cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги

Publicaciones publicitarias
5 744
Suscriptores
+424 horas
+127 días
-13530 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

Тахтакөпир районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 19-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Оқыған мектебиме китап саўға етемен» акциясы шеңберинде китаплар ярмаркасы шөлкемлестирилди. Илажға мектеп питкериўшилери, оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналар белсене қатнасты ҳәм де өз перзентлери ушын Халық жазыўшыларының әдебий китаплары, қосықлар топламлары ҳәм басқа да көплеген китаплар мектеп китапханасына саўға етилди. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
Mostrar todo...
👍 1
«Нөкис – Мойнақ - Нөкис» жөнелиси ўақтына өзгерис киргизилип, туристлер ушын еле де қолайлы шараят жаратылды Ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл 9-февраль күнги 66-санлы қарары менен 2024-жыл апрель айынан баслап "L-410" маркалы самолётлардан бир данасын Қарақалпақстан Республикасында ишки рейслер ушын дислокация қылыў, бунда «Нөкис – Мойнақ - Нөкис» авиақатнаўын жолға қойыў бойынша илажлар көриў тапсырмасы берилген еди. Усы тапсырманың орынланыўы бойынша усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап Uzbekistan Airways компаниялары топарына кириўши «Silk Avia» бренди астындағы «Uzbekistan Helicopters» ЖШЖ тәрепинен «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси бойынша турақлы қатнаўлар жолға қойылған болып, бүгинги күнде ҳәптесине 3 мәрте (дүйшемби, жума ҳәм екшемби күнлери) саат 9-00 ден «Нөкис – Мойнақ» ҳәмде саат 10-05 те «Мойнақ - Нөкис» жөнелислери бойынша пәрўазлар әмелге асырылып келинбекте. Нәтийжеде, бүгинги күнде сырт елли туристлерге, жергиликли саяхатшылар ҳәм миллий туристлик операторларға қолайлы шараятлар жаратылып, Мойнақ районындағы мәдений объектлер ҳәмде Арал теңизи менен танысыў қәлеўшилиги болған туристлердиң келиўи көбеймекте. Бүгинги күнде усы әмелий жумысларды еле де даўам еттириў ҳәмде Мойнаққа барыў қәлеўшилиги бар мийманларға жәнеде қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде пәрўазлар ўақтына өзгерис киргизилип, усы ҳәпте жума күнинен баслап саат 9-00 ден «Нөкис – Мойнақ» ҳәмде саат 16-00 де «Мойнақ - Нөкис» жөнелиси бойынша пәрўазларды әмелге асырыў белгилеп алынды. Дүйшемби: Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35 Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35 Жума: Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35 Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35  Екшемби: Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35 Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35 Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Mostrar todo...
👍 7
Ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған жойбарлар ушын исбилерменлерге мәмлекет гранты ажыратылады 🔰 Нызамшылыққа муўапық, Мәҳәллелерде ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм денсаўлығын беккемлеў орайлары дүзилиўи белгиленген. 💰 Орайларда бир социаллық жойбар шеңберинде 20 ға шекем ҳаял-қызлардың турақлы бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бәнтлиги тәмийинленетуғын ҳәр бир жумыссыз ҳаял-қыз ушын исбилерменлерге 3 миллион сумға шекем мәмлекет гранты ажыратылады. ☑️ Мәмлекет гранты төмендеги қатламдағы ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм де исбилерменлик жумысын баслаўына көмеклесиўге қаратылған жойбарлар ушын ажыратылады: “Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри”не, соның менен бирге “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген; ▫️жумыссыз, әсиресе, аўыллық жерлерде бала тәрбиясы менен шуғылланып атырған; ▫️шет ел мийнет миграциясынан қайтып келген; ▫️майыплығы болған мийнетке жарамлы жумыссыз; ▫️рәсмий емес бәнтликти қысқартыў мақсетинде күнделикли жумыс пенен шуғылланып, дәрамат таўып атырғанлар; ▫️адам саўдасынан ҳәм де күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбир көрген, аўыр экономикалық жағдайға түсип қалған; ▫️улыўма орта ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған, ЖООна оқыўға кире алмаған ямаса жоқары оқыў орынларында оқыў ушын имканияты болмаған жумыссыз ҳаял-қызлар; ▫️алдын жынайый жуўапкершиликке тартылған, профилактикалық дизимге алынған, жазаны орынлаў мәкемелеринен қайтып келген ҳаял-қызлар. — Хотин-қизларни иш билан таъминлашга қаратилган лойиҳалар учун тадбиркорларга давлат гранти ажратилади 🔰 Қонунчиликка кўра, Маҳаллаларда хотин-қизларнинг бандлигини таъминлаш ва саломатлигини мустаҳкамлаш марказлари ташкил этилиши белгиланган. 💰 Марказларда битта ижтимоий лойиҳа доирасида 20 нафаргача хотин-қизларнинг доимий бандлигини таъминлаш мақсадида бандлиги таъминланадиган ҳар бир нафар ишсиз хотин-қиз учун тадбиркорларга 3 миллион сўмгача давлат гранти ажратилади. ☑️ Давлат гранти қуйидаги тоифадаги хотин-қизларни касб-ҳунарга ва тадбиркорликка ўқитиш, уларнинг бандлигини таъминлаш ҳамда тадбиркорлик фаолиятини бошлашига кўмаклашишга қаратилган лойиҳалар учун ажратилади: ▫️“Ижтимоий ҳимоя ягона реестри”га, шунингдек “Аёллар дафтари”га киритилган; ▫️ишсиз, айниқса, қишлоқ жойларда бола тарбияси билан шуғулланаётган; ▫️хорижий меҳнат миграциясидан қайтиб келган; ▫️ногиронлиги бўлган меҳнатга лаёқатли ишсиз; ▫️норасмий бандликни қисқартириш мақсадида кундалик меҳнат фаолияти билан шуғулланиб, даромад топаётган; ▫️одам савдосидан ҳамда тазйиқ ва зўравонликдан жабр кўрган, мушкул иқтисодий аҳволга тушиб қолган; ▫️умумий ўрта ва профессионал таълим муассасаларини тугатган, ОТМга ўқишга кира олмаган ёки олий таълимда ўқиш учун имконияти бўлмаган ишсиз хотин-қизлар; ▫️муқаддам жиноий жавобгарликка тортилган, профилактик рўйхатга олинган, жазони ижро этиш муассасаларидан қайтиб келган хотин-қизлар. Каналға ағза болыў: @joqargikenes Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Mostrar todo...
