бѳлеклериниӊ саўда кәрханалары ҳәм сервис орайлары. 📌 Кѳргизбеде белсене қатнасыӊ ҳәм жаӊа технологиялар менен танысыў сондай-ақ, “Лукойл Лубрикантс Центральная Азия”  компаниясы менен ѳз–ара бирге ислесиў имкәниятына ийе болыӊ! ☕️ Илаж соӊында барлық қатнасыўшыларға “кофе-брейк” шѳлкемлестириледи. 🕚 Ўақыты: 2023-жыл 21- ноябрь саат 10:00 ден 17:00 ге шекем. 📍 Мәнзил: Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы. Нѳкис қаласы, И.Каримов кѳшеси нѳмерсиз жай (бағдар: ҚР Министрлер Кеңеси имараты). Байланыс ушын телефонлар: ☎️ +998 (94) 212-55-77 ☎️ +998(61) 222-15-02 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 👉 https://t.me/QR_Chamber
Mostrar todo...
👍 1
Photo unavailableShow in Telegram
Шаңарақлық кәрханаларға коммунал төлемлерден жеңиллик белгиленген «Шаңарақлық исбилерменлик ҳаққында»ғы Нызамның 4-статьясына муўапық, шаңарақлық кәрхана искерлигин тек ғана юридикалық шахс шөлкемлестирген ҳалда әмелге асырыўы мүмкин. Усы Нызамның 28-статьясына тийкар, шаңарақлық кәрхана егер турақ жайдан бир ўақыттың өзинде ол жерде жасап турып товарлар ислеп шығарыў (жумысларды орынлаў, хызметлерди көрсетиў) ушын пайдаланған жағдайда, коммуналлық инфраструктура хызметлери (электр энергиясы, суў тәмийнаты, канализация, газ тәмийнаты ҳәм ыссылық тәмийнаты) ҳақын төлеў халық ушын белгиленген тарифлер бойынша ҳәм шәртлер тийкарында әмелге асырылады. Яғный, өзиниң үйинде шаңарақлық кәрхана ашып жумыс ислеп атырған пуқара сол кәрхана ушын пайдаланған электр энергиясы, суў тәмийнаты, канализация, газ тәмийнаты ҳәм ыссылық тәмийнаты ушын пулды пуқаралар менен бирдей тарифте төлейди. 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 👉 https://t.me/QR_Chamber
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
📣 ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР! 📣 ❗️ Усы жылдыӊ 3-5-ноябрь күнлери Ҳиндистанныӊ Нью Дели қаласында “WORLD FOOD INDIA - 2023” азық-аўқат санаат ярмаркасы болып ѳтетуғынлығын хабарлаймыз! ✔️ Ярмаркада қатнасыўшылар халық-аралық бирге ислесиў бағдарында исбилерменлигин еле де раўажландырыў имкәниятына ийе болады. 🌐 Рәсмий веб-сайт: worldexpo.pro/worldfood-india ➡️ Усы илажда қатнасыўды қәлеўши исбилерменлер Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына келип хабарласыўы, ямаса төмендеги байланыс телефонларына қоңыраў етип, толық мағлыўмат алыўына болады. Мүрәжат ушын телефонлар; ☎️ +998(61) 222-15-02 ☎️ +998(61) 222-05-95 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 👉 https://t.me/QR_Chamber
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
📣 Ҳүрметли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери! Журналист ҳәм блогерлер! ❗️Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Мәлимлеме хызмети Сизди биргеликтеги медиа-тур илажына мирәт етеди! ✔️ Шѳлкемлестирилетуғын медиа-тур илажы даўамында хызмет кѳрсетиў тараўында искерлик жүритип атырған Республикамыздыӊ лидер исбилерменлер искерлиги менен жақыннан танысыў имкәниятына ийе боласыз. «МЕДИА-ТУР»ға барлық Ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин (телевидение, радио, газета-журнал, интернет журналистлери ҳәм блогерлерди) мирәт етемиз! 🕑 Ўақыты: 2023-жыл 31-октябрь саат 14:30 да. 📍 Мәнзил: Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы. Нѳкис қаласы, И.Каримов кѳшеси нѳмерсиз жай (бағдар: ҚР Министрлер Кеңеси имараты). 📞 Мүрәжат ушын телефонлар; +998(61) 222-15-02 +998(93) 614-14-29 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 👉 https://t.me/QR_Chamber
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
Дыққат хабарландырыў! 2023-жыл 29-октябрь күни, саат 11:00 де Шымбай районы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли, Бозатаў районларындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары бойынша көшпели қабыллаўы болып өтеди. Республикамыздың басқада аймақларының исбилерменлери ушын қабыллаў белгиленген реже-график тийкарында өткериледи. Еслетпе! 29-октябрь күни болып өтетуғын қабыллаўда исбилерменлердиң мәселелери көрип шығылады. Ал, пуқаралардың жеке мүрәжатлары өз алдына өткерилиўи режелестирилген Жоқарғы Кеңес Баслығының көшпели кабыллаўларында көрип шығылатуғынлығын мәлим етемиз. Сондай-ақ, суд ҳуқық мәселеси менен байланыслы мүрәжатлар көрип шығылмайды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