👍 3
#Бүгин Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов, районлық Ишки ислер бөлими баслығының орынбасары, подполковник Б.Аметов пенен биргеликте 1-секторға қараслы «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша аўыл белсендилери менен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыў даўамында район ҳәкими Ж.Адилов, аймақта әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелер бойынша мәҳәлле белсендилери менен пикир алмасты ҳәм пуқаралардың тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў бағдарында, жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша аймақтағы пуқаралар арасында үгит-нәсиятлаў жумысларын еледе күшейтиў керек екенлигин атап өтти. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
Mostrar todo...
👍 2
#Жеке_қабыллаў Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов, пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў, усыныс ҳәм пикирлерин тыңлаў мақсетинде гезектеги жеке қабыллаўын өткерди. Қабыллаў даўамында пуқаралар өзлериниң күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалалары, медициналық ҳәм материаллық жәрдем, үй-жай мәселелери, тәбийий газ ҳәм басқа да машқалалар бойинша мүрәжатларын жоллади. Пуқаралардың мүрәжатларынан айырымлары сол орынның өзинде шешилген болса, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатларды район ҳәкими жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў қәнигелерине тапсырмалар берди. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
Mostrar todo...
👍 3
#Жаңа_Өзбекстан_жаслары_бирлесейик Усы жылдың 30-апрель күни районлық Мәденият бөлиминде, Тахтакөпир районы прокуроры, 2-сектор баслығының басламасы менен жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде «Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик» сүрени астында концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди. Илажда Қарақалпақ эстрада жулдызлары ҳәм басқа да көркем өнер шеберлери мийманда болып, йошлы концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
Mostrar todo...
👍 3
Хабарландырыў! Тахтакөпир районы «Мулик» АПЖ ҳәм «Даўытсай» МПЖ аймақларында 2024-жыл 1-май күни саат 10:30 дан 14:00 ге шекем «Мулик» фидеринде ири оңлаў жумыслары, сондай-ақ, «Атакөл» АПЖ аймағында 2024-жыл 1-май күни саат 10:30 дан 18:00 ге шекем «Махпалкөл» фидеринде киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы усы аймақларды ўақтынша электр энергиясы менен тәмийинлеў тоқтатылады. Тахтакөпир районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
Mostrar todo...
#Қарақалпақстан_телеканалы Тахтакөпир районында өткерилген Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен ирригатор, «Дослық» ордени ҳәм «Ардақлы нураный» көкирек белгисиниң ийеси, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, мийнет нураныйы Үббинияз Әширбековтың 80 жыллық юбилейи «Жаңалықлар» бағдарламасында. Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети каналға ағза болыў: https://t.me/Taxtakopir_press
Mostrar todo...
👍 9
#Jaslar_TV #Qaraqalpaqstan_online #30_04_2024 TAXTAKÓPIRLI ÓNERMENT GÚLNARA QUTLÍMURATOVA HAQQÍNDA #Taxtakópir_rayonı Kanalǵa aǵza bolıw:👇👇 https://t.me/jaslar_tv_online https://youtu.be/MjxSHoOKtFk
Mostrar todo...
👍 9
🌐 Salmaq ólshew punktleri jumıs basladı
Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarǵı Keńesi Baslıǵınıń tapsırması menen A-380 avtomobil jolınıń 661 hám 755-kilometrinde sonday-aq Ámiwdárya rayonı aymaǵındaǵı 4r-160A avtomobil jolınıń 0,6 km. de salmaq ólshew punktlerin (tárezi) shólkemlestiriw jumısları juwmaqlandı. Bul salmaq ólshew punktlerin shólkemlestiriwden maqset respublikamız aymaǵındaǵı avtomobil jollarında háreketleniwshi awır júk avtotransportlarınıń salmaǵın qadaǵalap barıwdan ibarat. Salmaq ólshew punktleri járdeminde bunnan bılay kórsetilgen normadan artıq júk artqan avtotransport quralları avtomobil jollarında háreketleniwine ruqsat etilmeydi. Bul álbette jollarımızdıń uzaq múddet xızmet etiwin támiyinlep, tez-tezden ońlawǵa mútáj bolıp qalıwınıń aldın aladı.
Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
Mostrar todo...
👍 5