📣 ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ҲӘМ ФЕРМЕРЛЕР ДЫҚҚАТЫНА! 📣 🔹Ертең 25-октябрь сәнесинде Қарақалпақстанлы экспортёр-исбилерменлер ҳәм фермерлер қатнасында боянтамыр өнимин Европа базарына экспорт етиў ушын сертификат алыў талаплары бойынша семинар-тренинг болып өтетуғынлығын хабарлаймыз! ✨ Бунда Швейцарияға қараслы FairWild фондының халық-аралық экспертлери боянтамыр өнимин экспорт етиў ушын сертификат алыў талаплары ҳаққында түсиник берип, GIZ-  (Deutsche Gesellschaft für Internationale Zusammenarbeit) шөлкеми боянтамырды жаңа базарда жоқары баҳада сатыўыңыз ушын имкәният жаратып береди. ‼️ Еслетпе: Буның ушын өзиңиз жетистирип атырған, кептирилген боянтамыр өнимин алып келиўиңиз керек. Сизиң өнимиңиздиң сыпаты ҳәм токсинлери арнаўлы лаборатория арқалы тексериледи. ✅ Боянтамыр өнимин жетистирип атырған Республикамыздағы барлық исбилермен ҳәм фермерлерди усы илажға белсене қатнасыўға шақырамыз! 🕓 Ўақыты: 2023-жыл 25-октябрь саат 09:00 де 📍Мәнзил: Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы. Нѳкис қаласы, И.Каримов кѳшеси нѳмерсиз жай (бағдар: ҚР Министрлер Кеңеси имараты). Мүрәжат ушын телефонлар; ☎️ +998(61) 222-15-02 ☎️ +998(61) 222-05-95 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 👉 https://t.me/QR_Chamber
Mostrar todo...
Photo unavailableShow in Telegram
📣 ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ҲӘМ ФЕРМЕРЛЕР ДЫҚҚАТЫНА! 📣 🔹Ертең 25-октябрь сәнесинде Қарақалпақстанлы экспортёр-исбилерменлер ҳәм фермерлер қатнасында боянтамыр өнимин Европа базарына экспорт етиў ушын сертификат алыў талаплары бойынша семинар-тренинг болып өтетуғынлығын хабарлаймыз! ✨ Бунда Швейцарияға қараслы FairWild фондының халық-аралық экспертлери боянтамыр өнимин экспорт етиў ушын сертификат алыў талаплары ҳаққында түсиник берип, GIZ-  (Deutsche Gesellschaft für Internationale Zusammenarbeit) шөлкеми боянтамырды жаңа базарда жоқары баҳада сатыўыңыз ушын имкәният жаратып береди. ‼️ Еслетпе: Буның ушын өзиңиз жетистирип атырған, кептирилген боянтамыр өнимин алып келиўиңиз керек. Сизиң өнимиңиздиң сыпаты ҳәм токсинлери арнаўлы лаборатория арқалы тексериледи. ✅ Боянтамыр өнимин жетистирип атырған Республикамыздағы барлық исбилермен ҳәм фермерлерди усы илажға белсене қатнасыўға шақырамыз! 🕓 Ўақыты: 2023-жыл 25-октябрь саат 09:00 де 📍Мәнзил: Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы. Нѳкис қаласы, И.Каримов кѳшеси нѳмерсиз жай (бағдар: ҚР Министрлер Кеңеси имараты). Мүрәжат ушын телефонлар; ☎️ +998(61) 222-15-02 ☎️ +998(61) 222-05-95 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 👉 https://t.me/QR_Chamber
Mostrar todo...
00:26
Video unavailableShow in Telegram
📣 ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР! 📣 ❗️ Усы жылдыӊ 29-ноябрь ҳәм 1-декабрь күнлери “Ўзэкспомарказ” кѳргизбелер комплексинде "AgroExpo Uzbekistan" ҳәм де "Uzbekistan Agrotechmash Expo" аўыл хожалығы кѳргизбелери болып ѳтетуғынлығын хабарлаймыз! Бунда 20 дан аслам раўажланған мәмлекетлерден 100 ге жақын компаниялардың агросанаатқа тийисли заманагѳй технологиялары, ѳнимлери, техникалары усы кѳргизбеден орын алады. ➡️ Көргизбе Германияныӊ жетекши компанияларынан бири "IFWexpo Heidelberg" компаниясы менен шерикликте шѳлкемлестириледи. Усы илажда қатнасыўды қәлеўши исбилерменлер Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына келип хабарласыўы, ямаса төмендеги байланыс телефонларына қоңыраў етип, толық мағлыўмат алыўына болады. Мүрәжат ушын телефонлар; ☎️ +998(61) 222-15-02 ☎️ +998(61) 222-05-95 🖼 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети. 👉 https://t.me/QR_Chamber
Mostrar todo...
агро.mp433.66 MB
Elige un Plan Diferente

Tu plan actual sólo permite el análisis de 5 canales. Para obtener más, elige otro plan.